ҚАРАҚАЛПАҚ РОМАНШЫЛЫҒЫНДА БЕРДАҚ ОБРАЗЫН
ЖАСАЎДЫҢ АЙЫРЫМ МӘСЕЛЕЛЕРИ
П.Нуржанов, ҚМУ доценти
Бердақ тек қарақалпақ поэзиясында ғана емес, ал пүткил Орайлық
Азия халықларының әдебий-эстетикалық ой дүньясында салмақлы орынға
ийе. Соның ушын да аты пүткил дүньяға белгили қырғыз жазыўшысы
Ш.Айтматов: «Қырғыздың Алатаўының шоққылары көп. Олардың
биреўлери бийик болса, басқалары оннан да бийик. Халқымыз усы бәлент
шоққыларды «туў шоққы» деп атайды. Бердақ та көп миллетли
әдебиятымыздың туў шоққысының бири» [2:10]-деп жазған болса, ал
академик М.Нурмухаммедов: «Пушкин рус халқы, Шевченко украин
халқы, Руставели грузин халқы, Наўайы өзбек халқы, Абай қазақ халқы,
Мақтумқулы түркмен халықлары ушын қандай қәдирли болса, Бердақ та
қарақалпақ халқы ушын сондай қәдирли» [2:11],-деп атап өткен еди. Демек
Бердақтың уллылығы дүнья жүзи бойынша мойынланғаны гүман
туўдырмайтуғын шынлық. Деген менен оның әдебиятымызда жасалған
көркем образының эволюциясы туўралы пикир жүритиў де артықшалық
етпейди деп ойлаймыз.
Миллий әдебиятымызда Бердақтың көркем образы 1950-жыллардың
басынан басланып, буған А.Дабылов, Т.Жумамуратов, Н.Жапақов ҳ.т.
басқалар өзлериниң қосықлары, С.Нурымбетов «Бердақ» поэмасы,
Ж.Аймурзаев «Бердақ» драмасы менен белгили үлес қосқан болса, 1960-
жыллардан баслап миллий романшылығымызда да атақлы шайыр
бабамыздың көркем образын жасаўға деген умтылыс басланғаны белгили.
Усы көзқарастан К.Султановтың «Әжинияз», Т.Қайыпбергеновтың
«Түсиниксизлер», К.Мәмбетовтың «Бозатаў» романлары дықкатқа ылайық.
Бирақ аты аталған романларда шайыр образы эпизодлық характерге ийе
еди. Оларда Бердақ образы бас қаҳарманлардың образларын ҳәр тәреплеме
ашыў ушын ғана хызмет етер еди. Ғәрезсизлик дәўирине келип атақлы
шайыр образы Т.Қайыпбергеновтың «Қарақалпақпан. Тәўекелшимен»
китабында, «Саҳра бүлбили» драмасында, Т.Алланазаровтың «Айдос
баба», Қ.Мәтмуратовтың «Бердақ», М.Нызановтың «Бердақ» атлы
драмалық шығармаларында, Ҳ.Өтемуратованың «Ҳүрлиман» романында
жаңа заман талабына сай жасалды. Деген менен аты аталған
шығармалардың ишинде А.Садықовтың «Бостансыз бүлбил» романының
28
орны өз алдына. Шығарманың дәслеп «Әмиўдәрья» журналында «Бердақ»
деген ат пенен басылып шыққаны дыққатқа ылайық.
А.Садықов Бердаққа байланыслы тарийхый шынлықты көркем
ҳақыйқатлыққа айландырыўда белгили табысларға еристи. Нәтийжеде
оның 1987-жылы «Бостансыз бүлбил» романының I китабы жарық көрди
[6]. Бул роман бойынша әдебий сында бир қанша пикирлер айтылды. Усы
көзқарастан С.Баҳадырованың [1:144-145], Қ.Жәримбетовтың [4:90-92],
Ҳ.Өтемуратованың [7:17] әдебий-сынлық пикирлери жарық көрди. Биз
мақаламызда аты аталған әдебиятшы алымлардың пикирлерине сүйенген
ҳалда романшылығымыздағы Бердақ образын жасаўдың айырым
маселелерине тоқтаўды өз алдымызға мақсет етип қойдық.
1980-жылларға келип Бердақ образын кең эпикалық масштабта
сүўретлеўге миясар болған А.Садықов Бердақтың өмирин ҳәм
дөретиўшилик өзгешелигин 1855-1856-жыллардағы Ерназар алакөз
басшылығындағы Хийўа ханына қарсы көтерилис ўақыялары фонында
сүўретлеўге умтылған. А.Садықов романы шайыр образын кең эпикалық
масштабта жаратыўда, оның көркем сөз шебери ҳәм еркинлик ушын
гүресшең тулға сыпатындағы қәлиплесиў эволюциясын бериўде басқа
шығармаларға салыстырғанда әҳмийетли орынды ийелейди.
А.Садықов аты аталған романын жазып басламастан бурын усы
дәўирдиң жәмийетлик-сиясий, руўхый-мәдений турмысы, шайыр
шығармаларының дөрелиў тарийхы, оның шаңарағы, урыўласлары, аўылы,
онда жасаўшы байлар, аҳун-ийшанлар, қарапайым кисилер, сондай-ақ
Хийўа салық жыйнаўшылары, жасаўыллары, ең баслысы, елдиң мәрт
батыры Ерназар алакөз туўралы тарийхый ҳәм көркем дәреклерди терең
үйренеди. Оларды аты аталған дәўирдиң реалистлик картинасын сызыў
мақсетинде шеберлик пенен пайдаланады.
А.Садықов Бердақ образының көркем дәреклерин биринши нәўбетте
оның өз шығармаларынан табады [3:36-37]. Бердақтың шығармаларының
роман жарық көргенге шекем бир неше мәртебе басылып шыққанлығы
белгили. Олардың ишинде шайырдың 1950-жылы жарық көрген
«Таңлаўлы шығармалары» айрықша дыққатқа ылайық. Китап 200 беттен
ибарат болып, онда Бердақ шығармалары бир қанша толық ҳәм сапалы
түрде басып шығарылған. А.Садықовтың әне усы баспадан өз романына
көркем дәрек ретинде пайдаланғанын сезиў кыйын емес. Өйткени усы
топламдағы шығармалар, әдебиятшы Ҳ.Өтемуратованың көрсеткениндей,
Бердақ шайыр поэзиясы, оның әтирапындағылар менен қарым-қатнасы,
сол дәўирдеги жәмийетлик шараят, урыўлық-феодаллық қатнасықлар ҳәм
тағы да басқалар ҳаққында баҳалы мағлыўматлер береди. Әсиресе,
шайырдың «Бүлбил», «Маған бер», «Маған керек», «Халық ушын»,
«Өмирим», «Мениң», «Болған емес», «Болмады», «Ўәспим мениң»,
«Дәўран», «Жақсырақ», «Излер едим», «Заманда» ҳәм т.б. көплеген
қосықларынан уллы шайыр ҳаққында тарийхый мағлыўматлар алыўға
29
болады [2:17]. Сондай-ақ әдебиятшы Ҳ.Өтемуратова «Бостансыз бүлбил»
романының тарийхый-этнографиялық дәреклери ҳаққында айта келип,
былай жазады: «Хийўа архивиндеги ҳүжжетлер менен танысқанда, әсиресе
зәкат салығын жыйнаў дизимин үйренгенде, жазыўшы сүўретлеп отырған
дәўирдеги қаҳарманлардың қай жерде жасағанлығы жөнинде анық
мағлыўматлар алыўға болады. Қолдаўлылар «Аққала» әтирапында
жасаған, ал кенегеслер «Ақтөбе» дөгерегин жайлаған. Еки аралықта көп
қашықлық болған, зәкатшылардың көрсетиўинше, Ораз аталық мәкан
еткен Есим, Дәўқара дөгереги, Сырым аталық жайлаған «Буйдалы ата»
Бекмуҳаммед найып пенен Әдил аталықтың сорамы болған [7:43]. Демек,
Бердақ өмир сүрген «Аққала» менен Ерназар кенегес отаў тиккен
«Ақтөбе» арасында әдеўир қашықлық болған». Солай етип усы
әдебиятшының жүдә анық көрсеткениндей, «Ерназар аталық образын
жаратыўда автор оның мәкан жайын да анықламаған, шама менен
сүўретлеў арқалы образдың көркемлик дәрежесин төменлетип алған
[7:44]». Демек жазыўшының романға кириспестен бурын изертлеўшилик
жумысын
гейде
талап
дәрежесинде
атқармағанлығы,
яғный
А.Садыковтың-тарийхшы сыпатындағы хызметин талап дәрежесинде
орынламағанлығы, көркем образдың хүжжетлик тийкарын жетерли
үйренбегенлиги билинип турады.
А.Садықовтың «Бостансыз бүлбил» романында прототиплер
тийкарында Бердақ шайырдан басқа Өтеш шайыр, Ерназар алакөз, Ерназар
кенегес, Ҳүрлиман, Қабыл, Арзы аталық ҳ.т. басқа тарийхый искерлердиң
образлары жасалған. Олардың ҳәммеси Бердақ образын, оның характерин
ашыў ушын хызмет қылады. Деген менен, шығарманың сюжети менен
конфликтинде, композициясы менен тили орайында Бердақ образы
турады. Ал қалған атлары санап өтилген персонажлар эпизодлық
характерге ийе болып, олар бас қаҳарманның ҳәр қыйлы турмыс шараятқа
байланыслы қырларының ашылыўына, усы арқалы шайырдың бир пүтин
образын жасаўда ҳәр қайсысы өзине тән көркемлик хызмет атқарады.
Мәселен Бердақ бул романда бас қаҳарман сыпатында, Өтеш тийкарғы
қаҳарманлардың бири ретинде, ал Күнхожа ҳәм Әжинияз шайырлар
эпизодлық персонажлар болып ҳәрекет қылады.
«Бостансыз бүлбил» романының тарийхый дәреги үстинде автордың
қунт пенен жумыс ислегенлигин абайлаўға болады. Мәселен, А.Садықов
Бердақ жасаған дәўирдиң тарийхын, халық турмысын, сол әсирдеги
адамлардың жасаў шараятын сүўретлеў мақсетинде белгили рус әскерий
тарийхшысы
А.В.Каулбарстың
«Әмиўдәрьяның
төмени»
[5:-572]
мийнетиндеги материаллардан пайдаланған. Өйткени Россия патшалығы
1873-жылы Хийўа ханлығын басып алғаннан кейин бул үлкениң
Әмиўдәрьяның төменги бөлегинде жасаўшы халықлардың, соның ишинде
қарақалпақлардың турмысы, жасаў шараяты, күн көриси, географиялық
шараяты, флорасы ҳәм фаунасы, топономикасы ҳ.т. басқалар жөнинде бай
30
мағлыўматлар беретуғын бул мийнеттеги гейпара материаллар А.Садықов
романы ушын тарийхый-этнографиялық дәрек ретинде пайдаланылғаны
билиўге болады. Кейин ала рус әскерий тарийхшысының бул мийнетиниң
айырым бөлимлери искусствотаныўшы А.Алламуратов тәрепинен
аўдарылып «Әмиўдәрья» журналында жарық көргени дыққатқа ылайық.
А.В.Каулбарыстың илимий мийнетинде қарақалпақлардың мүйтен
ҳәм қолдаўлы урыўларының турмыс тәризи, дийханшылық ислерин
жүритиўлери, жазлаў ҳәм қыслаўға көшиўлери, балық аўлаўы, аўыллары,
қорғанлары-қулласы, сол дәўирдеги халықтың улыўма өмири ҳаққында
қызықлы мағлыўматлар орын алған. Әсиресе, қолдаўлы руўы ҳаққындағы
мағлыўматлар дыққатқа ылайық. В.А.Каулбарс былай деп жазады:
«Қолдаўлылар Үлкендәрья теңизи менен, Тербенбес таўы менен Кегейли
ҳәм Есимниң аяғындағы пүткил кең алапта көшип жүреди».
Қарақалпақ жериндеги көллер, дәрьялар, халық жасайтуғын қара
үйлер, ылай тамлар, адамлардың кәсип-кәри, шарўашылық, дийханшылық,
балықшылық, ҳәттеки, бағ-бақшаларда қандай дарақлар өсетуғынлығын,
пухараның қайсы үй қусларын сақлайтуғынлығы, Хийўа ханының шикарға
шығыўларына дейен А.В.Каулбарстың дыққатын тартады. Мәселен ол
1865-жылы Есим бойларында хан саяты болғанлығын атап өтеди [5:45].
А.В.Каулбарс
мүйтен
урыўының
салыгершилик
пенен
шуғылланатуғынлығын,
балықты
қалай
аўлайтуғынлығы,
қалай
көшкенлигин толық жазса, қолдаўлы руўының жүйрик атлары көп
екенлигин де айрықша атайды.
Солай етип А.Садықов дөреткен көркем шынлықты үйрениўде
А.В.Каулбарстың китабында келтирилген мағлыўматлар үлкен әҳмийетке
ийе. Себеби ол саяхатшы сыпатында тап сол әсирде халық арасында
болған, өз көзи менен көргенлерин қағазға түсиргенлиги ҳәзир
таптырмайтуғын баҳалы нәрсеге айланды. Демек, А.В.Каулбарыстың
мийнети «Бостансыз бүлбил» романы ушын оғада әҳмийетли тарийхый
дерек сыпатында өз орнына ийе.
Бердақ шайыр образын жасаўдың миллий романшылығымыздағы
бүгинги дәрежеси ғәрезсизлик дәўири талабына жуўап береди деп айтыўға
болмайды.
Орайлық Азия халықлары әдебияты тарийхынан белгили болғандай,
қазақлардағы Абай, Шоқан Ўәлийханов, Жамбыл Жабаев, Ибрай
Алтынсарин, өзбеклердеги Наўайы, Бабур, Муқимий, Нәдирабегим,
Увайсий, ҳәттеки, ХХ әсирде А.Қәдирий, Фитрат, Шолпан, Айбек ҳ.т.б.
көркем сөз усталарының өмир жолы менен дөретиўшилиги ҳаққында
үлкен-үлкен романлар жазылған. Бирақ та атақлы шайыр Бердақ ҳаққында
еле тамамланған бирде-бир романға ийе емеспиз. Әжинияз образының
жасалыў туўралы да усыны айтыўға болады. Мәселен, буннан саррас 50
жыл бурын К.Султановтың «Әжинияз» романының биринши китабы ғана
жарыққа шығып, ондағы шайыр образы шала түринде қалып қойған еди.
31
Ҳәттеки тарийхый дәреклерде сақланып қалыўына қарамастан, К.Султанов
романында Әжинияз бенен Бердақтың өз-ара қатнасы мәселеси улыўма
қозғалынбаған. А.Садықовтың Бердақ ҳаққындағы китабы дилогия
сыпатында жобаластырылғаны менен де, роман Ерназар бий
басшылығындағы қарақалпақлардың көтерилисине Бердақтың қатнасын,
көтерилистиң трагедиялық ақыбетин сүўретлеў менен питип қалады да,
буннан кейинги шайыр тәғдири белгисизлигинше қалып қойған. Өйткени,
романның екинши китабы жазылмай қалып қойған.
Ғәрезсизлик дәўирине келип шайыр образын, улыўма тарийхый шахс
образын қалыс, миллий ғәрезсизлик идеологиясы руўхына сай дөретиўге
үлкен мүмкиншилик туўылды. Усы себепли романшылығымызда бул
бойынша белигили тәжирийбе топланып үлгерди. Демек Бердақ бабамызға
арналған романлық шығарма дөретиў ушын имканиятымыз толық
жетерли. Бирақ 1998-жыл 20-майдағы Өзбекистан Республикасы
Министрлер кабинетиниң «Бердақ (Бердимурат) Қарағабай улының
туўылған күниниң 170 жыллығын белгилеў ҳаққында»ғы қарарында
орынланыўы тийис көплеген ўазыйпалар алдымызға қойылса да, бул
бағдардағы жумысларды талап дәрежесинде деп айтыўға болмайды.
Бердақ ҳаққындағы толық жазып питкерилген бирде-бир тарийхый-
биографиялық романның елеге дейин жазылмаўының ҳәм басылып
шықпаўының өзи-ақ усыны дәлиллейди.
Жуўмақлап айтқанда XIX әсир қарақалпақ әдебиятының көрнекли
ўәкили Бердақ Қарғабай улының арамыздан кеткенине 120 жылға шамалас
ўақыт өткенлигине қарамастан, оның еле толық, ҳәр тәреплеме жетилискен
көркем образын жасаўдың бүгинги ғәрезсизлик дәўиринде де иске
асырылмай атырғанлығы аянышлы жағдай. Өйткени, дөретиўши тулға
образын жасаў бойынша пүткил дүнья әдебиятында, соның ишинде
туўысқан өзбек, қазақ, түркмен, қырғыз ҳәм т.б. халықлар әдебиятларында
бай көркем тәжирийбениң болыўына қарамастан, бул әҳмийетли ўазыйпа
әдебиятымызда орынланғаны жоқ, еле күн тәртибинде турыпты. Демек,
шайыр бабамыздың өмири ҳәм дөретиўшилигиниң көркем жылнамасын
дүзиў әҳмийетли мәселе болып қала береди.
Do'stlaringiz bilan baham: |