Тарийхый география


ХIII-ХIХ әсирлерде Батыс Европада Орта Азия ҳаққындағы тарийхый-географиялық ҳәм картографиялық мағлыўматлар



Download 0,95 Mb.
bet17/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

6. ХIII-ХIХ әсирлерде Батыс Европада Орта Азия ҳаққындағы тарийхый-географиялық ҳәм картографиялық мағлыўматлар

ХIII әсирге келип Батыс Европа картографиясында түп бурылыс дәўири басланды. Текст түриндеги мағлыўматлар графикалық көринислер-карталарға көшти. Шығыс мәмлекетлерге саяхат қылған көплеген саяхатшылардың Орта Азия ҳаққындағы мағлыўматлары картографиялық характерге ийе.


ХIII әсирде папа Иннокентий IV тиң Шыңғысханның алдына жиберген елшиси францискан монахы Плано Карпини 1246-жылы Россияның қубласы, Орта Азия аймақларынан өтип Қарақурымға барады. Оның Орта Азия ҳаққындағы мағлыўматлары Европа ушын Орайлық Азияға апарыўшы қурғаклық жоллары ҳаққында дерек болып хызмет етти.
Плано Карпини Татария (Орта Азия) ның географиялық жағдайын төмендегише тәрийплейди: «…шығыста қытайлардың, сондай-ақ соланглықлардың (Манчжурия) жерлери, қубладан саррасинлер (Афганстан, Иран), қубла-батыстан гуирлар (монголлар), батыста найманлар ўәлаяты; шығыста болса океан менен шегараласқан».
Плано Карпини өзиниң саяхат бағдарлары ҳаққында баян етип, команлар елинен соң қанғытлар (қанғлар) жери басланыўын, суў аз болғанлықтан адамлар бул жерлерде аз жасаўын, ол жерден бисерманлар елине қарап жол алғанлығын, усы елде үлкен дәрья болып, оның атын билмегенлигин, бирақ оның бойында Янкент, Баршын, Орнас ҳәм өзлери билмеген басқа қалалар бар екенлиги ҳаққында жазған.
Плано Карпинидиң айтыўынша, Орта Азияда үлкен таў дизбеклери болып, олар қубладан Иерусалим ҳәм Балдах (Балх) қа шекем тутасып кеткен. Усы сыяқлы анық емес мағлыўматлар Карпинидиң есабатында көп ушырасады, оның мағлыўматларында илимийлик болмаса да, бирақ Европа илимине Орта Азия ҳәм Шығыс мәмлекетлери ҳаққында мағлыўмат бергенлиги менен баҳалы есапланады. Саяхатнамасына қосымша етип карта да дүзген, бирақ ол жойтылған болса керек.
Екинши бир елши Вилгелм де Рубрук (Рубруквис) монғоллар мәмлекетине француз королы Людовик IХ тәрепинен жиберилген болып, сол дәўирде французлар алтыншы салиб атланысында қатнасып атырған еди. Рубрук Акрадан 1252-жылдың бәҳәринде жолға шығып, теңиз арқалы Константинополға келеди. Бирақ бул жерде ол 1253-жылдың май айына шекем қалады.
Соннан кейин ол Қрымға келеди. Оның саяхат жөнелиси Карпинидикине жүдә уқсайды. Итиль дәрьясынан Урал дәрьясына шекем жол басып, Сырдәрья бассейнине келеди ҳәм бул жерден қубла-шығысқа жол алады. Жети күн даўамында таўлы жоллардан, Алатаўдың арқа-батыс бөлиминен өтип, Талас дәрьясы алабы ҳәм Кенчат қаласына жетип келеди. Бул ҳаққында Рубрук усылай жазады: «Мен бул таўлар ҳаққында сорап, оның Кавказ таўларының даўамы екенлигин билдим. Ол батыс ҳәм шығыстан Каспий теңизи менен тутасқан. Итил дәрьясы қуйылыўшы усы теңизден өткенимизди де билдим». Рубрук бул жерде антик географлар пикирине қосылып, Тяншанды Кавказ таўлары менен байланыстырып, Алатаўды Кавказ таўларының даўамы деп қәте пикир жүритти.
Бирақ Рубруктың Орайлық Азия ҳаққындағы басқа географиялық мағлыўматлары баҳалы. Мәселен, Талас алабындағы суўғарыў қурылыслары ҳәм дийқаншылық мәденияты ҳаққында жазып төмендегилерди айтып өтеди: «Таўдан (Талас дизбеклеринен) үлкен дәрья (Талас) басланады. Ол пүткил мәмлекетти суў менен тәмийнлейди…Бул дәрья ҳеш қандай теңизге қуйылмайды, жерге сиңип, көп батпақлықларды пайда етеди».
Рубруктың Каспий теңизи ҳаққындағы мағлыўматлары да қызықлы. «Теңиз үш тәрептен таўлар менен оралған болып, арқа бөлими тегисликлерге тутасқан. Теңизди 4 айда айланып шығыў мүмкин....Ол океанға тутасыўшы қолтық емес яки ҳеш бир жери океанға тутаспайды. Барлық тәреплери қурғаклық пенен шегаралас».
Рубрук Европа әдебиятында биринши рет Орайлық Азия релъефиниң қәсийетлерин таўлар менен байланыстырып ашып берди. Мағлыўматлардың әҳмийетли тәрепи сонда, Рубрук өзи көрген нәрселери ҳаққында жазған. Батыс европалылар Азияға дипломатиялық ҳәм миссионерлик мақсетинде емес, бәлки саўда-сатық мәплерин ойлап саяхат еткен.
1295-жылы венециялы саяхатшы Марко Поло Азияға еткен саяхатын өзиниң «Дүньяның рәң-бәреңлиги ҳаққында китап» (қысқаша Марко Поло «Китаб»ы) – деп аталған шығармасында жазып қалдырған.
1271-1272-жылларда Марко Поло саўда қатнасықларын жолға қойыў мақсетинде Қарақурымға жол алады. Марко Поло шериклеслери менен Акра – Мосул – Бағдат – Басра – Хормуз – Кирмон – Сабзавор – Балх – Қашғар бағдарлары бойынша Қарақурымға Хубилайхан қабыллаўына келеди. Марко Поло бир неше жыл оның сарайында хызметте болады. 1294-1295-жыллары және Хормуз-Кирмон-Табриз-Тарабзун арқалы өз елине қайтады.
Марко Поло китабында Орта Азия қалалары ҳәм географиялық мәнзиллери ҳаққында баҳалы мағлыўматлар ушырасады.
Китаптың IV бөлиминде Марко Поло сахралар бойлап Бухараға жетип келгенлиги ҳәм қала ҳаққында жазады. «…Қала үлкен. Пүткил мәмлекет Бухара деп аталады. Ол жерде Барақ патшалық етеди. Персия(Иран) ға қарағанда Бухара жүдә жақсы қала есапланады». Әмиўдәрьяны Марко Поло Жон ҳәм Гейжон атлары менен тилге алады ҳәм оны Глевешелан теңизине қуйылыўын айтады. Буннан басқа теңизге барыў ушын 12 күн керек болады дегенде Арал теңизин нәзерде тутқан деп айтыў қыйын. Себеби, оның батыс яки шығыста екенлиги айтылмаған.
Марко Поло өз китабында Самарқанд қаласы ҳаққында да баҳалы мағлыўматлар берген.
XIV-XVI әсирлерде Марко Поло «Китабы» Европа картографлары ушын дерек сыпатында хызмет етти. Оның Орайлық Азия ҳаққындағы географиялық мағлыўматлары 1320-жылда дүзилген Петр Висконти, 1375-жылдағы Каталон ҳәм 1459-жылғы Фра Мауроның карталарында өз көринисин тапты.
XVI әсирде инглиз саўдагери Антоний Женкинсон тәрепинен карта дүзиледи. Ол 1562-жылы Лондонда басып шығарылып «Женкинсонның 1562-жылғы Россия картасы» деп аталады. Женкинсон Орта Азияға 1558-1599-жылларда келген болып, оның жолы Манғышлақ ярым атаўынан басланған, соң Хийўаға, ол жерден Бухараға келген. Өзи өткен жоллар ҳаққында жазба есабат қалдырған ҳәм бир қанша жерлердиң географиялық кеңликлерин анықлаған.
Антоний Женкинсон картасындағы түсиндирме жазыўлар итибарға ылайық. Картадағы Самарқанд қаласы қасында төмендеги мағлыўмат келтирилген: «Самарқанд Татарияның турақлы пайтахты болып келген; Самарқандта Әмир Темур жерленген болып, өз дәўиринде түрк императоры Баязидти тутқынға алған еди». Буннан билиўимизге болады, Женкинсон Татария деп Орта Азияны түсинген.
Европада XVI әсирде фламанд картография мектебиниң ири ўәкили Абрахам Ортелийдиң (1527-1598) карталар дүзиў тараўындағы ислери дыққатқа ылайық. Ол XVI әсирдиң екинши ярымынан баслап дүнья жүзи саўда орайларынан бирине айланған Антверпен қаласында дөретиўшилик етти.
