Тарийхый география


Орта Азия араб халифалығы қурамында



Download 0,95 Mb.
bet31/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

3. Орта Азия араб халифалығы қурамында

VI әсир ақыры – VII әсир басларында Арабстан ярым атаўында жаңа сиясий ҳәм социал-экономикалық өзгерислер жүз берип, орайласқан мәмлекет бирлеспеси жүзеге келди. Бул процессте сол дәўирде Мухаммед пайғамбар тәрепинен тийкар салынған ислам дини бирлестириўши ўазыйпаны атқарады. Мухаммед пайғамбар өлиминен соң, яғный 632 - жылы оның орнына мәмлекетти халифалар басқарады ҳәм бул мәмлекет тарийхқа араб халифалығы аты менен киреди. Араб халифалығы бир қатар басқыншылық жүрислерин алып барып, тез арада Жақын Шығыс ҳәм Орта Шығыстың бай ўәлаятларын басып алады. Сасанийлер мәмлекетине де ҳүжим етип, 651-жылы Мервке шекем жетип келеди ҳәм бул жерде Сасанийлердиң сонғы ҳүкимдары Яздигерд III өлтирилип, бул династия ҳүкимранлығына шек қойылады. Усы аймақта орайы Мерв қаласы болған Хорасан найыплығы дүзилип, кейин ала бул аймақ араблардың Орта Азия аймағына бастырып кириўинде үлкен роль ойнайды. Араблар Әмиўдәрьяның арқасындағы жерлерди Маўарауннахр, яғный, дәрьяның арғы тәрепиндеги жерлер деп атаған. Олардың Маўарауннахрдағы искерлиги еки басқышқа бөлинеди:


1. Биринши басқышта араблар Маўарауннахрда тек ғана талаўшылық ҳәм қарсыласларының күш–қүдиретин анықлаў мақсетинде ҳүжим уйымластырады.
2. Екинши басқышта араблар Маўарауннахр аймағында басқыншылық атланысларын алып барады.
Араблардың Маўарауннахрды басып алыўы 704-жылы Хорасан найыплығына тайынланған Кутейба Ибн Муслим хызмети менен байланыслы. Кутейба өз хызметин 705-жылы Балх ҳәм оның әтирапындағы аймақларды басып алыўдан баслайды. Бул аймақлар басып алынғаннан соң 706-жылы Пайкенд ийеленеди. Араблардың кейинги жүрислери Бухараға қаратылып, 708-709-жыллары Бухара толығы менен басып алынады. Кутейба Самарқандты басып алыў ушын таярлық көрип атырған бир ўақытта Хорезмде аға-инили хорезмшахлардың тахт ушын гүреслери нәтийжесинде ишки келиспеўшиликлер жүзеге келгенлигинен хабар табады. Бул жерде хорезмшахтың иниси Хурзад көтерилис баслайды. Кутейба Хорезмге келип, хорезмшах сораўына муўапық көтерилисти бастырады. Хорезмшах болса Кутейбаға бойсынатуғынлығын билдиреди ҳәм 711-жылы Хорезм араблар вассалына айланады. 712-жылы Кутейба Самарқандқа жол алады. Бир ай даўам еткен қамалдан соң Самарқанд та араблар қол астына өтеди.
713-жылы Кутейба басып алынған аймақларынан 20 мың әскер топлап, өз армиясының санын көбейтип, Уструшана ҳәм Хоженд арқалы Ферғанаға ҳүжим етеди. Ол Шаш, Ферғана, Косонды ийелеп, 714-жылы Исфижабқа жүрис етеди. 715-жылы Ферғана алабы толық ийеленип, Қашқарға шекем жетип барады. Тап сол жылы халифалық тахтына Кутейбаның сиясий душпаны Сулайман отырады. Орайдағы бул ўақыялардан хабар тапқан Кутейба оған қарсы көтерилис шығарады. Нәтийжеде Кутейба араб әскерлери тәрепинен өлтириледи. Соның менен араблардың шығысқа қарсы жүрислери де өз жуўмағына жетеди.
Араблардың басқыншылық жүриси Орта Азия ушын бир қанша унамсыз ақыбетлерди келтирип шығарады. Әсирлер даўамында жаратылған бай мәдений мийраслар жоқ етилип, қала ҳәм аўылларға от қойылды. Көплеп суўғарыў қурылмаларының бузып тасланыўы ҳәм жергиликли халық ўәкиллериниң халифалық әскерлери қатарына алыныўы, урысларда берилген қурбанлар ақыбетинде мәмлекетте жумысшы күшине болған мүтәжлик себепли мәмлекет хожалығы кризиске ушырады. Мәмлекеттеги алтын – гүмис запаслары ҳәм басқа да қымбат баҳалы буйымлар халифалыққа алып кетилди.
Маўарауннахр VIII әсир орталарына шекем, қарсылық көрсетилиўине қарамастан, араб халифалығының әҳмийетли ўалаятларынан бири сыпатында оның қарамағына үзил-кесил өтеди.
Халифа мәмлекетти басқарыўда вазир ул-узаро (уллы ўәзир) ге сүйенген. Әскерий ислер, улыўма әскерий топарлар амир ул-умаро қол астында еди. Халифа ҳәр қыйлы мәселелерди девон ад-дар, яғный, кеңесте көрип шығатуғын еди. Девон ад-дар тийкарғы үш дийўанға бөлинген, олар девон ал-машриқ, девон ал-мағриб ҳәм девон ал-хараждан ибарат болған. Маўарауннахрға тийисли мәселелер девон ал-машриқта шешилген.
Халифа ўәлаят найыпларын лаўазымына тайынлаў яки босатыў ҳуқықына ийе болған. Халифалықтың ҳуқыкый мәселелери Қураны Кәрим ҳәм Пайғамбар көрсетпелери, нәсиятларына тийкарланған ҳалда көрип шығылған.
Халифа мәмлекет жерлерин шахсларға ықта тәризинде берген. Мәмлекет жерлери айырым әскерий жол басшылар ҳәм әмелдарларға өмирликке яки мийраслық тәризде берилген. Бирақ жерлердиң тийкарғы ийеси халифа есапланған ҳәм ықта ийелеринен ушр алыў ҳуқықына ийе болған. Халифа ислам мәмлекети аймағында мусылман яки зиммийлер жерлерин ықта тәризинде бериўге ҳақы болмаған, себеби ол бул жерлерден хираж алып турған.
Солай етип, VIII әсир орталарына келип Маўарауннахр аймағында сиясий басқарыў араб халифалығының сиясий системасына сәйкеслестирилген еди. Согдианада бухархудатлар ҳәм басқа ҳүкимдарлардың қол астындағы административлик басқарыў усылы өз формасын сақлап қалған болыўына қарамастан, ҳәкимлердиң халифа найыбына бойсыныўы шәрт еди.



Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish