Тарийхый география


Орта Азияның әййемги халықлары ҳәм мәмлекетлик бирлеспелери



Download 0,95 Mb.
bet25/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

3. Орта Азияның әййемги халықлары ҳәм мәмлекетлик бирлеспелери
Орта Азия аймағында жасаған әййемги қәўимлер бирлеспелери ҳаққында анық пикирлер жоқ. Солай болса да, б.э.ш. VI-V әсирлерде үлкемизде жасаўшы ири қәўим бирлеспелериниң жайласқан аймақларын анықлаў имканы болған.
Олардан ең ириси сак қәўимлери болып, олар үш қәўимлик бирлеспеден ибарат: сака хаумаварка, сака тиграхауда ҳәм сака тиайтарадарая.
Сака хаумаварка тийкарынан Орта Азияның арқа-шығыс бөлиминде жайласқан.
Ири қәўимлерден және бири сака тиграхауда (өткир бас кийимли саклар) болған. Антик дәўир тарийхшылары сака тиграхаудаларды массагетлер менен теңлестирген. Бул қәўим бирлеспеси б.э.ш. VI-V әсирлерде Батыс Азияның жүдә үлкен аймағында: Әмиўдәрьяның төменги ағымларынан ҳәм де Сырдәрьяның орта ҳәм төменги ағымларынан баслап Арал теңизиниң арқасына шекем болған шексиз шөллерде көшип жүрген (сак- массагетлердиң тийкарғы бөлими дәслеп Арал теңизиниң қубла-шығысында, Окс (Әмиўдәрья ) ҳәм Яксарт дәрьяларының аралығында жайласқан болған). Б.э.ш. IV-III әсирлерде олардың аймағы бирқанша кеңейип, Каспий теңизиниң қубла-шығыс жағалаўларынан Қазақстанның орайлық аймақларына шекем болған үлкен кеңликлерде көшип жүрген. Антик дәўир авторы Страбон өзинен алдыңғы тарийхшылардың шығармаларынан пайдаланып: «Каспий теңизинен баслап көпшилик саклар дайл деп аталады, олардан шығыста жасаўшы қәўимлер массагетлер ҳәм саклар деп аталған, қалғанлары болса улыўма ат пенен скифлер деп аталған», – деп жазған. Страбон бул мағлыўматында сак-массагетлердиң аймағы жүдә кең болғанлығы менен бир ўақытта олардың жәмәәтлик турмысын да сүўретлеп, бирқанша қәўимлер ҳәм қәўим аўқамларынан ири этникалық бирлеспе дүзилгенлигин де анық көрсетеди. Сол дәўирлерде массагет саклары ири қәўим бирлеспеси болып, қурамына бир неше қәўим бирлеспелери, солардан, дахлар, дербеклер, сакаруклар, апасиаклар, ассийлер, аугаллар ҳәм басқалар кирген.
Сака тиайтарадарая (теңиз артында, теңиздиң арғы тәрепинде жасаўшы) да әййемги ири қәўим бирлеспеспелеринен есапланған. Бул саклардың келип шығыўы тийкары Каспий теңизиниң арқасында, Урал таў алды аймақларында жасаўшы массагет қәўимлеринен болыўы мүмкин.
Саклар хожалығында шарўашылық үлкен орын тутқан. Бул қәўимлер қара мал, майда жанлық ҳәм де атларды көбейткен. Жыллар даўамында шарўалар жаңа от-жем майданын табыў ушын ҳәрекет еткен, отырықшы турмыс олар ушын әҳмийетли есапланбаған.
Далаңлықлар, шөлистанлар ҳәм Әмиўдәрья бойларында массагет қәўимлери жасаған.
Солай етип, б.э.ш. VI-IV әсирлердеги отырықшы халық ҳәм көшпели сак-массагет қәўимлери Орта Азия халқының кейинги әсирлердеги этник раўажланыўына шәраят жаратып берген.
Көпшилик изертлеўшилер Орта Азияда дәслепки мәмлекетлердиң қәлиплесиў ҳәм раўажланыў барысы ахаменийлерге шекем болған дәўирде деп есаплайды. Илимий әдебиятларда Орта Азияда ахаменийлерге шекем болған дәўирде төмендеги мәмлекет бирлеспелери ҳаққында сөз жүритиледи:
Арёшайяна – Орта Азиядағы әййемги ўәлаятлар бирлеспеси.
Арёнамвайжо. «Үлкен Хорезм» яки Әмиўдәрьяның төменги ағымындағы Хорезм мәмлекети.
Әййемги Бактрия мәмлекети.Орта Азияның қубласында жайласқан онлаған жаңа типтеги мәмлекетлер соңғы бронза ҳәм ерте темир дәўиринде базы ири сиясий бирлеспелер – патшалықларға бирлесетуғын еди. Орта Азия қубласындағы бул мәмлекетлер Бактрия ҳәм «Үлкен Хорезм» еди. Ири патшалықлардың пайда болыўында ишки жәмийетлик-экономикалық факторлардан тысқары сыртқы субъектив факторлар да белгили орын тутқан. Бул факторлардан бири Месопотамияның урыс тәреп мәмлекетлери – Мидия, Ассирия, Митанни тәрепинен салынған қәўип болып есапланады.
Соңғы жылларда алып барылған изертлеўлер тийкарында бул дизимге Согдиананы да киргизиў имканияты пайда болды.Базы изертлеўшилердиң айтыўынша, ахаменийлерге шекем хорезмлилер Парфия шегараларынан шығыс тәрепте, Копетдаг жанбаўырларында жайласқан. Хорезм мәмлекетиниң орайы Мерв ҳәм Хират әтирапында болып, бул мәмлекетти парсылар ийелегеннен соң хорезмлилер төменги Әмиўдәрья – ҳәзирги Хорезм ўәлаятына көшип барған деп болжанған. Бул теорияға муўапық, б.э.ш. VI әсирде әййемги парсылар хорезмлилерди қубладан төменги Әмиўдәрья жерлерине қысып шығарған.
С.Толстов, Я.Ғуламовлар бул теорияға қарсы болып, хорезмлилер Орта Азияның қубласынан көшип келмеген, Хорезм мәмлекети төменги Әмиўдәрьяда әййемги заманлардан-ақ жүзеге келген,-деп жуўмақ шығарған. Бул мәмлекеттиң шегаралары ҳәзирги Хорезм ўәлаяты аймағынан бир қанша кең болған. Әййемги Хорезм орайларынан бири Гүзелиқыр қаласы қалың ҳәм беккем қорған дийўал менен оралған. Бундай орайлар әтирапында көплеген дийқанлардың қорғанлары, бағлар ҳәм далалар жайласқан еди. Әййемги Хорезмде өнерментшилик ислеп шығарыўы раўажланған. Қалаларда саўда-сатық күшли болған.
Орта Азия аймағында б.э.ш. VII әсирде пайда болған ең әййемги мәмлекет бирлеспеси Әййемги Бактрия мәмлекети болып есапланады. Бактриялылардың ели Сурхан алабы, Афганстанның арқа-шығысы, Тажикстанның қубла аймақларында жайласып, түрли жазба дереклерде Бахди, Бақтриш, Бактриана, Бактрия, Бахли, Бахлика деп тилге алынған. Бул мәмлекет аймағынан Қызылтөбе, Жерқорған, Узынқыр ҳәм Афрасиаб қала қарабаханалары табылған. Дәслеп Бактрия қурамына Маргиана ҳәм Согдиана да ўәлаят сыпатында кирген болыўы мүмкин. Бул дәўирде халық салыстырмалы тығыз жайласқан отырықшы үлкелерде дийқаншылық жедел раўажланған. Бул үлкелер өнимдар таў алды тегисликлеринде яки дәрья етеклеринде жайласқан болып, дийқаншылық ушын қолайлы шәраятқа ийе болған.
Үй-қорғанлар ҳәм айырым аўылларда жасаўшылардың тийкарғы жумыслары аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм оларды қайта ислеўден ибарат болған. Жер айдап дийқаншылық етиў, салма қазып дәрьялардан суў шығарыў, канал ҳәм жапларды бәрқулла тазалап турыў, жасалма суўғарыў ислерин жолға қойыў, дән егиў, шарўа ушын жем болатуғын өсимликлерди өсириў әҳмийетли ўазыйпалар болған.
Айырым үйлердиң ишинде арнаўлы устаханалар қалдықлары табылып тексерилген. Бул устаханаларға шаңарақ ағзалары тастан, ағаштан, ылайдан, қамыстан, териден хожалыққа, үйге керекли буйымларды ислеп шығарған. Мысалы, тастан исленген дийқаншылық қураллары (орақлар, жарғы), сопол ыдыслар, шыралар, уршық баслары ҳәм тери төсек сыяқлылар үй өнерментшилиги өними есапланған. Үй өнерментшилиги буйымлары ҳәм қураллары менен бир қатарда қала орайларының өнерментшилик устаханаларында сопол ыдыслар, металл қураллар, зеб-зийнет буйымлары ислеп шығарылған.
Аўыл жәмәәтлери ортасында товар алмасыўда «пул» ўазыйпасын гүләлшылық ҳәм темиршилик буйымлары, азық-аўқат ҳәм шарўа өнимлери атқарған. Аўыл жәмәәтлеринде жетистирилген өнимлердиң тийкарғы бөлими усы жердиң өзинде, яғный айырым жәмәәтлер ортасында пайдаланылған. Жетистирилген өнимниң белгили бөлимин базарға алып барыў хожалықта арнаўлы қураллар (буйымлар, кийим-кеншеклер) зәрүрлигинен келип шыққан. Аўыл хожалығы ислеп шығарыўдың түрли кәсиплерине байланыслы болғанлығы ушын өнимниң артықша бөлегин алмаслаў дәстүри және де раўажланған. Саўда тийкарында дәстүрий хожалықлар ҳәм өнер түрлери раўажланған. Бул жағдай ислеп шығарыўды тезлестирген.
Сыртқы саўдада (ўәлаятлар мәмлекетлер ортасында) пул өлшемин шийки зат, қымбат баҳалы өнерментшилик буйымлары (металл ыдыслар, қурал-жарақлар, зеб-зийнетлер), қымбат баҳалы тас, алтын ҳәм гүмислер атқарған. Орта Азиядан басланатуғын саўда жоллары Әййемги Шығыс мәмлекетлерине алып барған. Усы жоллар арқалы Бактрия таўларында қазып шығарылған лазурит, Хорезмде феруза, Согдианада алтын ҳәм қалайы, жылқы ҳәм түйелер Иран, Месопотамия ҳәм Алдыңғы Азия базарларына алып барылған. Ктесий мағлыўматы бойынша, Бактрия алтын ҳәм гүмис кәнлерине бай болған. Ассирия патшалығының саўдагерлери бронзадан исленген ыдысларды, қурал-жарақларды алтын ҳәм гүмиске алмастырған. Солай етип, б.э.ш. VII-VI әсирлерде ерте темир дәўирине өтилиўи менен Өзбекистанда дәслепки ири мәмлекетлер жүзеге келди, қалалар пайда болып, дийқаншылық, өнерментшилик тез пәт пенен раўажланды.

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish