«ҚАРАҚАЛПАҚСТАН» ТЕЛЕКАНАЛЫНДА ӘДЕБИЙ КӨРСЕТИЎЛЕРДИҢ БЕРИЛИЎИ
Жобасы:
Кирисиў
Тийкарғы бөлим
а) «Қарақалпақстан» телеканалында әдебий көрсетиўлер
б) «Қарақалпақстан» телеканалында әдебий көрсетиўлердиң сценарийлери
Жуўмақлаў
Пайдаланылған әдебиятлар дизими
КИРИСИЎ
Әдебият халықтың ажыралмас, жүдә үлкен руўхый мийрасы. Оның барлық түрдеги жетискенликлери менен кемшиликлерин сәўлелендирип барыў ҳәр бир ғалаба хабар қуралының әдиўли ўазыйпасы болыўы керек.
Себеби, «Әдебият тарийх сақлап қала алмаған ўақыяларды, тулғаларды сақлап қала алады», - деген еди уллы әдебиятшылардан бири. Усындай күш-қүдиретке ийе болған әдебият бүгинги күни өзиниң миллийлигин тиклемекши болған барлық еллерде көклерге көтерилмекте. Халықтың кең қатламының арасына кирип барыў ушын ғалаба хабар қураллары да бул бағдарда нәтийжели адым атып келмекте.
Биз усы реферат жумысымызда жергиликли «Қарақалпақстан» телеканалында оның дәслепки жүзеге келген ҳәм ғәрезсизлик жылларындағы эфирге берип атырған телекөрсетиўлерин салыстыра отырып жазыўға ҳәрекет еттик.
Бунда биз дәстүрий формадағы кирисиў, тийкарғы бөлим, жуўмақлаў ҳәм пайдаланылған әдебиятлар дизими бөлимлерин келтирип өттик.
Тийкарғы бөлим «Қарақалпақстан» телевидениеси жүзеге келген ўақытлардағы әдебий көрсетиўлер ҳәм ғәрезсизлик дәўириндеги әдебий жанрдағы таярланып атырған телекөрсетиўлер деп аталған үлкен еки тараўға бөлинген.
Онда биз жетискенликлер менен қоса кемшиликлер, оларды сапластырыў илажлары ҳаққында азлы-кем усыныс киргизип өттик.
«Қарақалпақстан» телеканалында әдебий көрсетиўлер
«Қарақалпақстан» телеканалының жүзеге келиў ўақты XX әсирдиң 60-жылларына, анығырақ айтқанда, 1962-жылдың февраль айына барып тақалады. Сол жылы телевидениениң 12 квартиралы, 2 этажлы жайының ҳәм узатыўшы аппаратуралар жайласқан жайының қурылыс жумыслары басланды. Узатыўшы аппаратуралар жайласқан имараттың қурылыс жумыслары 1964-жылдың жаз айында жуўмақланды ҳәм ол дәслепки монтаж жумысларына таяр болды. Санкт-Петербург, Красноярск, Новосибирскийдиң телерадиоаппаратураларын соғыўшылар узақтағы Қарақалпақстанның телевизиялық студиясы ушын оғада керекли әсбап-үскенелер, радиоаппаратуралар, радиодетальларын, кабель сым, радиолампаларын жиберди. 1965-жылдың 1-мартынан баслап ҳәптеге төрт рет, ҳәр күни еки ярым саат муғдарында көрсетиўлер берилетуғын болды.
«Қарақалпақстан» телевидениеси жүзеге келген ўақытларда тийкарынан Орай тәрепинен жиберилген информациялар көпшилик эфир ўақтын ийелеген. Сондай-ақ, кадрларда бул бойынша тәжирийбе де жетиспеген. Сонлықтан, әдебий жанрдағы көрсетиўлер кейин ала 70-жылларға барып таярлана басланған.
Соң әдебият ҳаққындағы көрсетиўлер таярлана баслаған. Бүгинги күнде де әдебий көрсетиўлерге айрықша дыққат аўдарылып келинбекте.
Мәселен, бүгинги күнде «Қарақалпақстан» телеканалында эфирге берилип атырған көрсетиўлерден «Дәўир ҳәм әдебият» көрсетиўин айтып өтсек болады.
Реферат жумысымыздың кейинги бөлиминде бул бойынша азлы-кем мағлыўмат берип өтемиз.
«Қарақалпақстан» телеканалында әдебий көрсетиўлердиң сценарийлери
Ғәрезсизлик жылларында әдебиятымыздың әсирлер даўамында сақланып, бизге шекем келип жеткен ҳәм ҳәзирги заман қаҳарманларын сәўлелендире алатуғын көркем-әдебий дөретпелерди кең жәмийетшиликке алып шығыў, сол арқалы миллий өзлигимизди аңлаў барлық түрдеги ғалаба хабар қуралларының алдына үлкен ўазыйпа етип жүкленди.
Жергиликли «Қарақалпақстан» телевидениесинде бул бағдарда бир неше көрсетиўлер пайда болды.
Ҳәзирги ўақытта «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы эфирге берилип атырған әдебий көрсетиўлер бул бойынша жақсы жумыс алып бармақта. «Пидайылық», «Әссалаўма әлейкум, Қарақалпақстан» көрсетиўиндеги, сондай-ақ, «Айқулақ» көрсетиўиндеги арнаўлы рубрикалар менен қатар «Әдебият ҳәм дәўир» атамасында эфирге берилип атырған көрсетиўлер әдебиятқа ықлас қойған тамашагөйлердиң кеўиллеринен орын таўып атырғаны да көпшиликке мәлим.
«Пидайылық» ҳәм «Әдебият ҳәм дәўир» көрсетиўлери халқымызға белгили журналист-публицист М.Таўмуратовтың редакторлығында таярланып келинбекте. «Әдебият ҳәм дәўир» көрсетиўин шебер журналист З.Оразымбетова алып барады.
Көрсетиўде тийкарынан ҳәзирги ўақыттағы қарақалпақ әдебиятының раўажланыў дәрежеси сөз етиледи. Студияға әдебият тараўлары бойынша қәниге мийман шақырылады ҳәм оның менен бирге сәўбет формасында, сораў-жуўап, диалоглар арқалы көрсетиўдеги алып шығылып атырған тема жөнинде ҳәр тәреплеме пикирлесиў болып өтеди.
Көрсетиўдиң алып барылыўы, яғный сораў-жуўап процесси төмендеги тәртипте болып өтеди:
Баслаўшы: «Әссалаўма әлейкум ҳүрметли әдебият ықласбентлери. «Әдебият ҳәм дәўир» көрсетиўиниң нәўбеттеги санын нәзериңизге усынамыз.
Әдебият – бул бизиң руўхый байлығымыздың тийкары. Көркем шығарманың инсаниятты тәрбиялаўдағы, турмысты жақтыландырыўдағы, өмирди түсиндириўдеги орны бийбаҳа. Жазыўшылар тәрепинен дөретилген шығармалар айырым ўақытларда бизди туңғыйықтан алып шықса, гейде ғам-тәшўиштен қутқарады, ал айырым шығармаларда қаҳарманлардың тәғдири ериксиз көз-жас төгиўге мәжбүрлейди. Мине, бул қубылыслар жазыўшылардың турмыслық тәжирийбесине, жазыў шеберлигине ҳәм көркем тил байлығына байланыслы.
Биз бүгинги көрсетиўимизде мине, усындай шеберлиги ҳәм өз стилине ийе ҳәм жазыўшы, ҳәм публицист Шарап Уснатдинов дөретиўшилиги ҳаққында сөз етпекшимиз.
Дәслеп көрсетиўимиз мийманлары менен таныстырып өтсем.
Көрсетиў мийманлары таныстырып өтиледи.
Баслаўшы:
- Ш.Уснатдинов өткен әсирдиң 60-жылларынан баслап публицист сыпатында таныла баслаған. «Шоманайда бир қыз бар» очерки оның журналистлик хызметин баслаўға себепши болған болса, буннан кейин оның дөретиўшилиги «Толқынлас Көкшийел, дәўраның келди», «Ғаррылықтың жетинши бәҳәри», «Нөкисте жүрсем де Арал ойымда» очерклери менен беккемленди. «Көргенлерим ҳәм кеўилдегилерим (этюд, публицистика, әдебий портрет ҳәм сәўбетлер)», «Кимге кеш, кимге таң сәҳәр» китаплары баспадан шықты. Усылар менен бирге проза тараўында да бираз шығармалар дөретип, әдебиятымыздың раўажланыўына үлесин қосып келмекте. Дәслеп прозадағы мийнетлерине тоқталап өтсеңиз?
Көрсетиў мийманы жуўап берип өтеди
Баслаўшы:
- «Жазыўшы, публицист, улыўма дөретиўшилик мийнет сапасының тең жартысы ана тилди билиўшилик пенен байланыслы» - деген пикирди ҳәр дайым билдиреди Шарап Уснатдиновтың өзи. Ал, сиз сыншы-әдебиятшы сыпатында Ш.Уснатдинов өз мийнетлеринде бул принципке қаншелли әмел қылған деп ойлайсыз?
Көрсетиў мийманы жуўап берип өтеди
ЖУЎМАҚ:
Шарап Уснатдинов дөретиўшилиги жүдә көп қырлы. Онда әдебияттың да, журналистиканың да жанрлық үлгилерин көриў мүмкин. Бул оның дөретиўшилигиң өзгешелигин көрсетеди. Ш.Уснатдинов дөретиўшилиги, әсиресе публицистикасы бойынша илимий жумыслар да алып барылмақа. Соған карамастан оның жазыўшылық шеберлигин, публицистлик тапқырлылығын, журналистлик излениўшилигин еле де үйрениўимиз, изертлеўимиз зәрүр деп ойлаймыз.
Усының менен бүгинги көрсетиўимизге жуўмақ жасаймыз. Келеси көрсетиўлеримизде дийдарласқанша, аман болың».
Келеси көрсетиў сценариясы:
Баслаўшы:
«Әссалаўма-әлейкум ҳүрметли, дослар, әзиз көрсетиўимиз ықласбентлери. «Әдебият ҳәм дәўир» көрсетиўиниң нәўбеттеги саны және де эфирде.
Сизге белгили биз ҳәр бир көрсетиўимизде қарақалпақ әдебиятының бүгинги келбети, оның жанрлық жақтан жетилисиўи ҳәм раўажланыўы, әдебиятымызда бүгинги күни заман руўхында шығармалар дөретип атырған шайыр ҳәм жазыўшыларымыздың жетискенликлери ҳаққында сөз етип келмектемиз. Бүгинги көрсетиўимизде болса қарақалпақ әдебиятындағы драмалық шығармалар ҳақкында сөз етпекшимиз.
Драматургия - әдебияттың үлкен үш түриниң бири. Ол көркем-сөз өнери сыпатында әдебияттың эпика хәм лирика түрлери менен тығыз байланыслы. Бирақ, оның өзине тән жанрлық кәсийетлери бар. Сонлықтан, драма Аристотель заманынан берли әдебияттың бир түри сыпатында, ҳәзирги дәўирге шекем өзиниң жанрлық кәсийетлерин сақлап келмекте. Сол сыяқлы қарақалпақ әдебиятында да, драмалық шығармалар прозадан гөре бурынырақ қәлиплести. Оның тийкарын салыўшылар Қасым Әўезов пенен Сейфулғабит Мәжитов болып есапланады. Кейинги дәўирлерде болса, әдебиятымызда бир қанша драматург-жазыўшылар жетилисип шығып өзлеринен өлмес дүрданалар қалдырды. Биз бүгинги көрсетиўимизде болса, бүгинги қарақалпақ драматургиясы бойынша пикир алыспақшымыз. Буның ушын көрсетиўимизге драматург-жазыўшы Полат Айтмуратовты мирәт еткенбиз. Көрсетиўимизге хош келипсиз.
Көрсетиў мийманы жуўап берип өтеди
Баслаўшы:
«Поэзия деген сөзде көп ҳәм терең мәни бар екенлигин айтыў ҳәзир ҳеш ким ушын да жаңалық емес», - деген еди белгили әдебиятшы алым, сыншы Сражатдин Ахмедов. Бирақта оған берилетуғын анықламалардан, мәнилерден оның мазмунының кеңлигине ҳеш ким таласа алмайды. «Поэзия шексиз терең ҳәм әҳмийетли нәрсе». Ал, белгили қазақ илимпазы Муслим Базарбаев: «Поэзия - әдебияттың ең ески, бирақ жасаған сайын жасара беретуғын ең жанлы тараўы» - деп баҳа береди.
Әлбетте, бул гәплерде жан бар екенлиги анық. Себеби, мен бир сораўға көп ўақытлардан берли жуўап излеймен:
« - Ең биринши, ең туңғыш қосық қайсы қосық, ямаса оның дөретиўшиси ким еди?»
Бирақ бул сораўға ҳеш бир алым да, ҳеш бир илимпаз да жуўап бере алмаса керек. Себеби, поэзия тарийхы ески тарийх. Ески Египет пенен Эллада, әййемги Рим менен Арабстан, Қытай менен Япония, қала берсе түркий тиллес халықларының да жүдә ерте дәўирлерде – ақ қосық дөретип кеткен шайырлары бар. Сол нәрсеге тәсийин қаласаң, қосық өлмес мийрас. Ол ҳеш қандай жазыў-сызыў болмаған, саўатлылық онша раўажланбаған дәўирлерде де, аўыздан-аўызға, әўладтан-әўладқа жетип келе берген.
ЖУЎМАҚ:
Әлбетте, қосық ҳәм оның тарийхы, келип шығыўы, теориясы, қурылысы, мазмуны ҳәм басқа да тәреплери бойынша түсиник, мағлыўмат ески заманлардан берли бар. Оған ҳәр заманда түрлише анықламалар берилген. Поэзияны ҳәр деўирде ҳәр қыйлы сөз зергерлери шығып, көклерге көтерген. А.Наўайы, А.С.Пушкин, Лермонтов, Мақтумқулы, Әжинияз, Бердақ ҳәм тағы басқалар қосық деп аталған океанда еркин нәпес алып, поэзияның орнын бәлентке көтерип, шайырларды иләҳий бир шыңның төбесине шығарған. Әпсана, ертеклердеги болжаўларға қарағанда қосық ең дәслеп аспаннан келген екен. Демек, қосық инсанның руўхый дүньясы, кеўил кеширмелери, мүңы, шадлығы ҳәм барлығы десек болады».
Көрсетиўдиң алып барылыў тәртиби жоқарыдағыдай формада даўам етеди.
Көрсетиў ҳәр айда еки рет, сәршемби күни саат 19:30 да эфирге бериледи. Улыўма ўақты 20 минут етип белгиленген.
Усы ўақытқа шекем көрсетиўге жас дөретиўшилерден тартып, халқымызға кеңнен таныс болған К.Кәримов, Б.Генжемуратов сыяқлы әдебиятымыздың ири тулғалары қатнасты.
Көрсетиўде ҳәзирги ўақытта тек дәстүрий принциптеги қурғақ мақтаў гәплер де кең ушыраспақта. Кемшилик тәрепи де мине усында. Әдебий сын улыўма берилмей қалып кетип атыр. Көрсетиўдиң келеси санларында тамашагөйлер усыларды күтеди.
ЖУЎМАҚЛАЎ
Жуўмақластырып айтқанда, «Қарақалпақстан» телеканалында әдебий бағдардағы көрсетиўлер күн сайын жетилисип, раўажланып бармақта. Әдебиятымыздың байтереклери, ири тулғалары менен қоса жаңадан әдебиятқа қәдем таслап атырған жазыўшы, шайырларды халыққа кеңнен танытыў, олардың көз қараслары менен ортақласыў, сол арқалы өлмес әдебиятымыздың раўажланыўына үлес қосыў басқа да ғалаба хабар қураллары сыяқлы телевидениениң де миннетли ўазыйпасы. Усы көз қарастан қарағанда, Қарақалпақстан» телеканалындагы жоқарыда аты аталған көрсетиўлерде әдебий жетискенликлер менен қоса әдебий сын темаларды алып шықса еле де раўажланыў дәрежесиниң көтерилиўине ерискен болар едик. Себеби, сын пикир болмаса раўажланыў да соған жараса төмен дәрежеде болады.
Биз бүгинги реферат жумысымызда «Қарақалпақстан» телеканалында бүгинги күнде берилип атырған әдебият ҳаққындағы көрсетиўлер бойынша айтып өттик. Бул тараўға тийисли болған «Дәўир ҳәм әдебият» көрсетиўи, оның бир неше санларында оқылған сценарийлер, мийманлары туўралы азғана келтирип өттик.
ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР ДИЗИМИ
УСНАТДИНОВ Ш. «ЖУРНАЛИСТИКАҒА КИРИСИЎ», НӨКИС, «ҚАРАҚАЛПАҚСТАН», 2008.
МӘДРЕИМОВ Т. МӘДРЕИМОВ К. «ҲӘР ЗАТТЫҢ ӨЗ ТАРИЙХЫ БАР», НӨКИС, «БИЛИМ» 1994.
ПАЛЎАНОВ Б.П. «ТЕЛЕ ЖУРНАЛИСТИКА ТИЙКАРЛАРЫ» КУРСЫ БОЙЫНША ЛЕКЦИЯ ТЕКСТЛЕРИ, НӨКИС, 2007.
WWW.ZIYONET.UZ интернет сайты
WWW.ZIYO.UZ интернет сайты
WWW.UZ-STUDENT.UZ интернет сайты
WWW.MTRK.UZ интернет сайты
WWW.SHARH.UZ интернет сайты
Do'stlaringiz bilan baham: |