20-21-темалар ОРАЙЛЫҚ АЗИЯ ФИЛОСОФИЯЛЫҚ ОЙЛАРЫНДА МӘНАЎИЯТ ҲӘМ МӘРИПЕТ МӘСЕЛЕЛЕРИ
Жобасы:
Әййемги халық аўызеки дɵретпелеринде мәнаўият мәселеси
Ферғаный, Хорезмий, Фарабий мийнетлеринде мәнаўият мәселеси
Беруний, ибн Сина, Хас Хажиб, Югнакий мийнетлеринде мәнаўият мәселелери
Таяныш сɵзлер: аўызеки дɵретпелер, алымлар мийнетлери, диний фундаментал түсиниклер, АЙСЕСКО, ислам дини
Миллий мәнаўиятымыз әзелден қандай фактор ҳәм өлшемлер негизинде қәлиплесип киятырғаны халқымыз ушын ең әзиз ҳәм ең миллий байрам – Шығысқа тән жаңа жыл болған Наўрыз әййямы мысалында, әсиресе айқын көзге түседи.
Бәршемиз мудамы сағынып күтетуғын ҳәм үлкен қуўаныш, шадыяна менен өткеретуғын Наўрыз байрамы биз ушын өмирдиң мәңгилигин, тәбияттың артықмаш қүдирети ҳәм шексиз сақаўатының, көп мың жыллық миллий келбетимиз, жақсы нийетли үрп-әдетлеримиздиң тәкирарланбас көриниси болып келмекте.
Жуўмақлап айтқанда, жаңаланыў ҳәм ийгиликли ислердиң тымсалы болған Наўрыз философиясы халқымызға тән болған адамгершилик, меҳир-ақыбет, мириўбет ҳәм ҳиммет сыяқлы жоқары пазыйлетлерден азықланып келген, бабаларымыз әсирлер даўамында қандай уллы улыўма инсаный идеялардан азық алып, руўхый кәмал тапқанының және бир тастыйықланыўы десек, ҳешқандай қәте болмайды.
Әййемги тарийхымызды усы мәнисте көз алдымыздан өткерип, таллайтуғын болсақ, әҳмийетлиси ҳәм ибратлы бир пикирди тәкирарлап айтыўға туўра келеди. Яғный, ата-бабаларымыз руўхый дүньясының тамырлары жоқарыда атап өтилген мәнаўият топырағында, тарийхта да, бүгин де бәршениң ҳәўесин келтиретуғын әжайып пазыйлетлер тийкарында қәлиплескен.
Усы орында мәнаўияттың бәлентлеўи менен тығыз байланыслы болған және бир өлшем – муқаддес динимиз ҳаққында айрықша тоқталып өтиўди зәрүр, деп билемен.
Дин әзелден инсан руўхый дүньясының ажыралмас бөлеги сыпатында адамзаттың жоқары идеаллары, ҳақ ҳәм ҳақыйқат, инсап ҳәм әдалат ҳаққындағы арзыў-әрманларын өзинде жәмлеген, оларды турақлы қағыйдалар түринде беккемлеп киятырған идея ҳәм көз-қараслардың тутас бир системасы екенлиги бәршемизге жақсы мәлим.
Әсиресе, көп әсирлер даўамында халқымыз қәлбинен терең орын алып, өмирдиң мазмунын аңлаў, миллий мәдениятымыз ҳәм турмыс қәлпимизди, қәдириятларымыз, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди өлмейтуғын етип сақлаўда муқаддес динимиздиң қүдиретли фактор болып киятырғанын айрықша атап өтиў тийис. Неге дегенде, инсаныйлық, меҳир-ақыбет, ҳадаллық, ақыретти ойлап жасаў, жақсылық, меҳир-шәпәәт сыяқлы халқымызға тийисли болған пазыйлетлер әйне усы негизде тамыр атады ҳәм раўажланады.
Бүгинги күни ислам динине қарата пүткил дүньяда қызығыўшылық ҳәм умтылыў күшейип, оның тилеклеслери ҳәм тәрепдарлары көбейип баратырғаны ҳешкимге сыр емес. Буның тийкарғы себеби, муқаддес динимиздиң ҳаққаныйлығы ҳәм пәклиги, инсанды сүйиўшилиги ҳәм кең пейиллиги, адамзатты мудамы ийгиликли ислерге шақырыўы, турмыс сынақларында өзин ақлаған қәдирият ҳәм дәстүрлерди әждадлардан әўладларға жеткериўдеги теңи жоқ орны ҳәм әҳмийети менен байланыслы.
Халқымыздың руўхый дүньясын қәлиплестириўге, ҳәрқандай инсанның Аллатала инам еткен бул өмирде туўры жол таңлаўы, өмирдиң мазмунын сезиниўи, ең әўеле, руўхый пәклениў, жақсылық ҳәм ийгиликли ислерге умтылып жасаўында оның тәсирин басқа ҳешқандай күш пенен салыстырып болмайды, деп ойлайман.
Усы көз-қарастан алып қарағанда, муқаддес ислам динимизди пәк сақлаў, оны түрли ҳәрқыйлы ғәрезли топылыс ҳәм ҳүжимлерден, дөҳмет ҳәм жалалардан қорғаў, оның шын мазмунын өнип-өсип киятырған жас әўладымызға туўры түсиндириў, ислам мәдениятының ийгиликли идеяларын кең үгит-нәсиятлаў ўазыйпасы елеге дейин актуал болып қалмақта.
Базы да ислам дини ҳәм диний фундаментализм түсиниклерин бир-биринен ажырата алмаўшылық яки ғәрезли мақсетте оларды тең қойыў сыяқлы жағдайлар да көзге тасланып атырғаны өкинишли. Соның менен бирге, ислам динин нықап перде етип жеркенишли ислерди әмелге асырып атырған күшлер еле санасы қәлиплесип үлгермеген, тәжирийбесиз, гөдек жасларды өзиниң дузағына илдирип, басы-көзин айландырып, оларды өзиниң нәпәк мақсетлери жолында пайдаланбақта. Бундай орынсыз ҳәрекетлер әўеле муқаддес динимиздиң атына дақ түсириўин, ақыр-ақыбетинде болса руўхый турмысымызға унамсыз тәсир ететуғынлығын бәршемиз терең сезиниўимиз ҳәм буннан жуўмақ шығарыўымыз зәрүр.
Халқымыз әзелден ислам дини ҳәм мәдениятының раўажланыўына шексиз үлес қосып киятырғаны мәлим. Бул ҳақыйқатты жәҳән шериклиги, пүткил мусылман дүньясы жақсы биледи ҳәм тән алады. Абырайлы халық аралық шөлкем болған Ислам конференциясы шөлкеминиң Билимлендириў, илим, ҳәм мәденият мәселелери бойынша дүзилмеси – АЙСЕСКО тәрепинен Ташкент қаласының 2007 жылда Ислам мәденияты пайтахты деп жәрияланыўы ҳәм усындай жоқары ҳүрметтиң және бир тастыйығы болып табылады.
Уллы ой-пикир ийелери ҳәм данышпанларымыздың ислам мәдениятын раўажландырыўға қосқан тәкирарланбас үлеси ҳаққында сөз еткенде, ең дәслеп ҳақылы рәўиште мусылман дүньясында Ғмуҳаддислер султаныҒ деп үлкен даңққа ийе болған Имам Бухарий бабамыздың мүбәрек атларын ҳүрмет пенен тилге аламыз. Бул теберик инсан мийрасының гүлтажы болған ең исенимли ҳәдислер топламы – ҒАл-жомеъ ас-саҳиҳҒ китабы ислам дининде Қураны-кәримнен кейинги екинши муқаддес негиз болып, ислам халықларының исенимине көре, ол адамзат тәрепинен жазылған китаплардың ең уллысы болып есапланады. Мине он еки әсирден берли бул китап миллионлап инсанлар қәлбин ийман нуры менен жақтыландырып ҳақлық (қудай) ҳәм диянат жолына шақырып келмекте.
Және бир уллы ўатанласымыз – Абу Исо Муҳаммад ибн Исо Термизийдиң руўҳый мийрасы, соның ишинде ҒСунани ТермизийҒ шығармасы да мусылман дүньясында усындай жоқары баҳаланады. Данышпанның әсирлер даўамында алым-оқымыслы зиялыларға бағдарлама болып келген инсап ҳәм әдалат, инсанды сүйиўшиликти үгитлеўши идеялары ҳәзирги қыйын дәўиримиздиң көплеп әдеп-икрамлылық руўхый мәселелерин шешиўде де үлкен әҳмийетке ийе болыўы менен дыққатқа ылайық.
Негизлердиң гүўалық бергениндей, Имам Бухарий қайтыс болған жылы яғный мелодий 870-жылы тарийхымыздағы және бир классик данышпан Имам Матуридий туўылған екен. Бул ўақыя негизинде мениң пикиримше, илаҳий бир байланыс, Аллатааланың уллы мәрҳаматы бардай, мысалы, Имам Бухарийдиң нурлы қәлемин Имам Матуридий алып, бул данышпанның қайырлы ислерин даўам еттириўге бел байлағандай түйиледи. Имам Матуридий бабамыздың орта әсирлердеги оғада қәтерли ҳәм қәўипли бир жағдайда өз өмирин қәўип астына қойып, әўладларға ибрат болатуғын руўхый мәртлик үлгисин көрсетип, ислам дүньясында ҒМусылманлардың исенимин дүзетиўшиҒ деген жоқары ҳүрметке миясар болғаны бундай шенде-шен шахстың үлкен ақыл-зәкаўаты ҳәм мәртлигинен дәрек береди.
Бул инсан тийкар салған матуридия мектеби Шығыс мәмлекетлеринде бундай үлкен даңққа ерисиўиниң себеби сонда, онда алға қойылған идеялар ислам динимиздиң тийкарын туўрылық, ийгиликли ислер ҳәм инсаныйлықтан ибарат деп билетуғын барлық мөмин-мусылманлардың көз-қарас ҳәм умтылыслары менен үнлес еди.
Өзиниң теңсиз интеллектуалы менен уллы илимий мектеп жаратып, гөззал Фергана диярын жәҳәнге танытқан ислам ҳуқықтаныўшылығының және бир үлкен жол басшысы Бурҳониддин Марғинонийдиң теберик исмин пүткил мусылман дүньясы жүз жыллар даўамында ҳүрметли киятыр. Бул теберик данышпанның Шығыс дүньясында ҒБурҳаниддин ҳәм милаҒ, яғный ҒДин ҳәм миллеттиң ҳүжжетиҒ деген жоқары атаққа миясар болғаны да буны айқын дәлийллейди.
Марғинонийдиң өлмес мийрасы, атап айтқанда, елиў жети китаптан ибарат ҒҲидоя-Туўры жолҒ деп аталған шығармасы, мине, сегиз әсирден берли мусылман мәмлекетлеринде ең абырайлы ҳәм кемшилиги жоқ ҳуқықый тийкар сыпатында атап өтилип киятырғаны әлбетте, бийкарға емес.
Пүткил дүньяға мәлим ҳәм машҳур болған уллы данышпан ҳәм әзиз әўлийелеримиз арасында Абдулхалиқ Ғиждуваний ҳәм Баҳаўиддин Нақшбандтиң мүбәрек келбети айрықша ажыралып турады. Ата-бабаларымыз уллы әўлийе Баҳаўиддин Нақшбандке шын жүректен ықлас қойып, оны ҒБаҳаўиддини БалогардонҒ деп тәрийплеп келиўинде терең мәнис бар. Оның ҒДилиң Аллатаалада, қолың мийнетте болсынҒ деген өмиршең ҳикмети динимиздиң жоқары мазмун-мәнисин жарқын сәўлелендирип, мисли усы бүгин айтылғандай жаңғырады.
Бул қурамалы дүньяның әзелий ҳәм мәңгилик машқалалары, соның менен бирге, ҳәр бир дәўирдиң актуал мәселелерине ҳәр тәреплеме тийкарлы илимий жуўаплар табылған ўақытта ғана мәнаўият дүньясы жаңа мазмун-мағана менен байып барады. Басқаша айтқанда, ҳәр бир илимий жаңалық, жаратылған ашылыў – бул жаңаша пикир ҳәм көз-қарасқа түртки береди, мәнаўияттың қәлиплесиўине өзине тән тәсир өткереди.
Усы көз-қарастан алып қарағанда, топырағымызда жасап өткен уллы данышпанларымыз, ой-пикир ийелери болған бабаларымыздың ибратлы өмири ҳәм өмир жолы, теңеўи жоқ илимий дөретиўшилик ашылыўлары бүгин де дүнья халқын таңландырып атырғанын мақтаныш пенен атап өтиў лазым.
Мысалы, Муҳаммед Муса Хоразмийдиң онлық санақ системасын, алгоритм ҳәм алгебра түсиниклерин дүньяда биринши болып илим-пән тараўына енгизгени ҳәм усы тийкарда анық илимлердиң раўажланыўы ушын өз ўақтында беккем тийкар жаратқаны улыўмаинсаный раўажланыў жолында қандай үлкен әҳмийетке ийе болғанын бәршемиз жақсы билемиз. Бүгинги күни адамзаттың илим-пән ҳәм заманагөй технологиялар саласында ерисип атырған үлкен жетискенликлерин көз алдымызға келтире отырып, ериксиз усы уллы бабамыз мысалында бундай жоқары шеклерге ерисиўде өзбек халқының да мүнәсип үлеси бар екенлигинен қәлбимиз мақтанышқа толады.
Және бир уллы әждадымыз – Ахмед Фарғоний инсаният тарийхындағы туңғыш Ояныў дәўириниң ең зәбердес ҳәм күшли ўәкили, өз заманасының фундаментал илимге тийкар салыўшылардың бири сыпатында адамзат көз-қарасы ҳәм мәнаўиятының раўажланыўына теңи жоқ тәсир көрсетти. Оның бийбаҳа мийрасы өз дәўириниң алымлары ушын бағдарлама болып хызмет еткени тарийхый негизлер арқалы жақсы мәлим. Данышпанның ҒАстрономия тийкарлары ҳаққында китапҒ атлы шығармасы он екинши әсирде–ақ латын ҳәм иврит тиллерине аўдарылғаны да бул пикирдиң дәлийли болып табылады.
Европада Аль-Фраганус аты менен танылған бул данышпанның илим-пәнниң раўажланыўындағы абырайы сол дәрежеде жоқары еди, оның исми-шәрийпи жер шарында ғана емес, бәлки аспанда да даңқ-абырай тапты. Он алтыншы әсирде Айдағы кратерлердиң бирине оның аты берилгени бул пикирди дәлийллейди. Атақлы астроном Ян Гевелий тәрепиен 1647-жылы баспадан шығарылған «Селенография» китабында айдағы кратерлердиң екеўи еки уллы ўатанласымыз – Аҳмад Фарғоний ҳәм Мырза Улуғбек исми менен аталады.
Миллий тарийхымыздың және бир жарқын жулдызы Абу Райхан Берунийдиң мийнетине ҳақыйқый баҳа берер екен, америкалы пән тарийхшысы Сартон XI әсирди ҒБеруний әсириҒ деп тәрийплейди. Бундай жоқары ҳәм ҳақыйқый баҳа ең дәслеп энцеклопедиялық ой-пикир ийеси болған уллы ўатанласымыздың илим пән раўажланыўына қосқан теңи-тайы жоқ үлеси менен баян етиледи. Усы жерде атап өтиў орынлы, Беруний илимий мәселелерде де, тарийхый ўақыя-қубылысларға, өз заманласларына баҳа бериўде де объектив ҳәм туўрылық пенен пикир жүриткен. Сол себепли де ол өмирде көп жәбир көрген, ҳәтте өмириниң соңында турмыс қыйыншылықларына дуўшакер болған, бирақ ҳәрқандай аўыр шараятқа қарамастан, исениминен қайтпағаны, оның өз руўҳый идеалларына соншелли садық болғанынан дәрек береди.
Әне сондай ағла пазыйлетлер ийеси болған белгили данышпан Ибн Синоның ҒМедицина нызамларыҒ мийнети неше әсирлер даўамында Европаның ең абырайлы жоқары оқыў орынларында тийкарғы медициналық сабақлықлардың бири сыпатында оқытып келингени, дүнья көлеминде ҒМедицинаҒ, ҒСаламат турмыс тәрзиҒ деген түсиниклердиң фундаментал негизи болып хызмет еткени, әлбетте, терең турмыслық ҳәм илимий тийкарға ийе. Анығырақ етип айтқанда, бул уллы данышпанның пүткил илимий искерлиги дүнья раўажланыўын инсанпәрўарлық руўхында, яғный руўҳый негизде раўажландырыўға үлкен тәсир етти, деп айтыўға барлық тийкарлар бар.
Ямаса орта әсирлерде Хорезм диярынан алыс Арабстанға барып, араб тили грамматикасын жетик тилде ислеп шыққан, илим-пәнниң басқа көплеген тараўларында да даңқ-абырай тапқан Маҳмуд Замахшарий бабамызды еске алайық. Өзиниң физикалық жақтан майып болыўына қарамай, дүньяның көплеп мәмлекетлерине машақатлы сапар еткен, терең билими ҳәм илимий потенциалы менен пүткил ислам дүньясын ҳайран қалдырған бул инсан, ҳеш шубҳасыз, халқымыз ушын руўҳый жетиклик тымсалы болып қала береди.
Егер де, мине усы муқаддес топырағымызда туўылып кәмалға келген, өз өмири ҳәм искерлиги менен тек тарийхта ғана емес, ҳәзирги ўақытта адамзаттың бүгинги раўажланыў бетлеринде де өшпес из қалдырған уллы ағартыўшы ҳәм данышпанларымыз, әзиз әўлийелеримизди тәрийплеўди даўам ететуғын болсақ, бул ҳаққында узақ айтыўымыз мүмкин деп ойлайман.
Бизиң өз алдымызға қойған мақсетимиз болса, бундай уллы инсанлардың өмир жолы ҳәм қалдырған мийрасын толық сәўлелендириў емес, ал олардың ең уллы ғайраткерлери тымсалында мағрийпет, илим, мәденият, дин сыяқлы тараўлардың бәршесин өзинде үйлестирген халқымыздың руўҳый дүньясының қаншелли бай ҳәм рәң-бәрең екенлигин дәлийллеп бериўден ибарат болып табылады. Бундай сийрек гезлесетуғын ҳәм бийбаҳа байлықты ҳәртәреплеме терең үйрениў, оның мәнис-мазмунын перзентлеримизге жеткериў мәселеси бәршемиз, биринши гезекте, зиялыларымыз, пүткил жәмийетшилигимиз ушын ҳәм қарыз ҳәм парыз болыўы шәрт, деп есаплайман. Неге дегенде, өзимиз-бүгин усы журтта жасап атырған Ўатанды сүйиўши инсанлар, бул ўазыйпаны өз жуўапкершилигимизге алмасақ, шеттен келип ҳеш ким ҳеш қашан бул жумысты ислеп бермейди.
Do'stlaringiz bilan baham: |