«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet12/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

 
Пайдаланылған әдебиятлар 
1. Сейитов Ш. Жоллар. –Нөкис: Қарақалпақстан, 1987. 
2. Ҳамдамов У. Давр руҳининг шеъриятда акс етиши. // Ўзбек тили ва 
адабиёти. – Тошкент, 2001. -№1. 
3. Веселовский А.Н. Психологический параллелизм и его формы в 
отражении поэтического стиля. //В кн: Введение в литературоведение. – 
Москва: Высшая школа, 1979. 
 
БЕРДАҚ ДӨРЕТИЎШИЛИГИНДЕ ЭСХАТОЛОГИЯЛЫҚ МИФ 
КӨРИНИСЛЕРИНИҢ ҚОЛЛАНЫЛЫЎЫ 


43 
Т.Керуенов ҚМУ оқытыўшысы 
Әдетте, ҳәр бир халықтың өз тарийхын ҳәм мәдениятын көркем 
талқыға тартыўға, миллеттиң философиясын, тарийхын сәўлелендириўге
умтылыўы миллий сананың, дүньяға тарийхый, көркем көзқарастың 
раўажланыўына барып тақалады. Усы процессте мифология ҳәм аңызлық 
көзқараслар авторлық көзқараслар, позициялар менен синтезлеседи. 
ХIХ әсир қарақалпақ классикалық поэзиясында мифологиялық 
образлар көркем дөретиўшилик мүмкиншиликлерин кеңейтетуғын, 
идеялық мазмунды тереңлестиретуғын көркем қуралға айналды. Күнхожа, 
Әжинияз, Бердақ шығармаларында мифологиялық түсиниклер диний 
исенимлер менен қарысып кетеди. Оларда мифология белгили дәрежеде 
дүньяны түсиниўдиң бир элементи болыў менен бирге дүньяны көркем-
эстетикалық сәўлелендириў усылларының бири болып хызмет етеди. 
Демек, мифология ХIХ әсир қарақалпақ шайырларында фольклорлық 
шығармалардағыдай дүньяға исеним ҳәм оны көркем сәўлелендириўдиң 
синтези сыпатында емес, ал дүньяны көркем сәўлелендириў, образ жасаў 
қуралларының бири болып қалады. Бул мәселени изертлеý актуал 
мәселелерден бири. Сонлықтан, биз усы мақаламызда Бердақ шайыр 
шығармаларында эсхатологиялық миф көринислериниң қолланылыýы ҳәм 
оларды қолланыýда шайыр шеберлиги мәселелери Мақтымқулы, Әжинияз 
шайырлардың шығармалары менен салыстырмалы түрде анықланады.
Мифологизм мазмуны бойынша ойлаў ҳәм тәсирди пайда ететуғын 
түсиник есапланады. Сонлықтан, ол эмоционаллығы басым болып, сыртқы 
формалық элементлер аралық байланысты тәмийинлеўши көмекши қурал 
болып ҳызмет етеди.
Эстетикалық баҳа ҳәм қәдирият өлшеминиң арасында инсан социал-
руўхый барлығы реал мазмун пайда етеди. Анығырақ айтқанда, 
мифологиялық баянлаў мәдений өлшемди белгилеўдиң даўамында 
эстетикалық идеалды да жүзеге шығарады. Сүўретлеўдиң объектив 
қурылысы эстетикалық қәлиплесиўдиң ажыралмас бир бөлеги болып 
табылады. Форма, мазмун, стиль, сүўретлеў ўазыйпаларының эволюциясы 
туйғы, ой-пикирден әлемди материаллық жақтан аңлаў басқышына өтиўди 
көрсетип береди. Аллегориялық сүўретлеў, гүзетиў усыллары ҳәм 
талқылаўлар баҳалаўдың ишки тәртип-интизамларын белгили бир ноқатқа 
жәмлейди. Ҳәрекет ҳәм қубылыстың пүтинлиги аңлаў дәрежеси болса, 
туйғы сезимниң қайталаныўын орайға көтереди. Философиялық-
эстетикалық концепция тәреплери социал-руўхый байланысының аралас 
екенин тәминлейди. 
Бердақ поэзиясында барлық-әлемди реалистлик сүўретлеў процеси 
ой-пикирге белгили бир ўазыйпаны жүклеў ҳәм оны байытып барыў 
белгили бир эстетикалық жүклеме талап еткен. Усыннан белгили 
болатуғын нәрсе, ишки байланысты мақсетке бағдарлайтуғын ой-пикир 


44 
илиминде түсиник ҳәм материяның мазмунында дөретиўшилик пайда 
болады. Предметтиң кеңейтилген-тереңлестирилген талқылаўы ўақтында 
ой-пикирде бурылыслар пайда болады. Бул қубылысты Бердақтың 
«Шежире», «Маған бер» ҳәм т.б. шығармаларында көриўге болады. 
Мәселен, Бердақ лирикасында эсхатологиялық мифлердиң элементлерин 
ушыратыýға болады:
Бердақ дер, сөзимди айтып кетейин, 
Бақ болмаса, қор өмирди нетейин, 
Болмаса дүньяны қарап етейин, 
Қәне, маған Исрапылдың сүрин бер! [1:24] 
–деген косық қатарларында шайыр өзи жасаған заманда әдилликтиң 
болмағанына наразы болып, «Бақ болмаса, қор өмирди нетейин» деп 
белгилейди. Соның менен бирге парахатшылықта, татыўлықта жасамаған 
өмирден не пайда, «Болмаса дүньяны қарап етейин» деп, мифологиялық 
образ Исрапылды ҳәм оның сырнайын мысалға келтиреди.
Ислам мифологиясы бойынша жер жүзинде тиришилик мүддети 
тамамланғанын, қыямет күни келгенин қорқынышлы Исрапыл периште 
қүдиретли 
сырнайын 
шертип 
хабарлайды. 
Оның 
сырнайының 
қорқынышлы даўысынан жер қозғалып, таўлар қулайды, аспан жарылады, 
теңизлер тасады [2:167,223,66]. Эсхатологиялық мифлерде дүньяның 
тамам болыўы, ақырзаманның келиўи, дүньяжүзилик апатлар сәўлеленеди 
[3:672]. Бердақ ислам еллеринде кең тарқалған бул мифти көркемлеп, оған 
өзиниң дүнья туўралы түсиниклерин, ишки кеширмелерин сиңдирип, 
күшли эмоционаллық кейипте сәўлелендиреди. Сондай-ақ, диний
аңызларға қарағанда, қыямет күни болғанда жерге Тәжжал қамақтан 
босанып келеди екен. Оның патшалығы қырық күн яки қырық жыл даўам 
етеди екен ҳәм сол дәўирде ол дүнья жүзин апатқа айландырады екен. 
Мине, сол ўақытта аспаннан Ийса пайғамбар түсип, Тәжжалды өлтиреди 
екен» [4:87].
Шығыс 
әдебияты классиклери де усындай эсхатологиялық 
мифлердиң сюжетлерин, образларын кең пайдаланған. Мәселен, ХVIII 
әсирде жасаған түркмен шайыры Мақтымқулының: 
Эй яранлар, мусулманлар, 
Бир гүн ахырзаман гелер. 
(«Ақырзаман гелер») 
Хайван, ынсан галмаз, барчасы өлер, 
Заманың ахыры болса герекдир. 
Бу жахана дөрт перишде гелермиш, 
Ысрафыл суруны чалса герекдир [5:195].
–деген қосық қатарларында да сол ақырзаман ҳаққындағы мифологиялық 
аңызларға ишарат етиледи. Мақтымқулының жоқарыда келтирилген қосық 


45 
қатарларында да Бердақ шайыр қолланған кишкене сюжетиндеги сыяқлы,
Исрапыл сүри ҳаққында айтылады.
Бердақ қосығында қолланған әлемниң сырлары ҳаққындағы 
эсхатологиялық миф лирикалық қаҳарманның дүньятанымы ҳәм 
философиялық көзқарасларын, бул дүнья туўралы түсиниклерин
сәўлелендириўде көркемлик ўазыйпаны атқарып турғаны көзге тасланады.
Себеби, лирикалық қаҳарманның ой-пикирлерин сәўлелендириўде сырнай 
деталы үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, оның усы деталды қолланыўы 
жоқарыдағы мифологиялық сюжетлер менен тиккелей байланыслы. 
Себеби шайыр:
Ялғаншыда ҳақлық қайда? 
Сын қалмады қәдди-бойда, 
Қыс азабы бәрҳа ойда, 
Пухараға жаз келер ме? [1:16 ] 
Яки: 
Бүлген ел қарақалпақ болды, 
Қырылса да урпақ болды, 
Бердимурат Бердақ болды, 
Дағын ҳеш ким билген емес [1:18 ].
–деген қосық қатарларында өзиниң ели ҳәм де күн көрисиниң картинасын 
сүўретлеп береди.
Усылардан бағдар алсақ, онда Бердақ шайырдың жоқарыдағы 
қубылысларды параллель қойыў арқалы өз пикирин жеткериўдеги 
мақсетлеринен бири – жасаған заманның залымларына болған жек 
көриўшилик сезимлерин, олар бийлеген заманның ақыбетиниң 
жақсылыққа апармайтуғынын түсиндирмекши болады. Бирақ шайырда 
келешекке болған исеним күшли. Сонлықтан шайыр: 
Жетерсең муратқа хызметлер етсең, 
Елатың силтесе ғайры елге кетсең, 
Душпанның ҳәрқашан басына жетсең, 
Аянбағыл хызметиңди халық ушын [1:25].
–деп, келешекте өз мийнетиң менен жақсы күнлерге жетесең деген идеяны 
алға қояды. 
Бердақ қолланған «Ысрафыл суры» ҳаққындағы түсиниклер Әжинияз 
лирикаларында да ушырасады. Мәселен, Әжинияздың: 
Ақыр бир күн болар ақырзаманы, 
Исрапыл сүргини йықарлар дағны. 
Ақыйрда яқшыдан пығыллар қашар 
Қағаздың йүзидән қалмай хат өшәр, «Болмаса» 
деген қатарларда ақырзаманның болыўы, онда даўыл турып, жер бетин 
аўдарып таслайтуғыны, барлық тарийх умыт болып (жазыўлар өшип), 
дүньяда ақырзаманның басланатуғыны ҳаққындағы ислам мифлеринен 


46 
пайдаланылған. 
Бирақ 
шайыр 
өзиниң 
жоқарыдағы 
қосығында 
эсхатологиялық миф түсниклерин кең қолланса да, онда келешекке болған 
исеним күшли болып, барлық жақсы күнниң басланыўы инсан кеўлине 
байланыслы екенин айрықша белгилеп өтеди. Яғный:
Пазыйлетиң болсын инсанлық сенде, 
Әдеп-икрамлылыққа болсаңыз бенде, 
Тәкәббирлик тутма бу әзиз тәнде, 
Жақсылыққа кеўил бөлгил демишлер. 
Инсанға тилеңиз әўел денсаўлық, 
Дүньяның тәшўиши инсанға бағлық, 
Жасартыў, көркейтиў, болмақ кемтарлық, 
Өзиңниң пығлыңа бағлы демишлер [6:209]. 
-деген қатарларда адамның кең пазыйлетли, адамгершиликли болып, 
адамларға жақсылық ислесе, онда оның қәлбине қудайтаала нур 
жаўдырады, сол нур арқалы дүньяны жақсыландырыўға болады деген 
пикирлер антитеза усылы арқалы сүўретлетнеди. Нәтийжеде, пикир 
образлылығы, эмоционаллығы күшейтип, оқыўшыда жақсы менен 
жаманның парқы, жақсының келешеги уллы екенлиги ҳаққындағы 
ойлаўына тәсир жасайды.
Сонлықтан, 
усы 
үш 
шайыр 
шығармаларын 
салыстырып 
қарағанымызда, шайырлар өз туйғыларын, дүнья туўралы түсиниклерин 
бериў ушын сырнай деталын қолланған. Шайырлар усы мифлик сюжет 
арқалы өз дәўирлериниң дүньятанымын, билим дәрежесин, руўхый 
ҳалатын, психологиялық өзгешеликлерин көркем сәўлелендире алған.
Соның менен бирге шайырлар адамзат тәғдири ҳаққындағы философиялық 
ой-пикирлерин де усы эсхатологиялық миф образлары арқалы 
түсиндириўге ҳәрекет еткен.
Жуýмақлап айтқанымызда, Бердақ шығармаларында қолланылған 
мифлер ҳәм мифлик элементлердиң лирикалық характер ҳәм эпикалық 
образ жасаўға қатнасының үлкен екени мәлим болады. Соның менен бирге 
шайыр шығармаларында қолланылған мифологиялық сюжетлер, образлар, 
деталлар лирикалық қаҳарманның ишки сезимлерин, дүньяға болған 
философиялық көзқарасларын жеткерип бериўде көркем қурал
ўазыйпасын атқарып турады.

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish