«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»


Ш.СЕЙИТОВ ЛИРИКАСЫНДА БЕРДАҚ ОБРАЗЫ



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet11/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

Ш.СЕЙИТОВ ЛИРИКАСЫНДА БЕРДАҚ ОБРАЗЫ 
А.Досымбетова, ҚМУ доценти 
 
Ҳәзирги қарақалпақ поэзиясының образлар дүньясында Бердақ образы 
да айрықша орынды ийелейди. Бердақ шайыр мийрасларының 
халқымыздың руўхый дүньясындағы көркем-эстетикалық әҳмийети тек 
илимий мийнетлерде ғана емес, ал көркем шығармаларда, соның ишинде, 
лирикалық шығармаларда да өз сәўлелениўине ийе болмақта. Шайырдың 
әдебий мийраслары, халқымыздың руўхый дүньясындағы орны лирикалық 
қаҳарманның көзқараслары тийкарында көркем сәўлелендирилмекте.
Биз мақаламызда ХХ әсирдиң екинши ярымындағы қарақалпақ 
поэзиясы ҳәм прозасын раўажландырыўға салмақлы үлес қосқан әдебий 
тулға Ш.Сейитов лирикаларында Бердақ образының жасалыў өзгешелигин 
изертлеўди өз алдына мақсет етип қойдық. Ш.Сейитов та Бердақ шайырға 
арнап өзиниң «Бердақ шайыр ҳәм оның монументи ҳаққында еки аўыз сөз» 
[1:42-45] деп аталған қосығын дөретеди. Бул қосықта Бердақ образы 
ҳақыйқатлық ушын гүресиўши, дүньядағы өткинши қубылысларды 
баҳалап турыўшы мәңгилик тулға тәризинде сәўлеленген. Қосық 
«Биринши сөз» ҳәм «Екинши сөз» деп аталған еки бөлимнен ибарат. 
«Биринши сөз»де шайыр өзи жасаған дәўир, Бердақ шайыр жасаған дәўир 
ҳәм «о дүнья» ўақыяларын сөз етеди. Усылай етип, ол лириканың ўақыт 
ҳәм кеңислик шегарасы мүмкиншилигинен утымлы пайдаланады. Бунда 
поэтикалық мазмунды жеткериў ушын өзинше ишки форма таңлайды. 
Тубалаўшылық жылларының ҳақыйқатлығын сәўлелендириў мақсетинде 
«о дүньядағы» ўақыяларды Бердақтың әтирапында сүўретлейди ҳәм бул 
арқалы жәмийеттеги айырым қубылыслар, айырым адамлар ҳаққындағы 
өзиниң дебдиўлерин береди. Мине, бул дәўир ҳақыйқатлығын бериў 


40 
жолындағы шайыр таңлаған көркемлик усыл еди. Әдебият үстинен 
партиялық қадағалаў ҳүким сүрип турған дәўирде шайырлар усындай 
усылларға көбирек бет бурды.
«Поэзия – сондай бир айна, онда шайыр тәрепинен усынылған дәўир 
көриниси сәўлеленеди», – деп жазған еди өзбек алымы У.Ҳамдамов [2:20]. 
Шаўдырбай Сейитов усы қосығы арқалы ҳақыйқатлықты айтыўдың 
ҳәм оны көркем сәўлелендириўдиң мүмкиншилиги шексиз екенлигин 
дәлиллейди. Еркин қосықлардың форма саласындағы еркинлиги усы 
мүмкиншиликти толық түрде әмелге асырыўға имканият береди. 
Шайыр бул қосығында Бердақтың ҳақыйқатшыл шайыр болғанлығын 
улығлаў арқалы дәўир ҳақыйқатлығын ашып бериўди поэтикалық мақсет 
етип қояды ҳәм оған ерисиўде Бердақтың монументин әдебий деталь 
сыпатында пайдаланады. Лирикалық қаҳарманның пикиринше, Бердақ 
арғы дүньяда да ҳақыйқатлықты айтқанлығы ушын жазаланады

Яратқан 
оны дозақ печинде мысы шыққанша өртеп, бул дүньяға ылақтырып 
жибереди ҳәм усылайынша оның монументи пайда болады. Бул көркем 
ҳақыйқатлықты сәўлелендириўде шайыр метафоралық сүўретлеў 
усылынан пайдаланады.
...Онда шын шайырдың бәри дозақы– 
Қайнар смолада мың миллион жола! 
Қайнар дозақлардың ысы шыққанша,– 
Көриң кәраматын қүдиретин «Ҳақтың»:
Өртеп шайырларды мысы шыққанша,
Зыңды бул дүньяға Пушкин, Бердақты! [1] 
Шайыр бул дүньядағы ҳәдийселерди, ўақыя, қубылысларды «о 
дүнья»ға көширеди. Халық исениминдеги «о дүнья» ҳаққындағы 
түсиниклерди шайырлық фантазиясынан өткерип мазмунға сиңирип 
жибереди ҳәм қосықтың эмоциональ тәсиршеңлигин күшейтеди. Шайыр 
пикирди лирикалық персонажлар болған ғаррылардың тилинен береди. 
«Бердақты мыс ҳалында «О дүнья»дан бул дүньяға ылақтырылыпты» деп 
ғаррылардың тилинен берилиўи пикирдиң тартымлылығын ҳәм 
исенимлилигин тәмийинлеген. Бул жүдә әпиўайы усыл болып көриниўи 
мүмкин. Бирақ, ол қосыққа жүдә мас түскен.
Көрип қайтыпты ол: 
Хан, султанлардың, 
Пулға сатып алып тахтын, ийманын, 
Маҳшер таңында да ҳүкими зорлардың,
Журттан жулып алып ийман жыйғанын! 
…Көрип айтыпты ол: 
Ҳарам теңгеге, 
Жаң-жуң ашылғанын жәннет курорты!.. 
Руўхы бай болса ҳәм, 
пулсыз – тентене,– 


41 
Дозақ печьлеринде өртенген сортты!..[1] 
Қосықта XIX әсирдеги ханлардың ашық түрдеги үстемлик сиясаты, 
бурынғы аўқам дәўириндеги мәмлекет мүлкин талан-тараж етиўшилик 
сиясаты бири-бирине қатар қойылады. Парахорлық, инсапсызлық, еки 
жүзлилик сыяқлы иллетлерге болған лирикалық қаҳарманның сезим ҳәм 
туйғыларын үзликсиз ҳәм интенсив төгип салады, пикир ағымын тасқынлы 
береди. Шайыр Бердақ образы арқалы «О дүнья»дағы жарамсыз 
қубылысларды сүўретлей отырып, өзи жасап атырған дәўир көринисин, 
жәмийетлик машқалаларды береди.
Тәбийий ҳәм жәмийетлик нызамлылыққа жат қубылысларды, 
дүньядағы ҳәр қыйлы апатшылықларды келтирип шығарыўшылар болады. 
Жәмийеттеги прогрессив идеалларға кери тәсир етиўши қубылыслардың
себепшиси – булар руўхый дүньясы пәс, ой-пикир дүньясы тек өз мәпин 
қанаатландырыўға ғана жететуғын адамлар.
Көрип қайтыпты ол:
Сайқал ҳүрлердиң,
Шәйтан, албаслыға жилўа – жылмаңын! 
Журтта туў саналған кәмбил пирлердиң, 
Ийман урлағанын, ғарлық қылғанын!..
Онда қазы емиш аш көз уры араб, 
Баққал қазнашысы аға султанның. 
Бунда фундаментти жутқан прораб, 
Онда сатып жепти ҳақтың ултанын! [1] 
Қосық қатарларындағы «сайқал ҳүрлер», «шайтан албаслылар», 
«кәмбил пирлер», «хан султанлар» – ҳәр қандай дәўир жәмийетинде 
ушырасатуғын, өзлериниң ис-ҳәрекетлери менен халыққа зыянын 
тийгизиўши руўхый дүньясы пәс адамлардың көркем образлары болып 
есапланады.
Шайыр өткир поэтикалық мазмунға ерисиў ушын контрастлы 
сүўретлеўди қолланады

қарама-қарсы түсиниклерди бирлестиреди, 
оларды қатар қояды. Халық уғымында муқаддес түсиниклер болған
«ҳүрлер» ҳәм «пирлер»ди оған пүткиллей жат түсиниклер болған шайтан-
албаслыға ҳәмдамлық еттиреди, урлық, ғарлық қылғанлығын айтады. 
Нәтийжеде, қосықтың эмоциональ тәсиршеңлиги, көркемлиги еле де
артқан. 
«Екинши сөз» де психологиялық параллелизм усылының жәрдеминде 
лирикалық қаҳарманның дүнья ҳәм өмир туўралы ой-пикирлери берилген. 
«Психологиялық параллелизмде еки мотив салыстырылып, бири 
екиншисин түсиндирип келеди, олардың бир тәрепинде адамзатлық 
мазмун жәмленген болады» [3:212]. Қосықта сахна ҳәм дүнья, қонақ жай 
ҳәм өмир мотивлери параллель қойылыўы арқалы көркем мазмун 
сәўлелендирилген. Дүньяның тарийхый раўажланыў көринислери сахна 
арқалы берилсе, өмир ҳаққындағы философиялық пикирлеўлер қонақ жай 


42 
арқалы бериледи. Сахна сыяқлы қубылып, өзгерип барыўшы дүньяны, 
қонақ жайда бир қонып кеткен сыяқлы инсанлар өмирин Бердақ шайыр 
гүзетип турыўшы мәңгилик образға айланады. Қосықта театр сахнасы 
арқалы өмир, дүнья, жаўызлық ҳәм уллылықтың қарама-қарсылығы 
туўралы лирикалық қаҳарманның ой-толғанысларын Бердақ образына 
байланыстырып сәўлелендиреди.
«Бердақ шайыр ҳәм оның монументи ҳаққында еки аўыз сөз» 
қосығының мазмунында шайыр жәмийетлик машқалаларды, өтмиш, 
бүгинги күн ҳәм келешек ҳаққындағы лирикалық қаҳарманның 
толғанысларын, дүнья ҳәм өмир туўралы пикирлеўлерин сәўлелендиреди. 
Усындай көп қатламлы қосық мазмунын жүзеге келтириўде шайыр ҳәр 
қыйлы бағдардағы ой дизбеклерин улыўмаластырады, синтезлестиреди, 
оларды бир поэтикалық мақсетке бағдарлайды

ҳәр қандай дәўирде 
шайырлар ушын ең тийкарғы ўазыйпа – ҳақыйқатлықты жырлаў екенлигин 
баслы ўазыйпа етип қояды.
Цыганлардың дәрханлығын,
Шайырдың,–
Ҳәтте гөрге сыймаслығын сыйлайсаң! [1]. 
Шайыр бул қатарларда «дәрханлық» пенен «гөрге сыймаслықты» 
салыстыра отырып, «гөрге сыймаслық» сөз дизбегине оғада күшли 
эмоциональ поэтикалық ўазыйпа жүклейди

Бердақтың уллылығын, 
мәңгилигин (оның монументине байланыслы) сәўлелендиреди.
Еркин форма арқалы шайыр бир қосықта дүнья ҳәм ондағы тарийхый 
шахслар, өмир ҳәм уллы инсанлар – шайырлар туўралы пикирлейди. 
Қосықта дүнья, өмир мәңги ҳәм ондағы уллы шайырлар өмири мәңгилик 
екенлиги туўралы мазмун көркем сәўлелениўине ийе болған.
Жуўмақластырып айтқанда, Шаўдырбай Сейитов «Бердақ шайыр ҳәм 
оның монументи ҳаққында еки аўыз сөз» деп аталған қосығында өмир 
шынлығын сәўлелендириўдиң жаңаша формасын жоқары поэтикалық 
шеберлик пенен әмелге асырған. Дәўир ҳақыйқатлығын сүўретлеў 
шайырлар ушын тийкарғы ҳәм машақатлы ўазыйпа екенлиги қосықта 
Бердақ образы арқалы өз көринисин тапқан.

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish