Тарийхый география



Download 0,95 Mb.
bet29/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

Сораў ҳәм тапсырмалар
1. Орта Азия аймағында алғашқы жәмәәт ҳәм әййемги дәўир тарийхый географиясының өзгешелик тәреплери нелерден ибарат?
2. Ахаменийлер ҳәм Александр Македонский әскерий жүрислериниң Орта Азия тарийхый географиясына тәсирин анықлаң?
3. Спитамен көтерилиси ҳаққында нелерди билесиз?
4. Орта Азияда салавкийлер мәмлекети ҳүкимранлығы ҳәм Грек- Бактрия патшалығы тарийхый географиясының әҳмийети?
5. Кушан патшалығы тарийхый географиясы ҳаққында мағлыўмат топлаң?
6. Картадан Уллы жипек жолының тийкарғы бағдар ҳәм тармақларын көрсетиң?

IV БАП.
ОРТА АЗИЯНЫҢ ОРТА ӘСИРЛЕРДЕГИ
ТАРИЙХЫЙ ГЕОГРАФИЯСЫ

  1. Эфталитлер ҳәм түрк қағанлығы сиясий – тарийхый географиясы

V әсирдиң орталарында Орта Азияға көшпели эфталит қәўимлери кирип келеди. Бул жаңа қәўимлер аўқамы 50-жылларда бирқанша беккемленди. Олардың 456- жылы Қытайға өз елшилерин жибериўи де буны тастыйқлайды. Эфталитлердиң қублаға жылжыўы сасанийлер Ираны менен соқлығысыўына алып келди. Бул урыста да эфталитлер жеңиске ерисип, сасанийлер эфталитлердиң улпан төлеўшисине айланып қалады. Эфталитлер сасанийлер менен гүрес барысында Орта Азияның қубла аймақларына жылыслай баслаған. Олар 467-470 яки 480-жылларда Соғдты басып алады ҳәм кейин Шығыс Түркстанға қарап жылысады. 479-жылы Турфан, 490-497-жылларда Урумчи, 497-507-жыллар аралығында Карашара, Хотан ҳәм Қашғар эфталитлер мәмлекети қурамына киреди ҳәм VI әсир басларында пүткил Шығыс Түркстан эфталитлер қол астына бирлеседи.
Эфталитлер мәмлекетиниң аймақлары ҳаққында Қытай жылнамалары ҳәм араб-парсы тарийхшыларының шығармаларында мағлыўматлар ушырайды. Оларға сүйенген ҳалда эфталитлер мәмлекетине Орта Азияның үлкен бөлими, Шығыс Түркстан, Гандхара ҳәм V әсирдиң екинши ярымында Арқа Ҳиндстанның басқа бир қанша ўәлаятлары да киргенлигин билиўимиз мүмкин. Бул мәмлекет өз аймағы бойынша кушанлар мәмлекетинен де үлкен еди.
Кушанлар дәўириндеги сыяқлы эфталитлер дәўиринде де салтанат жеке ҳүкимдар тәрепинен басқарылған. Қытай дереклери бойынша, тахт атадан балаға қалмай, усы династиядан ким тахтқа ылайық көрилсе, сол адам тахтқа отырған. Демек, сол адамды анықлап тахтқа усынатуғын қандайда бир кеңес те болған. Бул кеңес династияның ен абырайлы ўәкиллеринен ибарат болған. Ең әҳмийетлиси эфталитлер дәўиринде мәмлекет нызамлар тийкарында басқарылғанлығын айрықша атап өтиў лазым. Римли Прокопий (VI әсир) «Эфталитлер мәмлекетти нызамлар тийкарында басқарады…» деп жазар екен, бул нызамлар түркий түзиклер болғаны гүмансыз.
Эфталитлер дәўиринде мәмлекет пайтахты қай жерде болғанлығы ҳаққында анық мағлыўматлар жоқ. Айырымлар Пайкент қаласын көрсетсе, басқалары Бадахшанда деп есаплайды. Усы орында айырым тарийхый дәстүрлерди итибардан шетте қалдырып болмайды. Мәселен, кушанлар пайтахты бираз мүддет Согдианада жайласқан ҳәм кейиншелик мәлим себеплер менен Пешоварға көширилген. Сол сыяқлы эфталитлер орайы да дәслеп Бактрияда, соң сасанийлер қәўпи сапластырылғаннан соң ҳәм салтанат шегаралары Шығыс Түркстан есабына да кеңейгеннен соң пайтахт Пайкентке көширилген болыўы керек.
VI әсирде Алтай аймақларында мәмлекетлик бирлеспелер пайда бола баслайды. Бул мәмлекет бирлеспелеринен бири түрк қағанлығы болып, Орта Азия тарийхында әҳмийетли орын тутады. Бул мәмлекет тийкарын салыўшы Бумин болып, ол дәслеп теле қәўимлерин бирлестирип, соң жужанларға қатты соққы береди. Оларды кризиске ушыратып, Монголия ҳәм Алтай аймақларында мәмлекет дүзеди. Усы жылы, яғный 551-жылы Бумин ябғу атағын алады ҳәм сол дәўирден баслап түрк кағанлығы рәсмий түрде тән алынады. Мәмлекет аймақларының кеңейиўи Буминниң мийрасхоры Муған (553-572 жж) дәўирине туўры келеди. Басқыншылық жүрислериниң батыс жөнелисине Муғанның иниси Истеми басшылық етти. Әлбетте түрклердиң қублаға қарап жылысыўында эфталитлер менен соқлығысыў келип шығыўы анық еди. Түрклер ҳәм эфталитлер ортасындағы дәслепки соқлығысыўлар VI әсирдин 50-жылларына туўры келеди. Олар дәслеп Орта Азияның арқа бөлиминде соқлығыскан еди.
Түрклер Иран менен эфталитлерге қарсы аўқам дүзеди ҳәм еки тәреплеме қоршаўда қалған эфталитлер түрклерге жақсы қарсылық көрсете алмайды ҳәм Бухара жанындағы шешиўши саўашта жеңилиске ушырайды. Үлкен Күлтегин жартасында: «Олар (Муған ҳәм Истеми) Темир капиғке шекем өз халқын жайды…» деген жазыўлар бар. Темир капиғ, яғный Темир Дәрўаза Байсун таўындағы Соғд ҳәм Тохарстан аралығындағы өтиў орны еди. Демек, түрклер қублада усы аймақларға шекем жетип келген. Түрк қағанлығының шығыстан батысқа шекемги шегарасы болса Кореядан Қара теңиз бойларына шекем созылған еди. Бирақ бул мәмлекет ондай дәрежеде беккем болмай, руў – қәўимшилик себепли, 603-жылы ишки қарама-қарсылықлар себепли екиге: батыс ҳәм шығыс түрк қағанлығына бөлинип кетеди.
Қағанлық екиге бөлингенде де жоқарғы ҳәкимиятты өз қағанлары басқарған. Әййемги түрк ҳәм қытай дереклеринде лаўазымлардан шад ҳәм тудун көп ушырайды. Тудун да мийраслық болған. Тудунның сөзлик мәниси услап турыў дегенди билдиреди. Қытай дереклери бойынша, тудун ҳүкимдардың орынлардағы найыбы, ўәкили, қадағалаўшысы ўазыйпасын орынлаған (услап турыў, яғный қадағалаўда услап турыў). Тудунлардың жергиликли ҳәкимлер үстинен қадағалап турыўынан тысқары олар салық жыйнаў ислерин де қадағалаған. Қытай дереклеринде жазылыўынша, шад ең жоқары лаўазымлардан есапланып, сарайдағы жыйналыслар ўақтында ҳүкимдардың оң тәрепинен орын алған. Бул еки атақ та ҳүкимдардың ең жақын адамларына берилген. Мәселен, Қутлықхан (693-жылы қайтыс болған) өзин хан деп жәриялағаннан кейин, инилери Мучурға шад, Тузилбекке болса ябғу атағын берген. Билкехан (734-жылы қайтыс болған) да тахтқа отыраман дегенше киши шад атағында болған. Көринип турғанындай, қағанлық өз дәўири ушын қурамалы басқарыў системасына ийе болған.
Биз жоқарыда қағанлықтың тийкарғы орайлық басқарыў системасы менен байланыслы тәреплерин көрип шықтық. Қағанлық қурамындағы көплеп жергиликли мүлклер (ўәлаятлар)деги жәмийетлик-экономикалық раўажланыў дәрежеси бирдей емеслигин айтып өткен ҳалда, соны айтыў мүмкин, олардағы басқарыў қағанлық орайынан ажыралып турыўы тәбийий. Себеби, көшпели мәденият ўәкили болған түрклер өз қол астындағы отырықшы халықлар турмыс тәрзи, ишки дәстүрий мәселелерине бейимлесе, араласа алмас еди.
Буннан тысқары қағанлық орайлық басқарыў системасы тийкарынан ири сиясий мәмлекетлик илажлар (салтанат тынышлығын сақлаў, қорғаў ҳәм мәмлекет аймағын кеңейтиў, салық системасының турақлы ислеп турыўына ерисиў, ишки ҳәм сыртқы саўда байланысларын алып барыў, мәмлекетлер аралық сиясий-елшилик қатнасықларын алып барыў ҳ.б.) менен бәнт болып, жергиликли дәрежедеги ўақыялықлар ушын белгили дәрежеде еркинликке жол қойылған. Әлбетте, бунда орынлардағы жеке өзгешеликлер де есапқа алынған. Соның ушын да Ферғана, Соғдиана, Шаш, Хорезм, Тохарстан, Арқа Аўғанстанда басқарыў иси тийкарынан, жергиликли сиясий күшлер (династиялар) тәрепинен әмелге асырылған. Бирақ, орай тәрепинен оларды қадағалаў иси менен тудунлар шуғылланған.
Қытай авторларының жазыўынша, Соғдианада жергиликли Кан династиясының абырайы күшли болып, оларға сегиз ҳәкимлик (мүлк) қараслы болған.
Соғдиана ҳүкимдары ихшид атағына, ғәрезли ҳәкимлик баслықлары да өз атақларына ийе болған (мәселен, Кеш ҳәкими ихрид атағына ийе болған). Басқарыўды үш ҳәмелдар (ўәзир) әмелге асырған. Тохарстандағы жағдай да тап усындай болған. Тохарстан ҳүкимдары ябғу атағы менен, оған ғәрезли ҳәкимлер болса (Хутталон, Кобадиан, Шуғнон, Чағаниян ҳ.б. мүлклер баслықлары) өз жергиликли атлары менен танылған. Мәселен, Чағаниянды чағанхудатлар басқарған. Шаштағы жағдай да 605-жылға шекем усындай болса да, бирақ усы жылы Шегуйхан (618-жылы қайтыс болған) бул жерди басқарыўды шахзадалардан Фучжитегинге тапсырады. Хорезмге келсек, бул жерди жергиликли афригийлер династиясы ўәкиллери басқарған.



Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish