Лекция материаллары руўхыйлық философиясы предмети, мақсети ҳӘМ Ўазипалары жобасы


Өзликти аңлаў, миллий сана ҳәм ой-пикирдиң көриниси, әўладлар ортасындағы руўхый-руўҳый байланыс тил арқалы көринетуғынлығы мәлим



Download 388,41 Kb.
bet24/28
Sana26.02.2022
Hajmi388,41 Kb.
#472962
TuriЛекция
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   28
Bog'liq
Ruwxiyliq FILOSOFIYASI

Өзликти аңлаў, миллий сана ҳәм ой-пикирдиң көриниси, әўладлар ортасындағы руўхый-руўҳый байланыс тил арқалы көринетуғынлығы мәлим. Барлық ийгиликли пазыйлетлер инсан қәлбине, ең әўеле ана ҳәййиўи, ана тилиниң тәкирарланбас гөззаллығы менен сиңеди. Ана тили – бул миллеттиң руўхы.
Уллы ағартыўшы бабамыз Абдулла Авлонийдиң сөзлери менен айтқанда, ҒҲәр бир миллеттиң дүньяда барлығын көрсететуғын турмыс айнасы тил ҳәм әдебиятыдур. Миллий тилди жоғалтыў миллеттиң руўхын жоғалтыўдур.Ғ Бул туўралы сөз еткенде, ғәрезсизлик арапасында өзбек тилине мәмлекетлик тил статусын бериў мәселесинде қандай қызғын, базыда кескин ҳәм мурасасыз диспут ҳәм тартысыўлар болып өткени бийықтияр ядымызға түседи. Сол пайытта айырым сиясий топарлар Өзбекстан шараятына улыўма туўры келмейтуғын, бир-бирине пүткиллей қайшы ҳәм қарама-қарсы пикирлерди алға қойып, соның есабынан өзине абырай арттырыў, адамларды изинен ертиўге урынған еди. Неге дегенде тил менен байланыслы машқалалар арқалы миллий сезимлерди көзгир етип, олардан ғәрезли мақсетлерде пайдаланыў мүмкин.
Мине усындай оғада тәўекелшиликке толы ҳәм қыйын жағдайда егер азғана сезимлерге берилип, сергекликти жоғалтқанда, арзымаған ушқыннан от шығып кетиўи ҳеш гәп емес еди. Орайда ҳәм өзимизде қолай бәне күтип, пайыт аңлып турған империяпараз күшлерге әйне усы нәрсе керек еди. Бирақ биз олар күткен жолдан бармадық. Аўыр салмақлылық пенен ис тутып, ҳәр тәреплеме ойлап, ой-пикир жүргизип, барлық сиясий ҳәм социаллық топарлардың талапларын қанаатландыратуғын, ең әҳмийетлиси, халқымыз ҳәм Ўатанымыз мәплерине жуўап беретуғын бирден-бир туўры жолды табыўға еристик.
Ең дәслеп республика Жоқарғы Кеңеси жанында мәмлекетлик тил бойынша көрнекли алымлар, дөретиўши зиялылар, журналистлер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллеринен ибарат арнаўлы комиссия шөлкемлестирилди. Комиссия ағзалары халықтың түрли социаллық қатламлары, сиясий топарлар, бәрше миллет ҳәм халық ўәкиллери тәрепинен билдирилген пикир-усынысларды ҳәр тәреплеме үйренип, республика басшылығы ҳәм кең жәмийетшиликке мудамы мәлимлеме берип баратуғын еди. Усындай исшеңлик руўҳында Жоқарғы Кеңес сессиясына усынылатуғын жойбардың ҳәр бир статьясы бойынша ҳәр тәреплеме пикир алмасыўлар бәсеки ҳәм тартысыўлар болып өтти.
Q989-жылдың 19-октябрь күни бул оғада әҳмийетли мәселе Жоқарғы Кеңес сессиясы додалаўына қойылды ҳәм дерлик бир ярым әсирлик ғәрезсизликтен соң мәмлекетимизде өзбек тили мәмлекетлик тил деп жәрияланды. Халқымыздың муқаддес қәдириятларынан бири болған ана тилимиз өзиниң нызамлы статусы ҳәм қорғаўына ийе болды. Бул Ўатанымыз тарийхында шын мәнистеги уллы ўақыя еди.
Қабыл етилген нызамда мәмлекетлик тил менен бирге елимиздеги барлық миллет ҳәм халықлардың тиллерин раўажландырыў, мәмлекетлик жол менен қорғаў, тили, дини ҳәм миллетине қарамастан ҳәр бир пуқараның өз ана тилинде билим алыў, мәлимлеме, керекли мағлыўмат алыў сыяқлы ҳуқықларына кепиллик бериў мәселелери анық белгилеп қойылған еди. Бул нызам сол ўақытта басқа республикаларда қабыл етилген тилге тийисли ҳүжжетлерден өзиниң демократиялық мазмуны менен ажыралып турыўын айрықша атап өтиў лазым. Соның ишинде, усы нызам мәмлекетлик мәкемелерде ислеў, тәлим алыў, ҳәмел лаўазымлары бойынша көтерилиў, пуқаралық сыяқлы мәселелерде адамлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин кемситетуғын түрли шәртлер ҳәм ҒцензҒлерден аўлақ екенлиги менен жәҳән шериклиги тәрепинен атап өтилген талап ҳәм қағыйдаларға толық жуўап берер еди. Соның ушын да ол көп миллетли халқымыз тәрепинен унамлы күтип алынғаны бийкарға емес.
1992-жыл 7-декабрьде қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Конституциясында мәмлекетлик тилдиң статусы ҳуқықый жақтан анық белгиленип, беккемлеп қойылды. Солай етип, өзбек тили ғәрезсиз мәмлекетимиздиң байрағы, герби, гимни, Конституциясы қатарында туратуғын нызам жолы менен қорғалатуғын муқаддес символларының бирине айланды.
Өткен дәўир ишинде мәмлекетлик тилдиң турмысымыздағы орнын ҳәм тәсирин күшейтиў, оны шын мәнистеги миллий қәдириятқа айландырыў жолында алдын көз алдымызға келтире алмайтуғын үлкен жумыслар әмелге асырылды.
Ғәрезсизлик жылларында өзбек тилиниң қолланыў шеңбери ис жүзинде оғада кеңейгени, оны илимий тийкарда раўажландырыўға қаратылған изертлеўлер, тилимиздиң өзине тән өзгешеликлерине бағышланған илимий ҳәм көпшиликбап китаплар, оқыў қолланбалары, жаңа-жаңа сөзликлер көплеп баспадан шығып атырғаны жәмийет ой-пикирин жоқарылатыўға өз үлесин қоспақта.
Әсиресе, мәмлекетлик тилдиң халықаралық көлемде де белсене ислесиў қуралына айланып баратырғаны итибарға ылайық. Атап айтқанда, сырт ел мәмлекетлериниң басшылары менен болатуғын ушырасыў ҳәм сәўбетлер, сөйлесиў жүргизиўлер, тийисли ҳүжжетлерге қол қойыў мәресимлеринде, абырайлы саммитлерде, рәсмий баспасөз әнжуманларында өзбек тилиниң орны ҳәм әҳмийети артып баратырғанлығы ҳәммемизге мақтаныш – мәртебе бағышлайды.
Бул бойынша өзбек тилиниң компьютер ҳәм Интернет, анық пәнлер, медицина, экономика сыяқлы арнаўлы атама ҳәм түсиниклерди талап ететуғын тараўларда да кең қоллана баслағаны оның имканиятлары қаншама үлкен екенин көрсетеди.
Ал, буннан жигирма жыл алдын әпиўайы ғана арза яки мағлыўматнаманы да өзбек тилинде жазыўдың мүмкиншилиги жоқ еди. Бүгин бул ҳаққында айтсаңыз, көпшилик жаслардың исениўи қыйын. Өйткени, ҳәзирги дәўирде жоқары ҳәкимият уйымларынан баслап жергиликли басқарыў мәкемелерине дейин ис жүргизиў ана тилимизде әмелге асырылмақта.
Биз бабалардан әўладларға өтип киятырған бийбаҳа байлықтың мийрасхорлары сыпатында ана тилимизди қәстерлеп сақлаўымыз, оны байытыў, абырайын және де арттырыў үстинде мудамы ислеўимиз зәрүр. Әсиресе, фундаментал илимлер, заманагөй коммуникация ҳәм мәлимлеме технологиялары, банк-қаржы системасы сыяқлы оғада әҳмийетли тараўларда ана тилимиздиң қолланыў шеңберин кеңейтиў, этимологиялық ҳәм салыстырма сөзликлерди басып шығарыў, зәрүр атама ҳәм сөзлер, түсиник ҳәм категорияларды ислеп шығыў, бир сөз бенен айтқанда, өзбек тилин илимий тийкарда ҳәр тәреплеме раўажландырыў миллий өзликти, Ўатан сезимин аңлаў сыяқлы ийгиликли мақсетлерге хызмет етиўи сөзсиз.
Өзбек тили әсирлер даўамында араб жазыўы тийкарында раўажланып келгени мәлим. Соның менен қатар уллы бабаларымыз, тилимиздиң өзине тән грамматикалық өзгешеликлерин есапқа ала отырып, оның үлкен имканиятларына мас жазыў системасын жаратыў ҳаққында мудамы бас қатырып келгени де тарийхый негизлерден жақсы аян, деп ойлайман.
Атап айтқанда, 1929-жылда мәғрипетпәрўар зиялыларымыздың ҳәрекет-умтылыслары менен латын жазыўы тийкарындағы өзбек әлипбеси ислеп шығылды ҳәм енгизилди. Бул әлипбе он жыл даўамында ҳәрекетте болып, латын жазыўында халқымыздың руўҳый мүлкине айланып қалған көплеп китап ҳәм сабақлықлар, газета-журналлар ҳәм басқа баспа өнимлери, тарийхый ҳүжжетлер басып шығарылды.
Өкинишлиси, ҳүкимдар идеологияның бурынғы СССР аймағындағы барлық халықлар мәдениятын Ғбирден-бир совет мәдениятыҒ деген жасалма идея астында бирлестириўге қаратылған сиясатының арқасында бул унамлы тәжирийбе ақырына жетпестен қалып кетти.
Ғәрезсизликке ерискенимизден соң халқымыз руўҳый турмысындағы көплеп машқалалар қатары тил ҳәм әлипбе мәселеси де биз ушын күн тәртибиндеги актуал ўазыйпаға айланғаны тәбийий. Әсиресе, ана тилимиздиң халықаралық майдандағы абырай-итибары, статусын жоқарылатыў, мәмлекетимиздиң жәҳән коммуникация системасына интеграцияласыўын тәмийинлеў, перзентлеримиз ушын сырт тиллер, мәлимлеме технологияларын ҳәр тәреплеме пухта ийелеў бойынша қолай имканиялар жаратыў сыяқлы бири-биринен әҳмийетли ўазыйпалар бул мәселени кешиктирместен шешиўди талап етер еди.
Лекин, соны да айтыў керек, бул мәселе қаншама өткир болмасын, биз оны шешиўде артықша сезимлерге берилместен, илимий тийкарда, ҳәр тәреплеме ойлап, кең жәмийетшиликтиң тилек-усынысларын инабатқа алып, ис туттық. Усы мақсетте 1993-жыл 2-сентябрьде елимизде ҒЛатын жазыўына тийкарланған өзбек әлипбесин енгизиў ҳаққындаҒғы нызам қабыл етилди.
Өткен дәўир ишинде усы нызамның орынланыўын тәмийинлеў бойынша жүдә үлкен ислер әмелге асырылғанлығын атап өтиў лазым. Ең дәслеп, өзбек тилиниң латын жазыўы тийкарындағы имла қағыйдалар ислеп шығылды ҳәм турмысқа енгизилди. Бүгинги күни мәмлекетимизде тәлимниң барлық басқышларында усы әлипбе тийкарында билим берилмекте. Латын жазыўында басылып атырған китап ҳәм сабақлықлар, оқыў қолланбалары, газета-журналлар, реклама ҳәм дағазалар, мәмлекетлик ҳүжжетлер ҳәзирги ўақытта бул имла мәдений турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланып баратырғанлығын көрсетеди.

Download 388,41 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   28




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish