Тарийхый география


Араб басқыншыларына қарсы халық ҳәрекетлери



Download 0,95 Mb.
bet32/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

4. Араб басқыншыларына қарсы халық ҳәрекетлери

Мәденияттың аяқ асты етилиўи ҳәм зулым, араб тили ҳәм жазыўы, халифалық нызам ҳәм қағыйдаларының зорлық жолы менен енгизилиўи нәтийжесинде жергиликли халық арасында наразылық күшейип, бул көтерилислер келип шығыўына себеп болды.


Бундай көтерилислердиң бири 720-жылы Соғдда басланды. Көтерилиске Самарқанд ихшиди Гурак ҳәм Панжикент ҳәкими Диваштич басшылық етеди.
Соғдлыларға жәрдем бериў ушын Жетисуўдан түрк ләшкерлери де келеди. Соғдтағы барлық ҳәкимликлер халқы көтерилиске шығады. Көтерилисшилердиң бирлескен күшлери арабларға үлкен соққы береди. Тек айырым қала ҳәм қорғанлар ишинде қоршаўда қалған әскерий бөлимлер ғана үлкен улпан төлеў менен жан сақлап қалады.
721-жылы Саид Хароший Хорасанға найып етип тайынланады. Ол Ирактағы көтерилисти бастырыўда аяўсызлығы менен ат шығарған еди. Оған соғдлылар көтерилисин бастырыў ҳәм оларды ислам динине қайтарыў тапсырылады. Саид Харошийдиң көтерилисшилер менен алып барған сөйлесиўлери нәтийжесинде Гурак басшылығындағы Соғд мүлк ийелериниң бир бөлими араблар тәрепке өтеди. Көтерилисшилердиң қалған бөлими Ферғанаға шегиниўге мәжбүр болады. Хожендте болып өткен саўашта көтерилисшилер жеңиледи. Питим дүзилип, үлкен муғдардағы пул есесине аман қалған 400 саўдагерден тысқары, дерлик барлық көтерилисшилер сатқынларша қырып тасланады.
Диваштич басшылығындағы көтерилисшилердиң екинши топары да Жоқары Зарафшанда Обгар қорғанында қамалға алынады. Аман қалдырыў шәрти менен қолға түсирилген Диваштич Арбинжонға алып барылып өлтириледи.
Хожендте көтерилистиң жеңилиўи ҳәм де Диваштичтиң жеңилисинен кейин Саид Хароший Маўарауннахр қала ҳәм аўылларында жаза шараларын күшейтеди. Жергиликли ҳәкимлер болса оны жоқ етиў шара илажларын излейди. 723-жылы арабларға қарсы Ферғана ҳәкими әскер тартады. Оған Шаш, Насаф ҳәм түрклер жәрдемге келеди. Аўқамласлар душпанға қатты соққы берип, оны Хожендтен Самарқандқа шекем қуўып барады.
Халифалықтың салық сиясатына қарсы 725-жылы Хутталонда, 728- жылы болса және Соғдда көтерилис ҳәўиж алады. Хорасан найыбы қанша урынбасын, бул ҳәрекетлерди бастыра алмайды.
Маўарауннахр халқын тынышландырыў ҳәм араблар ҳәкимиятын беккемлеў мақсетинде Хорасан найыбы Ашрос ислам динин қабыл еткенлерден хираж ҳәм жизья салықларын алмаўға қарар етеди. Бул халықты тынышландырыўға қаратылған ўақытша илаж еди. Соған қарамастан ол өз нәтийжесин берди. Ақсүйек дийқанлардың көпшилик бөлими өз чокар ҳәм кадиварлары менен исламды қайтадан қабыл етип, араблар тәрепине өтеди. Сол тәризде Соғдда араблар өз абырайларын бир қанша беккемлеп алады. Бирақ буның менен халифалық шығысында жағдай босаспайды. 736-737-жылларда Тохарстан ҳәм Соғдда және көтерилис шығады.
Араблар әсиресе, 737-жылы қыйын жағдайда қалады. Хорасан ҳәм Маўарауннахр найыбы ҳәм әмирлери бир неше мәрте өзгертириледи. Хорасанның жаңа найыбы Наср ибн Сайёр мәмлекетте өз абырайын беккемлеп алыў мақсетинде финанс реформасын өткереди. Исламды қабыл еткенлерди жизьядан азат етип, барлық мусылманлар ҳуқықый жақтан теңлестириледи. Жер ийесиниң диний исенимине қарамастан хираж салығын төлеўи шәрт етип қойылады.
VIII әсирдиң 70- 80-жылларында Маўарауннахрда жүдә үлкен халық көтерилиси келип шығады. Көтерилисшилер ақ кийим кийип алғанлығы ушын бул көтерилис тарийхта «Ақ кийимлилер көтерилиси» деп аталады. Бул көтерилис басшысы Муқанна (басы ҳәм жүзине таўар бүркенген) еди.
Көтерилис 776-жылы басланады. Муқанна өзиниң 36 жақын жолдасы менен Әмиўдәрьядан өтип, Кеш ўәлаятына жол алады. Бухархудат Туқшода оны қоллап-қуўатлай баслайды. Муқанна Кеш жанындағы Сом қорғанын өзине резиденция етип алады. Пүткил Қашқадәрья үлкеси көтерилисшилер қолына өтеди. Муқанна тәлийматы улыўма мүлкий теңлик ҳәм арабларды Орта Азиядан шығарып жибериў идеяларын үгит-нәсият ететуғын еди.Муқанна тәлийматы Соғд, Элок, Шашта да жайыла баслайды. Көтерилисте ҳәр түрли жәмийетлик топар ўәкиллери қатнасып, оларды бир идея – басқыншыларды мәмлекет аймағынан қуўып шығарыў, ғәрезсиз мәмлекет дүзиў идеясы бирлестирип туратуғын еди. Көтерилисшилерге соққы бериў ушын халифа Абу Жафар 776-жылы Жабрайл Ибн Яхя басшылығында әскерий күшти Маўарауннахрға жибереди. Бирақ Жабрайл көтерилисшилерден жеңиледи ҳәм көплеген қыйыншылықлар менен Самарқандқа жетип келеди. Нәтийжеде Чағаниян көтерилисшилер қолына өтеди.Көтерилис орайы Наршахта, Бухара әтирапында жайласады. Усы жылы Наршах жанында Бухара ҳәкими Хусейн ибн Мувоз ҳәм Самарқанд найыбы Жабрайлдың бирлескен армиясы ортасында төрт ай саўаш болады. «Ақ кийимлилер» бул саўашта дәслеп жеңеди, кейиншелли сан жағынан көп болған араблар Наршах қорғаны дийўалы астынан тереңлик қазып, оны қулатып қалаға киреди. Наршах қорғаны араблар тәрепинен ийеленеди. Кеш ҳәм Самарқанд енди көтерилистиң тийкарғы орайларына айланып қалады.
Гүрестиң соңғы басқышы Кеш алабында (Қашқадәрьяда) жүдә ҳәўиж алады. Муқанна резиденциясы болған Сом қорғанын қамал етиў Саид Харошийға тапсырылады. Узақ ўақытлық қамалдан соң муқаннашылар тәслим болады (783 - жылы). Өз дәўириниң ең қүдиретли мәмлекети болған халифалықты ләрзеге келтирген көтерилис сол тәризде жуўмақланды.



Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish