Лекция материаллары руўхыйлық философиясы предмети, мақсети ҳӘМ Ўазипалары жобасы



Download 388,41 Kb.
bet1/28
Sana26.02.2022
Hajmi388,41 Kb.
#472962
TuriЛекция
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   28
Bog'liq
Ruwxiyliq FILOSOFIYASI


1.Лекция материаллары
РУЎХЫЙЛЫҚ ФИЛОСОФИЯСЫ ПРЕДМЕТИ, МАҚСЕТИ ҲӘМ
ЎАЗИПАЛАРЫ


Жобасы:

1. Руўхыйлық философиясы предмети.


2. Руўхыйлық философиясысының мақсети
3. Руўхыйлық философиясының ўазипалары.


Таяныш сөз ҳəм түсиниклер:
Инсан- тəбияттың уллы жаратылысы, жоқары дəрежеде саналы қəблийетке ийе екенлиги.Руўхыйлық- инсанды барлық жанзатлардан ажыратып турыўшы социаллық қубылыс, руўхыйлық-адамның руўхый ҳəм ақылый дүньясы, руўхыйлық-инсан қəлбиндеги илаҳий нур. Мəденият инсан искерлигиниң жəмийет экономикалық, социаллық-сиясий ҳəм руўхый турмыс ақылый мийнетиниң тараўларында жаратқан материаллық ҳəм руўхый байлықлар дизими, Мəдений ҳəм руўхый мийрас, Руўхый мийраслардың ғəрезсизлик дəўириндеги əҳмийети, руўхый мийрасларды сақлаў ҳəм байытып барыў ҳəр бир əўладтың ўазыйпасы екенлиги.
Руўхыйлық жəмийет раўажланыўы, миллий жетискенлиги ҳəм шахс баркамаллығын белгилеп бериўши тийкарғы механизмлердиң бири болып есапланады.Ол инсанды жер жүзинде тиришилик етиўши барлық мақлуқлардан ажыратып турыўшы тийкарғы қурал. Инсан тəбияттың, барлық қоршаған орталықтың гүлтажы дегенде оның уллы руўхыйлық ийеси бола алыў имканияты нəзерде тутылады. Бул имканиятты басқа тири жанларда көрмеймиз. Руўхыйлыкқа умтылыў сана сезимли адамзатқа ғана тəн пəзийлет, ал басқа жанзатлар тек материаллық талапты ғана, яғный азық аўқат ҳəм паналайтуғын жер менен шекленип қала береди. Руўхыйлық өз ишине жүдə көп нəрсени алады. Ол жəмийеттиң, миллеттиң ямаса айырым бир адамның ишки турмысы, руўхый кеширмелери, ақылый қəблиетин өзине жəмлейтуғын түсиник. Руўхыйлық- инсаның ақылый, əдеп-икрамлылық, илимий, идеологиялық, диний көз-қараслары.
Руўхыйлық- инсанның социаллық-мəдений қубылыс сыпатындағы қəсийети, яғныйинсанның меҳир, əдалат, пəклик, ҳүждан, ар-намыс, Ўатаншыллық, гөззаллыққа умтылыў, сабырлылық сыяқлы пəзийлетлерден қуралған байлық. Руўхыйлық- инсанның өзин-өзи аңлаўы, талғамы, парасаты, əдиллик пенен əдилсизликти, жақсылық пенен жаманлықты, гөззаллық пенен көриксизликти, билимлилик пенен наданлықты ажырата билиўи, оларды əмелге асырыў ушын ҳəрекет етиўи ҳəм умтылыўлары.
