8. Монғол (Шағатай) улысы дәўиринде Орта Азия тарийхый географиясы
Басып алынған үлке ҳәм ўәлаятларды Шынғысхан еле тири ўақтында-ақ уллары ҳәм ақлықларына бөлистирип берген еди. Қубла Сибирь, Дешти Қыпшақ, Итил (Волга) бойы, Хорезм ҳәм Дәрбентке шекем болған аймақлар Шынғысханның туңғыш улы Жожыға ҳәм оның өлиминен кейин болса ақлығы Батуға тапсырылады. Шығыс Түркстан, Жетисуў ҳәм Маўарауннахрға оның екинши улы Шағатай ийе болды. Шынғысханның өзи туўылып өскен Монголия ҳәм Қытайды үшинши улы ҳәм мийрасхоры Оқтайға береди. Генже улы Тулуға болса, Хорасан, Иран ҳәм Ҳиндстан тийиседи. Солай етип, монғоллар басып алынған ўәлаятларды улысларға бөлип, оларды удель тийкарында басқарыўға кириседи.
Сол тәризде, ХIII әсир басларында Шағатай қарамағына берилген Маўарауннахр, Жетисуў ҳәм Шығыс Түркстанда Шағатай улысы дүзиледи. Бул феодал мәмлекет ХIV әсирдиң 40-жылларына шекем жасайды.
XIII әсирдиң 70-80-жылларына келип, әсте-ақырынлық пенен болса да, қала турмысы, атап айтқанда, өнерментшилик ҳәм саўда раўажлана баслайды. Қалалардың ишки турмысы, әсиресе, товар-пул қатнасықларының тиклениўинде Маъсудбек тәрепинен өткерилген пул реформасы үлкен әҳмийетке ийе болды. Ол Маўарауннахрдың 16 қала ҳәм ўәлаятларында, атап айтқанда, Самарқанд, Бухара, Тараз, Отрар, Хоженд ҳәм басқа қалаларда бир қыйлы аўырлықтағы сап гүмис теңгелер шығарылып, мәмлекет бойлап айланысқа киритиледи. Еки әсир даўамында Маўарауннахрда гүмис теңгелер шығарылмағанлығын есапқа алсақ, Маъсудбектиң пул реформасы себепли мәмлекетте товар-пул қатнасықлары тикленип, қалалар ишки турмысының бираз болса да көтерилиўинде үлкен әҳмийетке ийе болған.
ХIV әсир биринши ярымында және бир шағатай хан Кебекхан мәмлекетти басқарыў дүзилисин ҳәм оның экономикалық турмысын тәртипке салыў мақсетинде ҳәкимшилик ҳәм пул тараўларында реформа өткереди. Кебекханның реформасы бойынша мәмлекет ўәлаятларға бөлинип, оларға монғол тилинде туман деп ат бериледи. Бирақ ҳәкимшилик реформа жергиликли ҳәкимликлер ҳәм бекликлерди жоқ етпей, бәлким оларға сәйкеслестириледи. Кебекхан жәриялаған ҳәкимшилик бөлиниў, әййемги дәстүрлерди жоқ ете алмаған болса да, ол Маўарауннахрда феодал мәмлекетти беккемлеўде әҳмийетли орын тутты.
Кебекхан дәўиринде ишки саўда-сатықты тәртипке салыў, қоңсы мәмлекетлер менен сыртқы саўда қатнасықларын жақсылаў ушын пүткил мәмлекетте бирден-бир пул бирлигин жәриялайды. Кебекхан еки түрли пул: гүмис теңге – «динар» ҳәм майда гүмис теңге – «дирхам» шығарады.
Шағатай улысы дәўиринде Орта Азияда жерге ийелик етиўдиң төрт түрли формасы болған:
Мүлки дийўан – мәмлекет жерлери.
Мүлки инжу – хан – найыплар ҳәм оның әўладлары қол астындағы жерлер.
Ўақым мүлки – мешит, медресе, қәбирстан ҳәм мақбаралар қарамағындағы жерлер.
Мүлклер – жеке жерлер.
Мүлклердиң көпшилик бөлими әскерий хызметкерлерге мәмлекет алдындағы хызметлери ушын берилген болып, олар «ықта» яки «суюрғал» жерлери деп жүритилген. Ири жерлерде бағынышлы болып ислеўши дийқанлар болса, «кадивар» деп жүритилген.
Do'stlaringiz bilan baham: |