26-тема КОЛОНИЯЛЫҚ ҲӘМ БАҒЫНЫШЛЫЛЫҚ ШАРАЯТЫНДА ƟЗБЕК ҲАЛҚЫНЫҢ МӘНАЎИЯТЫНА ҚӘЎИП
Жобасы:
Патша Россиясының Орта азияны басып алыўы ҳәм оның ақыбетлери
Миллий мәнаўиятымызға туўдырылған қәўиплер
Колониялық дәўирдеги адамлардың мәнаўий кɵз қарасларының ɵзгериўи
Таяныш сɵзлер: колониялық сиясат, басып абыў режелери, азатлық ҳәрекетлери, муқаддес динимиз, үрп-әдетлер
Бурынғы колониал дүзим тап усындай жаўыз мақсетлерди гөзлейтуғын еди. Соның ушын коммунистлик идеялогия ҳәўиж алған дәўирлерде, атап айтқанда, өткен әсирдиң 80-жылларында ақырларында халқымыздың басына қандай азап-ақыретлер жаўдырылғанын, әлбетте, ҳеш қашан умытып болмайды.
Сол қаралы жылларда көпшилик ҳәтте жыназа мәресимлерине барыў, жақынынан айрылған адамларға кеўил айтыўға да тартынып қалған еди. Ол жағын сорасаңыз, базы бир жуўапкерли лаўазымда ислейтуғын адамлар идеология қысымынан қорқып, ата-анасы қаза болғанда жерлеў мәресимлеринде қатнаспаўға да мәжбүр болған еди.
Лекин ҳәр қандай аяўсыз қуўдалаўларға қарамастан халқымыз бәрибир өзиниң муқаддес динине садық қалды. Соның өзи-ақ динди инсан, халық ҳәм жәмийет турмысынан ҳасла өширип болмайтуғынлығынан және бир рет дәрек береди.
Биз муқаддес динимиздиң халқымыз тарийхындағы әне усындай теңи-тайы жоқ орнын ҳәм тәсирин инабатқа ала отырып, оны ҳәр тәреплеме тиклеп, турмысымыздан беккем ҳәм ылайықлы орын алыўына еристик.
Соның менен қатар, бүгинги қыйын ҳәм жеделли заманда жәҳәнде өз орнын табыўға умтылатуғын ҳәр қандай халық ҳәм миллет улыўма инсаныйлық прогресс жетискенликлерин ҳәр тәреплеме терең ҳәм пухта ийелеўи шәрт екенлигин ҳәммемиз жақсы түсинемиз. Уллы ағартыўшы бабамыз Махмудхожа Беҳбудий өткен әсирдиң басында-ақФ ҒДүньяда жасаў ушын дүньялық пән ҳәм илим лазымдур, замана илими ҳәм пәнинен бийнесип миллет басқаларға аяқ асты боладыҒ, деген ҳақыйқатшыл пикирлер менен Түркистан халқының сана-сезимин оятыўға шақырғаны бийкарға емес, әлбетте. Бул сөзлердиң қаншама ҳақыйқат екенлигин бүгинги жоқары ой-пикир ҳәм технологиялар заманы да дәлийллемекте.
Шынында да, егер ҳәзирги ўақытта дүньялық илим пән ҳәм технологияларды терең өзлестирмесек, тек тарийхымыз, алыс ата-бабаларымыздың ашқан жаңалықлары менен мақтанып, оларға ҳәўес етип шекленип қалсақ, усы кемнен-кем мийрасты қәстерлеп сақлап, және де байытып, оған өз үлесимизди қоспасақ, заман менен теңдей қәдем тасламасақ, бизиң жәҳән майданында мүнәсип орын ийелеўимиз қыйын болады.
Соның ушын да бул мәселеге қатнас жасағанда ҳәдисте айтылған ҒБул дүньяны деп, о дүньяны, ақыретти деп, бул дүньяны умытпаңҒ деген мазмундағы сөзлерди ҳеш қашан есимизден шығармаўымыз зәрүр деп ойлайман.
Бизиң руўҳый турмысымыз әне усы еки тийкар, еки таяныш ноқаттың үстинде беккем турыўы лазым. Егерде әне усы тийкарлардан биреўи босасатуғын болса, және өзгелерге қул ҳәм ғәрезли болыўымыз ҳеш гәп емес. Бүгинги дүньяның пәс бәлентин түсинетуғын ҳәрқандай ақылы тынық адам буны жақсы аңлайды, әлбетте.
Перзентлеримизге усы шынлықларды, яғный дүньялық ҳәм диний қәдириятлар ортасындағы нәзик мүнәсибетлердиң мағанасын ҳәр тәреплеме туўры түсиндирип бериўимиз лазым. Тарийх ҳәм турмыс тәжирийбеси соннан дәрек береди, дүньялық ҳәм диний қәдириятлар бирин-бири толтырмаса, бүгинги күнниң аўыр ҳәм қыйын сораўларына толық жуўап табыў аңсат болмайды.
Усы мәнисте биз муқаддес динимиз исенимлери ҳәм қәдириятларын мудамы улығлап, соның менен бирге дүньялық турмысқа да қатаң исеним менен умтылып жасағанда ғана өзимиздиң ийгиликли мақсетлеримизге жете аламыз.
Соны айтыўымыз тийис, халқымыз мәнаўиятын жоқарылатыўда миллий үрп-әдетлеримиз ҳәм олардың негизинде жәмленген меҳир-мириўбет, инсанды улығлаў, тыныш ҳәм парахат турмыс, дослық ҳәм татыўлықты қәдирлеў, түрли машқалаларды бирлесип шешиў сыяқлы ибратлы қәдириятлар мудамы үлкен әҳмийетке ийе болады. Бул бойынша руўҳый турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланып кеткен ҳашар-көмек бериў әдети ғәрезсизлик дәўиринде жаңаша мазмун мәниге ийе болып, улыўма миллий дәстүр түрин алғаны бәршемизди қанаатландырады.
Ҳәр жылы Наўрыз ҳәм Ғәрезсизлик байрамлары алдында өткерилетуғын улыўмахалықлық ҳашарлар буның дәлийли. Усы ҳашарлар пайытында мәҳәлле ҳәм гүзарлар, жоллар ҳәм майданлар, бағларды тәртипке келтириў, нәл-тереклер отырғызыў, кем тәмийинленген мүтәж шаңарақлар, жалғыз ҳәм бағыўшысыз қалған кекселерге әмелий жәрдем көрсетиў, ҳеш шубҳасыз, жәмийет ой-пикириниң жаңаланыўына күшли тәсир етпекте.
Ҳәрқандай халық миллий қәдириятларын өзиниң мурат-мақсетлери, соның менен бирге улыўма инсаният прогрессиниң жетискенликлери тийкарында раўажландырыў, руўҳый дүньясын жоқарылатып барыўға умтылар екен, бул бойынша тарийхый естелик мәселеси айрықша әҳмийетке ийе болады. Яғный тарийхый естелик туйғысы толық рәўиште тикленген халық басып өткен жол өзиниң барлық табыс ҳәм жеңислери, жоғалтыў ҳәм қурбанлары, қуўаныш ҳәм қыйыншылық-азаплары менен қалыс ҳәм ҳаққаный үйренилген жағдайда да ғана ҳақыйқый тарийх болады.
Биз бул мәселеге усындай илимий тийкарда қатнас жасап, әййемги тарийхымызды үйрениў ҳәм баҳа бериўде оның бирден-бир дәўири яки фронтын итибардан шетте қалдырмаўға ҳәрекет еттик. Соның ишинде, колониаллық ҳәм совет дәўириндеги массалық репрессиялар пайытында зулым ҳәм зорлық қурбаны болған, ғәрезсизлик жолында жанын пида еткен аталарымыздың ҳүрмети ҳәм естелигин орнына қойыў, олардың ел-журт азатлығы жолындағы ислери, қалдырған мийрасын излеў ҳәм үйрениўди әйне усындай мәнаўий негизде жолға қойғанлығымызды атап өтиў зәрүр.
Q937-1953-жылларда бурынғы СССР аймағында қорқынышлы ғалаба сиясий қатағанлар әмелге асырылғанлығы мәлим. Оның унамсыз ақыбетлерин көз алдымызға келтириў ушын бир ғана Өзбекстан бойынша дерлик 100 мың адам репрессияға ушырап, соның 13 мыңы атып тасланғанын еслеў жетерли. Инсаный қәдир-ҳүрмети женшилген, өмири қыйылған бул адамлар арасында тек ғайраткер ҳәм зиялылар ғана емес, ал жүзлеп әпиўайы инсанлар, елимизде жасап атырған барлық миллет ҳәм халықлардың ўәкиллери бар еди. Сол дәўирде қаншама адамлардың өз шаңарағынан жуда болғаны, ҳаяллар жесирликке, гөдеклер жетимликке дуўшакер етилгени, мыңлап атайы дийқанлардың кулак сыпатында алыс үлкелерге сүргин етилгенин инабатқа алсақ, халқымыздың басына түскен бул трагедияның қорқынышы және де айқын көзге тасланады.
Ел-журтымыздың тәғдийрине қатнаслы болған тарийхый әдалатты тиклеў, халқымыз ҳәм миллетимиздиң жақын өтмишиндеги жабық бетлерди толық ашып бериў, усы тарийхтан сабақ шығарып, бүгинги ҳәм келешек турмысымызға саналы көз-қарасты қәлиплестириў, айыпсыз қурбан болған инсанлар естелигин мәңгилестириў биз ушын ҳәм қарыз ҳәм парыз еди.
Әне усы инсаныйлық миннетимизди иске асырыў мақсетинде 2000-жылы пайтахтымыздың Юнусабад районында репрессия жылларында халқымыздың мыңлап ҳақыйқый перзентлери өлтирилип, нам-нышансыз көмип тасланған, нешше жыллар даўамында қараўсыз қалып кеткен Бозсуў каналы жағысындағы Албаслыкөпир деп ат алған тикжар орнында Шейитлер естелиги қыябаны ҳәм кейинирек усы атта музей ҳәм фонд шөлкемлестирилди. W001-жылдан баслап 31-август елимизде Қатаған қурбанларын яд етиў күни сыпатында белгиленетуғын болды. Ҳәр жылы 31-август таңында бул жерде халқымыздың әййемги үрп-әдетлерине бола ас тартып, қуран тилаўат етиў, мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллериниң бул жерге келип, марҳумларды яд етиўи, олардың руўҳына ҳүрмет көрсетиўи үлгили дәстүрге айланды.
Бул ислер халқымыздың, өнип-өсип киятырған перзентлеримиздиң сана-сезиминде тарийхый әдалатқа исеним ҳәм инсаныйлық пазыйлетлерин беккемлеў, олардың руўҳый дүньясын кеңейтиўде үлкен тәрбиялық әҳмийетке ийе екенлиги менен әсиресе дыққатқа ылайық.
Бурынғы СССР дәўиринде 9-май ҳәр жылы Жеңис күни сыпатында байрамланып, Орайда ҳәм республикаларда дәбдебели әскерий парадлар өткерилетуғынлығы мәлим. Биз усы сәнениң ҳақыйқый инсаный мәнис-мазмуны ҳәм де жәмийетшилиги-миздиң бул бойынша усыныс ҳәм пикирлерин инабатқа ала отырып, 9-май күнин мәмлекетимизде Еслеў ҳәм қәдирлеў күни сыпатында нышанлаўға қарар еттик. Бул ўақыя ҳеш шубҳасыз, елимизде тарийхый естеликти толық тиклеў жолында турмыстың өзи талап еткен және бир нық қәдем болғанлығын айтыўымыз лазым. Усы мүнәсибет пенен пайтахтымызда, ўәлаят ҳәм районларда совет идеологиясын өзинде сәўлелендирген ески естеликлер орнына халқымыздың руўҳы ҳәм көз-қарасларына үнлес болған Еслеў майданлары шөлкемлестирилип, Матам тутқан ана ҳәйкели орнатылды.
Усы майданларда бой тиклеген естелик комплекслеринде екинши жәҳән урысында қаза тапқан жерлеслеримиздиң исимлери арнаўлы исленген көринислерге алтын ҳәриплер менен жазып қойылғаны, олар ҳаққындағы мағлыўматлар жәмленген 35 томнан ибарат, ҒЕстеликҒ китабы басып шығарылғаны мәмлекетимиз тарийхындағы ибратлы руўҳый ўақыя болғанын айтыўымыз мүмкин.
Do'stlaringiz bilan baham: |