М.А.Терентевтиң «Карты и планы истории завоевания Средней Азии» китабындағы жәми 23 картаның барлығы Орта Азияның басып алыныўы менен байланыслы әскерий-тарийхый карталар есапланады.
Хийўаның басып алыныўына байланыслы шығарма авторы, рус әскери Н.И.Гродеков өз китабына усы аймақлардың картасын қосымша еткен болып, онда Каспий теңизинен шығыста жайласқан Хийўа мүлклери толық сәўлеленген.
1897-жылы Ташкентте Рус География жәмийетиниң Түркстан бөлими дүзилди. Бөлим үлкени географиялық изертлеў менен бирге карталар дүзиў ислери менен шуғылланған.
Жоқарыдағы экспедициялар тек илимий машқалаларды шешип ғана қалмай, бәлким өз картографиялық мағлыўматлары менен Россия империясының Орта Азиядағы колониялық сиясатына да жәрдем берген.
8. Орта Азия алымларының картографиялық изертлеўлери Хорезмий. Орта әсирлерде үлкемизде жетисип шыққан уллы тулға VIII-IX әсирлерде жасап дөретиўшилик еткен Муҳаммед Муса ал-Хорезмийдиң картографиялық изертлеўлери әҳмийетли. Ал-Хорезмий халифа Мамун дүзген «Байт-ул ҳикма»да хызмет көрсеткен. Халифа Мамун сол дәўирде жер жүзиниң толық карталарын дүзиў ҳаққында тапсырма берген. Атлас дүзиў иси менен 70 ке жақын алым шуғылланған, оларға Ал-Хорезмий басшылық еткен.
Бул карталар жыйындысы «Мамун дүнья картасы» аты менен де жүритилген. Изертлеўшилердиң пикиринше, карта дүзиў ислери 840-жылларға жақын тамамланған болыўы керек.
Ал-Хорезмийдиң усы карталар мүнәсибети менен 837-847-жыллар аралығында жазылған «Сурат ал-арз» («Жер сүўрети ҳаққындағы китап») шығармасында ҳәтте Клавдий Птолемейдиң «География» китабын критикалы талқылаған. «Сурат ал-арз» (араб тилинде) 1926-жылы австриялы географ Ганс Мжик тәрепинен баспадан шығарылған ҳәм сол тийкарда өзбек тилине аўдарылып басып шығарылған.
Хорезмийдиң китабы менен бирге оның 4 картасы да бизге шекем жетип келген. Олар арасында Азов теңизи бассейни аймақлары көрсетилген карта баҳалы есапланады. Бул карта арқа тәрепке бағдарланған болып, Хорезмийге шекем ҳәм оннан кейинги географлардың карталарында усы теңиз қубла тәрепке бағдарланған ҳалда сызылған.
Хорезмий Нил дәрьясы картасында усы дәрья ағымын жақсы билиўин көрсете алған. Картада климат шегаралары да сәўлеленген.
Хорезмийдиң 3-картасы – «Баҳалы лазуритлер атаўы» деп аталып, онда барлық тәреплери таўлар менен қоршалған бир атаў сүўретленген.
4-картада теңиз қурғақларының түрли көринислери берилген.
Хорезмийдиң «Сурат ал-арз» шығармасы батыс ҳәм шығыс картографлары ушын кейинги әсирлерде де қолланба болып хызмет етти. Ондағы Орта Азияға тийисли мағлыўматлар ҳақыйқатқа жақынлығы менен ажыралып турады.