Өзбекстан Республикасының ғəрезсизликке ерисиўиниң ең уллы жетискенликлериниң бири халқымыздың əсирлер даўамында дөретип ҳəм қəстерлеп сақлап келген миллий мəдений қəдриятлары руўхый байлығы- дəстүрлериниң қайта тиклениўи болды. Себеби руўхыйлықтың раўажланыўы жəмийетте жаңа социаллық, сиясий жағдайларды жүзеге келтиреди ҳəмде мəмлекетшилик ҳəм миллет өзлигин аңлайды. Бул өз нəўбетинде шахстың жекке баркамал раўажланыўы ушын зəрүр болған тийкар болып хызмет қылады. Буны терең түсинген ҳəм өз қəлбинен өткизген Президентимиз Ислам Каримов мəмлекетимиз өз ғəрезсизлигин алғаннан кейин ана ўатанда демократиялық жəмийет қурыўдың илимий концепциясын ислеп шығарар екен, социаллық- сийсий өмирди қайта қурыўда миллий- руўхый тиклениў менен байланыслы болыў кереклигин де илимий дəлийиллеп берди. Ол өзиниң мəмлекетимизде жаңа жəмийет қурыўдың илимий- теориялық тийкарларын көрсетип беретуғын илаҳийда фундаментал дəстүр болған«Ўзбекистоннинг ўз истиқлол ва тараққиёт йўли» атлы мийнетинде ғəрезсизликтен кейин Өзбекстанның раўажланыўының руўхыйлық-ағартыўшылық тараўындағы стратегиялық ўазыйпаларды да белгилеп берди. Стратегиялық жақтан турақлылықты сақлаў, экономикалық өсиў, республика халқының абаданлығын тəмийнлеўдиң ең əҳмийетли шəрти- экономикада терең структуралық өзгерислерди əмелге асырыўдан ибарат.Журтбасшымыз «Жэмийетти руўхый жаңалаўдағы бас мақсет- журт тынышлығы, Ўатанның раўажланыўы, халық еркинлиги ҳəм абаданлығына ерисиў ҳəм кəмил инсанды тəрбиялаў, социаллық бирге ислесиў ҳəм миллетлер ара татыўлық, диний баўырыкеңликсыяқлы көплеген зəрүрли мəселелерден ибарат» деп атап көрсетеди.
Президентимиз И.А.Каримов«Өзбекстанды раўажландырыў ҳəм жаңалаўдың өз жолы төрт негизге тийкарланады» деп төмендегилерди көрсетеди:
-улыўмаинсаний қəдриятларға садықлыкҢ
-халқымыздың руўхый мийрасын беккемлеў ҳəм раўажландырыў;
-инсанның өз имканиятларын еркин жүзеге шығарыўы;
-ўатансуйиушилик.
Президентимиз руўхыйлық түсинигиниң мəнисин: «Жер, шаңарақ,ата-ана, балалар, ағайин-туўғанлар, қоңсы-қобалар, халық, ғəрезсиз мəмлекетимизге садықлық, инсанларға ҳүрмет, исеним, ҳүждан, еркинлик- руўхыйлықтың мəниси мине усындай кең» деп тəрийплейди.
Гəрезсизликке ерискеннен соңғы бизиң ең əҳмийетли ўазыйпамыз халықты руўхый қайта тиклеў ҳəм раўажландырыў. Сол себепли Президентимиздиң1994 жылы23 апрельде Республикамызда«Руўхыйлық ҳəм ағартыўшылықтың жəмийетлик орайын дүзиў ҳаққындағы», 1996 жылық сентябрьде «Руўхыйлық ҳəм ағартыўшылық жəмийетлик орайының искерлигин жəнеде раўажландырыў ҳəм нəтийжелилигин асырыў» ҳаққындағы, 1999 ж. 3 сентябрьде«Республика руўхыйлық ҳəм ағартыўшылық кеңесин қоллап қуўатлаў ҳаққындағы» пəрманлары ҳəм1998ж. 24 июльде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң«Руўхыйлық ҳəм ағартыўшылық реформаларын жəнеде тереңлестириў ҳəм оның нəтийжелилигин асырыў шара илажлары ҳаққындағы» арнаўлы қарары қабыл етилди.
Ислам Каримов өз мийнетлеринде мəмлекетимизде миллий мəдениятты тиклеў ҳəм раўажландырыў мəмлекет сиясатында жоқарғы ўазыйпа екенлигин итибарды қаратып төмендеги концепция идеяны алға қояды. Ол солай жазады. «Алдын адамларға экономикалық байлық бериў, сонңынан руўхый байлық туўрасында ойлаў керек дейтуғынлар ҳақ болмаса керек. Руўхыйлық инсанның халықтын, жəмийет мəмлекеттиң күш қудрети, ол болмаған жерде ҳеш қандай бахыт-садат болмайды».
Президентимиз тəрепинен алға қойылған концепцияның илимий ҳəм əмелий тəрепи сонда: Бириншиден, усы арқалы автор садық шоралар дəўиринде мəдениятты
раўажландырыў үшинши дəрежели тийкар сыпатында қаралыўының социаллық- сиясий,
жəмийетлик ҳəм руўхый- ағартыўшылық кемшиликлериниң себеплерин көрсетип береди.
Екиншиден, руўхыйлықты раўажландырмастан адамның руўхый- ағартыўшылық ҳүжданын өзгертпестен турып жəмийетте гөзлеген мақсетке əмелге асырыў мүмкин емеслигине тийкарғы итибар қаралған.
Президентимиз мийнетлеринде миллий- руўхый тиклениў ўазыйпасын əмелге асырыўда концепцияларын өзиниң басқа мийнетлеринде тереңирек раўажландырыўға жаңа мазмун менен байытқан, ғəрезсизлигимиздиң жаңа басқышында жүзеге келип атырған машқалаларды шешиўде талапларға мас рəўиште оның жаңа бағдарларын белгилеп берген. Тийкарынан олар И.А.Каримов«Өзбекстанның өзиниң жаңаланыў ҳəм раўажланыў жолы». «Өзбекстан базар қатнасықларын өтиўдеги өзине тəн медели», «Өзбекстан келешеги уллы мəмлекет». «Өзбекстанның жəмийетлик- сиясий ҳəм экономикалық раўажланыўының тийкарғы принципилери», «Өзбекстан экономикалық реформаларды тереңлестириў жолында» деген ҳəм басқа да мийнетлеринде, Республика Олий Мəжлислериндеги жасаған баянатлары менен шығып сөйлеген сөзлеринде Өзбекстан Республикасының мəмлекетлик ғəрезсизликке ерискеннен соңғы жəмийетимизде жүз берип атырған экономикалық, социаллық сиясий руўхый- мəдений ҳəм басқа тараўлардағы түпкиликли өзгерислерге ҳəр тəреплеме терең илимий- теориялық анализ жасалған. Президентимиздиң ислеп шыққан миллий руўхый мəдений концепциясы инсанияттың əсирлер даўамында жаратқан ҳəм дүньялық мүликке айланған ҳəмме байлықларды миллий- мəдениятымыздың ажралмас бөлегине айландырыў тийкарғы орынды ийелейди. Ол «Фидокор» газетасының ағзалары берген саўалларға, жуўабында. Дүнья халықларының руўхый мүлкине айланған философлардың мийнетлери бүгинги күнге шекем өзбек тилинде жасларымызға жетип бармағанын айтып, былай деди: «Дүнья жүзи тəн алған көп уллы философлардың шығармалары өзбек тилине аўдарылмағанлығы себепли жасларымыз олардың идеялық көз қараслары менен жақсы таныс емес. Сократ ҳəм Платон, Ницше ҳəм Фрейд киби аламлардың ҳəзирги заман шет ел философларының китапларын, түсинерли қылып, избе-излик ҳəм түсиндирмелер менен өзбек тилинде шығарыў мүмкин болмаса?»
Жоқарыда келтирилгеннен көринип турыпты Президентимиз миллий-руўхый раўажланыўымыз дүнья халықларының алдынғы руўхый байлығы, санасы менен бирлескен түрде раўажландырыў мəселелерин күн тəртибине қоймақта. Президентимиз тəрепинен ислеп шығылған миллий руўхый тиклениў илимий- теориялық концепциясы үлкен əмелий əҳмийетке ийе. Бул ғəрезсизлик жылларында қолға киргизген жеңислер мысалында өз тийкарын тапты.
Руўхыйлық миллетти прогресске жетелейди, мəмлекеттиң қудиретин асырады. Себеби
руўхыйлыққа итибар берилмеген мəмлекетте раўажланыў болмайды. Руўхыйлықтың
əҳмийетин белгилеўши4 негизги бөлим бар:
1. Əдеп-икрамлылық
2. Əмелий билимлер, талант, қəблиет
3.Илимий жетискенликтиң нəтийжеси болған ийман, ҳүждан, инсап, қанаат
4. Инсан билимлерин, əмелий тəжирийбесин улыўмаластырыўға, ислерине бағдар
бериўге қаратылған дүньяға көз-қарас.
Руўхыйлық өзиниң бир қатар категорияларына- түсиниклерине ҳəм нызамлықларына ийе. Оның түсиниклерине шахстың өзин-өзи аңлаўы, билимлилик, пəклик, сақыйлық, ийманлылық, меҳир-ақыбет, расгөйлик, ата-анаға ҳүрмет, садықлық ҳəм т.б.; миллеттиң ўəкили сыпатында миллий өзликти аңлаў, миллий мақтаныш, миллетсуйгишлик, ўатансуйиўшилик, миллий тил, миллий тарийх, əдебият, искусство, үрп-əдет, дəстүрлер, қəдриятлар, мəмлекетке, нызамларға ҳүрмет; социаллық, сиясий, экономикалық, руўхый турмысында белсендилик көрсетиў ҳəм т.б. киреди. Руўхыйлықтың раўажланыўы да белгили нызамлықларға таянады. Бундай нызамлықлар бир неше бағдарды өз ишине алса да, оларды белгили топарларға ажыратыўға болады. Биринши топарға шахс, миллет яки жəмийеттиң ишки мүм-киншиликлери менен байланыслы болған нызамлар киреди. Яғный шахстың, миллеттиң яки жəмийеттиң ишки мүмкиншиликлери беккем исенимли болыўы руўхыйлықтың раўажланыўының тийкарын қурайды. Екинши топарға шахслар ҳəм миллетлердиң өз-ара мүнəсибетлери процессинде пайда болатуғын«өз-ара тэсир» ҳəм«өз-ара байытыў» арқалы жүзеге келетуғын процесслер киреди. Яғный шахстың руўхый камалаты анадан туўылыўы менен жүзеге келмейди. Тап усындай миллет те тарийхый раўажланыўдың белгили бир басқышында басқа халықлар, миллетлер менен бирге ислесиўлер нəтийжесинде жүзеге келеди. Ҳеш ўақытта шахс, инсан өзгериссиз жасай алмағанындай, миллет те басқа миллетлер, халықлар менен байланыспастан раўажлана алмайды, ҳəттеки бизиң дəўиримизде жер жүзинде«сап» миллеттиң бар екенлигине ҳеш ким кепиллик бере алмайды. Жəмийет те тап усы нызам тийкарында раўажланады.Руўхыйлық барқулла мəрийпат(ағартыўшылық) пенен уйғынласқан ҳалда раўажланып барады.
Мəрийпат( мəрийпат- билиў, билим, таныў ҳəм мағлыўмат деген мəнини аңлатады) түсиниги Шығыс еллеринде, соның ишинде Орайлық Азияда жасаған, дөретиўшилик еткен алламалардың шығармаларында ерте заманлардан берли қолланылып келинген. Жəмийеттиң раўажланыўы ҳəм инсан жеткилигине унамлы тəсир ететугын идеяларды жаратыў, үгит-нəсият етиў-мəрийпатшылық деп аталады. Батыс философиясында биринши болып мəрийпат ҳаққындағы пикирлерди билдирген алым Вольтер болды. Ал немец философы Кант болса« мəрийпат- инсанды, шахсты тəрбиялаўда оның ақылы, əдеби, имканиятларынан жəмийеттиң илгерилеў мəнпəəти жолында пайдаланыў қуралы» деп есаплаған. Бул пикирлердиң тийкарында инсан жəмийет раўажланыўының шешиўши мысалы екенлиги, оның социаллык турмысында руўхый мысаллар үлкен əҳмийетке ийе екенлигин тəн алыў идеясы жатады. Инсанияттың бир жəмийеттен екинши бир жəмийетке, бир тарийхый дəўирден екинши бир жаңа тарийхый дəўирге өтиўи ағартыўшылықтан( мəрийпаттан) басланады. Заманның, миллеттиң ең жетилискен, ақ-қараны таныған, пидайы, узақты гөзлеўши инсанлары
ағартыўшылық пенен шуғылланады.Руўхыйлық ҳəм саўатлылық(ағартыў-шылық) бир
мəденият. Руўхыйлықсыз саўатлылық соқыр, саўатсыз руўхыйлық мешел. Сонлықтан да бизиң бабаларымыз«көзи соқырдан кеўили соқыр жаман деп» руўхыйлық ҳəм ағартыўшылық мəдениятын, кеўилдиң кеңлигин, көтеринкилигин жоқары баҳалаған.
Жоқары руўхыйлыққа ийе адамлардың барлығы мудамы мəрийпатлы, соның менен бирге мəрийпатлы адамлардың барлығы да бай руўхыйлыққа ийе бола бермеген. Бундай инсанлар ҳаққында«алым болыпты да, бирақ адам болмапты» деген ибара бар. Бул руўхый байлық билимнен ҳəм инсанийлықтан ибарат деген мəнини аңлатады. Халықтың қəдирин жасларға билдириў, олар менен мақтаныш ҳəм куўаныш сезимлерин туўдырып, жүрек тарларын шертиў, өз қəдирин түсиндириў, өзин-өзи билип, өзин-өзи жеңиўди оятыў, өзиниң үстинен өзиниң нəзерин қəлиплестириў, ҳүжданды, ийманды, инсапты, қанаатты, мийрим-шарапатты орнатыў, жəмийеттиң ҳəм өзиниң мəпин гөзлеў ҳəм анықлаў уқыбын тəрбиялаў бул ағартыўшылық болып есапланады. И.А.Каримов билимлендириўди«энтузиазм» деп дурыс көрсеткен. Демек билимлендириў бул жигерлендириў, билимлендириў бул талпындырыў.
Гəрезсизликке ерискеннен соң бизиң мəмлекетимизде руўхыйлықты көтериў мəмлекет сиясатындагы ең тийкарғы мəселелердиң бирине айланды. Президентимиз И.А.Каримов екинши шақырық Олий Мəжилистиң биринши сессиясында жасаған баянатында биз өз ҳақ-ҳуқуқларын таныйтуғын, өз күши ҳəм имканиятларына тая-натугын, əтирапта болып атырған ўақияҳəдийселерге еркин мүнəсибет билдиретуғын, шахсий мэплерин мэмлекет мəплери менен уйғын ҳалда көретуғын еркин, ҳəр тəреплеме жетилискен, саламат əўлəдты тəрбиялаўымыз кереклигин уқтырды. Негизинде, ҳəзирги күнде руўхыйлық баслы мəселелердиң бирине көтерилиуиниң бир қатар себеплери бар» Бириншиден, жəмийетте əмелге асырылып атырған барлық ўазыйпалардың тəғдири, онда жасайтуғын адамлардың санасының, ой-пикириниң дəрежеси менен байланыслы. Екиншиден, гəрезсизликтиң дəслепки жылларында бурынғы тоталитарлық дүзимдеги идеологиядан ўаз кешиў байрағы астында улыўма ҳəр қандай идеологияға қарсы гүрес басланды. Бул өз гезегинде адамлардың руўхыйлығына, қəлиплескен кəдриятларына да өзиниң унамсыз тəсирин өткизе баслады. Адамлардың руўхый турмысында жəне бир тəреплемелик орын ала баслады. Үшиншиден, ғəрезсизликтиң дəслепки жылларында жүзеге келген экономикалық машқалалар алдында адамлардың айырымлары түсинбеўшиликке түсти, көпшилик ҳалларда жаслардың тəлим алыў, кəсип ийелеў, искусство дөретпелерине қызығыўдан гөре базарға шығыў, ақша табыўға умтылыўларды жүзеге келтирди. Ақша табыў турмыслық зəрүрлик, бирақ ол шахс ҳəм миллет камалаты мəплерине зыянлы болмаўы, олардың руўхый жарлыланып калыўына алып келмеўи керек. Төртиншиден, ҳəр қандай миллет белгили бир материаллық ҳəм руўхый байлықлардың жаратыўшысы, қолланыўшысы, басқаларда ушырамайтуғын өзине тəн қəсийетлерине ийелиги ҳəм өзиниң ғəрезсиз орнына ийе болыўы сыяқлы зəрүрликлер турмыслық талап дəрежесине көтерилген еди. Бул машқалаларды шешиў миллет ҳəм мəмлекеттиң келешеги ушын əмелий əҳмийетке ийе. Бесиншиден, биз дүнья ивилизаицясына үлкен үлес қосқан халықпыз. Бизиң руўхыйлық, илим, мəденият тараўларында ерискен жетискен-ликлеримиз дүнья халықларына əсирлер бойы хызмет қылып келмекте. Бирақ тоталитаризм дəўиринде ата-бабаларымыз тəрепинен жаратылған бул байлықларды бизиң қэлбимизден шығарып таслаў ушын бир қанша ҳəрекетлер қылынды. Гəрезсизликке ерискеннен соң буларды қайта тиклеу зəрүр болды. Буған тек ғана руўхыйлықты раўажландырыў арқалы ерисиўимиз мүмкин. Социаллық прогресс халықтың руўхыйлығының дəрежеси менен тиккелей байланыслы. Себеби, ол адамлардың мурат- мақсетин, келешекке исеним ҳəм үмитин қəлиплестирип оған күш ҳəм қуўат бағышлайды. Ол арқалы жəмийеттиң, адамның мəплери анықланады, қəлиплеседи ҳəм беккемленеди. Жəмийетлик система қорғалады ҳəм услап турылады. Руўхый жақтан артта қалыў жəмийет ушын экономикалық ҳəм сиясий жақтан артта қалыўдан гөре көбирек қəўипли.
Экономикалық ҳəм сиясий кризислердиң алдын алыў мүмкин. Лекин руўхый
шеклениўшилик жағдайына түскен халықтын санасын тазалаў, миллий парызын ҳəм прогресстеги ўазыйпасын түсиндириў ҳəм оларды орынлаўға талпыныўын күшейттириў жүдə үлкен əҳмийетли ҳəм көп мийнетти, ўақытты талап ететуғын жағдай. Сонлықтан бизиң мəмлекетимиздиң алып барып атырған сияса-тында руўхыйлық тийкарғы орынлардың бирин ийелейди.
Тарийх- бул адам өмириниң өзинше бир энциклопедиясы. Ол ҳəм мəденият, ҳəм илим, ол əдеплиликтиң қорғаўшысы, ол үрп-əдет. Демек, өткендегини билместен тарийхый тəжирийбелерди жуўмақламастан, оны улыўмаластырмастан, алға қарай жүриў яки əҳмийетли бир жоба дүзиў мүмкин емес. Себеби адам жəмəəтиниң өсиўи оның əсирлик дəстүрлеринен гəрезли. Олай болса өз тарийхын билмей турып, оның сабақларын санаға сиңирмей турып табыслы жасаўга болмайды. Сонлықтан да И.А.Каримов«Руўхыйлық өз халкының тарийхын, мəдениятын, оның алдын ала белгиленген ўазыйпасын терең түсиниўге ҳəм пəмлеўге тийкарланған ўақытта ғана қудиретли күшке айналады» деген еди.
Руўхый мийрас ҳаққында сөз жүритиўден алдын улыўма цивилизация, мийрас атап айтқанда мəдений мийрас ҳəм руўхый мийрас түсиниклериниң өзине тəнлилиги,
қəсийетлери, айырмашылықларын билип алыўымыз керек болады. Себеби руўхый мийрас
улыўма мийрастың, яғный мəдений мийрастың қурамына киреди, оның бир бөлими болып
есапланады. Мəдений мийрасты түсинбестен турып руўхый мийрасты түсиниў қыйын. Бул түсиниклерде улыўмалық болсада, олар бирдей емес, өз-ара айырым тəреплери, қəсийетлери менен парықланады. Ҳəр бир жəмийет ҳəм дəўир өз мəденият типине ийе болады. Жəмийет, дəўир өзгериўи менен оның мəденият типи ҳəм руўхыйлығында өзгериў, жаңаланыў болады, бирақ мəдений раўажланыў үзилиске түсип қалмайды, алдынғы мəденият, цивилизация жоқ болып кетпейди, ал мəдений мийрас сыпатында сақланып қалады. Мийрас- инсанияттың ҳəр бир тарийхый басқышында жасаған əўладлары тəрепинен жаратылған ҳəм кейингисине жетип келген барлық материаллық ҳəм руўхый байлықлар болып есапланады. Мəдений мийрас та мийрас шеңберине киреди, бирақ оннан бираз парықланады. Өтмиштеги барлық мəденият естеликлери мийрас сыпатында сақланып қалыўы мумкин, бирақ олардың барлығы да мəдений қəдриятқа ийе бола бермейди. Мəдений мийраста адамзаттың келешек раўажланыўына, руўхый байыўына хызмет қылатуғын, оған унамлы тəсир көрсететугын қəдрият əҳмийетине ийе болған тəреплери есапқа алынады. Өтмиштеги əўладлар жаратқан естеликлердиң барлығы да мəдений мийрас бола бермейди, себеби өтмиштен қалған нəрселердиң барлығы да қəдрият əҳмийетине ийе бола бермейди. Мəселен, советлик дүзим дəўиринде жаратылып, оның сиясатын, идеологиясын өзинде сəўлелендирген, ал ҳəзирги күнде өз өмирин жасап өткен китаплардың бүгинги күн ушын да, келешек ушын да қəдири, əҳмийети жоқ. Дурыс, олар мийрас, бирақ мəдений мийрас емес, оларды тарийхый факт сыпатында сақлап қойыў мүмкин. Жоқарыда айтылғанлардан келип шыға отырып, мəдений мийрас деп өтмиштеги əўладтан кейинги əўладқа қалдырылған, өмирде ҳəр қыйлы сынаўлардан өткен, инсанияттың ҳəзирги ҳəм келешек раўажланыўына хызмет ететуғын материаллық ҳəм руўхый мəдениятқа айтыўымыз мүмкин. Адамзаттың ҳəр бир əўлад-əждатлары тəрепинен жаратылған мəдений байлықлары мийрас сыпатында қабыл алынады. Тарийхый мийрас- жəмийет ҳəм оның мəденияты раўажланыўының шəрти. Мəдений ҳəм руўхый мийрас өз-ара бир-биринен парық қылса да, оларды бири- биринен пүткиллей айырып қараўға болмайды. Мəдений мийрасты дөретиў барысында да руўхыйлық, яғный инсанның мəнаўий-руўхый билимлери, қəблиети, таланты, ақылы, əмелий ҳəм теориялық билим тəжирийбелери, мийнеткешлиги сыяқлы руўхый искерлиги жатады. Мəдений ҳəм руўхый мийрас арасында улыўмалық та, айырмашылықлар да бар. Олардың ортасында жоқарыда айтып өтилген байланыслылық, өз-ара мүнəсибет, тəсир бар. Сондай ақ, мəдений мийрас өз көлеми жағынан руўхый мийрас түсинигинен кеңирек. Мəдений мийраста көбирек улыўмалық үстинлик етсе, руўхый мийраста өзине тəнлилик үстинлик етеди.
Мəдений мийрас улыўма мəденият жетискенликлерин өз ишине қамрап алса, руўхый мийрас руўхый мəденият жетискенликлерин өз ишине қамрап алады.( соның менен парықланады) Мəдений мийрастың қəдири мəнги жоғалмайтуғын бөлими миллий қəдрият деп аталады. Руўхый байлықлар əўладтан əўладқа, бир дүзимнен екинши дүзимге мийрас сыпатында өтеди ҳəм жəмийет, оның руўхый раўажланыўына үлкен тəсир көрсетеди. Руўхый мийрас деп узақ ҳəм жақын өтмиштеги, ҳəзирги дəўирдеги руўхыйлық тəрептен жүдə қымбатлы, өшпес из қал-дарған, мəнги жасайтугын, пүткил социаллық мəпи ҳəм зəрүрлигине, жақсылыққа хызмет ететуғын улыумаинсаний руухый байлыкларга айтылады. Руухыймийрас руухый қəдрият сыпатында көринип, оған илим-пəн, яғный философия, əдебият, искусство, əдеп-икрамлылық, диндеги реал, дүньялық тəлийматлар ҳəм т.б. киреди. Илим-пəн тараўындағы мийрас. Өзбекстан халықлары əййемги дəўирден ақ илим менен шуғыл-ланған, əййемги Хорезм, Согд, Бактрия еллеринде өз заманының алдынғы қатар илимпазлары тəбияттаныў ҳəм гуманитар пəнлерин ҳəр тəреплеме раўажландырған. IX-XII XIV-XVI эсирлерде бизиң журтымызда дүньялық илимге үлес қосқан Аль Хорезми, Аль Фарабий, Беруний, Ибн Сино, Улуғбек ҳəм т.б. халқымыздың руўхый дүньясын байытыўда оғада үлкен роль ойнады. Олардың илимий мийнетлеринде айтылған пикирлер, тəлим-тəрбиялық, социал-философиялық ойлардың қəлиплесиўи ҳəм раўажланыўында айтарлықтай əҳмийетке ийе болды ҳəм ҳəзирги ғəрезсизлик жағ-дайында халық руўхыйлығының бирбөлеги болған миллий мақтаныш сезимлерин раўажландырмақта. Мəдений мийрастың ажыралмас бөлеги ата-бабамыздан бизге мийрас болып қалған əдеп-икрамлылық нормалары, дəстурлер, үрп-əдетлер, байрамлар болып табылады.
Қəдимнен киятырған əдебий көркем мəдениятымыз. Анықрақ айтқанда бул халқымыздыңоғада бай аўыз еки дөретпелери, данышпанлық нəсиятлары, нақыл-мақаллары, бақсы-жыраўлар жырлап келген қосықлар, музыкалық дөретпелер. Мəселен Юсуф Хас Хажиб, Махмуд Қашгарий, Ахмед Югнакий, Хожа Ахмет Яссауий, Бердах, Əжинияз ҳəм т.б. уллыойшылларымыздың дөретпелери ғəрезсизлик дəўириниң руўхыйлығын, əдеп-икрамлылығын, əдебиятын қəлиплестириўде уллы əҳмийетке ийе.
Миллий искусство- халқымыздың уллы ғəзийнелериниң бири. Халқымыз оғада ерте дəўирден музыка, суўретшилик, нағыс салыў, миллий көркем өнер, гулалшылық ҳəм т.б. тараўларды раўажландырып отырған. Олар ҳəзирги искусство түрлериниң раўажланып, байып барыўына тийкар болды.
Диний исенимлер де руўхый мийрасымыздың бир бөлеги. Ислам дининиң шарапатлы китабы Қураны Кəрим, ҳəдислер буның айқын дəлили. Сондай ақ Ислам дининиң қəлиплесиўине ҳəм раўажланыўына уллы үлес қосқан данышпанлардың дөретпелери, ҳикметли сөзлери ҳəзирги заман руўхыйлығының раўажланыўында үлкен хызмет етеди. Бул руўхый мийрасларды билмей турып, өз санамызға сиңдирмей, толық қабыл етпей турып биз ғəрезсизлик дəўириниң мəнаўиятын да, идеологиясын да, жетик инсанды да қəлиплестиреалмаймыз. Демек руўхый тəрбиялылық ой-пикирлерди қабыл етиў- ҳəр бир заманагөй инсанның руўхый бай шахс болып қəлиплесиўиниң шəртли белгилеринен есапланады. Бул руўхый мийрастың əҳмийети туўралы Президентимиз И.А.Каримов былай деп көрсетеди: «Бул ғəзийне инсанга турмыста турақлылық бағышлайды. Оның көз-қараслары əйтеўир тек материаллық байлық арттырыў жолы менен күн көриўге жол қоймайды, ең қыйын ўақытларда да аман сақлап қалады ҳəм материаллық қыйыншылық күнлерде де еркин беккемлейди».
Биз əййемги заманнан киятырған бай тарийхқа ҳəм руўхый мийрасқа ийе халықпыз. Ҳəр бир əўладтың ўазыйпасы оларды сақлаў ҳəм байытып барыў. Себеби өз тарийхын билмеген, руўхый ҳəм мəдений мийрасына ийелик ете алмаған журттың келешеги жарқын болмайды.Бул ўазыйпа тек ғана улыўма халыққа ямаса бир миллетке тийисли болып қоймастан ҳəр бир инсан ушын да үлкен əҳмийетке ийе. Сол ушын да ата-бабаларымыз «тилин билмеген түбин билмейди», «жети атаңды билип қой» -деген. Руўхый мийрас бир халық, миллет, оның ўəкиллери тəрепинен жаратылып, соң улыўмаинсанияттың руўхый байлығына, мийрасына айланып қалады. Орайлық Азия халықларының өтмиштеги
əўладлары қалдырған руўхый мийрас буған мысал бола алады.
Мəденият, руўхый ҳəм мəдений мийрас,руўхыйлыктың раўажланыўы инсаният
цивилизациясы менен байланысып кетеди. Бирақ оларды бири бири менен араластырылып жибериў де дурыс емес. Цивилизацияның өзи инсанияттың мəденияты ҳəм руўхыйлығы раўажланыўы басқышларында жүзеге келиўши сыпат жағынан жаңа басқыш болып, адамзат жəмийети тарийхында терең из қалдырады. Цивилизация- мəлим бир тарийхый басқышта инсанияттың мəденият раўажланыўында жаратқан, ерискен, қолға киргизген сыпат жағынан жаңа, жоқары жетискенликлер.
Цивилизацияның мəденияттан парқы- ол өзине тəн болган, өзгелерден түптен парықланатуғын, бирақ өз дəўири раўажланыўында тəкирарланбас из қалдырған пəн,
мəденият, техника, социаллық сана ҳəм басқа тараўлардағы уллы, жоқары көрсеткиш болып есапланады. Оның характерли тəрепи соннан ибарат, ол өзинен алдынғысын қабыл етпейди, оларға усамаған өзгерислерди жүзеге келтириўши қубылыс есапланады.
Цивилизация ҳəр бир халықтың, жəмийеттиң, тарийхый басқыштың өзине тəн тарийхый-мəдений раўажланыўы, қəлиплескен қəдриятлары, санасының раўажланыўы болып есапланады. Бүгинги цивилизация инсанияттың əлемди билиўи, оннан инсан мəплери жолында пайдалана билиўи, ҳəр бир халықтың улыўмаинсаният раўажланыўына хызмет қылыўшы руўхыйлығы ҳəм ағартыўшылығы сыпатында көзге тасланбақта.



Download 388,41 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   28




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish