Лекция материаллары руўхыйлық философиясы предмети, мақсети ҳӘМ Ўазипалары жобасы


-36-темалар Ең уллы мәртлик-мәнаўий мәртлик



Download 388,41 Kb.
bet28/28
Sana26.02.2022
Hajmi388,41 Kb.
#472962
TuriЛекция
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   28
Bog'liq
Ruwxiyliq FILOSOFIYASI

35-36-темалар Ең уллы мәртлик-мәнаўий мәртлик
Жобасы:

  1. Мәртлик түсиниги

  2. Мәнаўий мәртлик ҳәм оның белгилери

  3. Мәнаўий мәртлик ийелериниң пазилетлери



Таяныш сɵзлер: мәртлик, мәнаўий мәртилик, тарийхый шахслар, цивилизация, үрп-әдет, миллийлик, шаңарақ тәрбиясы, әдеп-икрамлылық

Уллы цивилизация ҳәм мәденият бесиги болған, әййемги ҳәм таң қаларлық тарийхты өзинде жәмлеген Ўатанымыздағы бийбаҳа естеликлер ҳаққында сөз етер екенбиз, усы топырақта жасап атырған барлық инсанлар оларды әўеле халқымыз данышпанлығының жарқын үлгиси, сөзимиз орынлы болса, оның жоқары мәнаўиятына қойылған уллы ҳәйкеллер деп қабыл етеди.


Жер жүзиндеги бәрше өлмес естеликлер, инсаният турмысын түпкиликли өзгертип жиберген жәмийки, уллы ашылыў ҳәм ойлап табыўлар, классик көркем өнер ҳәм әдебият маржанлары, мәртлик ҳәм қаҳарманлық үлгилери адамзаттың ақыл, ой-пикири, интеллектуалы ҳәм руўҳый мәртлигиниң нәтийжеси болып табылады. Соның ушын да бул жақты әлемде ең уллы мәртлик не, деген сораўға, ҳеш екиленбестен, ең уллы мәртлик – бул мәнаўий мәртлик деп жуўап берсек, ойлайман, жаңылыспаған боламыз.
Жәҳән тарийхына нәзер таслайтуғын болсақ, қәлбинде, жүрегинде усындай мәртлик сезими оғада күшли болған инсанлар ҳәр қандай қыйын жағдайда да әдалат ҳәм ҳақыйқат жолында өзин аямай, ел-журт ушын, Ўатан ушын қандай ибратлы ислерди әмелге асырғанын көриў мүмкин. Тап әне усындай адамлардың мәнаўий пазыйлетлери арқасында ийгиликли сезим-туйғылар, муқаддес ҳәм уллы түсиниклер дүньяда елеге дейин турақлы болып келмекте. Бундай жетик инсанлардың барлық халықлар ҳәм миллетлер арасында көплеп табылыўы, мәнаўий мәртлик туйғысы, пүткил адамзатқа тән қәсийет екенлигинен дәрек береди.
Мәселен, нешше әсирлерден берли жоқары ой-пикир ҳәм ақыл-зәкаўат тымсалы болып киятырған антик дәўирге тийисли грек философы Платонның өмир жолын бир көз алдымызға келтирейик. Платон пүткил өмирин илим, мәғрипетке бағышлаған уллы данышпан Сократтың мүнәсип шәкирти екенлиги мәлим. Тарийхый дереклердиң гүўалық бериўине қарағанда Сакраттың өлиминен кейин грек философиясының тәғдири қәўип астында қалады.
Тек ғана Платонның пидайылығы ҳәм теңсиз хызметлериниң есесине бул пән жаңа басқышқа көтериледи. Оның қаншадан-қанша қыйыншылық, сарсан-сергизданлықтан соң бар мал-мүлкин сарплап, Афина қаласына жақын жерден арнаўлы жер сатып алып, алымлар топланып, тартыс-бәсекилер алып баратуғын орын – академия шөлкемлестириўи ҳақыйқый мәнаўий мәртлик үлгиси еди. Платон тийкар салған бул илимий мәскан мың жыл даўамында тек грек ғана емес ал, пүткил Шығыс, Батыс дүньясының раўажланыўына күшли тәсир етеди, инсаният ой-пикир раўажланыўының келешегин белгилеп береди. Сонлықтан да Платон Шығыс илим пәнинде Ғустоди аввалҒ яғный биринши муғаллим деген даңқлы ат пенен ҳүрметке ийе болады.
Бундай мысалларды елимиз топырағынан жетисип шыққан, Бағдадтағы ҒБайтул ҳикмаҒ ҳәм Хорезм Мамун академиясында жумыс алып барған, илим-пән тараўындағы теңсиз ашылыўлары, руўҳый мәртлиги менен тарийхта өшпес из қалдырған уллы ой-пикир ийеси болған бабаларымыз ҳаққында да көплеп келтириў мүмкин.
Соның ишинде Хорезм Мамун академиясы жумысын алатуғын болсақ, бул теберик илимий мәсканда Шығыс ҳәм Батыс үлкелеринен келген түрли миллет ҳәм динге тийисли болған алымлар мийнет еткен болса да оның негизин Абу Насыр ибн Ироқ, Абу Райхан Беруний ҳәм Ибн Сино Махмуд Хужандий, Аҳмад ибн Муҳаммад Хоразмий ҳәм Ахмад ибн Ҳамид Найсабурий сыяқлы мине усы бизиң регионымызда туўылып, кәмалға жеткен жетик данышпанлар қурағаны бәршемизге мақтаныш ҳәм мәртебе бағышлайды.
Үлкен мәнаўий мәртлик ийелери болған бундай алым инсанлар дүньяның қай жеринде жасамасын, ийгиликли ис ҳәм мәғрийпет жолында мудамы адамларға ибрат болып келген. Сондай-ақ, Орта әсирлерде астрономия саласындағы илимий ашылыўлары ушын қысым ҳәм қуўдалаўға ушыраған Николай Коперник, кейинирек оның изинен барып, жәҳил ҳәм фундаменталист руўҳанийлер тәрепинен отқа тасланған Жордано Бруно, қаншадан-қанша жала-дөҳметлерге гириптар болған Галилео Галилей сыяқлы алымлардың мәртлигинде де ҳақыйқатқа садықлық, исеним ушын гүрестиң жарқын үлгиси айқын көзге тасланғанын көремиз.
XX әсир тарийхында бундай уллы келбетлерди көплеп ушыратыў мүмкин. Мәселен, Ҳиндистан миллий азатлық гүресиниң жетекшиси болып майданға шыққан, халық арасында ҒМахатмаҒ, яғный уллы қәлб ийеси деп даңққа ерискен үлкен данышпан ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Махатма Ганди усындай шахслардың бири еди. Ол тийкар салған гандизм тәлийматында ҳинд халқының жүрегине оғада жақын болған идея ҳәм түсиниклер жәмленген. Әсиресе, өз журтын колониаллықтан азат етиў, бирден-бир Ҳиндистан бирлиги, ғәрезсиз мәмлекет қурыў мәселеси Махатма Ганди өмири ҳәм искерлигиниң мазмун-мәнисин қурайды.
Пүткил өмири бойы әпиўайы ҳәм киши пейил, лекин, ийгиликли идеялар жолында тынымсыз гүресип жасаған бул инсанның философиялық-сиясий позициясында инсаният ушын үлгили тәреплер көп. Атап айтқанда, оның түрли машқала ҳәм қарама-қарсылықларды күш ислетпестен, тыныш жол менен шешиўге байланыслы пикирлери дүнья мәмлекетлери ортасындағы мүнәсибетлерде, социаллық бирге ислесиў мәселесинде бүгин де өзиниң әҳмийети ҳәм актуаллығын жойтпастан келмекте.
Соны айрықша атап өтиў тийис, халқымыз тарийхтың ҳәр қандай даўыл ҳәм сүренлерине қарамастан миллий өзлиги ҳәм әзелий қәдириятларын сақлап қалыў, бүгинги бахытлы заманларға зыянсыз жетип келиўинде, оның қан-қаны, сүйек-сүйегинде болған мәнаўий мәртлик туйғысы, ҳеш шубҳасыз, шешиўши тәсир өткерип келмекте.
Себеби, өзбек халқы дүнья майданында күни кеше тосаттан пайда болып қалған жоқ. Биз-бай тарийх, жоқары мәденият, уллы мәнаўият мийрасхорларымыз. Әййемги тарийхымызды ҳәр тәреплеме үйренип, сондай жуўмаққа келиў мүмкин, ең қәўипли ҳәм дағдарыслы дәўирлерде миллетимизге үмит ҳәм исеним берген, оны жаўларға қарсы гүреске шақырған, әждадларымызды илимий ашылыўлар, әскерий жеңислерге, мәғрипет шырағын бәлент көтерип жәҳалатқа қарсы шығыўға шақырған теңсиз күш те усы мәнаўий мәртлик сезими болып табылады.
Усы көз-қарастан қарағанда, Үргеништи басқыншылардан қорғаўда байрақ тутып жан берген Нажмиддин Кубраның қаҳарманлығында, дүньяны топан суўдай басқан Шыңғысхан ләшкерине қарсы он бир жыл муддасыл мәрдана гүрес алып барған Жалалиддин Мангубердиниң жаўынгер руўҳында, журтымызды агрессорлардан азат етип, уллы мәмлекет тиклеген Әмир Темур бабамыздың дөретиўшилик уқыбында да мәнаўий мәртлик туйғысы уллы ҳәм бирлемши әҳмийетке ийе болғаны сөзсиз, әлбетте.
Өткен әсир басларында, тарийхымыздың аўыр ҳәм қыйын дәўиринде майданға шыққан жадид бабаларымыздың пидайылығының негизинде де усындай мәртлик үлгиси топланған еди, десек, ҳешқандай асыра айтқан болмайды.
Мениң нәзеримде, ең әўеле, Жаратқанымыздың өзи ҳәр бир тири жанға мәртлик көрсетиў имканиятын береди ҳәм саналы ой-пикир ийеси болған инсанлар буннан ибрат алып жасайды. Мысал ушын, ерте бәҳәрде тәбияттың қандай ояныўына итибар бериң – тас қатып уйықлап жатқан дарақ шақаларына бир түнде жан кирип, бүртик шығара баслайды, жерге таслаған туқым топырақты жарып шығады. Ҳәтте бир қарағанда, өмирдиң белгиси жоқтай сезилетуғын таў-тасларда да жасыл майсалар көгереди, қырмызы лалалар әлўан гилемдей ашыла баслайды. Булардың бәршеси тәбият қушағындағы көзге көринбейтуғын теңсиз қүдирет – энергияның әжеп бир тәризде көриниўи менен байланыслы.
Жер - көктеги бундай уллы өзгерислерди сезиў, сезиниў ҳәм олардан сабақ шығарыў, өрнек алыў ушын адамзат өзиниң дөгерек-әтирапына ояў көз, қәлб көзи менен қараўы лазым, деп ойлайман. Сонда ғана, өмирдиң мазмуны тынымсыз гүрес, қыйыншылықларды жеңип өтиў, бир сөз бенен айтқанда, мудамы мәртлик, күш-ғайрат пенен жасаўдан ибарат екенлиги мәлим болады.
Ҳақыйқаттан да, тәбият ҳәм тарийх нызамларын, оның раўажланыў процесслерин терең түсинетуғын адам ғана өз өмирин руўҳый мәртлик тийкарына қурыўға уқыплы болады. Усы мәнисте, жеке өзим мийнеткеш ҳәм дөретиўши халқымыздың өмирин, әсиресе, қыстың қақаман суўығы ҳәм жаздың жәзийрама ыссысында да, бәҳәр ҳәм гүздиң жаўын-шашынлы күнлеринде де жерден ырысқы өндириў мақсетинде күнди-күнге, түнди-түнге уластырып мийнет ететуғын дийқанларымыздың өмирин шын мәнисинде мәртлик үлгиси деп билемен.


1 Каримов И.А. «Ўзбекистон XXI әсир бўсағасида: ҳавфсизликка таҳдид, барқарорлик шартлари ва тараққиёт кафолатлари». – Т.: «Өзбекистон», 1997, 159-160-бетлер.

2 Инсанниң тийкарғы ҳуқықлары жоқары қәдирият екени мәселесинде қараң: Раҳманов А.Н. Инсанның тийкарғы ҳуқықлары – жоқары қәдирият сыпатында. Өзбекистан Илимлер академиясы И.Мўминов атындағы Философия ҳәм ҳуқық институтында шөлкемлестирилген «Инсан мәплериниң қорғалыўы – пуқаралық жәмийети қәлиплесиўиниң әҳмийетли дереги» темасындағы республика илимий-әмелий конференциясы материаллари. – Т.: Фалсафа ва ҳуқуқ институти, 2007. – 93-95-бетлер.

3 Ўзбекистон Республикасининг Конституциясига шарҳ. А.А.Азизхўжаев, Ф.Абдумажидов, М.А.Ахмадшаева ҳәм басқа; жуўапкер редактор: А.А.Азизхўжаев; Ўзбекистон Республикаси Адлия вазирлиги, Тошкент Давлат институти. – Т.: «Ўзбекистон», 2008, 22-бет.

4 Каримов И.А. «Ўзбекистон XXI әсир бўсағасида: ҳавфсизликка таҳдид, барқарорлик шартлари ва тараққиёт кафолатлари». – Т.: «Ўзбекистон», 1997. 173-бет.

5 Қырғызбаев М. Фуқаралик жамияти: сиёсий партиялар, маданиятлар. –Т.: «Шарқ», 1998. 12-13-бетлер.

Download 388,41 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   28




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish