Тарийхый география


Орта Азияның энеолит, бронза ҳәм ерте темир дәўири мәкан жайлары тарийхый географиясы



Download 0,95 Mb.
bet24/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

2. Орта Азияның энеолит, бронза ҳәм ерте темир дәўири мәкан жайлары тарийхый географиясы.
Тас ҳәм бронза дәўирлери ортасындағы дәўир энеолит (мыс-тас) деп аталады. Ол б.э.ш IV мың жыллықтың ақыры III мың жыллықтың басларын өз ишине алады. Бул дәўирде мыс тез ериўшеңлиги ҳәм ийилиўшеңлиги себепли хожалық турмыста үстинлик ете алмады. Ислеп шығарыўда алдыңғыдай тас қураллар тийкарғы роль ойнады. Соның ушын да бул дәўир мыс-тас әсири деп айтылады. Орта Азияның арқа-шығыс аймақларында ҳәм Арал теңизи бойларында аңшылық, балықшылық ҳәм дәслепки шарўашылық хожалықлары раўажланды. Бухара үлкесиндеги Лавлакон, Бесбулақ мәканлары ҳәм Заманбаба қәбристанының ең төменги қатламлары энеолит дәўирине тийисли.
Жоқары Зарафшанның Панжикент қаласынан 15 км батыста жайласқан Саразм аўылы қарабаханасы әҳмийетли археологиялық естелик есапланады. Ол дийқаншылық қәўимлериниң Орта Азияның арқа-шығысына тарқалғанлығынан дерек берип, әййемги дийқаншылық халқының географиялық шегараларын да көрсетеди. Саразм аўылы қарабаханасы 90 гектар майданда жайласқан 10 төбеликтен ибарат.
Арқа тәрепте Қарақум шөли, қубла-батыста Копетдаг пенен шегераланған Түркменстан жерлери қурғақ ҳәм ыссы ықлымлы үлке. Жайтун мәденияты тийкарында Анов I-II ҳәм Намазгах I-III дәўирлерине тийисли энеолит дәўири мәденияты кең тарқалған. Қубла Түркменстан аймағында энеолит дәўирине тийисли көплеп мәкан-төбелик табылған. Олардың тийкарғы бөлими Ашхабатқа жақын жерде ҳәм Геоксюр алабында (төменги Мурғаб ҳәм Тежен дәрьялары арасында) жайласқан. Геоксюр алабы 8 әййемги аўылдан ибарат. Алымлардың пикиринше үлкеде 4000-5000 адам жасаған. Энеолит дәўиринде турмыс кешириў ушын бир қанша кең аймақлар өзлестирилген. Соңғы энеолит дәўиринде дийқаншылық пенен шуғылланған қәўимлер төменги Мурғабта да тарқалады. Мурғаб алабында каналлар қазып, суў шығарыў имканияты болған жерлерде суўғарып егилетуғын дийқаншылықтың ҳәр қыйлы түрлери пайда болды. Бул аймақларда ислеп шығарыўшы күшлер ҳәм ислеп шығарыў қатнасықларының раўажланыў дәрежеси жоқары болған. Суўғарма дийқаншылық ҳәм шарўашылық хожалықта әҳмийетли орын ийелеген. Энеолит дәўири адамының ислеп шығарыўдағы ең үлкен жетискенлиги – ирригация ҳәм суўғарыў техникасы раўажланған дәўир болды.
Орта Азияда бронза дәўири б.э.ш III мың жыллықтан I мың жыллықтың басларына шекем болған дәўирди өз ишине алады. Бронза мыс пенен қалайы араласпасынан ибарат. Металлдан исленген қураллар әййемги экономикалық ҳәм жәмийетлик раўажланыўды тезлестиргенлиги себепли Орта Азия шөллеринде жасаған қәўимлер басқа халықлардан ажыралып шығады ҳәм тийкарынан шарўашылық пенен шуғылланады. Шарўашылықтың дийқаншылықтан ажыралып шығыўы дәслепки мийнет бөлистирилиўи болып есапланады. Бул процесс б.э.ш II мың жыллықта жүз берди.
Қубла Түркменстанда бронза дәўирине тийисли мәденият еки басқышқа бөлинеди. Булардан бириншиси Намазгах IV-V ерте ҳәм раўажланған бронза дәўири болып, б.э.ш III мың жыллықтың орталары II мың жыллықтың биринши ярымына тийисли. Естеликлери тийкарынан қублада Қызыл Арват қаласынан баслап, шығыста Тежен дәрьясы ҳәм төменги Мурғаб бойларына шекем тарқалған. Екиншиси Намазгах VI соңғы бронза дәўири болып, б.э.ш II мың жыллықтың екинши ярымына тийисли. Оның естеликлери Копетдаг әтирапы ҳәм төменги Мурғаб алабында жайласқан. Соңғы бронза дәўиринде Қубла Түркменстанның түрли аймақларына Орта Азияның арқа районларынан шыққан шарўашылық қәўимлери тарқалған.
Сурхандәрья, Зарафшан алабы ҳәм Хорезмде де бронза дәўири естеликлери табылған. Сурхандәрья ыссы климатлы үлке болып, арқа, арқа-батыс ҳәм шығыста Хисар, Кохитаў, Бабатаў, қублада Әмиўдәрья менен шегараласқан. Әййемги суўғарыў жерлери таў дизбеклерине жақын жайласқан. Бул аймақтан Сапаллытөбе, Жарқутан мәкан жайлары табылып үйренилген.
Төменги Зарафшанның бронза дәўири естеликлери Заманбаба көли қасынан табылған болып, Заманбаба мәденияты аты менен аталады. Заманбабалылар дийқаншылық ҳәм шарўашылық пенен шуғылланған. Сондай-ақ, өнерментшиликтиң түрли тармақлары: гүлалшылық, бронзаны еритип ҳәр түрли затлар жасаў ҳәм тасты ислеў техникасы бир қанша раўажланған.
Бронза дәўирине тийисли және 50 ден зыят естеликлер Хорезмнен табылған болып, олар Тазабағжап мәденияты аты менен аталады. Сондай-ақ, Хорезмдеги соңғы бронза дәўирине тийисли естеликлер Әмирабад мәденияты аты менен белгили болып, б.э.ш. IX-VIII әсирлерге тийисли.
Орта Азиядан табылған ең әййемги буйымлар б.э.ш IX-VIII әсирлерге тийисли болса да, олардың көпшилиги б.э.ш. VII-VI әсирлер менен сәнеленген. Б.э.ш. I мың жыллықтың басларына тийисли естеликлерден Қубла Түркменстанда 46 әййемги аўыл қарабаханасы мәлим, бундай қарабахана Сурхандәрьяда 8, Қашқадәрьяда 7 табылған. Төменги Мурғабта Жазтепе, Арбалытепе, Кухнатепе, Үштепе, Сурхандәрьядағы Күшиктепе, Бандихан I ҳәм Қызылтепе, Қашқадәрьядағы Жерқорған, Шыратепе ҳәм Сангиртепе де усындай қарабаханалар қатарына киреди. Естеликлердиң ең әййемги мәдений қатламлары темир әсирине өтиў дәўирине тийисли.
Б.э.ш. I мың жыллықтың басларында Ферғана алабында Чуст мәденияты раўажланды. Наманган, Андижан ҳәм Ош (Қырғызстан) ўәлаятларында көплеген әййемги мәканлар табылып үйренилген. Чуст, Далварзин, Ашкалтепе, Бозтепе, Шымбай ҳәм басқалар солар қатарынан есапланады.
Темир қураллардың кең тарқалыўы мийнет өнимдарлығын асырды. Бул жағдай және де раўажланған ислеп шығарыў усылына өтиўге шәраят жаратты. Руў жәмәәти орнын аймақлық қоңсышылық жәмәәти ийелей баслады.

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish