Генеалогия – (грекше генеалогиа-шежире) – шежирелер дүзиў, руў ҳәм әўладлардың келип шығыўы, айырым шахслардың тарийхы ҳәм туўысқанлық қатнасықларын үйренеди. Сиясий тарийхый география ушын генеологияның әҳмийети үлкен. Ҳүкимдарлар ҳәм династиялар тарийхын үйрениўде, олардың туўысқанлық байланысларын қайта тиклеўде генеология усылларынан пайдаланыў зәрүр.
Геральдика – (латынша – хералдус - жаршы, гералд) – гербтаныўшылық, дәслеп XIII-XIX әсирдиң биринши ярымына шекем дворян, цех ҳәм жер мүлклериниң герблерин дүзиў менен гералдлар шуғылланған. (геральдика атамасы усыдан алынған). XIV әсирден баслап гербшилер устаханалары дүзилген, онда қурамалы ҳәм реңли герблер жаратылған. Геральдика материаллық мәденият естеликлерин ҳәм де гербли ҳәм белгиге ийе болған жазба дереклерди үйренеди. Археологиялық қазыў ислери Өзбекистанда да әййемнен мөрлер, теңгелер ҳәм буйымларға, қала, мәмлекет, руў яки өнерментшилик бирлеспелериниң герб сүўретлерин түсириў кең тарқалғанлығын көрсетеди. Тамғаларға түсирилген түрли белгилер жәрдеминде мәмлекет яки белгили бир аймақтың тәбийий-географиялық жайласыўы, тийкарғы хожалық формасы, сиясий дүзими ҳаққында түсиникке ийе болыў мүмкин. Олар ата-бабаларымыздың экономикалық ҳәм социаллық турмысын, мәмлекетлер ҳәм династиялар тарийхын еле де анықластырыў ушын хызмет етиўши әҳмийетли дереклерден бири есапланады.
Дипломатика – (грекше диплома – еки бүкленген ҳүжжет) – жәрдемши тарийх пәнлериниң бири болып, тарийхый ҳүжжетлерди үйренеди. Дипломатика XIV-XV әсирлерде илимий тийкарда раўажлана баслайды ҳәм бул процесс XIX әсирге шекем даўам етеди. Дипломатикада арнаўлы тармақлар: император ҳәм патшалар жарлықлары дипломатикасы, папалар жарлықлары дипломатикасы, жеке жарлықлар дипломатикасы пайда болды. Усы ҳүжжетлер арқалы сиясий тарийхый географияға тийисли мағлыўматларды қолға киритиўимиз мүмкин. Өзбекистанда тийкарғы дипломатика ҳүжжетлери Өзбекистан Орайлық Мәмлекетлик Архиви ҳәм Илимлер академиясы Шығыстаныўшылық институтында топланған.
Метрология – (грекше метрон-өлшеў, логос-илим, тәлиймат) – өлшеўлер, олардың бир түрлилигин тәмийнлеў усыллары ҳәм қураллары, талап етилген анықлыққа ерисиў жоллары ҳаққында пән. Тарийхый метрологияда тийкарынан, өтмиштеги, әсиресе, түрли дәўирлерде халықтың хожалық қатнасықларындағы ҳәр қыйлы өлшеў бирликлери ҳәзирги заманагөй метрлик өлшеўлер системасына айландырылады. Бул арқалы болса экономикалық тарийхый географияға тийисли мағлыўматлар және де айдынласады.
Do'stlaringiz bilan baham: |