Хорезмий. Орта әсирлерде халифа Мамун дүзген «Байт ул-ҳикма» («Данышпанлар үйи») да уллы алым Мухаммед Муса ал- Хорезмий жумыс алып барған. Халифа Мамун сол дәўирде жер жүзиниң анық картасын дүзиў ҳаққында тапсырма береди. Тапсырмаға муўапық «Дүнья карталары» пүтин бир атлас болыўы керек еди. Атлас дүзиў иси менен 70 ке жақын алым шуғылланған, оларға болса Хорезмий басшылық еткен.
Бул карталар жыйындысы «Мамун дүнья картасы» аты менен де жүритиледи. Изертлеўшилердиң пикиринше, оны дүзиў ислери 840-жылларға жақын тамамланған болыўы керек.
Хорезмийдиң усы карталар мүнәсибети менен жазылған «Сурат ал-арз» китабы өз дәўиринде жүдә атақлы болған, оннан барлық билимли адамлар пайдаланған. «Хорезмий географиясы» аты менен белгили болған тәлиймат алымның усы шығармасына бағышланған.
Китаптың мазмуны төмендегише: китап бир неше онлап карталар ҳәм оларға берилген түсиниклерден ибарат. Олардың ҳәммеси «Китоб сурат ул-арз» деп аталған. «Арз» сөзи – жер, дүнья мәнисинде, сурат – улыўма көринис мәнисин аңлатса да, көбинесе «география» сөзи орнында қолланылған. Сол себепли китаптың аты «Жер сүўрети» яки «География» деп аўдарылған. Китаптың екинши аты: «Китоби расм ар-руб ал-мамур».
Бул шығарманың тек бир нусқасы табылған, оның да көп бетлери жойтылып кеткен. Қолжазба 1878-жылы Каирдан табылған, бирнеше жылдан соң Страсбург қаласындағы китапханаға өтип қалған. Түсиндирмелер толық сақланған. Жәми 537 ең әҳмийетли орын аты, батыстан шығысқа қарап избе-из жазылған. Дәслеп қалалар бирме-бир айтып өтилген, соң таўлар (203 атама), теңизлер ҳәм атаўлардың атлары, ең соңында дәрьялар жазылған.
Жайхоний. Х әсирде Бухара Саманийлер мәмлекетиниң пайтахты еди. 914-жылы ҳәким Ахмед ибн Исмайылдың өлиминен соң оның кишкене улы – шахзада Наср ибн Ахмед тахтқа отырды, бирақ мәмлекетти басқарыўға жаслық қылғанлығы себепли пүткил мәмлекетлик ислер уллы ўәзир Абу Абдулла Мухаммед ибн Ахмед ибн Наср Жайхоний тәрепинен әмелге асырылды.
Жайхоний IX әсир ақырында (870-жылларда) туўылған. 914-жылдан өмириниң ақыры - 942-жылға шекем ўәзирлик лаўазымында ислейди. Ол өз лаўазымынан илим-пән мәпи ушын пайдаланып, географиялық изертлеўлер ҳәм саяхатларға қәўендерлик еткен. Атақлы алым Абу Зайд Балхийди илимий изерлеў ислеринде қоллап қуўатлайды.
Жайхоний илимниң бир неше тараўларына тийисли шығармалар дөреткен. Атап айтқанда, дүнья географиясы бойынша 907-922-жыллар аралығында шығарма жазған. Араб географы Муқаддасий (947-1000) китапханада Жайхонийдиң 7 томлық география китабын көргенлигин жазып қалдырған. Бул китаптын «Китоб ал-масолик вал-мамолик» деп аталғанлығы Абу Райхан Берунийдиң «Асор ал боқия» шығармасында жазып өтилген.
«Китоб ал-масолик вал-мамолик» Х-XII әсирлерде жүдә атақлы болған, ески география әдебиятларында ҳүрмет пенен тилге алынған.
Do'stlaringiz bilan baham: |