Тарийхый география



Download 0,95 Mb.
bet10/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

Қашқарий. Махмуд Қашқарийдиң улыўмалық түркий тиллерди үйрениў, түркий тил диалектлериниң грамматикасын дүзиў, фольклор ҳәм этнография тараўындағы хызметлери үлкен. Соның менен бирге, ол ҳәр түрли тәбийий пәнлер атаматаныўшылығын жаратыўға ҳәм география пәнине де үлкен үлес қосқан. Махмуд Қашқарий атақлы «Девону Луғат ат турк» шығармасын буннан IХ әсир алдын жазып қалдырған болып, ол баҳалы тарийхый географиялық ҳәм топонимикалық дерек есапланады.
Қашқарийдиң географиясы төмендегилерди өз ишине алады:
1) «Девон» да берилген тәбийий географиялық атамалар ҳәм олардың түсиндириўи;
2)«Девону луғатит турк» ке қосымша қылынған дүнья картасы;
3) «Девон» да ушырасатуғын орын атамалары ҳәм олардың тусиндириўи;
4) Орта Азияда ушырасатуғын айырым қәўимлердиң жайласыўы ҳаққында «халық географиясы»на тийисли мағлыўматлар;
5) «Девон» дағы астрономиялық мағлыўматлар, календарь системасы – мүшелер ҳәм олардың тарийхы.
Яқут Хамафий. Шығыс мәмлекетлери ҳәм Шығыстың уллы ўәкиллери ҳаққында үлкен еки шығарманың авторы. Оның «Мужам ал-булдон» («Мәмлекетлер сөзлиги») атлы шығармасы 10 томнан ҳәм «Мужам ал-удабо» («Адебиятшылар сөзлиги») шығармасы 7 томнан ибарат.
Яқуттың «Мужам ал-булдон» шығармасы ҳәзирги тил менен айтқанда, дүньяның географиялық ҳәм топонимикалық сөзликлеринен ибарат. Сөзликте ҳәр бир мәмлекетке, қала, таў, дәрья ҳәм аўылға берилген түсиниклер менен бир қатарда, халыққа тийисли, усы жерде жасаған атақлы шахслар, усы жердеги зыярат орынлары, естеликлер, ҳаўа райы шараятлары ҳаққында мағлыўматлар да көпшиликти қурайды.
Хофизи Абру. Хофизи Абрудың негизги аты – Шахобиддин Абдуллох ибн Лутфиллох ал-Хавофий (1362-1431). Ол өзиниң искерлигин Амир Темурдың саяхатларының биринде мунший ўазыйпасынан баслаған ҳәм өмириниң ақырына шекем темурийлердиң сарай тарийхшысы болған. Ол көп мәрте саяхатқа шыққан, көплеген орынларды көрген.
1414-жылы Герат ҳәкими Шахрухқа арабша жазылған география китабын инәм еткен. Бул «Китоб ал-масолик ҳәм ал-мамолик» («Жоллар ҳәм мәмлекетлер китабы») еди. Оны «Ашкол ал-ақолим» («Климатлар сүўрети») деп те атаған. Хофизи Абрудың географиялық мийрасы тийкарынан еки тараўда анық көринеди: географиялық көринис ҳәм «сүўретлер» – карталар сызыўда.
Бабур. Захириддин Мухаммед Бабур дүньяға «Бабурнама» аты менен белгили болған шығарма авторы болып, естелик-мемуар формасында жазылған. Китапта Ферғана, Ташкент, Самарқанд, Хисори шодмон, Чаганиян, Кабул, Хорасан пайтахты Хират ҳәм де Арқа Ҳиндстанның XV-әсирдиң екинши ярымы XVI әсирдиң биринши 30 жыллығындағы социал-сиясий жағдайы сөз етилген.
Шығарма мазмунын шәртли 3 бөлимге бөлиў мүмкин:
1.Фергана ҳәм Маўарауннахр ўақыялары дәўири (1494-1504 жыллар)
2.Кабул ҳәм Хорасан ўақыялары дәўири(1504-1525 жыллар)
3. Ҳиндстан ўақыялары дәўири (1525-1530 жыллар)
Сиясий ўақыялар баянынан басқа және де, шығарма географиялық ҳәм этнографиялық мағлыўматларға бай. Оннан Ферғананың түрк монғол қәўимлери, көшпели өзбеклер армиясының стратегиялық дүзилиси, Маўарауннахр, Хорасан ҳәм Ҳиндстан халықларының үрп-әдет дәстүрлери, ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясы ҳаққында мағлыўматлар орын алған. Сондай-ақ, шығармада бир қанша орын атамаларының этимологиясына түсиник берип өтилген.



Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish