Тарийхый география


Орта Азияға монғоллар басқыншылығы ҳәм оларға қарсы азатлық ҳәрекетлери



Download 0,95 Mb.
bet35/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

7. Орта Азияға монғоллар басқыншылығы ҳәм оларға қарсы азатлық ҳәрекетлери
1219-жылы гүзде Шынғысхан уллары – Шағатай, Оқтай ҳәм Жожы менен бирге Хорезмшахлар мәмлекетине қарсы жүрис баслайды. Оның армиясының улыўма саны 200 мыңға жақын болған. Шынғысхан армиясы әййемги жол менен Или дәрьясы бойлап, Арқа Ферғанадан өтип, Қубла Қазақстанда Сырдәрья бойында жайласқан Отрар қаласы үстине ҳүжим етти. Бул қала жанында пүткил әскерий күшлерин жыйнап, Маўарауннахрды тез ўақыт ишинде басып алыў режеси менен өз армиясын 4 бөлимге бөледи. Оның бир бөлими уллары – Шағатай ҳәм Оқтай басшылығында Отрарды қамал етип турыў ушын қалдырылады. Екинши бөлимине болса, Жожы басшылық етип, ол Сырдәрья етегиндеги қалалар тәрепке жибериледи. Оған Сығнақ, Өзген, Женд ҳәм Жаңакент қалаларын басып алыў буйырылады. Бес мың әскерден ибарат үшинши топар болса Олоқноян ҳәм Сукетучербий басшылығында Сырдәрьяның орта ағымында жайласқан Бинокат ҳәм Хоженд қалаларын басып алыў ўазыйпа етип тапсырылады. Шынғысханның өзи болса тийкарғы күшлер менен қумлықлар арқалы Бухараға жол алады.
Шынғысханның үлкен улы Жожы басшылығындағы монғол басқыншылары реже бойынша Сырдәрьяның жоқарғы бөлиминдеги жерлерди ийелеўи керек еди. Басқыншылар белгили бир мүддеттен сон, Сығнақ ҳәм Барчылыкент қалаларын ийелеп, кейин ала Хожендке ҳүжим баслайды. Монғоллар 20000 лық әскер ҳәм 50000 лық тутқынларды Хоженд әтирапына орналастырады. Хоженд ҳәкими Темур Малик келип шығыўы бойынша түркий сәркардалардан болып, хорезмшахлар мәмлекетинде данқ таратқан, султан ҳәм оның шаңарағына жүдә жақсы таныс болған абырайлы шахс еди. Монғолларға қарсы шығыў мүмкин емеслигин сезген Темур Малик (малик – ҳәким мәнисинде) шама менен мыңға жақын әскерин Хожендтен бир километр узақлықтағы Сырдәрья атаўларының бирине жайластырады. Стратегиялық жақтан қолай орынға орналасқан бул атаўға монғол оқлары жетип бармас еды. Темур Маликтиң буйрығына көре, 12 қайық соғылып, оқ өтпеўи ҳәм жанып кетпеўи ушын олардың үсти кийиз бенен қапланып, сирке сиңдирилген ылай менен сыбалады. Ол бул атаўда узақ ўақыт тура алмаўын сезип, бар азық-аўқат запасын ҳәм әскерлерин 70 кемеге орналастырып, түнги ўақытта дәрьяның төменги ағымы бойлап жүзип кетеди. Монғоллар ҳәр еки ағым бойлап Темур Малик кемелерине ҳүжим уйымластырады. Ҳәттеки Бинокат жанында дәрьяның бир жағасынан екинши жағасына шекем шынжыр тарттырып қояды. Узақ ҳәм үзликсиз саўашлар менен олар Жендке шекем жетип барады. Монғоллар сәркардасы Улыс Иди Барчылыкент ҳәм Женд жақынында тас атар қуралларын орналастырып, қайықларды бир бирине тутастырып, сәркарданың жолын тосады. Узақ даўам еткен саўашлардан соң Темур Малик Үргенчке жетип келеди ҳәм Үргенч қорғаныўында қатнасып, Жалалатдин Мангубердиниң азатлық гүреслеринде актив қатнасады.
1220-жылы 16-февральда Шынғысхан басшылығындағы монғоллар армиясы Бухараны ийелейди.
Бухара басып алынғаннан соң, Шынғысхан Самарқанд тәрепке жол алады ҳәм 1220-жылдың март айында Маўарауннахрдың ең уллы ҳәм әҳмийетли қаласы да ийеленеди.
1221-жылдың басларында енди ғана Хорезм мәмлекетиниң султаны деп жәрияланған Жалалатдин Мангуберди Хорезм қорғаныўына кириседи. Бирақ оған қарсы бурынғы Женд найыбы сатқын Қутлуқхан басшылығындағы қыпшақ ләшкербасылары тәрепинен уйымластырылған тил бириктириў оны Темур Малик пенен Хорасанға кетиўге мәжбүрлейди. Бундай жағдайда пайтахтқа бастырып киятырған душпанға қарсы қорғаныўдың илажы жоқ еди. Сол себепли тез арада шахзадалар – Узлокшах ҳәм Ақшахлар да Үргенчтен қашып кетеди. Пайтахт тәғдири болса қорқақ ҳәм ҳәмелпарас әмир Қумартегин қолында қалады. Ол өзин султан деп жәриялап, Үргенчти монғоллардан қорғаўға ўәде береди. Үргенчтей уллы қаланы қамал етиў ушын арқадан – Жожы, Бухара тәрептен болса Шағатай ҳәм Оқтай әскерлери бастырып келеди. 1221-жылдын қысында 50 мыңлық монғол әскерлери қаланы қамалға алып ҳүжим баслайды. Бундай қүдиретли күшке қарсы ҳәр бир Үргенч пуқарасы қатты қарсылык көрсетип гүреске кириседи. Бирақ Үргенч те тез арада монғоллар қолына өтеди.
Монғол ҳүкимдарларының жәбир зулымы, халықтың кәмбағалласыўы, салықлардың ҳәдден тыс асыўы мийнеткеш халықтың диңкесин қурытады. Сонлықтан, халық арасында монғолларға қарсы наразылық ҳәрекетлери күшейип, бул наразылық, әсиресе, 1238-жылғы Махмуд Тарабий көтерилисинде өз сәўлелениўин табады. Бул азатлық көтерилиси 1238-жылы Бухарадан 3 фарсах (шама менен 7-8 км) узақлықтағы Тараб аўылында жүзеге келеди. Бул көтерилисте монғоллар ҳәм жергиликли ақсүйеклер зулымынан аҳўалы аўырласқан өнермент, дийқан ҳәм де кәмбағал халық ўәкиллери қатнасады. Бул көтерилиске Тараб аўылынан болған уста өнермент Махмуд Тарабий басшылық етеди.
Махмуд Тарабий дәслебинде өз аўылында шақырықлар менен шығады. Сол ўақытта Шераздан келген әскерий қурал-жарақлар артылған кәрўан көтерилисшилердиң қуралланыўына жәрдем береди. Көтерилисшилер қүдиретиниң артып баратырғанлығын, халық көтерилисшилер тәрепине өтип баратырғанлығын көрген монғол ноянлары Маўарауннахр найыбы Махмуд Ялавачтан жәрдем сораўға мәжбүр болады. Махмуд Тарабий өзиниң көплеп тәрепдарлары менен Бухараға жол алады. Бухаралы диний улама, атақлы шайх Шамсиддин Маҳбубий де қолына қурал алып, өз сапласлары менен көтерилисшилерге қосылады.
Бухарадан қашқан монғол әскерлери ҳәм бухаралы ақсүйеклер Карманаға келип пана табады. Бул жерде олар белгили дәрежеде күш топлап, Махмуд Тарабийге қарсы ҳүжимге өтеди. Буннан хабар таўған Махмуд Тарабий душпанға қарсы гүресиў мақсетинде қала шетинен Кармана жолына үлкен көлемдеги әскерий күш пенен шығады. Еки ортадағы қатаң саўаштан соң, көтерилисшилер жеңилип, изге шегинеди. Көтерилисшилер монғолларды Карманаға шекем қуўып барады. Усы саўашта монғоллардың 1000 әскери қырып тасланады. Бирақ бул саўашта көтерилис басшылари Махмуд Тарабий ҳәм Шамсиддин Махбубий де қайтыс болады. Көтерилисшилер болса енди Махмуд Тарабийдиң орнына оның инилери Мухаммед ҳәм Алиди өзлерине басшы етип сайлайды. Бирақ олардың жетерлише тәжирийбеси жоқ, оларды халық жақсы танымас, халық арасында олар жетерлише абырайға ийе емес еди. Бул болса буннан былайда көтерилистиң раўажланаўына кери тәсир көрсетеди. Арадан бир ҳәпте өтпей, монғоллардың Элдуз ноян ҳәм Чаған қоршы басшылығындағы жаңа әскерлери көтерилисти бастырыў ушын жетип келеди. Еки тәреплеме саўашта Махмуд Тарабий тәрепдарлары пүткиллей жеңилип, еки тәрептен 21 мыңнан аслам әскер қурбан болады.



Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish