Тарийхый география


Хожалық ҳәм саўда қатнасықлары



Download 0,95 Mb.
bet30/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   26   27   28   29   30   31   32   33   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

2. Хожалық ҳәм саўда қатнасықлары

Аймақ қалалары тарийхында V әсир ақыры – VI әсир баслары алға илгерилеў дәўир есапланады. Әсиресе, киши қалалардың тез пәт пенен өсип барыўы, бәлент имаратлары болған өз алдына қорғанлардың жүзеге келиўи ҳәм көбейиўи Хорезм, Соғдиана, Шаш ҳәм Бактрия ўәлаятларында көзге тасланады. Бунда экономикалық–саўда қатнасықларының кең жолға қойылыўы да өз тәсирин көрсеткен. Үлкемиздиң дәстүрий экономикалық имканиятларының тийкарын қураўшы дийқаншылық, шарўашылық, бағшылык, өнерментшилик ҳәм басқа да тараўлар бул дәўирде де раўажланыўдан тоқтамаған. Дереклерде бул дәўир жетискенликлери ҳаққында мағлыўматлар ушырасады.


Әсиресе, саўда–сатық жоқары дәрежеде раўажланған. Бул бир тәрептен, үлкен аймақтың сиясий тәрептен бир пүтинлиги, екинши тәрептен, Шығыс ҳәм Батыс мәмлекетлериниң ортасындағы саўда – экономикалық байланысларында дәлдәлшылық етиўи бунда қолай шәраят жаратып берген. Бул болса, өз нәўбетинде, жол, тәмийнат, хызмет көрсетиў тармақларының кеңейип барыўына жол ашқан. Сыртқы саўдада жипек, лак, бояўлар, реңли шийше, қымбат баҳалы таслар, дүлдүл атлар, гезлемелер, қурал – жарақлар сыяқлы баҳалы өнимлер базары қызғын болған. Соны да нәзерде тутыў керек, Уллы жипек жолының еки бағдары да (арқа – Турфан, Қашқар, Ферғана, Соғдиана, Марғиана; қубла – Хотан, Яркент, Памир, Бактрия) эфталитлер мәмлекети аймағынан өтиўи де үлкен әҳмийетке ийе болған.
Түрк қағанлығы дәўиринде үлкениң дийқаншылык, өнерментшилик, қурылыс, саўда - сатық, кәншилик тараўлары раўажланған. Ферғана, Соғдиана, Хорезм, Бактрия (Тохарстан) сыяқлы ўәлаятларда дийқаншылықтың барлық түрлери болған. Бунда дийқаншылық орынлары имканиятларынан пайдаланып, бийдай, арпа, салы, мәш, тары, қаўын, ғарбыз сыяқлы өнимлерден жоқары зүрәәт алған. Пахташылық, пиллешилик, бағшылық, жүзимшилик сыяқлы тараўлар да алдыңғы дәўирдеги сыяқлы раўажланғанлығын орта әсир алымлары өз шығармаларында баян етип өтеди. Мәселен, бир жерде пахта сапасы тилге алынса, басқа бир жерде бағшылық, жүзимшилик, атап айтқанда, виношылық тараўы жоқары дәрежеде раўажланғанлығы айтылады.
Бағшылықта шабдал, ерик, алшаның бир неше түрлери, ғоза, писте, бадам ҳәм басқа мийўе сортларынан сапалы ҳәм жоқары өним алынған.
Әййемнен қазылма байлықлары менен даңқы шыққан үлкемизде бул дәўирде де кәншилик тараўы төмен раўажланбаған. Алтын, темир, гүмис, қорғасын, мыс, дуздың бир неше түри, ҳәр қыйлы қымбат баҳалы таслар ҳәм де емлеў қәсийетине ийе болған элементлер Соғдиана, Шаш, Ферғана, Хорезм, Тохарстан сыяқлы аймақлардан қазып алынған. Дийқаншылық ҳәм кәншиликтеги раўажланыў көлеми ҳәм сапасы өз – өзинен кейинги үш тармақ: өнерментшилик, қурылыс ҳәм саўда – сатық раўажланыўына түртки болған. Соның ушын да бул дәўирде металлургия, зергерлик, гүлалшылық, қуралсазлық, тоқымашылық сыяқлы тараўлар раўажланған.
Мысалы, зергерлердиң көркем безеўлери, тағыншақлары, темиршилердиң дийқан, қурыўшыға яки әпиўайы хожалық зәрүриятларын (балта, орақ, шеге, қайшы, шынжыр, гилт), қуралсазлардың әскерлерге, ақсүйеклерге соғып берген пухта ҳәм бийбаҳа қурал–жарақлары, ҳәр қыйлы көлемде ислеў берилген сопол ыдыслар, пахта, жүн, жипек гезлемелер, кағаз орнында қолланса болатуғын дәрежеде ислеў берилген терилер ҳәм көплеп өнимлерди санап өтиў мүмкин.
Жоқарыдағы тараўлардың раўажланыўы менен қурылыс тараўы да кеңейип барған.
Шығыс ҳәм Батыс ортасында көпир ўазыйпасын орынлап келген үлкемиздиң саўда-сатық пенен шуғылланыўшы қатламы өз имканиятларынан кең пайдаланып, өз турмысын және де раўажландырып барған. Алдын халық аралық саўда тийкарынан Қытай – Түркстан – Иран арқалы батыс жөнелисте алып барылған болса, енди усы дәўирден баслап, Каспий теңизи ҳәм Арқа Кавказ жолынан да үнемли пайдалана басланды. Үлкениң тийкарғы саўда шериклери – Ҳиндстан, Қытай, Иран ҳәм Византия мәмлекетлери есапланған. Бул мәмлекетлерге тоқымашылық, жипекшилик өнимлери, қымбат баҳалы таслар, олардан исленген буйымлар, тағыншақлар, нәсилли атлар, бир неше түрдеги дуз, вино, бағшылық өнимлери, қазылма байлықлардың бир неше түрлери алып барылып сатылған.



Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   26   27   28   29   30   31   32   33   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish