6.Уллы Жипек жолы: тийкарғы бағдар ҳәм тармақларына тарийхый-географиялық сыпатлама
Әййемги дүнья тарийхына нәзер таслар екенбиз, жәмийет раўажланыўының бронза дәўиринен де алдын аймақларды бир-бирине тутастырыўшы өз-ара қәнигелескен саўда жоллары болғанлығын көриўимиз мүмкин. Уллы жипек жолы пайда болмастан алдын Орта Азия ҳәм Әййемги Шығыс аймағында саўда ҳәм мәдений алмасыў ушын ҳәр түрли жоллар болған.
Ең әййемги жоллардан бири б.э.ш. III-II мың жыллықта жүзеге келген «Лазурит жолы» есапланады. Ол Памир таўларынан басланып, Иран ҳәм Алдыңғы Азия ҳәм де Мыср арқалы өткен. Памирден алынатуғын лазурит тасы Әййемги Шығыс мәмлекетлери зергерлери тәрепинен жоқары баҳаланған. Бадахшан лазурити ислетилген буйымлар Мыср фараонлары мавзолейлеринен де табылған.
Басқа бири Иран ахаменийлер династиясының жолы болып, «Шах жолы» деп аталған. Ол б.э.ш. VI-IV әсирлерде Киши Азия қалаларын, Жер орта теңизи бойындағы Эфес, Сард қалаларын Иран пайтахтларынан бири – Суза менен байланыстырып турған.
Және бир жол Иран, Бактрия арқалы Согдиана, Ташкент үлкеси ҳәм Қазақстан аймақларынан өткен ҳәм Алтайға шекем барған. Оның улыўма узынлығы 2400 км ди қураған.
XVI әсирге шекем Шығыс пенен Батыс халықлары ортасындағы тарийхый-мәдений ҳәм саўда қатнасықлары раўажланыўында Уллы Жипек жолы әҳмийетли орын тутқан еди. Бул жол б.э.ш. II әсирде жүзеге келген ҳәм «Уллы Меридианал жол» деп аталған. Бул жолға «Уллы Жипек жолы» деген ат 1877- жылы немис географы Ф.Рихтгофен тәрепинен берилген.
Қытай, Орта Азия, Ҳиндстан ҳәм Жақын Шығыс мәмлекетлерин саўда арқалы өз-ара байланыстырған, әййемги Қытайдан Орта Азия, Ҳиндстан, Иран ҳәм Жақын Шығыс мәмлекетлерине тийкарынан жипек алып кетилгенлиги ушын оны Жипек жолы деп атаған. Уллы Жипек жолы эрамыздың XVI әсирине шекем (суў жоллары ашылғанға шекем) Шығысты Батыс пенен байланыстырып, саўда-сатық ҳәм мәдений байланыслардың раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе болған. Уллы Жипек жолы ҳаққындағы дәслепки мағлыўматлар б.э.ш. 138-жылы Қытай императоры Удидиң тапсырмасы менен Орта Азияға жиберилген елши ҳәм саяхатшы Чжан Цзян саяхатнамасында ушырасады. Жипек жолы Хуанхе (Қытай) дәрьясының орта ағысында жайласқан Сиан қаласынан басланып, Ланчжоу арқалы Дунхуанға келген. Бул жерде ол екиге ажыралып, бири арқа-батысқа, екиншиси қубла-батысқа бағдарланған.
Арқа жол Турфан арқалы Тарим үлкесине, ол жерден Қашғар, Ферғана алабына, оннан кейин Соғдтың орайы Самарқандқа ҳәм Марғианаға (Мерв) бағдарланған. Қубла жол Хутан, Яркент ҳәм Памир таў дизбеклери арқалы өтип, Бактрияның пайтахты Зариаспқа (Балх) барған. Балхта қубла жол екиге ажыралып, бири Ҳиндстанға, екиншиси батысқа бағдарланған ҳәм Мервте арқа жол менен тутасқан. Жипек жолы Мервтен Парфияның пайтахты Ниса қаласы, Иранның Гекатампил, Апалия ҳәм Экбатана (Ҳамадан) қалалары арқалы Месопотамияға барған, ол жерде Ктесифон ҳәм Бағдад қалаларынан өтип, Дажла (Тигр) дәрьясының оң жағалаўы бойлап арқаға бағдарланған ҳәм Нисибин ҳәм де Антиохия қалалары арқалы Дамаскқа барған. Дамасктан Тир қаласы менен Қуддусқа ҳәм Мысрға барған.
Уллы Жипек жолы арқалы Қытайға ҳәр қыйлы гезлемелер, гилемлер, айна, металл, зеб-зийнет буйымлары, қымбат баҳалы таслар, Бактрия ҳәм Даваннан ат ҳәм түйелер алып барылған. Бул жол себепли Қытайдың Орта Азия ҳәм Жақын Шығыс мәмлекетлери менен саўда ҳәм сыртқы байланыслары I-II әсирлерде-ақ кеңейген. Ҳәр жылы Қытайдан үлкен саўда кәрўанлары елшилер менен батыс мәмлекетлерине жиберилген, батыстан да усындай кәрўанлар келген.
Жипек жолы узақ ҳәм машақатлы болғанлығы себепли Қытайдың батыс мәмлекетлери менен тиккелей байланыс жасаўы мүмкин болмаған. Соның ушын да Уллы Жипек жолы арқалы алып барылған саўда-елшилик байланысларында азиялылар, әсиресе соғдлар, бактриялылар, парфиялылар ҳәм иранлылар үлкен роль ойнаған. III-VI әсирлерде Жипек жолы Қытайдан Ҳиндстанға барып зыярат етиўши будда монахларына үлкен хызмет етти. X әсирлерде Қытай менен араб халифалығы ҳәм Византия ортасында саўда ҳәм елшилик қатнасықларының кеңейиўи нәтийжесинде Уллы жипек жолының әҳмийети артты. XIII-XIV әсирлерде Жипек жолы монғоллар империясының шетки үлкелерин Монголия менен байланыстырыўда үлкен роль ойнады.
Уллы жипек жолының әҳмийети жәҳән жәмәәтшилигинде үлкен қызығыўшылық оятып келмекте. Юнеско бас конференциясының XXIV сессияси 1989-1997-жылларға мөлшерленген «Жипек жолы – қарым-қатнас жолы» атлы кең көлемдеги изертлеў ислерин әмелге асырыў бойынша қарар қабыл етти. Усы қарар тийкарында дүзилген экспедиция Орта Азияның тарийхый раўажланыў процесин үйрениў бойынша үлкен изертлеў ислерин әмелге асырды.
Do'stlaringiz bilan baham: |