Лекция материаллары руўхыйлық философиясы предмети, мақсети ҳӘМ Ўазипалары жобасы


-тема МИЛЛИЙ МӘНАЎИЯТТЫҢ КЛАССИКАЛЫҚ КƟРИНИСЛЕРИ



Download 388,41 Kb.
bet14/28
Sana26.02.2022
Hajmi388,41 Kb.
#472962
TuriЛекция
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   28
Bog'liq
Ruwxiyliq FILOSOFIYASI

17-тема МИЛЛИЙ МӘНАЎИЯТТЫҢ КЛАССИКАЛЫҚ КƟРИНИСЛЕРИ
Жобасы:

  1. Миллий мәнаўият түсиниги

  2. Классикалық дәўирдеги ойшыллар шығармасында мәнаўият мәселеси

  3. Классик шайырлар шығармасында инсан ҳәм оның мәнаўияты

Таяныш сɵзлер: миллий мәнаўият, классикалық дәўир мәнаўияты, әдебий шығармаларда руўхыйлық мәселеси, үрп-әдетлер, ɵзликти аңлаў

Бүгинги күни мәмлекетимизде жаңа турмыс, жаңа жәмийет тырнағын тиклеўде еркин пуқаралық мәнаўиятын қәлиплестириў мәселеси биз ушын оғада актуал әҳмийетке ийе.Турмысымыздың барлық салаларында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларымыздың нәтийжелилиги дәслеп халық руўхый дүньясының тиклениўи, бай тарийхый мийрасымыздың терең үйренилиўи, дәстүр ҳәм үрп-әдетлеримиздиң сақланыўы, мәденият ҳәм көркем-өнер, илим ҳәм тәлимниң раўажланыўы, ең әҳмийетлиси, жәмийет ой-пикириниң өзгериўи ҳәм жоқарылаўы менен ажыралмас байланыслы.


Сонлықтан да өзиниң ҳақ-ҳуқықын билетуғын, өзиниң күши ҳәм имканиятларына таянатуғын, әтирапымызда жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселерге еркин қатнас жасайтуғын, соның менен қатар жеке мәплерин мәмлекет ҳәм халық мәплери менен тығыз ҳалда көретуғын, ҳәр тәрептен наўқыран инсанларды тәрбиялаў ўазыйпасы ғәрезсизлик жылларында биз ушын шешиўши мәселеге айланды.
Бул процесс елимизде оғада қыйын шараятта – кеңес дүзими қыйраған ҳәм жаңаша жәмийетлик мүнәсибетлер тикленип атырған кескин бир жағдайда жүз бергенлигин атап өтиўимиз тийис.
Усындай оғада қәўипли сынақлы ҳәм қыйын бир дәўирде елимиздеги тынышлық ҳәм турақлылықты сақлап қалыў, Орайда болып атырған түрли зыянлы тәсирлерден халқымызды қорғаў, өзимиздиң ғәрезсиз сиясатымызды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў мақсетинде 1990-жылдың 24-март күни республика Жоқары Кеңесиниң биринши сессиясында Президентлик басқарыўы енгизилди.
Сол ўақытта СССР аймағындағы республикалар арасында биринши болып Өзбекстанда усындай жоқары лаўазым енгизилгени ҳәм усылайынша биз журтымызды ғәрезсизлик жолына баслаған дәслепки қәдемди қойғанлығымызды атап өтиў тийис.
Сол сессия мәжилисинде республикамызда пайда болған аўыр жағдай ҳәм оны дүзетиў бойынша алдымызда турған ең тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында сөз еткенде, бир-биринен актуал, бир-биринен әҳмийетли машқалаларды шешиў бойынша әйне мәнаўият мәселесине де айрықша тоқталып, халық депутатлары, пүткил халқымызға қарата мен төмендеги пикирлерди билдирген едимФ
ҒБүгинги күни алдымызда турған ең әҳмийетли ўазыйпаларды көз алдымыздан өткерер екенбиз, халықтың күнделик мүтәжликлерине тиккелей тийисли актуал мәселелерди шешиў менен бир қатарда биз ески дүзим дәўиринде инсан өмириниң негизи ҳәм қурамалы тәреплери, миллий қәдириятлар, тарийхый дәстүрлер, улыўма инсаный руўхый байлықлар менен есапласпаў жәмийетимизге қаншадан-қанша зәлел келтиргенлигин умытпаўымыз керек.
Бул бойынша тийкарғы жумысларымыз нелерден ибарат болыўы лазымs
Биринши нәўбетте миллий мәдениятымыз, халық руўхый байлығының тамырларына итибар бериў зәрүр. Бул ғәзийне әсирлер даўамында мысқаллап топланған. Тарийхтың не-не сынаўларынан өткен. Инсанларға аўыр демлерде мәдет болған.
Бизиң ўазыйпамыз – усы ғәзийнени көз қарашығындай сақлаў ҳәм және де байытыў.
Сөзде емес, әмелде ҳәр бир адамның ҳүждан еркинлигин, исеним еркинлигин тәмийинлеўимиз керек. Биз адамлардың руўхый тәрбиясын ойлап, парахатшылық ҳәм қайырлы ислерди гөзлеп ҳәрекет етип атырған ҳәр бир адамды қоллап-қуўатлаймыз, олар менен бирге ислесемиз.
Мәселениң басқа тәрепи – билимлендириў ҳәм мәденияттың материаллық-техникалық базасын беккемлеў. Инсанның толық турмысы ушын оғада зәрүр болған мектеплер, китапханалар, театр ҳәм басқа мәденият ошақларын көбейтиў, олардың шараятын жақсылаў.
Биз көп жыллар даўамында билимлендириў ҳәм мәдениятқа натуўры мүнәсибетте болдық, оған сақланып атырған қаржылар мудамы басқа тараўлардан кем болды. Нәтийжеде биз бул мәселеде артта қалып кеттик.
Буннан былай бәрше режелеримизде мәденият, билимлендириў, физикалық тәрбия ҳәм спорт биринши дәрежели ўазыйпалар қатарынан орын алыўы лазым.
Ҳәм жуўмағында усы салаларда ислеп атырған кадрлар мәселеси. Оқытыўшылар ҳәм шыпакерлер, мәдений ағартыў мәкемелериндеги ҳәм басқа тараўлардағы көплеп қәнийгелер – ҳақыйқый зиялылар болып табылады.
Әсиресе, алымлар ҳәм дөретиўши хызметкерлеримизге итибарды күшейтиў керек, себеби руўхый байлықларды солар жаратады. Оларға ғамхорлық етиў, нәтийжели жумысы ушын бәрше зәрүрли материаллық-руўхый шараятларды жаратып бериў мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм хожалық шөлкемлери басшыларының миннети ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпасы.
Және бир актуал ўазыйпа өсип киятырған жас әўладқа, оның руўхый тәрбиясына оғада үлкен жуўапкершилик сезими менен қатнас жасаў мәселеси. Неге дегенде, жаслар халық руўхый дүньясының мүнәсип ийелери болып табылады. Соның ушын ҳәр бир ул-қызымыз дәслепки қәдемлеринен баслап мәдений байлықларымыздан нәр алыўы керек.
Талантлы жасларымыздың, жигит-қызларымыздың өзи қызыққан тараўларында жетик инсанлар болып өсиўи ушын тийисли шараятлар еле толық жаратылған жоқ.
Егер биз өзимиздиң руўхый миннетимизди ақлаўды қәлесек, оларға аталарша ғамхорлық етиўимиз керек. Әне усы мақсетте биз олардың мәмлекетимиз ҳәм сырт еллердеги абырайлы илимий орайларда тәлим алыўы ушын қаржылар ажыраттық. Булар ушын ҳеш нәрсени, соның ишинде валютаны да аямаймыз.
Кейинги пайытта көркем өнерде жәриялылықты бәне етип телевизор, кино экранларында, баспасөз қуралларында болмайтуғын көринислерди сәўлелендириў, биймәнилик ҳәм уят нәрселерди, гейде болса, ҳәтте, әдепсиз бузықлықты үгит-нәсиятлаў көбейип кетти.
Бәршемиз – қай жерде, қандай лаўазымда ислемейик, жәмийетимиздиң инсаныйлық ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларын аяқ асты ететуғын усындай агрессив көринислерге қатаң рәўиште қарсы турыўымыз лазым. Бундай мүнәсибет жәмийетшилигимиз, халқымызға да мақул болады деп исенеменҒ.
Арадан жыллар өтип миллетимиз, халқымыздың келешеги, оның руўхый турмысын байытыў мақсети менен суўғарылған бундай сөзлер еле ғәрезсизлигимизден бир жыл төрт ай алдын, әйне ана тилимизде айтылғанын есапқа алатуғын болсақ, бүгин өмирге кирип киятырған жасларымыз ушын, көп нәрсе аян болады деп ойлайман.
Соның менен қатар журтымызда миллий тиклениў процесси дерлик бир ярым әсир даўам еткен жәмийетлик-сиясий ғәрезлиликтен кейин дәслепки пайытларда пүткиллей тәбийий рәўиште өзине тән Ғбийкарды бийкарлаўҒ нызамлылығы негизинде кешкенлигин айтыў лазым. Лекин, биз бурынғы дүзимниң идеологиялық көз-қарасларын улыўма бийкар етиўдиң өзи ҳешқандай дөретиўшилик бағдарламасына ийе болмаған сиясий ҳәм мәдений экстремизм қәўпин пайда етиўи итималлығын жақсы сезер едик. Соның менен бирге, тарийхый қәдириятлар, үрп-әдет ҳәм дәстүрлер турмыс қәлпине алды-артын ойламастан, жапа-тармағай бийтәртип қайтыў басқа бир кескинлик, айтайық, бүгинги дәўир турмысын қабыл етпеў, жәмийетти жаңалаў зәрүрлигин бийкарлаў сыяқлы мақул болмаған ҳалатларға алып келиўи мүмкинлигин де умытпаўымыз зәрүр еди.
Бәршемизге мәлим, миллет ҳәм халықтың руўхы, көз-қарасы ҳәм турмыс қәлпин көрсететуғын миллий мәнаўиятқа мүнәсибет, оны заман талаплары тийкарында раўажландырыў, адамлардың көз-қарасы ҳәм ой-пикирин өзгертиў мәселеси ҳәр тәреплеме терең ҳәм пухта ойлап жумыс алып барыўды талап етеди. Сол пайытта айырым адамлар, мине биз ғәрезсизликке еристик, енди тек ата-бабаларымыздан қалған қәдириятлар негизинде жасаўымыз тийис, басқаша көз-қараслардың бизге кереги жоқ, деген тийкарсыз пикирлерди де билдирген еди. Бундай пикирлерге ҳасла қосылып болмаслығы тәбийий еди.
Бул бойынша туўры жол тутыў ушын ең дәслеп миллий қәдирияттың өзи не екенлигин анық түсинип алыў зәрүр. Әлбетте, биз тарийх сынақларынан өткен, миллий мәплеримиз, бүгинги ҳәм ертеңги арзыў-умтылысларымызға, раўажланыў талапларына толық жуўап беретуғын, жыллар өткен сайын қәдири артып баратуғын идея ҳәм түсиниклерди қәдирият деп билемиз.
Ҳәр қандай жәмийетлик ҳәдийсе сыяқлы миллий қәдириятлардың ҳәм өзине тән раўажланыў нызамлары бар. Бул ҳақыйқатты умытыў, миллий қәдириятларды бир тәреплеме, жасалма рәўиште улығлаў ҳәм идеалластырыўға урыныў, олардан сиясий мақсетлерде пайдаланыў унамсыз ақыбетлерге алып келиўи турмыста көп мәрте өз дәлийлин тапқан. Әсиресе, Өзбекстан сыяқлы көп миллетли, көп конфессиялы мәмлекетте бундай ҳәрекетлер ақыр-ақыбетинде миллетлер аралық қарама-қарсылық, миллетшилик, миллий ҳәм диний сабырсызлық сыяқлы қолайсыз жағдайларға алып келиўи мүмкин.
Биз халқымыздың ақыл-ойы, беккем ерк-ықрары, кең пейиллиги ҳәм патриотлығына таяна отырып, бул бойынша әмелге асырған бир қатар жумыслар бүгинги күни өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Download 388,41 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   28




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish