Лекция материаллары руўхыйлық философиясы предмети, мақсети ҳӘМ Ўазипалары жобасы


-15-темалар ӘЙЙЕМГИ ОРТА АЗИЯ ХАЛЫҚЛАРЫ МӘНАЎИЯТЫНЫҢ ПАЙДА БОЛЫЎ ПРИНЦИПЛЕРИ



Download 388,41 Kb.
bet12/28
Sana26.02.2022
Hajmi388,41 Kb.
#472962
TuriЛекция
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   28
Bog'liq
Ruwxiyliq FILOSOFIYASI

14-15-темалар ӘЙЙЕМГИ ОРТА АЗИЯ ХАЛЫҚЛАРЫ МӘНАЎИЯТЫНЫҢ ПАЙДА БОЛЫЎ ПРИНЦИПЛЕРИ

Жобасы:
1.Әййемги ҳалық жазба естеликлеринде мәнаўият мәселеси


2.Авестода инсан ҳәм оның мәнаўияты
3.Орта Азия –шығыстың уллы мәнаўий орайы


Таяныш сɵзлер: жазба естеликлер, мәнаўий естеликлер, Авесто, шығыс ойшыллар, Ренесанс, методология,

Орта Азия тарийхый ўақыяларға бай үлке болыўы менен бирге əзелден ақ илим-пəн,


мəденият ҳəм руўхыйлықтың орайы. Бул үлке дүньяға руўхыйлық ҳəм ағартыўшылықтың
барлық тараўларында жүзлеп, мыңлап уллы инсанларды тəрбиялап берген. Дүнья жүзилик
ағартыўшылықты дөретиўде улл ата-бабаларымыз гиреўли орын ийелеген. IX-XV əсирлерди Жақын ҳəм Орта Шығыс мəмлекетлерде шəртли тəризде“Ренессанс” (ояныў) дəўири деп атайды. Руўхыйлық ҳəм ағартыўшылықтың гүллеп жаснаўы бул дəўир ушын характерли болған. Бул дəўирде энциклопедиялық илим ийелери, əжайып шайырлар, уллы мəмлекет басшылары жетилисип шыққан. Дүньялық пəнлердиң тез раўажланыўы кең дилмашлық искерлигине тəсир көрсетти. Бул процесс, əсиресе Ҳалифа Маъмун дəўиринде Бағдадта“Байт ул-ҳикма” (Даналар үйи) пайда болған пайытта тезлести.
Юнон философиясы ҳəм медицинасы, ҳинд есабы, алхимияға тийисли шығармалар араб тилинде аўдарылды. Бунда Орайлық Азиядан жетилисип шыққан данышпанлар, ал-Хорезми, ал-Фарғоний, ал-Фарабий, Ибн Сино, ал-Беруний киби ойшыллар үлкен роль ойнады. Ренессанс- ояныў дəўири мəденияты, руўхыйлығы ҳəм ағартыўшылығы менен дүньялық, гуманистик дүньяқарасы, антик дəўир мəдений мийрасына дыққат бөлиў, үйрениў мисли оның“қайта ояныўы”н аңлатады.
Пəнде Шығыс ҳəм Батыс ояныў дəўири түсиниклери қолланылады. Олар улыўма, уқсас тəреплери менен бирге, белгили парық, өзине тəн қəсийетлери менен де ажыралып турады. Дəслеп олар дəўир көз-қарасынан парықланады. Дəслепки Шығыс ояныў дəўириIX-XII əсирлерди, соңғы ояныў дəўириXIV-XV əсирлерди өз иениятлардың жетискенликлерине сүйениў;
-Астрономия, математика, минерология, география, химия ҳəм басқа да тəбийий
пəнлердиң раўажланыўы;
-Методологияда- рационализм, логиканың үстинлиги;
-Инсаный дослық, уллы əдеплиликтиң ен жайдырылыўы;
-Философияның кең дəрежеде раўажланыўы;
-Əдебият, поэзияның кең көлемде раўажланыўы;
-Билимлиликтиң энциклопедиялық характерде екенлиги;
Хорезм, Бухара, Хиротта дəслепки илимий орайлар дүзилген еди. Орта Азияныңалымлары, уламаларының даңқы жети ықлымға таралды.
Орта Азия тəбийий илимлериниң раўажланыўының басланыўы уллы аллама Ахмад ал-Фарғоний ҳəм Муса Мухаммед ал-Хорезмийлердиң аты менен байланыслы. Олар Бағдадтағы “Байт ул-ҳикма”ның жетекши илим ғайраткерлери саналған. Ахмад ал-Фарғоний бир неше илимий мийнетлер дөреткен. Оның“Астрономия тийкарлары” китабы сол дəўирдеги астрономия тараўындағы билимлердиң энциклопедиясы
болған. Онда əййемги аспан билимлери, оның қағыйдалары, усыллары баян етилген. Бул шығармаXII əсирде латын тилине аўдарылып, көп əсирлер даўамында Европада астрономия бойынша қолланба, сабақлық сыпатында хызмет етип келген. Мухаммад Муса ал-Хорезмий Шығыстың уллы данышпаны, энциклопедист алым. Оның геодезия, география тараўларындағы хызметлери оғада уллы. Оның“Синд Ҳинд”, “Қуяш сааты ҳаққында рисола”, “Жер формасы ҳаққында китап”, “Тарийх ҳаққында”, “Музыка
бойынша рисола” ҳ.т.б. шығармалары бар. Шығыстың философиялық, социаллық, əдеп-икрамлылық пикириниң раўажланыўын Абу Наср ал-Фарабийсиз көз алдымызға келтириў қыйын. Ол“Шығыстың Аристотели”, “Екинши муғаллим” деген атаққа ийе болған. Шығыста əййемги Грецияның(Юностан) ең белгили философы Аристотель“Биринши муғəллим” деп аталған. Фарабийдиң социаллық-философиялықêөз-қарасларының орайында инсанның бахыт-ығбалға ерисиўи хаққындағы идея турады. Ол өз халқын бахытқа жетеклеўши, путкил хызмет ҳəм ўазыйпаларын усы мақсетке қаратыўшы шəҳəрди ең жақсы, пəзийлетли деп биледи.
Бахытқа ерисиў ушын барлық қалаларда өз-ара жəрдем бериўши халық-пəзийлетли, жетик халықдур. Усы тəртипте барлық халықлар бахытқа ерисиў ушын бир-бирине жəрдем берсе, пүткил жер жүзи пəзийлетли, жетик болады, деп көрсетеди. Себеби“жəрдем” деген түсиниктин өзи адамгершилик, əдиллик, хүрмет, мийримлилик сыяқлы пəзийлетлерден келип шығады.
Ҳеш бир адам жалғыз өзи, баска адамлардың жəрдемисиз кəмалатқа ерисе алмайды. Ол кəмилликке ерисиўде ба сқалардың көмегине мүтəж болады. Мине усы өз-ара көмеклесиў барысында жақсы гөззал инсаний пəзийлетлерди өзинде жəмлеген инсан жəмийети жүзеге келеди. Бундай жəмийет ағзаларының ислери бир пүтин ҳалда адамлардың бир-бирине жасаў ҳəм кəмилликке ерисиў ушын зəрур болған нəрселерди жеткерип береди. Фара-бийдиң бундай көз-қараслары оның ҒПазыл шəҳəр халқының пикирлериҒ атлы шығармасында ушыратамыз. Фарабийдиң дөреткен шығармаларының саны160 тан аслам болып олар ҒАристотельдиң ҒЭтикаҒ китабына шолыўҒ, “Субстанция ҳаққында сөзҒ, ҒНызамлар ҳаққында китапҒ, ҒБаслық ҳаққында китапҒ, ҒМузыка ҳаққында сөзҒ, ҒПазыл шэхэр халкынын пикирлериҒ ҳэм т.б. Фарабийдиң пикиринше, инсанның ҳəм жəмийеттиң жеңиске ерисиўи, жақсылықты қолға киритиўи, əдеп ҳəм ақылый жақтан жоқары көтерилиўи инсан ҳəм жəмийеттиң өз қолында.
Фарабий турмысының жоқары мақсети бахытқа ерисиўден ибарат, адамлар буған дүньяны үйрениў, кəсип-өнер ҳəм илимлерди өзлестириў-мəрийпатлы арқалы ериседи деп қарайды.
Хорезмли уллы алым Абу Райхан Беруний жəҳəн пəни тарийхында ең көзге көринген тулғалардың бири. Ол өз дəўиринде дерлик барлық пəнлерге үлес қосқан, энциклопедиалық илим ийеси, тəбиатшунас, философ, өз өмири даўамында150 ден артық шығармалар дөреткен. Олар ҒƏййемги əўладлардан қалған естеликлерҒ, ҒҲиндистанҒ, ҒГеодезияҒ, ҒМинерологияҒ ҳ.т.б. Беруний философияның əдеп-икрамлық ҳаққында арнаўлы шығарма дөреткен болса да, бирақ көплеген шығармаларында бул мəселе ҳаққында пикирлерин билдирген.
Беруний дуньяда инсанның тутқан орны мəселесине үлкен итибар берген. Саналы турмыслық ислер адамды ҳайуанның санасыз ислеринен парықландыратуғын зəрүрли тəреплеринен бири екенлиги оның ҒМинерологияҒ атлы шығармасында кеңнен баян етилген. Адамда сана-сезим қудирети болмағанда, дейди данышпан, оның аўҳалы хайуанлардан да төменирек болған болар еди, өйткени адамның күши ҳайуанлардикинен гөре ҳəлсизрек, күшли тəбийий қорғаныў қуралларынан махрумдур.
Уллы ойшылдың пикиринше, инсандағы мақтаўға турарлы қəсийет мəртлик, мириўбет, нəпсини тыя билиў, пəклик, жағымлы кийиниў. Ол расгөйликти барлық нəрседен үстин қояды. Билер-билместен надурыс хабар тарқатыўшыларды жалғаншылар деп қаралайды. Ол өзиниң«Ҳиндистан» атлы шығгармасында ҒСондай адамлар да болады, олардын тəбиятына жалған хабар тарқатыў орналасып калған, тап оған усы ўазыйпа жүклетилгендей болады ҳəм жалған хабар тарқатпаса тынышымайды. Бул жаман нийетлерден ҳəм тəбиятына жарамсыз пикирлердиң жайласыуынан келип шығады. Жалғаншылыктан шегинип, расгөйликке өткен адамды басқа адам былай турсын, өтирикшиниң өзи де жақсы көрип мақтайды. Демек, жалғаншылық адамды əдалаттан жүз бурғызады, зулым,жалған гуўалық, аманатқа қиянет етиў, урлық, дүнья ҳəм халықтың бузылыўына себеп болатугын басқа жаман иллетлерди адамға жақсы қылып көрсетедиҒ деп жазады. Данышпанның ҒƏййемги халықлардан қалған естеликлерҒ атлы шығармасында адамның руўхый қəлиплесиўиндеги тийкарғы қəсийетлерди жақсы ҳəм жаманға ажыратады: Жақсы қəсийетлер- туўрылық, əдиллик, инсап, кишипейиллилик, сақыйлық, мүлəйимлик, билимлилик; Жаман қəсийетлер- қызғаншақлық, көре алмаўшылық, басқаның бахытсызлығы есабынан болса да өзиниң гөзлеген мақсетине ерисиўге урыныў, тек өзин ойлаў ҳəм т.б. Бул қəсийетлер адамның руўхый бай ямаса руўхый жарлы болып қəлиплесиўин белгилейди.
Беруний халықлар ортасындағы дослықты ҳəм илимий бирге ислесиўди оғада
қəдирлейди. Оны ең уллы инсаний əдеплилик сыпат деп қарап, əмелде өзи көрсетеди. Ол ҒМениң пүткил пикирим, қəлбим- билимлерди өзлестириўге қаратылған, себеби мен билим арттырыўдан лəззет ала алдым. Буны мен өзим ушын үлкен бахыт деп билеменҒ деп жазады. Демек данышпан өзиниң барлық дөретиўшилик ислеринде руўхый байлыққа ерисиў жолларын көрсетеди.
Жəҳəн мəденияты ҳəм мəрийпатына үлкен үлес қосқан, Шығыс ҳəм Европада ҒШайх-ур раис- алымлар баслығыҒ атағына ерискен аллама Абу Али Ибн Синоның илимий мийрасы биз ушын бийбаҳа ғəзийне. Ол өз өмири даўамында ңө0 ден артық шығармалар дөреткен. Оның ҒТиб қонунлариҒ атлы китабы(ө том) əсирлер даўамында Шығыс ҳəм батыс медицинасында тийкарғы қолланба болып хызмет етип келмекте. Ибн Син өмириниң көп бөлегин сарсарлықта өткериўине қарамай- математика, астрономия, физика, химия, биология, фармакология, психолгия, филология, философия ҳəм медицина тараўларында дөретиўшилик еткен данышпан. Оның дөретпелериниң тек 100 и ғана бизге шекем жетип келген. Олар қатарында орта əсир илиминиң барлық əҳмийетли тараўларын өз ишине алған логика, физика, математикаларды толық қамрап алған ҒКитоб аш-шифоҒ, ҒКитоб ул-инсофҒ, ҒДонишномаҒ, ҒЛисонут-тайр(Қуслар тили)Ғ сыяқлы шығармалары киреди. Ол өзиниң философиялық- əдеп-икрамлылық шығармаларында ҳүкимдарларды нызамсызлықларға қарсы гүресиўге, халықтың талапларына қулақ салыўға, əдиллик пенен ис тутыўға шақырады. Əдилликти инсан көрки деп түсиндиреди. Оның пикиринше, жақсылық даналықта, даналық болса ҳəдислерди билиў арқалы пайда болады.
IX-XII əсирлер руўхыйлығы ҳəм ағартыўшылығы раўажланыўындаXI əсирдиң көзге көринген шайыры Юсуф Хас Хажиб те гиреўли орын тутады. Ол өзиниң жалғыз дəстаны ҒҚутадғу билигҒ(Бахытқа баслаўшы билим) пенен белгили. Бул дəстан1069 жылы жазылған болып, оны шайыр Қашқар ҳəкими Сулайман Арысланға бағышлаған. Оны ханлардын баслап қара пухара халыққа шекем бəри тамсанып тыңлаған, оқыған. Китапты Чин данышпанлары ҒПатшалардың əдеп қағыйдаларыҒ, Мочин патшаларының ақылгөйлери ҒМəмлекеттиң қəўипсизлигиҒ деп атаған. Шығыс оқымыслылары ҒАмирлер зийнетиҒ, Иран уламалары ҒТүркий шахнамаҒ, туўранлықлар ҒҚутадғу билигҒ яғный ҒБахыт келтириўши билимҒ деп атаған.
Юсуф Хас Хажиб китабында көрсетилгениндей Қараханийлер мəмлекети ҳүкиметин беккемлеў, келиспеўшиликлерди тəртипке салыў, ол дəўирдеги ҳүкимдарлардың тийкарғы
машқаласы еди. Мине усындай мəмле-кетти басқарыў усылы, сиясаты, нызам-тəртиплери, сондай ақ халықиың үрп-əдетлерин өзинде жəмлеген нызамнама сыпатында ҒҚутадғу билигҒ жүзеге келди. Шығарма əдеп-икрамлылық үгит-нəсиятлар менен суўғарылған руўхыйлық тəрептен оғада баҳалы тəрбия сабақлығы хызметин атқарады. Усы шығармасы ушын оған Хас Хажиб, яғный уллы ханның арнаўлы мəслəҳəтшиси атағы берилген. Дəстан қаҳарманлары- ҳəким Күнтуўды əдалат тымсалы, ўəзир Айтолды бахыт тымсалы сыпатында, ўəзирдиң ул Угдулмиш ақыл тымсалы сыпатында сүўретленген. Хас Хажиб қудай менен тəбият ҳаққында да өз пикирлерин баян етип олар екеўин бир деп қарайтуғын философиялық тəлийматқа-пантеизмге тийкарланады. Оның пикиринше қудай барлық даналардың данасы, ақыл-ҳушлы, жақсылықтың бəлент шыңы, адамларды бахытлы ҳəм бай етиуши қудирет, күн ҳəм айдай жақты, халықтың тилеклерин орынлаўшы.
ӨзбекстандаXVI-XIX əсирлер дəўири руўхыйлығы ҳəм ағартыўшылығы. XVI-XIX əсирлерде Орта Азия халықларының руўхый-ағартыўшылық ой-пикирлери раўажланыўы еки бағдарда барды. Бириншиси Орта Азияның өзинде жүз берди. Екиншиси Ҳиндистанда Бабурийлер дəўириндеги Орта Азиялы данышпанлардың дөретиўшилигинде көринди. XVII əсирдиң екинши ярымы ҳəмXVIII əсирдиң басларында Орта Азияда руўхый-ағартыўшылық көз-қарасларының раўажланыўы Бабарахим Машраб аты менен тығыз байланыслы. Машрабтан бай руўхый көркем мий-рас қалған. Машраб сол ўақытта жақын ҳəм Орта Шығыс мəмлекетлеринде тарқалған тасаўўыфтың қаландариялық ағымына бет тутып, өзиниң қосықлары менен жəмийеттеги əдилсизликке қарсы гүрес алып барған. Өз ғəзеллеринде əдеплиликке, руўхый пəкликке ерисиў, турмыстағы унамсыз иллетлерге қарсы гүресиўге шақырады. Оның руўхыйлық-əдеплилик көз-қарасларында перзенттиң ата-ананыҳүрмет етиўи, оларды илажы болғанынша улығлап, басларға көтериў идеялары жатады.
Машрабтың дөретиўшилигиндеги бундай идеялардың ғəрезсиз Өзбекстанның жасларын руўхый кəмалға жеткериўде əҳмийети зəрүр. XVII-əсирдиң екинши ярымы ҳəмXVIII əсирдиң басларында дөретиўшилик еткен Орта Азиялық данышпанлардың бири Мырза Абдулқадир Бедил. Оған Шығыс Гегели деген атақ оның өз заманының ҳəм Шығыстың уллы руўхыйлық ийеси болғанлығын көрсетеди. Бедил өз шығармаларында инсан ҳаққында, дийхан ҳаққында айрықша бир меҳир менен сөйлеген. Ол инсанды шахсы, миллети, дининен бийғəрез ҳүрметке сазаўар уллылардың уллысы деп билген. Бул данышпан өзиниң көплеген шығармаларында инсанды Ғҳəзирети инсанҒ деп атайды. Ол инсанды путкил барлықтың, əлемниң тажы, өз бахтын өзи жаратады деп биледи:
Кеўилиң пəклигинен өмир гүлистан,
Қолың қудиретинен ҳəмме жақ бостан,
Əмриңе таяр турғанда əлем,
Сен қандай ойларға шүмесең адам.

Бедил инсанды жерге уратуғын иллетлерди қатты қаралайды, ис қылмастан сыйлыққа өш болыў уятсызлықдур, деп адамларды жақсылардан ибрат алыўға шақырады. ҒЕгер жақсылардан ажыралмайман десең, жаман сөйлеўшилерден, ғыйбатшылардан аўлақ бол, өзиңди дурыс көрмекши болсаң, айнаның арқасына қарамаҒ деген даналықлары бүгинги күн ушын да өз баҳалылығын жойтқан жоқ.


Инсанның мəңгилигин белгилеўши өлшемлерден бири илим, дейди данышпан. Дүньяда уллы ат қалдырған инсанлар өз билими, мийнети, дөретиўшилиги, инсанияттың руўхыйлығына қосқан үлеси менен мəңги жасамақта.
XVIII-XIX əсирлер руўхыйлығы ҳəм ағартыўшылығының раўажланыўында Гулханий Нодирабегим, Увайсий, Хорезми, Огаҳий, Феруз ҳəм т.б. оны ҳəм роли айрықша болды. XIX əсирде Орта Азияжа жасап, дөретиўшилик еткен алым Ахмад Дониш. ҒБиз,- дейди Ахмад Дониш, - дүньяны гүллетип-жаснатыў ушын, жер асты байлықларын табыў ушын, дүньяның əжайып сырлы таманларын шешиў ушын туўылғанбызҒ. Ахмад Дониш илимди раўажландырыў, халықты саўатлы етиў арқалы руўхый ҳəм материаллық жарлылықтан қутылыў мүмкин деп мəрийпатшылық идеяларын алға сүреди. Мəрийпатшылық идеялары Беҳбудий, Абдулла Авлоний, Фитрат, Чулпон, Абдулла Қодирийлердиң дөретиўшилигинде миллет азатлығы ушын гүрес пенен байланысып кетеди. Солай етип, Орта Азия халықларының руўхый ҳəм ағартыўшылық қарасларында инсан ҳəм оның пəзийлетлери, тəлим-тəрбия, əдеп машқалалары тийкарғы орынды ийелеп келди. Классик шайыр Əжинияз Қосыбай улының дөретпелери адамды руўхый тэрбиялаўда, эстетикалық талғамды раўажландырыўда өз алдына үлкен əҳмийетке ийе. Əжинияз шайыр “Бул дүньяның көрки адам баласы” деп инсанды уллы шоққыларға көтерген. Оның қосықлары күшли лирикалық сыпатқа ийе:
Тырнадек отырып, сонадек йүрген,
Йуз мың жылўа менен қабағын керген,
Шашларына лағлы маржан өткерген,
Мың түмен наз билəн бақар гөззаллар.
Куншығыс поэзиясының ең жақсы дəстурлерин даўамлап, Əжинияз зор эстетикалық йош пенен ҳаял-қызлардың гөззаллығын жырлаған. Ақыл-нəсият қосықлары да Əжинияз дөретиўшилигинде кең орын тутады. Ол адамларды инсаплылыққа, пəкликке, кишипейиллиликке шақырады. Мəселен:
Қасқалдаққа бир ағары май питсе,
Ғарқылдасып, қонар көлин танымас,
Патшаның дəўлети қайтайын десе,
Көзине май питип, елин танымас-
деген даналық мəнəўий сөзи халық үмитине көз-көреки қыянет ислеген ҳəм нəтийжеде өз халқының қоллап-қуўатлаўынан маҳрум болып дəўлети қайтқан Пана ханға айтқан қосығынан көриўге болады.
Шахстың ҳақ кеўиллилик ҳəм ҳақыйқатлық дəрежеси оның əдеп-икрамлылық
дəрежесиниң жетискенлигин көрсетеди. Адамлар өз-ара инсаныйлық қатнаста болыўы ушын ең дəслеп ҳақыйқатлық ҳəм əдиллик зəрүр. Буларды адам өмириниң баслы шəрти деп есаплаған Əжинияз бул қəсийетке бириншилик мəни береди. Ол əдепли ҳəм көргенли адам арасында нəсиллик айырмашылық жоқ екенин, тек тəрбия менен билим алыўдың басқаша бағдарларда, ҳəр қыйлы дəрежеде болатугынын айтады. Усыған байланыслы:
Пəзийлет билмеген надан
Төрт аяқлы малға мегзер- деп жазады.
Əжинияз инсанның, əсиресе жаслардың əдеп-икрамлылығын кəлиплестириўде ата-бабаларымыздың бай турмыслық тəжирийбелерине сүйениўди куўатлаған, мəселен:
Бурынғы адамнан калған ўəсият,
Гоне адамларда бардур қəсийет,
Аларның айтканы-бəри нəсийҳат
Ўатанды сүйиу, халық мəпи ушын умтылыў-ҳəр бир азаматтың ўазыйпасы екенлигин түсиндириў Əжинияздың қосықларында айрықша орын ийелейди. Ол ҒЖер ҳəм ел билəндур,ел ҳəм жер билəн, Жерсиз елдиң күни дəрбедер билəнҒ деп адам ана жердиң қəдирин жырлайды. Уллы ойшылдың жасларға Ўатанды сүйиў сезимлерине ийе болыўын, оны қəдирлеп сыртқы душпанлардан қорғаў кереклигин, елден безиўге болмайтуғынын нəсиятлағандағы мақсети: ҒЕлинен айрылған дийўана болатуғынынҒ түсиндириў. Жат журт қəдириңди билмейди. ҒЖат еллерде мүсəпирлик шеккеннен, урып-соғып хорласа да ел жақсыҒ-деп туўған мəканның ҳəр нəрседен де артықмашлығын сездирди. Шайырдың шығармаларында мийнет етиуге айрықша дыққат аўдарылады. Ол жасларға өнер ийелеўди нəсиятлап, буның халық талабын қанаатландырыўда əҳмийети үлкенлигин, турмыста басқалардан ғəрезсиз жасаўдың тийкарғы шарасы екенлигин, инсанды бул жетискенлик бахытқа еристиретуғынын ҒМегзерҒ қосығында жақсы баянлаған. Оның көз-қарасынша, кəсип-өнерин таптырмайтуғын, керекли, қəдирли болса хызметиңди ел ҳүрметлейди, досларың менен тилеклес адамларың көбейеди:
Пуллы болса кəсип-кəриң,
.........................................
Ҳəмме сениң досың, ярың,
Төрт жағын қублаға мегзер
Шайырдың бул көз-қараслары бизиң бүгинги күнимизге де үнлес келеди. Солай етип Əжинияздың инсанды руўхый тəрбиялаўда жаслардың инсаний мəмилени пухта ийелеген, адамгершиликли, жағымлы минезли, мийнет сүйгиш, əдил,дослықты ҳəм халықлар дослығын қəстерлейтуғын, елиниң қорғаўшысы, барлық ўақытта бир сөзли, сабыр парасатлы, мəрт болыўы кереклигин баслы мəселе деп қараған. Бердақ Ғарғабай улы қарақалпақ халқының уллы классик шайыры, уллы ойшыл, С.П.Толстовтың айтқанындай қарақалпақлардың биринши тарийхшысы. Ол өз халкының ҒШежиреҒсин(тарийхын) дөретиу ушын биринши қəлем алған данышпан. Шайырдың
сиясий жəмийетлик тəрбиялық əҳмийети оғада зор: ҒХалық ушынҒ, ҒЖақсырақҒ, ҒСалықҒ, ҒЗамандаҒ, ҒИзлер едимҒ ҳəм т.б. көлемли қосықларынан тысқары баҳалы философиялық ойлар, жуўмақлар баянланған, онлаған ири поэмалары бар.(ҒАқмақ патшаҒ, ҒАйдос бийҒ, ҒАмангелдиҒ, ҒЕрназар бийҒ т.б.)
Бердақ өз дөретиўшилигинде бир қанша илимлердиң тараўларынан айтарлықтай
мағлыўматлар береди. Шығармаларында сөз етип отырған дəўирдиң жəмийетлик сана формаларының бир қанша түрлери: философия, сиясат, экономика, психология,
этика,эстетика,тил, əдебият, тарийх, этнография, логика мəселелери баянланған.
Бердақта əййемги грек философиясын тəлийматларының түйинин билиўге умтылды.
Буны ҒИзлер едимҒ қосығында:
Өткен Арасту, Эфлатун,
Жаратып илимнин кəнтин,
Шешиу ушын пикири бəнтин,
Мен мағрифат излер едим-
деп жазғанлары да дəлиллейди. Шайыр руўхый байлықтың гилти илим-билимде
екенлигин өз дөретпелеринде баянлап, илим ийелеген адамларды көкке көтерди. «Əрманыңне» қосығында:
Өз ўактында ойнап күлсең,
Илим қабын мойныңа илсең,
Таўсылмастай билим билсең,
Алымлыктан əрманың не-
деў менен бирге илимди ҳəр бир илимпаз халық хызметинде жумсаўы тийислилигин
айтып, оның жəмийет ушын əҳмийетин түсинбесе ол илимпаз емес, илимпаз халыққа жеңиллик, бахыт əкелсин, илим усының қуралы деп илимди жəмийетти жетилистириўши фактор сыпатында түсиндиреди.
Тил билиў мəселесинде адам жети журттың тилин билиўи керек деди. Буны ҒАсқар бийҒ поэмасында:
Ҳарж еттилер тапты пулды,
Ким туўды бундай уғылды.
Жети журттың тилин билди,
Тилмаш-дилўар Аскар бий-
деп тил уйрениў менен адамның билими, дилўарлығы артатуғынын түсиндирип, тил билиў басқа халықлардың илимин үйрениў ушын да керек деп қарайды. Солай етип Асқар бий образы арқалы полиглот(көп тиллерди билиўши) адам болыўға шақырады.
Бердақ ҳəр бир халықтың миллий тилине ийе болатуғынын, тилдиң халық тарийхы
менен тығыз байланыслылығын ҒШежиреҒде:
Ошбу тилнинг бар эгасы,
Кеуилимде жайдур шежиреси,
Бэршениң ата-бабасы,
Шундин мəлум болған екен-
деп көрсетеди. Шайырдың бул пикирлеринен адам баласы алға илгерилеўи ушын, дəслеп өзиниң ким болғанлығын билиўи кереклигин, ал буның ушын əлбетте тилди жақсы билиў кереклигин аңлаймыз. Данышпанның бул пикирлери Президентимиз И.А.Каримовтың «Өтмишсиз келешек жоқ» деген идеялары менен үнлес келеди. Бердақтың жəмийетлик-философиялық көз-қарасларында жаслардың руўхый
тəрбиясы тийкарғы мəселениң бири. Ол əдеплиликти арнаўлы сөз етиўши ҒБаламҒ, ҒНадан болмаҒ нəсиятын ҳəм ҒХалық ушынҒ, ҒЖақсырақҒ қосықларын дөретти. Бул қосықларында балаларды мəртликке, кишипейиллиликке тəрбиялаўды жас ўақтынан баслаў кереклигин уқтырып ҒБаламҒ қосығында ҒАта-анаңды қəдирле, өлгениңше жақсы сөйле, өсерине жақсы баламҒ деп əдеплиликтиң тийкарғы қағыйдаларының бирин баянлады. Шайыр уятты билиў, оның да орнын билиў мəселелерине дыққат бөледи.
Атым жоқ деп арсынба да,
Тоным жоқ деп тартынба да.
Жаманлардан уялма да,
Орын таўып отыр балам.
деп жаслардың адамлар арасындағы жүрис-турысларындағы əдеплиликке де итибар қаратады. Ол адамлардың ең жақсысы иззет-ҳүрметти түсинетугыны деп санайды. Усындай адамларды жағымлы минезли, кең пейил, адамгершиликли, əдепли болады деген жуўмаққа келеди: Жақсы жигитлердиң пейли тар болмас,
Жақсыларға жаман ислер кəр болмас,
Бий əдеплик ислер ядында болмас.
Бундай қубылыслардың адам санасында қайдан пайда болатуғынын да анализ жасады ҳəм əдепсиз ислерди адамның ядындағы түсиниклерден пайда болады, ядта унамлы ойлар болмаса турмыстағы қылықлары унамсыз болады деген уғымды сездиреди.
Таяныш сөз ҳəм түсиниклер:
Шығыс Ренессансы; Маъмун Академиясы; Шығыстың уллы
данышпан алымлары; Данышпанлардың дөретпелеринде руўхый-ағартыўшылық мəселелери; инсанийлық; билим ҳаққында пикирлери;



Download 388,41 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   28




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish