Лекция материаллары руўхыйлық философиясы предмети, мақсети ҳӘМ Ўазипалары жобасы


-31-темалар МИЛЛИ ƟЗЛИКТИ АҢЛАЎ, МИЛЛЕТЛЕР АРАЛЫҚ ТАТЫЎЛЫҚТЫ ТӘМИНЛЕЎ, ҲУҚУҚЫЙ САЎАТҚАНЛЫҚ, МӘМЛЕКЕТЛИК



Download 388,41 Kb.
bet23/28
Sana26.02.2022
Hajmi388,41 Kb.
#472962
TuriЛекция
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   28
Bog'liq
Ruwxiyliq FILOSOFIYASI

30-31-темалар МИЛЛИ ƟЗЛИКТИ АҢЛАЎ, МИЛЛЕТЛЕР АРАЛЫҚ ТАТЫЎЛЫҚТЫ ТӘМИНЛЕЎ, ҲУҚУҚЫЙ САЎАТҚАНЛЫҚ, МӘМЛЕКЕТЛИК
ДҮЗИМГЕ ҲҮРМЕТ, ПУҚАРАЛЫҚ МИННЕТЛЕРГЕ
САДЫҚЛЫҚ-ШАХС МӘНАЎИЙ
ЖЕТИКЛИГИНИҢ
ƟЛШЕМЛЕРИ
Жоба:

  1. Миллий ɵзликти аңлаўдың тарийхый басқышы

  2. Ɵзлик мәселеси ҳәм философия

  3. ғәрезсизлик жылларында миллий ɵзликти аңлаў мәселеси

Таяныш сɵзлер: ɵзликти акти аңлаў, милий ғәрезсизлик идеясы, садықлық, ҳуқуқый саўатқанлық, пухаралық миннетлер

Кейинги пайытта көркем өнерде жәриялылықты бәне етип телевизор, кино экранларында, баспасөз қуралларында болмайтуғын көринислерди сәўлелендириў, биймәнилик ҳәм уят нәрселерди, гейде болса, ҳәтте, әдепсиз бузықлықты үгит-нәсиятлаў көбейип кетти.


Бәршемиз – қай жерде, қандай лаўазымда ислемейик, жәмийетимиздиң инсаныйлық ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларын аяқ асты ететуғын усындай агрессив көринислерге қатаң рәўиште қарсы турыўымыз лазым. Бундай мүнәсибет жәмийетшилигимиз, халқымызға да мақул болады деп исенеменҒ.
Арадан жыллар өтип миллетимиз, халқымыздың келешеги, оның руўхый турмысын байытыў мақсети менен суўғарылған бундай сөзлер еле ғәрезсизлигимизден бир жыл төрт ай алдын, әйне ана тилимизде айтылғанын есапқа алатуғын болсақ, бүгин өмирге кирип киятырған жасларымыз ушын, көп нәрсе аян болады деп ойлайман.
Соның менен қатар журтымызда миллий тиклениў процесси дерлик бир ярым әсир даўам еткен жәмийетлик-сиясий ғәрезлиликтен кейин дәслепки пайытларда пүткиллей тәбийий рәўиште өзине тән Ғбийкарды бийкарлаўҒ нызамлылығы негизинде кешкенлигин айтыў лазым. Лекин, биз бурынғы дүзимниң идеологиялық көз-қарасларын улыўма бийкар етиўдиң өзи ҳешқандай дөретиўшилик бағдарламасына ийе болмаған сиясий ҳәм мәдений экстремизм қәўпин пайда етиўи итималлығын жақсы сезер едик. Соның менен бирге, тарийхый қәдириятлар, үрп-әдет ҳәм дәстүрлер турмыс қәлпине алды-артын ойламастан, жапа-тармағай бийтәртип қайтыў басқа бир кескинлик, айтайық, бүгинги дәўир турмысын қабыл етпеў, жәмийетти жаңалаў зәрүрлигин бийкарлаў сыяқлы мақул болмаған ҳалатларға алып келиўи мүмкинлигин де умытпаўымыз зәрүр еди.
Бәршемизге мәлим, миллет ҳәм халықтың руўхы, көз-қарасы ҳәм турмыс қәлпин көрсететуғын миллий мәнаўиятқа мүнәсибет, оны заман талаплары тийкарында раўажландырыў, адамлардың көз-қарасы ҳәм ой-пикирин өзгертиў мәселеси ҳәр тәреплеме терең ҳәм пухта ойлап жумыс алып барыўды талап етеди. Сол пайытта айырым адамлар, мине биз ғәрезсизликке еристик, енди тек ата-бабаларымыздан қалған қәдириятлар негизинде жасаўымыз тийис, басқаша көз-қараслардың бизге кереги жоқ, деген тийкарсыз пикирлерди де билдирген еди. Бундай пикирлерге ҳасла қосылып болмаслығы тәбийий еди.
Бул бойынша туўры жол тутыў ушын ең дәслеп миллий қәдирияттың өзи не екенлигин анық түсинип алыў зәрүр. Әлбетте, биз тарийх сынақларынан өткен, миллий мәплеримиз, бүгинги ҳәм ертеңги арзыў-умтылысларымызға, раўажланыў талапларына толық жуўап беретуғын, жыллар өткен сайын қәдири артып баратуғын идея ҳәм түсиниклерди қәдирият деп билемиз.
Ҳәр қандай жәмийетлик ҳәдийсе сыяқлы миллий қәдириятлардың ҳәм өзине тән раўажланыў нызамлары бар. Бул ҳақыйқатты умытыў, миллий қәдириятларды бир тәреплеме, жасалма рәўиште улығлаў ҳәм идеалластырыўға урыныў, олардан сиясий мақсетлерде пайдаланыў унамсыз ақыбетлерге алып келиўи турмыста көп мәрте өз дәлийлин тапқан. Әсиресе, Өзбекстан сыяқлы көп миллетли, көп конфессиялы мәмлекетте бундай ҳәрекетлер ақыр-ақыбетинде миллетлер аралық қарама-қарсылық, миллетшилик, миллий ҳәм диний сабырсызлық сыяқлы қолайсыз жағдайларға алып келиўи мүмкин.
Биз халқымыздың ақыл-ойы, беккем ерк-ықрары, кең пейиллиги ҳәм патриотлығына таяна отырып, бул бойынша әмелге асырған бир қатар жумыслар бүгинги күни өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Download 388,41 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   28




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish