Тарийхый карталар.
Тарийхый карталар, тийкарынан, өтмиштеги ўақыя-ҳәдийселерди сүўретлеп, жәмийет тарийхындағы әҳмийетли ўақыялардың география менен өз-ара байланысын үйренеди.
Тарийхый карталар әййемги мәденият ошақлары, мәмлекетлер, жәмийетлик ҳәрекетлер, саўда жоллары ҳәм басқаларды көрсетиўге хызмет етеди.
Тарийхый карталар археологиялық, этнографиялық, тарийхый-экономикалық, әскерий-тарийхый ҳәм тарийхый – мәдений карталарға бөлинеди. Бул тармақлар арасында тарийхый карталар улыўмалық болып, тарийхый процесслерди бир пүтинликте сүўретлейди.
Дәслеп тарийхый карталар Абрахам Ортелийдиң «Әййемги дүнья географиясы атласы» (1579-жыл) на киритилген. Соң Сансонлар, В. Дювал (XVII әсирдиң екинши ярымы) атласларында тарийхый бөлимлер пайда болды. ХVIII әсирде Ж.Б.Д'Анвилдиң тарийхый карталары басып шығарылды.
XIX-XX әсирлерде бир қатар Батыс мәмлекетлеринде миллий тарийхый атласлар басып шығарылды. Оларда халықтың жайласыўы, административлик - сиясий бөлиниўлер, сондай-ақ экономикалық ҳәм мәдений тарийхқа тийисли карталар бар еди. (АҚШ, Франция, Финландия). Тарийхый атласлар Чехославакия ҳәм Болгарияда да басып шығарылған.
Россияда тарийхый карталар XVIII әсирдин биринши шерегинде, анықрағы 1700 - 1721 - жыллардағы Арқа урыста рус армиясы әскерлериниң саўашларына бағышланған план, карта, схема ҳәм олардың түсиндириўине бағышланған текстлердиң 1713-жылы басып шығарылыўы менен басланған. Ҳәр бир текстке безетилген саўаш планы ҳәм қорғанлардың сүўрети берилген гравюра қосымша қылынған.
1793-жылы дәслепки «Россия империясының тарийхый карталары» баспадан шықты.
XIX-XX әсир басларында атлас ҳәм айрықша карталар басып шығарылып, оларда сиясий, әскерий ҳәм экономикалық процесслер өз көринисин тапты. Олар қатарына: «И.Ахматовтың Россия мәмлекетиниң Карамзин тарийхый шығармаларына тийкарланып дүзилген тарийхый, хронологиялық ҳәм географиялық атласы» (I-II-бөлимлер, 1829-1831-жыллар), Н.И.Павличевтиң «Россия тарийхый атласы» (1845), Й.Й. Замисловскийдиң «Рус тарийхына тийисли оқыў атласы» (1865, 1887) ҳәм А. Илинниң 1868-жылы басып шығарылған «Рус тарийхы бойынша орта ҳәм төменги оқыў орынлары ушын оқыў атласы» н мысал етип келтириўимиз мүмкин.
Этнографиялық тарийхқа тийисли карталар 1851-жылы П. И. Кеппен ҳәм 1895-жылы А.Ф. Риттих тәрепинен таярланып басып шығарылған.
Россия империясында басып шығарылған әскерий-тарийхый карталар әмелий әҳмийетке ийе болып, олар 1799, 1805-1815, 1828-1829, 1853-1856, 1877-1878 ҳәм 1904-1905-жылларда патша әскерлери алып барған ири әскерий урысларды, шегараларды, әскерий ҳәрекетлерди де сыпатлаўшы карталар сыпатында баҳаланыўы мүмкин.
Бурынғы совет дүзими дәўиринде К.В. Кудрячовтың «Рус тарийхый атласы» (1928), К.В. Базилевич, И.А. Голубцов ҳәм М.А. Зиновьевлердиң «СССР тарийхы атласы» (I-III бөлимлер, 1948-1950-жыллар) ҳәм басқа ири тарийхый атласлар жаратылған. Екинши дүнья жүзилик урысынан соң бурынғы совет дүзими астындағы аўқамлас республикаларда басып шығарылған атласларда тарийхый карталар бар еди.
Әскерий тарийхый ўақыяларға тийисли тарийхый карталар Л. Г. Бескровнийдың «Рус әскерий тарийхына тийисли карта ҳәм схемалар атласы» (1946-жыл) , «Әскер атласы» (1947-жыл), «Теңиз атласы» (3 том, 1958-жыл) нда өз көринисин тапқан.
Тарийхый карталар кең көлемде 1953-1956-жылларда басып шығарылған көп томлы «СССР тарийхынан көринислер», 1966-1971-жыллардағы «Әййемги дәўирден ҳәзирге шекемги СССР тарийхы»нда 1955-1969-жыллардағы «Жәҳән тарийхы», энциклопедиялық баспалар ҳәм айрықша тарийхый изертлеўлерде берип барылған.
Тарийхый карталарды үйрениў ҳәм оларды жаратыў методларын ислеп шығыўды үйрениўши илим тараўы тарийхый картография деп аталады.
Do'stlaringiz bilan baham: |