Тарийхый география


Антик дәўир авторларының Орта Азияға байланыслы картографиялық изертлеўлери



Download 0,95 Mb.
bet16/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

Антик дәўир авторларының Орта Азияға байланыслы картографиялық изертлеўлери

Әййемги дәўирде Геродот, Страбон, Клавдий Птолемей ҳәм басқа антик авторлардың шығармаларындағы Орта Азия ҳаққындағы мағлыўматлар усы аймақлар ҳаққындағы ең биринши тарийхый-картографиялық мағлыўмат есапланады.


Геродот (б. э. ш. 484-425-жыллар) өзиниң «Тарийх» китабында Каспий теңизинен шығыста шеги жоқ кеңисликлердиң бар екенлиги ҳаққында мағлыўмат береди. Ол Каспий (Гиркан) теңизин жабық бассейн деп, оның көлеми ҳаққында усылай пикир жүритеди: «Узынлығын ескекли кемеде 15 күнде, кеңлигин болса ҳәммеси болып 8 күнде жүзип өтиў мүмкин».
Геродот массагетлердиң жерлери ҳаққында да пикир жүргизип, олар «Каспий теңизинен шығыста, қуяш шығар тәрепте жайласқан», деп жазады. Оның Бактрия ҳәм Хорезм ҳаққындағы мағлыўматлары да қызықлы.
Геродот мағлыўматларына сүйенип, Дж.Томсон, В.Федчина, В.Дементьев, О.Андрюшенко сыяқлы алымлар антик дәўир тарийхый карталарын жаратқан. Дж.Томсон Каспий теңизиниң кеңлигин узайтып жиберген, бул болса Геродоттың жазғанларына сәйкес келмейди. В.Дементьев, О.Андрюшенколар Аракс (Әмиўдәрья) ты бир қанша дурыс сызған, бирақ оның Каспийге қуйыўшы тармағы көрсетилмеген. Сондай-ақ, бактриялылар ели де көрсетилмеген. В.Федчина қайта ислеген картада Геродот айтып өткен «батпақлық ҳәм көллер» бар болған аймақлар сүўретленген болса да, бактриялылар ҳәм массагетлер жерлери сызылмаған.
Және бир грек алымы Ктесий (б. э. ш. V-IV әсирлерде жасаған грек алымы Киши Азияның Книд қаласынан болып, б. э. ш. 414-жылдан баслап ахаманийлер патшасы Артаксеркс II сарайында тәўип болып хызмет еткен. Сол ўақытлары ол Орта Азияның әййемги мәмлекетлери ҳәм қалалары туўралы кең мағлыўмат топлаған. Тийкарғы мағлыўматларын өзиниң «Персия тарийхы» китабында жазып қалдырған болып, оның үлкен бир бөлими Бактрия тарийхына бағышланған). Оның айтыўынша, барлық халықлар сатраплықларға бөлинген болып, тек ғана сак қәўимлери сатраплыққа кирмеген.
Ктесий дәўиринде Бактрия шығыстағы ири ҳәм әҳмийетли сатраплықлардан бири болған. Бактрия жерлериндеги гүмис кәнлери ҳаққында айтып, Ктесий усы жердиң терең жер қатламларында усы металлдың көп екенлигин жазып қалдырады.
Ктесийдиң айтыўына қарағанда, шығыста үлкен Арқа теңиз (Каспий теңизи) болып, теңиз бойында гирканлар ҳәм олардың қоңсысы дарбиклер жасаған. Олардан да шығыста болса парфиялы ҳәм барканиялылар, хорамней ҳәм кармонийлар жасаған. Бактрия тегисликлерине болса батыстан тек ғана киши таў жолы арқалы өтиў мүмкин болған. Бактрия жерлери Танаис дәрьясынан Ҳинд дәрьясы бойларына шекем болған жерлерди ийелеген. Танаис Бактрия жерлерин Европадан, Ҳинд болса Ҳиндстаннан ажыратып турған. Ктесийдиң сүўретлеўинше, Танаис Ҳинд дәрьясына қарама-қарсы болып, Понт (Қара) теңизине қуйған.
Орта Азия ҳаққындағы кейинги мағлыўматлар Александр Македонский жүрислери (б.э.ш.329-327-жж) дәўиринде топланды.
Кейинирек антик дәўирдиң ири географ алымы Страбон б.э. I әсиринде 17 китаптан ибарат «География» шығармасын жаратты. Ол б.э.ш. V әсирден - б.э. I әсирине шекемги барлық географ ҳәм тарийхшылардың шығармаларынан критикалы түрде пайдаланды.
«География»ның ХI китабында Орта Азияның Парфия ҳәм Гиркания сыяқлы үлкелери, Аракс, Окс (Әмиўдәрья), Яксарт (Сырдәрья), Политимет (Зарафшан), Епард (Мурғаб) дәрьялары ҳаққында, сондай-ақ, китапта Орта Азияда жасаўшы сак, соғд, скиф, массагет қәўимлери ҳаққында да мағлыўматлар бар. Әмиўдәрьяның суўлары болса батпақлықларға емес, «суўлар мәмлекети» не сиңиўи ҳаққында жазылған. «Суўлар мәмлекети», Арқа теңиз дегенде Страбон Арал теңизин түсинген, Әмиўдәрьяның бир сағасы Гиркан қолтығына қуйылады, деп ойлаған.
Страбон Яксарт ҳәм Окс дәрьялары бойларында жасаўшы қәўимлердиң жайласыў жағдайына да дурыс баҳа берген. Ол Парапамиз (Гиндикуш) таўларының арқа тармағын Имаус (Памир) таўлары деп түсинген. Страбонның айтыўынша, Орта Азияда массагет қәўимлериниң бир бөлими таўларда, және бир бөлими тегисликлерде, үшинши бөлими батпақлықларда, төртинши бөлими болса усы батпақлықлардағы атаўларда жасап келген.
Страбон тилге алған таўлар Арал теңизи ҳәм Каспийден шығыстағы таўлар, яғный Тянь-шань ҳәм Памирди, ойпатлық дегенде Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья аралығындағы жерлерди нәзерде тутқан.
Әййемги дүньяның географиялық ҳәм де картографиялық билимлерин улыўмаластырған атақлы алымлардан бири б.э. II әсиринде жасаған ири картограф алым Клавдий Птолемей есапланады. Оның «Географиядан қолланба» шығармасы антик дәўирдиң өзине тән географиялық энциклопедиясы есапланады. Птолемей усы шығарманың биринши бабында географияның ўазыйпалары ҳәм дүнья картасын дүзиўде қандай картографиялық проекцияны қолланыў кереклиги айтылған. Улыўма алғанда, бул шығарманы дүньяның географиялық атласы деп айтсақ та болады. Птолемей бул шығармадан тысқары 27 картаны өз ишине алған дүнья атласын дүзди.
Азия Птолемей «География»сының 5-7-бапларында 12 картада берилген, 48 ўәлаятқа бөлинген. Оның атласындағы 22-картада Орта Азия аймақлары да көрсетилген. Усы карта бойынша С. А. Вязигин, Б. П. Дитмар, В. В. Латишевлар арнаўлы шуғылланған.
Атақлы рус географы И. В. Мушкетовтың пикири бойынша Птолемейдиң бул картасында Түркстан ҳаққында ҳәтте ХVIII әсирдиң биринши ярымындағы европалы алымлардың пикирлерине қарағанда да кеңирек ҳәм дурыс мағлыўматлар бар.
Птолемейге шекем барлық грек авторлары Каспий теңизин дүнья океанының қолтығы деп надурыс мағлыўматқа ийе еди. Птолемей әне сол қәтени бийкар етип ғана қоймай, оның надурыслығын дәлийллеп бере алды.
Птолемей картасында Яксарт (Сырдәрья), Политимет (Зарафшан), Окс (Әмиўдәрья ҳәм оның тармақлары), Ох (Тежен) ҳәм Марг (Мурғаб) дәрьялары, басқа көплеп киши дәрьялар бар. Бирақ Орта Азияның ири дәрьялары Каспий теңизине қуятуғын етип сүўретленген. Каспий теңизи болса шығыстан батысқа созылып сызылған.
Картада тарийхый аймақлар (Согдиана, Бактрия, Маргиана), халықлар (хорезмлилер, зариасплар, массагетлер), қалалар (Трибактра, Асткана, Харахарта, Мараканда, Туркана, Антиохия-Маргиана) көрсетилген. Сондай-ақ, картада Сырдәрья ҳәм Әмиўдәрьяның орта ағымлары аралығындағы аймақ Трансоксиана деп аталған.
Клавдий Птолемей картасының және бир әҳмийетли тәрепи, онда Орта Азиядағы мәмлекетлер шегаралап берилген. Буннан тысқары, Птолемей картасы этнографиялық жақтан да әҳмийетли: картада 12 қәўим (хорезмлилер, тохарлар, массагетлер ҳ.т.б.) ажыратып көрсетилген.
Орта Азия таўлар арасындағы бир ойпатлықта көрсетилген: қублада Паропамис таўлары, шығыста меридианал созылған Имаус (Памир) таўлары бар.
Солай етип, антик дәўир алымларының Орта Азия ҳаққындағы дерлик жети әсир даўамындағы, яғный Геродоттан Птолемейге шекем болған картографиялық мағлыўматлары кейинирек көплеген илимий изертлеўлер менен байып барды.



Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish