4. Ахаменийлер ҳүкимранлығы ҳәм Александр Македонский жүрислери дәўиринде Орта Азия тарийхый географиясы.
Б.э.ш. VI әсирдиң орталарына келип, Ахаменийлер патшасы Кир II Орта Азия аймағындағы мәмлекет ҳәм ўәлаятларды (Бактрия, Хорезм, Согдиана, Маргиана ҳәм басқалар) Мысрды басып алыўға таярлық көре баслайды.
Әййемги дүнья авторлары Геродот, Ксенофонт мағлыўматларына қарағанда, б.э.ш. 545-539 жылларда Кир II Шығыс Иран ўәлаятлары ҳәм Орта Азиядағы Хорезм, Бактрия ҳәм сак қәўимлерин өзине бойсындырады. Бирақ, соны айтып өтиў керек, Кир II Орта Азияны қалай басып алғанлығы ҳаққында анық мағлыўматлар сақланбаған. Кир II ниң екинши жүриси жергиликли халықтың қатты қарсылығына ушыраған ҳәм көшпели массагетлер тәрепинен қыйратылған. Массагетлерге Тумарис басшылық еткен. Саўашта Кир II қайтыс болған.
Б.э.ш. 522-жылы Дара I ахаменийлер тахтына отырды. Оның тахтқа отырыўы менен басып алынған көп ғана ўәлаятларда көтерилислер басланады. 522-жыл ақырында Маргианада басланған Фрада көтерилиси Бактрия сатрапы Дадармиш тәрепинен аяўсыз бастырылды. Б.э.ш. 519-518 жылларда саклар Скунха басшылығында көтерилиске шығады. Бирақ бул көтерилис те бастырылды.Дара I диң сакларға қарсы жүриси сәтсиз тамамланды. Басып алынған мәмлекетлерди ғәрезлиликте услаў ушын ахаменийлер пүткил мәмлекетти өз алдына ўәлаят – сатраплықларға бөлди. Бул сөз парсыша «хшатра» -«ўәлаят» сөзинен келип шыққан.
Ўәлаят баслығы – сатрапқа шекленбеген ҳәкимият берилген еди. Сатраплардың көпшилиги ахаменийлер династиясы ўәкиллери еди. Ҳәр бир сатрап өз ўәлаятының сәркардасы да еди. Ол тек шахқа бойсынатуғын еди. Барлық армияға шах басшылық еткен.
Орта Азияның басып алынған ўәлаятлары үш сатраплыққа бөлинген. Олар бактриялылар, егллер, саклар, каспийлер, парфиялылар, соғдлылар ҳәм хорезмлилердиң жерлери болған. Ҳәр бир сатраплық жыллық хираж төлеген. Буннан тысқары бағыныңқы халықлар сарайлар қурылысына да жиберилген. Хиражды гүмис пенен, шарўалар шарўа менен, өнерментлер өз өними менен, кийим, тери менен төлеген.
Б.э.ш. 329-жылы македониялы Александр армиясы Әмиўдәрьядан өте баслады. Александрдың әскерлери бул тосықтан өтип алды. Армия алдында болса Наутака (Қашқадәрья алабының шығыс бөлими), Мараканд туратуғын еди.
Б.э.ш. 329 жылы македониялы Александр армиясы Маракандты ийеледи. Александр армиясының бир бөлимин қалдырып, өзи болса Курушкат (Кирополис) қаласын басып алыў ушын тийкарғы күшлер менен Сырдәрья жағалаўларына қарай кетеди. Рәўиятларға қарағанда, бул қалаға парсы шахы Кир II тийкар салған екен. Согдиана халқы басқыншыларға қарсы гүреске көтерилди. Тез арада соғдларға бактриялылар, сак ҳәм массагетлер қосылады. Көтерилиске талантлы басшы ҳәм командир Спитамен басшылық етеди.
Бирқанша армия топлаған Спитамен Маракандты қоршаўға алды. Александр қамалда қалғанлар ушын мыңға жақын әскерлерден ибарат армия жибереди. Әййемде «Политимет» деп те аталған Зарафшан дәрьясы бойында македонларға дузақ қойған Спитамен душпан топарын пүткиллей қырып таслайды. Сонда Александрдың өзи көтерилисти бастырыўға атланады. Греклердиң үлкен күшлери жақынласып киятырғанынан хабар тапқан Спитамен қамалды тоқтатады, өз армиясын шөлистанлыққа баслап кетеди. Саклар ҳәм массагетлерге қарсы гүрес ушын Александр Сырдәрья бойындағы Хожент қасында бир таяныш пункт пайда етиў ҳаққында буйрық береди. Бул қорған Александрия Эсхата (Узақ Александрия) деп аталды. Александр Маракандта гарнизон – қорғаныў күшлерин қалдырып, тийкарғы армиясы менен қыслаў ушын Зариасп (Бактрия) қа кетеди. Сол жылдың бәҳәринде Александр көтерилисти бастырыўдың илажын көреди. Өз ләшкерлерин үш бөлимге бөлип, Согдиананың арғы басынан берги басына шекем гезип шығады ҳәм тыныш халықтың 120 мың адамын қырып таслайды.
Б.э.ш. 328 жыл гүзинде Спитаменниң Александр менен шешиўши саўашы болып өтти. Күшлер тең болмағанлықтан Спитамен жеңилип, және шөлге шегинеди. Сол жерде көшпели қәўим баслықлары оны сатқынларша өлтиреди. Орта Азия жерлерин басып алыў ушын Александр дерлик үш жыл урынды, бирақ онша үлкен болмаған аймақты: Маргиана, Бактрия, Согдиана ҳәм ҳәзирги Бекабат ҳәм Хоженттен ибарат Сырдәрья бойларын бойсындырыўға ериседи. Хорезм, Ташкент алабы ҳәм Ферғана өз ғәрезсизлигин сақлап қалады.
Спитамен көтерилиси бастырылыўына қарамастан, грек-македон әскерлери биринши мәрте жеңилиске ушырады.
Грек-македон армиясының басқыншылық жүрислери Орта Азия жерлерин қарабаханаға айландырды, халықтың үлкен бөлими қырылып кетти. Көплеген қалалар ўайран етилди.Грек тарийхшыларының жазыўынша, македониялы Александр Орта Азияда 12 қала қурдырған. Бул қалалар оның аты менен Окстағы Александрия, Александрия Эсхата, Маргиана Александриясы ҳәм басқа атлар менен аталған. Олардың базылары ўайран етилген Согдиана ҳәм Бактрия қалалары орнында, басқалары болса таяныш пункт сыпатында жаңадан қурылған. Бул қалаларда грек-македон пияда, атлы әскерлери жайласты. Б.э.ш. 324-жылдан баслап бул әскерлердиң сийреклескен қатары Македония қурамында қуралландырылған Бактрия ҳәм Согдиана жаслары есабынан толтырылған.
Do'stlaringiz bilan baham: |