Тарийхый география


Тарийхый географияны үйрениўде жәрдемши тарийх пәнлердиң орны



Download 0,95 Mb.
bet5/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

4.Тарийхый географияны үйрениўде жәрдемши тарийх пәнлердиң орны.

Жоқарыда айтып өтилгениндей, тарийхый-географиялық изертлеўлер тарийх пәнине тийкарланатуғын дереклерге сүйенеди. Тарийхый география ушын баҳалы дереклерге халық дизимлери, хожалық есап-китап дәптерлери, жылнамалар, әййемги географияға тийисли китаплар киреди. Тарийхый география ушын үлкен әҳмийетке ийе болған дереклер – бул археологиялық, топонимикалық, сондай-ақ, антропологиялық дереклер ҳәм де жәрдемши тарийх пәнлериниң мағлыўматлары киреди.


Археология – (архео-әййемги ҳәм логос-пән) – жәмийет турмысы ҳәм инсаният хызметин материаллық дереклер, әййемги естеликлер тийкарында үйренеди. Атап айтқанда, мийнет қураллары, тағыншақлар, ҳәр түрдеги ыдыслар, қорған қалаларды үйрениў тийкарында әййемги ҳәм орта әсирлер тарийхый географиясының хожалық ҳәм этникалық мағлыўматларына ийе болыў мүмкин. Археологиялық қазыў ислери нәтийжесинде топланған материаллар жазба дереклерде ушырамайтуғын мағлыўматларды қолға киритиўимизге жәрдем береди.
Топонимика (грекше топос-орын ҳәм онома-атама) орын атамалары ҳаққында пән есапланады. Топонимика дегенде орын атамаларын үйренетуғын пәнди, топонимия дегенде болса географиялық атамалар жыйындысы түсиниледи. Топонимия бир неше түрлерге бөлинеди: гидрономия – дәрья, теңиз, көл, сай, канал, қолтық, буғаз ҳәм сарқырама атамаларын, оронимия – жер жүзиниң рельеф формалары – таўлар, шоққылар, оазис ҳәм тегисликлер атамаларын, ойконимия (грекше-үй), полинимия (грекше-қала), яки урбонимия (латынша қала), яғный қала ҳәм аўыл атамалары үйрениледи. Буннан тысқары халық руў-аймақ атамалары менен аталатуғын топонимлер этнотопонимлер деп аталады. Адам атлары менен байланыслы жүритилетуғын топонимлер болса антропотопонимлер деп аталады.
Антропология илими мағлыўматлары арқалы халықлардың келип шығыўы, оның түрли расаларға тийислиги мәселелери илимий талқыланады. Орта Азия халықларыныў да түрли расаларға тийислилиги бул пәнниң методлары жәрдеминде анықланған. Атап айтқанда, таўлы тәжиклер антропологиялық тип бойынша европоид расасына, қазақ ҳәм қырғызлар монголоид, өзбек ҳәм тәжиклер болса ҳәр еки расаға да тийис екенлиги мәлим. Өзбеклерде европоид расасының белгилери күшли.

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish