Тарийхый география


Тарийхый географияның ўазыйпалары



Download 0,95 Mb.
bet3/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

2.Тарийхый географияның ўазыйпалары
Тарийхый географияның тийкарғы бөлимлери
Биз улыўма билим бериў мектеплеринде Өзбекистанның, дүньяның тәбийий, экономикалық, сиясий ҳәм халық географиясын үйренемиз. Тарийхый география олардан қандай өзгешеликке ийе деген сораў пайда болады. Биз төменде бул ҳаққында тоқталып өтемиз.
Жоқарыда көрип шыққанымыздай, тарийхый география пәни ҳаққында ХХ әсир басларына шекем илимий әдебиятларда анық бир түсиник болмаған. Батыста да, Россия, қалаберсе Өзбекистан тарийх ҳәм география пәнинде де бул тараўда ҳәзирге шекем түрли көз- қараслар бар. Әййемги дәўирден ҳәзирги күнге шекем жаратылған дерлик көпшилик тарийхый шығармалар мазмунын тарийхый географиялық мағлыўматлар қурайды.
Ҳәзирги күнде тарийхшы ҳәм географ алымлар тарийхый география менен тарийх ортасындағы парқты жақсы аңлайды. География тарийхы географиялық ашылыўлар ҳәм саяхатлар, сондай- ақ, географиялық түсиниклер, улыўма ата-бабаларымыздың географиялық көз-қараслары тарийхын үйренеди. Тарийхый география пәни болса өтмишти география менен байланыстырып үйренеди. Бул пән соның менен бирге өз алдына районлардағы ислеп шығарыўдың түрли дәўирлерде өсиўи ҳаққындағы мағлыўматларды анықластырады, яки тарийхый ўақыя-ҳәдийселердиң болып өткен орынларын, географиялық шәраятларын анализлейди. Тарийхый география пәни машқалаларын тарийх пәни үйренеди, бирақ оны география пәнинен де ажыратып болмайды, себеби география пәнинде ашылып атырған жаңа илимий мағлыўматлар тарийхый география пәни ушын әҳмийетли есапланады. Тарийхый география пәниниң матеоиаллары тарийхый картография пәниниң тийкары болып хызмет етеди.
География пәниниң машқалалары тарийхый география пәни алдында турған машқалалар болыўы мүмкин, бирақ өтмиштиң анық географиясы болыўы мүмкин емес. Тарийхый география өтмиш тарийхтың анық географиясын үйренеди.
Демек, тарийхый география пәни тарийх пәнлери топарына кирип, инсаният тарийхының өткен дәўирлер географиясын үйренеди. Болып өткен ўақыя-ҳәдийселердиң тарийхын ҳақыйқый баҳалаў ушын сол дәўирдиң тарийхый географиясын жақсы билиў керек. Бул Өзбекистан, қалаберсе, Орта Азия тарийхын объектив, илимий тийкарланған ҳалда үйрениўде үлкен әҳмийетке ийе.
Тарийхый география заманагөй география сыяқлы өз бөлимлерине ийе болып, тийкарынан, төрт үлкен бөлимнен ибарат:
1.Тәбийий-тарийхый география.
2.Халық тарийхый географиясы.
3.Хожалық географиясы.
4.Сиясий-тарийхый география.
Соңғы бөлимге ишки ҳәм сыртқы шегаралар географиясы, сиясий административлик бөлиниўлер, қалалар ҳәм қорғанлардың жайласыўы, сондай-ақ, тарийхый ўақыялар, әскерий жүрислердиң жөнелислери ҳәм миллий-азатлық ҳәрекетлериниң географиясы да киреди.
Тәбийий-тарийхый география өткен бир неше мың жыллар даўамында дерлик өзгериссиз қалған. Адамзат жәмийети, инсаният цивилизациясының раўажланыўы ушын тәбият өзгерислерин үйрениў әҳмийетли, себеби дәрьялар аңғарының өзгериўи, оазислердин жоқ болып кетиўи, суўғарыў системаларының пайда болыўы, көл ҳәм теңиз шегараларының өзгериўи, тоғайларда ҳайўанат дүньясының айырым түрлериниң жоқ болып кетиўи инсаният тарийхының өзгериўине себеп болыўшы фактор болыўы мүмкин.
Белгили бир регион яки мәмлекеттиң халқы, ол жайласқан аймақлар, халықтың этникалық қурамы ҳәм саны сыяқлы мәселелерди халық тарийхый географиясы үйренеди. Мәмлекеттиң раўажланыўында халықтың ҳәм ислеп шығарыўшы күшлердиң саны шешиўши әҳмийетке ийе есапланады.
Егер базы бир мәмлекеттиң тарийхын үйренбекши болсақ, тарийхый-экономикалық ҳәм хожалық географиясын үйрениўимиз де керек болады. Себеби экономикалық қатнасықлар ҳәм хожалық түрлериниң қурамаласып барыўы, саўда-сатықтың раўажланыўы нәтийжесинде жәмийетлердиң де раўажланыўы гүзетиледи яки керисинше.
Тарийхый география пәниниң әҳмийетли ўазыйпаларының бири бул – өтмиштеги мәмлекетлердиң сиясий шегараларын, тарийхый ўақыялар болып өткен орынларды анықлаў, қалалар топографиясын үйрениўден ибарат. Тарийхый географияның бул бөлими сиясий ўақыялар, урыслар баяны ҳәм олардың мәмлекетлер шегараларының өзгериўиндеги орнын, ҳүкимдарлар хызметин үйрениў менен байланыслы болады. Бунда ўақыя-ҳәдийселерди терең аңлап жетиў ушын тарийхый география жүдә керек. Тарийхый география бир қатар тарийхый пәнлер – палеография, хронология, метрология ҳәм геральдика сыяқлы пәнлер менен бир қатарда турады.
Тарийхый географияның мазмуны бир қанша кең. Ол социал-экономикалық процесслерди, миллий-азатлық ҳәрекетлерин кеңирек үйренеди. Тарийхый географияны тарийхый процесслерди үйрениўши кең мазмунлы тарийх пәниниң бир бөлими деп айтсақ та болады.
Тарийхый география тарийх пәнин үйрениў усылларына – ҳақыйқыйлық, объективлик ҳәм хронологиялық усылларға тийкарланады. Тарийхый географияны үйрениўде бир қатар тарийхый ҳәм географиялық дереклерден де өз орнында пайдаланыў зәрүр.



Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish