Россияда Орта Азия ҳаққындағы тарийхый-картографиялық мағлыўматлар.
Россияда Орта Азия ҳаққында XVI әсир ақырына шекем топланған мағлыўматлар дәслепки географиялық–картографиялық ҳүжжет – «Книга Большому Чертежу» («Үлкен сызыўға китап») да өз көринисин табады (1627-жыл). Онда сыпатланған жәми 1500 географиялық атаманың 50 и Орта Азияға тийисли екенлиги сол дәўирде Орта Азия ҳаққындағы мағлыўматлар Россия сиясий ҳәм илимий шеңберлерин қызықтырғанлығын көрсетеди.
Белгили рус картографы Семен Ремезов 1683-1685-жыллар арасында жаратқан қурамалы Сибир «Сызылмасы» нда да Орта Азияға тийисли мағлыўматларды сүўретлеўде тийкарынан «Книга Большому Чертежу» дан пайдаланған.
XVIII әсир басларына келип Россия Орта Азия аймақларында өзиниң абырайын беккемлеўге умтылды. Бул аймақларда жайласқан ханлықлар Россия империясының Ҳиндстанға кирип барыўында қонар жер ўазыйпасын өтеўи керек еди. Бул дәўирде Ҳиндстанға Орта Азия арқалы жақын жол излениўи рус географиялық ҳәм картографиялық изертлеўлердиң тийкарғы ўазыйпасы болып туратуғын еди. Бул ўазыйпаны орынлаўда Петр I ниң хызмети шешиўши орын ийеледи.
1714-жылы Петр I Каспий теңизине поручик княз Бекович-Черкасскийди жибереди ҳәм Хийўаға барыў тапсырмасы жүклетилди.
1715-жылдың апрелинде Бекович-Черкасский Каспийдиң шығыс қурғақларына жетип келеди. Орта Азия ҳәм Каспий теңизиниң илимий карталарын дүзиў усы 1715-жылдағы Бекович-Черкасский экспедициясына тийисли.
1720-жылы Россияда Каспий теңизиниң биринши баспа картасы басып шығарылды. Бул карта 1719-жылы Ф. И. Соймоновтың теңиздиң батыс ҳәм қубла бөлимлеринде алып барған картографиялық сүўретке алыў ислери арқалы әмелге асырылған болса да, дәслеп Бекович-Черкасский тәрепинен сүўретленген қолтықлар картада берилмеген еди.
XVIII әсирдиң биринши ярымындағы ең үлкен саяхат Дмитрий Гладышев ҳәм Иван Муравинлердиң 1740-1741-жыллардағы Хийўа саяхаты есапланады. Бул саяхат есабатының толық тексти ҳәм картасын 1850-жылда ғана белгили шығыстаныўшы Я. Ханыков баспадан шығартады.
1752-жылы болса И.Красилниковқа топланған дереклер тийкарында Оренбург губерниясының жаңа баслы ҳәм 10 арнаўлы картасын дүзиў тапсырмасы берилген. И. Красилников дүзген карталардың екеўи Орта Азия аймақлары ҳаққында мағлыўмат береди.
Кейинирек рус әскери, генерал-майор Яков Боувер, XVIII әсир ақырында полковник Иван Лютовлар да Орта Азияға тийисли карталарын жаратады.
1794-1795-жылларда Тимофей Бурнашев пенен бирге Алексей Безносиков Бухараға келип, үлке ҳаққында бай мағлыўмат жыйнайды. Алексей Безносиков Орта Азияға тийисли 4 карта дүзген.
XVIII әсирдиң ақырында, 1799-жылы Россияда Карталар Депосы дүзиледи. Бул шөлкемниң тийкарғы ўазыйпасы Россия ҳәм оған тутас Орта Азия аймақларының әскерий-топографиялық карталарын дүзиў ҳәм топлаўдан ибарат еди.
1812-жылға келип Карталар Депосы – Әскерий-топографиялық Депо деп қайта аталды ҳәм оның хызмет шеңбери бирқанша қеңейди. Депо Әскерий ўәзирликке бойсынатуғын еди.
XIX әсирде Россия империясының өсип баратырған пахтаны қайта ислеў, жип гезлеме санааты ушын шийки зат базарлары ҳәм үлкен аймақлар керек еди. Сол себепли рус ҳүкимети Орта Азия менен саўда ҳәм дипломатиялық байланысларды беккемлеў жолларын излей баслады.
Үлкен сиясий, әскерий ҳәмде экономикалық мәплерин қанаатландырыў мақсети рус ҳүкиметиниң Орта Азия аймағында картографиялық излениўлер алып барыўын тезлестирди. Үлкениң Россияға шегаралас ҳәмде русларға белгисиз болған бөлимлерге жиберилген миссиялардың бас мақсети – бул жерлер ҳақкында толық мағлыўмат бериўши карталарды жаратыў еди.
Орта Азияның қубла-батыс ҳәм орайлық бөлимлери ҳаққында дәслепки мағлыўматларды 1819-жылы Россия әскерлериниң тапсырмасы менен Красноводсктан Хийўаға шекем саяхат еткен капитан Н.Муравев берген. Оның елшилигиниң тийкарғы ўазыйпасы түркменлер менен байланыс орнатыў ҳәм олардың аймақларынан Хийўа, Бухара, Арқа Ҳиндстанға саўда жолларын ашыўға қаратылған еди.
Н. Муравев дәслеп Каспий теңизин көзден кеширип, оның қубла-шығыс қырғақларын сүўретке түсирди ҳәм Хийўаға саяхат етеди. 1822-жылы өз саяхаты нәтийжелерин баспадан шығарып, онда Орта Азия тәбияты ҳаққында бир қатар баҳалы мағлыўматлар береди. 1821-жылы Н. Муравев және Орта Азияға келеди ҳәм Красноводск ҳәм Балхан қолтықларында изертлеўлер алып барады. Усы аймақлардың картасы исленеди.
1820-1821-жылларда Бухараға А.Негри басшылығындағы рус елшилери келеди. Онда Бас штаб әскерлеринен Г.К.Мейендорф, В.Д.Волховский, А.К.Тимофеев, тәбияттаныўшы Х. Пандер ҳәм саяхатшы Е.А.Эверсманн қатнасқан. Экспедиция нәтийжесинде 50 верстли масштабтағы карта жаратылды ҳәм 5 астрономиялық ноқат белгиленди. Карта дәслеп саяхат сыпатламасы менен 1826-жылы Парижде К.Мейендорф тәрепинен басып шығарылды.
1833-жылдан 1846-жылға шекем Оренбург үлкеси ҳәм оған тутас Орта Азия аймақларында бир қатар изертлеўшилер ис алып барды. Олардың изертлеўлери тийкарынан Орта Азияның арқа аймақлары ҳәм Хийўа, Бухараның белгили бөлимин қамтып алған еди. Картографиялық сүўретке алыў жумыслары әскерий бөлимлерде әскерий топографлар тәрепинен алып барылды. 1841-1855-жылларда Арал теңизинен арқаға ҳәм арқа-шығысқа қарай бағдарда ҳәм Сырдәрьяның төменги ағымларында өз алдына мәнзиллер ҳәм бағдарлар масштаблы сүўретке алынды.
Солар арасында сол дәўирдиң тарийхый-картографиялық мағлыўматларын өзинде топлаған изертлеўши Я.В.Ханыков есапланады. Ол 12 жыл даўамында Орта Азияның арқа-батыс районлары ҳаққындағы мағлыўматларды жыйнап, халық мәнзиллериниң толық кестесин дүзди. Кесте астрономиялық анықлықлар ҳәм Хийўа ханлығына барған саяхатшылардың мағлыўматлары тийкарында дүзилген еди.
1843-жыл Хийўа ханлығына полковник Г. И. Данилевский миссиясы жиберилди. Бул экспедицияда да топографлар қатнасып, Хийўа ханлығының карталарын cызған.
1858 жылдың өзинде бирден үш экспедиция дүзилип, шығыстаныўшы Н. В. Ханыков басшылығындағы саўда экспедициясы Қашғар (қубла-шығыс Түркстан) ға, дипломатиялық экспедициялар Хийўа ҳәм де Бухара ханлықларына жиберилетуғын болды. Бул экспедицияға Лондондағы рус әскерий агенти, Орта Азияға ҳүжим етиў сиясатының тәрептары, полковник Н.П.Игнатьевбасшылық етти.
Миссияның Хийўа ҳәм Бухарада жети ай даўамында алып барған хызмети нәтийжесинде болажақ тийкарғы саўашлар ҳаққындағы толық әскерий карталар ислеп шығылды, орынлардың топографиялық көринислери алынды.
ХIX әсирдиң орталарында Арал теңизи бойлары, Сырдәрья, Әмиўдәрья дельталарында әскерий теңизши А.М.Бутаков басшылығында экспедиция актив изертлеўлер алып барды. Экспедиция аймақтың толық топографиясын үйренди, 1852-жылы болса А.М.Бутаков теңизде пароход қатнаўын шөлкемлестирди.
Орта Азияны патша Россиясы ийелегеннен соң рус әскерлери басып алған аймақларды басқарыў, жаңа әскерий ҳәрекетлерди алып барыў ҳәм карталар дүзиўдиң орайласқан мәкемесин шөлкемлестириў мақсетинде 1867-жыл 25-ноябрьде Түркстан Әскерий округы қасында Әскерий – топографиялық бөлим ашады. Бөлим Орта Азияның барлық аймақларын үйренип, илимий тийкарланған анық карталарды жаратыўды баслады. Бөлим ашылғанға шекем 1984 мың кв. км. майданды ийелеген Орта Азия аймағы дерлик изертленбеген еди.
Орта Азияның ҳәкимшилик аймақлық ҳәм басқарыў мәплеринен келип шығып сүўретке алыў ҳәм карталар жаратыў бөлимниң бас ўазыйпасы етип белгиленди.
XIX әсирдиң 60-жылларындағы тийкарғы изертлеўлер Орта Азияның шығысындағы таў алды ҳәм таўлы районлар аймақларына қаратылды. Тяншанның таўлы районлары ҳаққында дәслепки мағлыўматты 1856-жылы елимизге келген П.П.Семенов-Тяншанский берди. Оның тийкарғы мақсети Европа илимине еле белгисиз болған Тяншан таўлары дизбегине кириўши үлкениң тәбияты, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын тексерип, илимий жаңалық алып кириў еди. Ол Тяншанға 1856-1857- жыллар аралығында еки мәрте саяхат етти ҳәм ҳақыйқаттан география пәни ушын баҳалы мағлыўматлар топлады. 1888-жылы Орта Азияға және саяхат еткен П. П. Семенов-Тяншанский бул рет Каспий арты, Самарқанд ҳәм Сырдәрья ўәлаяты бойлап бир қатар экспедицияларды әмелге асырды.
1864-1868-жылларда Тяншанның қубла районларынан Ыссыкөлге шекем саяхат еткен Н.А.Северсов П.П.Семенов-Тяншанскийдиң мағлыўматларын толықтырды. Бул аймақлардың анық исленген картасы да Н.А.Северсов тәрепинен жаратылған.
1858-жыл апрелде Н.А.Северсов Қоқан ханлығы аймақларына еткен экспедициялары дәўиринде тутқынлыққа түсип қалады. Бул ҳаққында ол өз алдына китап шығарып, онда Сырдәрьяның төменги ағымлары сүўретленген карта да берилген.
1869-жылы Қубла Тяншан аймақларында изертлеў алып барған В.А. Каулбарс болса Нарын ҳәм Талас аймақларында 33 пункттен артық мәнзилди шамалап сүўретке алды ҳәм усы аймақлардың картасын жаратты.
1868-жылы орайы Самарқанд қаласы болған Зарафшан округы дүзилгеннен соң Орта Азияның қубла-шығысында да сүўретке алыў ислери жанланды. Бул жумысларда А. П. Федченко да қатнасты. Ол қатнасқан экспедиция 1869-жылы Самарқандқа, соң Каттақорған, Шахрисабз ҳәм Киштут бойларынан өтип, Искендер көлге шекем болған аралықты басып өтеди. А.П.Федченко өз жумысларының жуўмақлаўшы нәтийжесинде инструментал сүўретке алыўлар тийкарында Зарафшан алабында, оның қубла бөлиминиң анық картасын дүзиўди мақсет еткен.
1871-жылы Қоқан ханлығына саяхат еткен А.П.Федченко Қубла Тяншан, Ферғана, Алай, Памир географиясы бойынша илимге бай ҳәм қызықлы материаллар берди. Қоқан ханлығына еткен саяхаты дәўиринде топланған мағлыўматлар тийкарында А. П. Федченко усы аймақтың картасын жаратты. Ол «Қоқан ханлығы ҳәм Әмиўдәрьяның жоқарғы ағымы» деп аталып, онда усы дәўирге шекем белгисиз болған аймақлар сүўрети берилген еди.
Россияның үлкени әскерий жол менен ийелеў ҳәрекетлери сәўлеленген әскерий карталар XIX әсирдиң екинши ярымында ең көп жаратылған болып, патша ҳүкимети усы жол менен Орта Азия аймақлары ҳаққында жақсырақ елес пайда етип барған. Мәселен, Россия империясы әскерлериниң үлкедеги басқыншылык ҳәрекетлерине басшылық еткен М.А.Терентев, Н.И.Гродеков, В.Н.Зайцевлардың шығармаларында әскерий карталар көрсетилген.