1570-жылы Ортелий өзиниң 70 картадан ибарат дүнья атласын баспадан шығарады. Ортелий дүзген атластың 27-картасы «Аlеxandri Magni Macеdonis expedito” (Уллы Александр Македонский атланыслары) деп аталып, онда Александр Македонскийдиң әскерий жүрислери нәтийжесинде оның колониясына айланған мәмлекетлер сүўретленген. Картада Орта Азия аймағы да сүўретленген болып, ҳәзирги Самарқанд ески аты Мараканд деп көрсетилген, Окс ҳәм Яксарт дәрьяларының Каспийге қуйылыўы берилген. Арал теңизи улыўма көрсетилмеген. Карта сүўретлер ҳәм Александр Македонскийдиң теңгелери менен безетилген.
Ортелийдиң және бир картасы Татария деп аталып, оның көлеми 35х47 см болып, Орта Азия аймағында Арал теңизи көрсетилмеген. Тек ғана Каспий теңизи (Mage Saspium, et Hyrcanum) домалақлаў, кеңлеў формада берилген. Шығыс тәрептен оған Сырдәрья (картада – Chesel – Қызыл) ҳәм қубладан Әмиўдәрья (Abiamu) қуйылған. Әмиўдәрьяның оң тәрепинен оған қуйылыўшы, картада аты аталмаған тармағы бойында Самарқанд қаласы болып, мынандай жазыўлар берилген: «Samarkand Magni Tamber quondam sedes» (Самарқанд уллы Темурдың тахты жайласқан қала). XVI әсирдиң екинши ярымында да Темур шахсы европалылардың дыққат орайында болғанлығын көриўимизге болады.
1664-1665-жылларда Москваға голландиялы Николай Витсен (1641-1717) келеди. Николай Витсен кейин ала Амстердам бургомистри болған. Николай Витсен XVII әсирдиң 70-жылларында Москвада жасаўшы голландлар менен орнатқан беккем байланысы нәтийжесинде Татарияның дәслепки картасын ислеўге кириседи. Картада Арал теңизи (More Sieneie) жүдә киши формада сүўретленген бoлып, шығыстан оған аты белгисиз дәрья қуйылған. Сырдәрья болса жоқарыда сүўретленген болып, оның қубласында және бир киши дәрья пайда болып, оның бойында Таскун (Ташкент) ҳәм Несапх (Насаф) қалалары көрсетилген. Аралдан арқа-батысқа қарай 2 дәрья: шығысқа қарай аты белгисиз дәрья ҳәм оның бойында Самарқанд, екиншиси болса Арсан дәрьясы (Arsan flu).
1685-жылы Дансигте туўылған ҳәм шығыс тиллерин жақсы билетуғын доктор Даниэл Готлиб Мессершмидт ПетрI тәрепинен 1716-жылы руслар хызметине шақырылады. Арнаўлы шәртнамаға көре Д. Г. Мессершмидт Сибирге 7 жыллық экспедицияға жибериледи. Оған усы аймақларды үйрениў ўазыйпасы жүклетиледи.
1720-1727-жылларда Сибир ҳәм Уралда изертлеўлер алып барады. Готлиб Мессершмидтқа бир қанша ўақыт тутқынлықта жүрген швед әскери Табберт (Руслар тутқынлығынан Швецияға қайтқаннан соң Страленберг аты менен белгили) жәрдем берген. Мессершмидт Орта Азияда болмаған болса да, оның күнделигинен Бухара, Түркстан қалаларының картографиялық планлары табылған. Планлардың биринде Бухара қаласы туўры үшмүйешлик көринисинде сүўретленген. Онда базар, медресе ҳәм арк тийкарғы орын ийелеген. Түркстан қаласы планда анық пропорциясы бузылған көринисинде сүўретленген. Көплеп көшелер, кәрўансарай ҳәм суў сақлағышлар сүўретленген.
Д. Г.Мессершмидт пенен бирге саяхат еткен Ф.И.Страленберг 1730-жылы Лейпцигта баспадан шыққан китабына Россия картасын да қосымша етип, бул карта сол жылы Стокголмда баспадан шықты. Ол Ф. И. Страленберг Россиядан өз ўатанына қайтқаннан соң, 1721-жылы сызып тамамланған еди. Ф. И. Страленберг картасындағы көплеген атлар орта әсир араб ҳәм Орта Азия авторларының дереклеринен алынған. Мәселен, бир ғана Сырдәрья дәрьясы Танаис, Яксарт, Сайхун ҳәм Сыр атлары берилген. Ф. И. Страленберг картада Әмиўдәрьядан Исфаратаў таўларына шекем болған аймақларды “Узбекия” (Өзбекистан) деп көрсеткен.

Орта Азия ҳәм Өзбекистан тарийхы ушын 1728-жылы голланд картографы Абрахам Маас тәрепинен Санкт-Петербургда дүзилген қолжазба карта әмийетли есапланады. Картаны дүзиўде Маас 1723-жылғы рус елшисиниң шығыс мәмлекетлерге саяхаты даўамында дүзилген үлкен көлемдеги рус картасынан пайдаланғанлығын жазып қалдырады. Абрахам Масс қолжазба картасы тийкарында 1735-жылы «Каспий теңизи ҳәм өзбеклер мәмлекети» деп аталған карта жаратқан. Бул карта 1735-жылы Нюрнберг қаласындағы белгили «Homannische Erben” («Гоман мийрасы») баспасы тәрепинен шығарылған.


Сол дәўирде Батыс европалылар тәрепинен шығарылған Орта Азия карталары ишинде Йоганн Маттиас Хаздың «Россия империясы ҳәм улыўма Татария» картасы да әҳмийетли болып табылады. Бул карта 1739-жылы басып шығарылған. Картада Дарғон-ата (Әмиўдәрьяда) дан Чу дәрьясы ҳәм Жунғорияға шекем болған аймақлар үлкен ҳәриплер менен “Usbek” («өзбек») деген этнотопоним астында берилген.
XIX әсирдиң 40-жылларында немис алымы А. Гумболдт тәрепинен «Орайлық Азияның таў дизбеклери ҳәм вулканлары» атлы картасы жаратылды. Карта А.Гумболдттың «Орайлық Азия» атлы китабына қосымша етилген. А.Гумболдттың картасында Орта Азия аймақлары толық берилген.
1877-жылы Берлинде немис алымы Фридрих Фердинанд фон Рихтгофенниң Қытайға бағышланған 4 томлы монографиясы жәрияланды. Китаптың ҳәр бир томы белгили бир илим тараўына арналған болып, тийкарынан Қытай ҳәм қоңсы мәмлекетлердиң изертлеўлери менен байланыслы ҳалда жаратылған. Автор монографиясына «Орайлық Азия» картасын қосымша еткен.
XIX әсирдиң екинши ярымында белгили француз географы ҳәм саяхатшысы Елизе Реклюдиң (1830-1905) «Улыўма география. Жер ҳәм адамлар» атлы 19 томнан ибарат китабы шығарыла баслайды. Елизе Реклю «Улыўма география» сының V-X томлары Азия мәмлекетлерине арналған болып, VI томында Орта Азия ханлықлары ҳаққында толық мағлыўмат берилген ҳәм түркмен шөлистанлықлары, Хийўа ханлығы, Арал бойы аймақлары сүўретленген картаны қосымша еткен. Карта реңли исленген болып, халық пунктлери анық көрсетилген. VII томдағы «Қытай, Япония, Корея» картасында болса, Орта Азияның Бухара әмирлиги аймақлары, Ташкент ҳәм Ферғана алабы берилген. Бул карта да реңли исленген болып, әмирлик аймақлары, Россия империясына бойсыныўшы Түркстан ўәлаятлары шегаралап берилген.
Немис шығыстаныўшы профессоры Вилгелм Сиверстың «Азия» деп аталған монографиясы 1896-жылы Санкт-Петербургта рус тилинде баспадан шығады. Китап көплеп иллюстрацияларға бай болып, 16 картаны да өзинде жәмлеген. Булардың барлығында Орта Азия аймақлары сүўретленген болса да, олар арасында «Азияда колония мүлклериниң өсиўи» атлы карта әҳмийетли есапланады.
1894-1896-жылларда француз алымы М. Ж. Шаффанжон Орайлық Азия ҳәм Сибирге саяхат етеди. Ол басшылық еткен экспедиция тийкарынан илимий изертлеўлерди өз алдына мақсет етип қойған еди. Экспедиция нәтийжелерин Парижде 1899-жылларда китап етип шығарады. Автор өзи басып өткен қалаларды картаға түсиреди. Бул экспедицияның Батумиден басланып, Владивостокқа шекем даўам еткен жөнелис картасы. Картаға Орта Азияның тек Ашхабад, Мерв, Бухара, Самарқанд, Ташкент сыяқлы қалалары түскен.
XIX әсир ақырларында немис алымы Фридрих фон Гелвалд 4 томнан ибарат «Жер ҳәм оның халықлары» атлы шығармасын жазады. Шығарманың 2-томында Орта Азия, анықрағы Россияға қараслы Түркстан үлкесиниң географиялық орны, үрп-әдетлери ҳаққында мағлыўматлар берилген. Шығарманың соңында «Азия» картасы қосымша етилип, Орта Азия аймағы антик дәўир авторларының карталарында көрсетилгени сыяқлы жүдә әпиўайы, схема тәризинде берилген болса да, Хийўа, Бухара ханлықлары аймақлары шегаралап көрсетилген.


  1. Download 0,95 Mb.

    Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish