6-7-темалар МӘНАЎИЯТ ҲӘМ МӘРИПЕТ, ОЛАРДЫҢ ƟЗ АРА ҚАТНАСЛАРЫ ҲӘМДЕ ИНСАН ЖЕТИКЛИГИНДЕГИ ӘҲИМИЙЕТИ
Жобасы:
1. Мәрипет түсиниги ҳәм оның жәмийетте тутқан орны
2. Мәнаўият ҳәм мәрипеттиң ɵз ара тәсири
3. Мәнаўият ҳәм мәрипеттиң инсаният тарыйхында тийкарғы бағдарлаўшы екенлиги
Таяныш сɵзлер: мәнаўият ҳәм мәрипет, ɵз-ара тәсир, тарийхый раўажланыў, халық даналығы
Қандайда бир халықтың мәнаўиятына тән қәдириятларын басқа халықлар тәрепинен тән алыныўы, сол халық тарийхына болған терең ҳүрметтиң белгиси екенлиги мәлим. Бундай тән алыўлар халықтың мақтанышы ҳәм мәртебесин, миллий өзлигин жәнеде жоқарылатыўға хызмет етеди.
Усы мәнисте, кейинги ўақытта уллы бабаларымыздың өшпес даналығына ҳүрмет, олардың бай илимий мийрасын үйрениўге болған қызығыўшылық сырт еллерде де артып баратырғанлығы бәршемизди қуўандырады. Буның тастыйығын дүньяның түрли мәмлекетлеринде олардың өмири ҳәм ислери ҳаққында жәрияланып атырған илимий ҳәм көркем дөретпелер, уллы балаларымыздың естелигине қурылып атырған ескерткишлер мысалында да көриўимиз мүмкин. Усылардың қатарында Белгияда Ибн Синоға, Литвада Мырза Улуғбекке, Москва, Токио ҳәм Баку қалаларында Алишер Наўайы бабамызға, Египет пайтахты Каир қаласында болса Аҳмед Фарғоний естелигине орнатылған саўлатлы ҳәйкеллерди еслеў орынлы болып табылады.
Халқымыздың негизги тәбиятында бар болған әне усындай илимий-руўҳый потенциал ҳәм пазыйлетлер ҳаққында айтар екенбиз, ҒАққан дәрья аға бередиҒ деген мақал ерксиз есимизге түседи. Шынында да, тарийхымыздың қайсы дәўирин алмайық, журтымызда илим-мағрипет ҳәм жоқары мәнаўиятқа умтылыў ҳеш қашан тоқтамаған, халқымыз даналығының өлмес тымсалы сыпатында ең аўыр ҳәм қурамалы дәўирлерде де айқын көринисин тапқанын көриўимиз мүмкин.
Мәселен, патша колониализми дәўиринде де мағрипет идеясын бәлент көтерип шыққан жадид бабаларымыздың ислери буған және бир айқын мысал бола алады. Маҳмудхожа Беҳбудий, Мунавварқори, Абдулла Авлоний, Исҳоқхон Ибрат, Абдурауф Фитрат, Абдулла Қадирий, Абдулҳамид Шолпан, Усман Насыр сыяқлы жүзлеп мағрипетпәрўар, пидайы инсанлардың өз жеке мәплери, ҳәзлигинен кешип, ел-улыс мәплери, журтымызды раўажландырыў мақсетинде әмелге асырған ийгиликли ислери әўладлар ядынан ҳешқашан шықпайды.
Әне усындай уллы бабаларымыздың илимий-дөретиўшилик мийрасы ҳәм ибратлы жумыслары соңынан диярымызда Қори Ниязий ҳәм Ташмуҳаммед Саримсақов, Ҳабиб Абдуллаев ҳәм Саъди Сирожиддинов, Обид Содиқов ҳәм Собир Юнусов, Яҳ§ Ғуломов ҳәм Бўрибай Аҳмедов, Айбек ҳәм Ғафур Ғулам, Абдулла Қаҳҳар ҳәм Зулфия, Саид Ахмад ҳәм Азат Шарафиддинов, Лутфиханым Саримсақова ҳәм Ҳалима Насырова, Алым Хожаев, Раззақ Ҳамраев ҳәм басқа да көплеп атлары дүньяға танылған белгили илим, әдебият ҳәм мәденият ғайраткерлериниң жетисип шығыўына беккем тийкар болып хызмет етти.
Жоқарыда келтирилген мысалларды улыўмаластырылған ҳалда, әҳмийетли бир пикирди жуўмақ сыпатында атап өтиўди зәрүр, деп билемен. Тарийхымызда бундай уллы тулғалардың барлығы – тәкирарлап айтыўға туўры келеди – өзине тән бир феномен, яғный оғада сийрек гезлесетуғын қубылыс. Бул бүгинги күнги ғана емес, ҳәзирги ўақытта ертеңги әўладларымыздың да руўҳый байлығына айланып, халқымызға ҳеш нәрсени өлшеп, теңлестирип болмайтуғын руўхый күш-қуўат ҳәм мәдет бериўи анық екенлиги сөзсиз.
Бирақ, ҳәзирги ўақытта, биз бир ҳақыйқатты жақсы аңлаймыз, тек ғана өтмишке, бабалар мийрасына ҳәўес етип жүриўдиң өзи менен узаққа барып болмайды.
Тарийхымыз бетлери журтымыздың раўажланыўы ҳәмме заманларда да бир тегис болмағанлығынан дәрек береди.
Әсиресе темурийлер ҳүкимдарлығынан соң – яғный XVII әсирден XX әсирдиң басларына шекемги болған дәўирде Түркистан топырағы сиясий бөлиниўшиликке, жаўызлық ҳәм артта қалыўшылыққа дуўшар болды. Үш ханлыққа бөлинип кеткен аймақ узақ мүддет өз-ара қарама-қарсылықлар, урыс-жәнжеллер ортасында қалып кеткени тек экономикалық финанслық ҳәм әскерий потенциал көз-қарасынан ғана емес, ал, бәлки жәмийетлик – руўҳый пикирдиң раўажланыўында да көплеп унамсыз ақыбетлерди келтирип шығарғаны бәршемизге жақсы мәлим.
Тарийх дигиршегиниң айланыўы менен, ең дәслеп, журт ҳүкимдарлары ҳәм ҳәмелдарлары халықтың тәғдири ҳәм келешеги ҳаққында қайғырыў орнына, өзиниң жеке мәплерин ҳәмме нәрседен үстин қойып, жаўызлық ҳәм ғәплетке берилип кетиў ақыбетинде биз бүгин жасап атырған аймақ улыўма инсаният цивилизация процесслеринен үзилип, раўажланыўдан кескин артта қалып кетти.
Өз-ара келиспеўшилик ҳәм урыс-қағыслардың күшейиўи, тек ғана өз қабығына, өмирин өтеп болған қағыйдаларға оратылып жасаў нәтийжесинде бир ўақытлары уллы мәденият ҳәм раўажланыў дәўирлерин басынан кеширген ел-журтымыздың бул ўақытқа келип қандай аўыр жағдайға түсип қалғанлығын көз алдымызға келтиретуғын болсақ, көп нәрсе өз-өзинен аян болады, деп ойлайман.
Бул өмирдиң аяўсыз бир нызамлылығы бар. Яғный тарийхтың қурамалы ҳәм шешиўши бурылыс басқышында ҳәрқандай миллет ҳәм халық өзиниң аўыз биршилигин сақлап, өзиниң миллий мәплери жолында қатаң түрде турмаса, жуўапкершилик ҳәм сергеклигин жоғалтатуғын болса, ақыр соңында өзиниң ең үлкен, теңсиз байлығы болған ғәрезсизлиги ҳәм азатлығынан айрылыўына гүман жоқ.
Тилекке қарсы, әне усындай қайғылы тәғдир Түркистан халықларын да шетлеп өтпедиФ XIX әсирдеги патша басқыншылығы көп ғана себеплер менен бир қатарда ең дәслеп усы ўақыттағы сиясий өз басымшалық, ҳүкимдар күшлердиң узақты көре алмаслығы, руўҳый әззилиги ақыбетинде жүз бергенлигин тарийхый мысаллар дәлийллеп тур. Бул ашшы ҳақыйқат бәршемизге, әсиресе, бүгин турмысқа үлкен үмит ҳәм исеним менен кирип киятырған жасларымызға бәрҳама сабақ болыўы лазым.
Усы көз-қарастан қарағанда, биз өз тарийхымызды қалыс ҳәм туўры баҳалап, руўҳый мийрасымызды байытыў ҳәм раўажландырыўға өз үлесимизди қосыўымыз, сол тийкарда бүгинги дүнья илими ҳәм мәдениятының жоқары шоққыларын ийелеўдей уллы ўазыйпаға ҳәр тәреплеме мүнәсип ҳәм таяр болыўымыз дәркар.
Ҳәр қандай миллеттиң өзине тән мәнаўиятын қәлиплестириў ҳәм көтериўде, шубҳасыз шаңарақтың орны ҳәм тәсири теңсиз болып табылады. Себеби инсанның ең таза ҳәм пәкизе сезимлери, дәслепки турмыслық түсиниклери биринши гезекте шаңарақта қәлиплеседи. Баланың характерин, тәбияты ҳәм дүньяға көз-қарасын белгилейтуғын руўҳый өлшем ҳәм танымлар – жақсылық ҳәм адамгершилик, жоқары пазыйлет, меҳир-мириўбет, ар-намыс ҳәм әндийше сыяқлы муқаддес түсиниклердиң негизи шаңарақ шараятында қәлиплесиўи тәбийий.
Соның ушын да шаңарақ орталығында пайда болатуғын ата-анаға ҳүрмет, олардың алдындағы өмирлик қарыздарлық миннетин терең аңлаў ҳәр бир инсанға тән болған инсаныйлық пазыйлетлери ҳәм шаңарақлық қатнасықларының негизин, шаңарақтың руўҳый дүньясын қурайды.
Көп жыллық илимий бақлаў ҳәм изертлеўлер соны көрсетеди, инсан өз өмири даўамында алатуғын барлық информацияның 70 процентин 5 жасқа дейинги дәўирде алады екен.
Баланың санасы тийкарынан 5-7 жаста қәлиплесетуғынлығын инабатқа алатуғын болсақ, әйне усы дәўирде оның жүрегинде шаңарақтағы орталық тәсиринде мәнаўияттың туңғыш бүртиклери көрине баслайды. Халқымыздың ҒҚус уясында көргенин ислейдиҒ деген дана мақалы усы әзелий ҳақыйқатты айқын сәўлелендиреди деп ойлайман.
Адамзат ушын өмир бойы зәрүр болатуғын тәбийий көнликпе ҳәм өзгешеликлер, мәселен, ҳәр қандай баланың өзине тән, өзине сай уқыбы, әтираптағы адамлар менен қатнасы, қурдасларының арасында өзин қандай сезиниўи, жетекшилик қәсийетлерге ийе болыўы яки ийе болмаўы, керек болса, көз-қарасы-булардың ҳәммеси ең дәслеп оның туўма тәбияты, соның менен бирге шаңарақта алатуғын тәрбиясына тығыз байланыслы екенлигин турмыс тәжирийбеси көп мысалларда тастыйықлап береди.
Әйне усы дәўирде бала ҳәмме жақсы-жаман нәрсени түсинип аңлай баслайды, оның гирбиңсиз санасы, мысалы баспа қағаз сыяқлы шаңарақтағы, дөгерек әтираптағы бәрше ўақыя-ҳәдийселерди, олардың негизиндеги тәсирлерди өзине сиңдирип алады. Оның ата-анасына, баба ҳәм кемпир апаларына меҳри ҳәм ҳүрмети, өзин қоршап турған орталыққа салыстырғанда мүнәсибети күннен-күнге жетилисип барады.
Қысқаша айтқанда, шаңарақтағы ҳәр бир нәрсе – дарақ ҳәм өсимликлер бола ма, түрли ойыншықлар, үй ҳайўанлары бола ма, булардың бәршеси баланың көзине мисли дүньяның теңсиз әжайып нәрсеси болып көринеди ҳәм усылайынша ол жақты дүньяны өзи ушын жаңалық сыпатында аша баслайды.
Өкинишлиси сонда, айырым ата-аналар өз перзентиниң усындай қызығыўшылығы ҳәм умтылысларына, оның санасы, ой-пикиринде ҳәр күни бир өзгерис жүз берип, көзинде жаңа-жаңа саўаллар пайда болып атырғанына әҳмийет бермейди. Оның үстине егер ата шаңарақта өзин тутыўды билмесе, әдеп-икрамлылық бабында перзентлерине өрнек болыў орнына қопал мүнәсибет ислейтуғын болса, бул жағдай баланың руўхый дүньясының қәлиплесиўине унамсыз тәсир көрсетиўи тәбийий, ўақты сааты келип, оның характеринде инсан деген атқа ылайық емес жарамас адам сыпатында көринеди.
Яки шаңарақта қоңсы-қобаларды көре алмаслық, ғыйбаткешлик, ғәрезгөйлик орталығы ҳүкимдар болса, ҳеш гүмансыз булардың барлығы баланың ядында дүзетип болмайтуғын аўыр из қалдырады. Улыўма шаңарақтағы руўхый орталық ҳәм тәрбия себепли бала меҳрийбан ҳәм рейимшил яки эгоист ҳәм тасбаўыр болып ер жетиўин түсиниў қыйын емес.
Биз өз перзентлеримиздиң бахыт-саадаты, ығбалын ҳәм келешегин көриўди қәлер екенбиз, тек шаңарақтағы ғана емес, ал қоңсы-қоба, мәҳәлледеги адамлардың ис-ҳәрекети ҳәм баланың қәлиплесип киятырған сап қәлби ҳәм санасына қандай тәсир көрсетиўи ҳаққында мудамы ойлаўымыз, бул мәселеде мойнымызда қандай үлкен жуўапкершилик бар екенлигин умытпаўымыз зәрүр.
Шаңарақлық тәрбия мәселесинде қәтеге жол қоймаў ушын ең дәслеп ҳәр бир үйдеги руўҳый ықлымды өз-ара ҳүрмет, әдеп-икрамлылық, инсаный мүнәсибетлер тийкарына қурыў оғада орынлы болар еди. Бул туўралы айтқанда мен, классик жазыўшымыз Абдулла Қадирийдиң ҒӨткен күнлерҒ шығармасындағы қаҳарманлардың өз-ара қатнасы ҳәм сөйлесиўлери, олардың ҳәтте, кишкене перзентлеринде ҒсизҒлеп сөйлеўи мысалында ата-бабаларамыздың шаңарақ мәнаўиятына қаншама үлкен итибар бергенине исеним арттыраман.
Усы көз қарастан қарағанда бүгинги күнде де журтымызда усындай шырайлы әдеп-икрамлылық өлшемлери менен жасап киятырған, ул-қызларын усындай руўхта тәрбиялап атырған көплеп үлгили шаңарақлар бәршемизде ҳәўес оятатуғыны тәбийий.
Өзбек халқы әзелден өзиниң балажанлығы, шаңарақ сүйиўшилиги менен ажыралып туратуғыны мәлим. Әлбетте, перзентке меҳир қойыў, олардың қарнын тоқ, кийимин пүтин етиў өз жолы менен, лекин балаларымызды жаслық шағынан баслап миллий тәрбия, әдеп-икрамлылық, жоқары мәнаўият тийкарында өсириў биз ушын мудамы әҳмийетли ўазыйпа болып келген. Бул мәселеге итибар бермеў тек айырым ата-аналар ғана емес, ал, пүткил жәмийет ушын жүдә қымбатқа түсетуғынлығын да көплеген турмыслық мысалларда көриўимиз мүмкин.
Жоқарыда атап өтилгениндей, бала тәрбиясында саламат әўлад мәселеси де әҳмийетли рол ойнайтуғынлығын бийкарлап болмайтуғынлығы өз-өзинен аян. Ақылы кәмил ҳәр қандай инсан бул жақты дүньяда өмир бар екен, шаңарақ бар екенлигин жақсы аңлап жетеди. Шаңарақ бар екен, перзент деп аталған бийбаҳа байлық бар. Перзент бар екен, адамзат ҳәмийше ийгиликли нийетлер ҳәм умтылыслар менен жасайды.
Жеке мениң өзиме ҒәўладҒ ҳәм ҒнесийбеҒ деген сөзлер арасында қандай да бир илаҳий байланыс бардай сезиледи. Әлбетте, ҳәр бир бендеге ырысқы-несийбени Аллатаала береди. Лекин, бул өмирде несийбеси пүтин ҳәм толық болыўы ушын инсанның өзи де шын кеўилден умтылыўы, әўладын саламат орталықта тәрбиялаўы үлкен әҳмийетке ийе екенлигин умытпаўымыз зәрүр.
Бүгинги күнде бизиң әмелге асырып атырған барлық ислеримиз перзентлеримиздиң бахты-саадаты, олардың жарқын келешеги ушын әмелге асырылмақта. Лекин, бахыт-саадат тек ғана байлық, мал-мүлк пенен белгиленбейди. Әдепли, билимли ҳәм ақыллы, мийнет сүйгиш, ийман-инсаплы перзент тек ғана ата-ананың емес, ал пүткил жәмийеттиң ең үлкен байлығы болып табылады.
Усы ҳақыйқаттан келип шығып, жасларымызды ҳәр тәреплеме саламат ҳәм жетик етип тәрбиялаў, өмирдиң бақыйлығы, әўладлардың даўамлылығын тәмийинлейтуғын руўхыйлық қорғаны болған шаңарақты беккемлеў бүгинги күнде ҳәммемиздиң тийкарғы ўазыйпамыз ғана болып қалмастан, адамгершилик парызымызға да айланыўын қәлер едим.
Сол себепли биз ғәрезсизлик дәўиринде шаңарақ институтын жәмийеттиң басқа әҳмийетли социаллық дүзилмелери, елимиздеги руўхый өзгерислер менен үйлесимли тәризде раўажландырыў, оның абыройын арттырыў мәселесине мәмлекетлик сиясаттың ең баслы ҳәм әҳмийетли бағдары сыпатында турақлы дыққат қаратып келмектемиз.
Мәмлекетимиз Конституциясында шаңарақтың социаллық статусы анық белгилеп қойылғаны, усыған тийкарланып Шаңарақ, Пуқаралық, Турақ-жай кодекслери ҳәм басқа да зәрүрли нызам ҳүжжетлери қабыл етилип, бул бағдарда тийисли ҳуқықый тийкар жаратылғаны да бул пикирди тастыйықлайды.
Ҳәммемизге мәлим, кейинги жылларда елимизде ҳәр бир жылға анық атама берип, усы тийкарда арнаўлы мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў жақсы дәстүрге айланды.
Егер усы мәселениң тарийхына нәзер таслайтуғын болсақ, бул жолдағы дәслепки салмақлы қәдемлеримиз 1998-жылды мәмлекетимизде ҒШаңарақ жылыҒ деп жәриялаў менен басланғанының өзи де, мен ойлайман, көп нәрсени аңлатады.
Усы мәнисте, шаңарақты, оның мәңгилик қәдириятларын улығлап, мәмлекетимизде ҒЕл-журт таянышыҒ деген әжайып естелик дөреткенимиз көпшиликтиң кеўлиндеги ис болғанлығын атап өтиў орынлы.
Әййемги Қарши қаласының 2700 жыллық тойы алдында усы теберик журтта бой көтерген бул саўлатлы көркем естелик арқалы биз мың жыллар даўамында қаншадан-қанша сынақ ҳәм машақатларды басынан кеширип, өз ана-журтын ҳәрқандай бәле-қадалардан сақлап келген, ул-қызларында ақыл-зәкаўат, мәртлик ҳәм сабыр-тақат ийелери етип - тәрбиялаған дөретиўши халқымызға, оның шын мәнисинде сүйениши болған шаңараққа шексиз ҳүрмет-иззет сезимин сәўлелендириўди мақсет етип қойдық. Ел-журтымыздың жоқары пазыйлетли көз-қарасларына күтә үйлесимли болған усы естелик комплекси қысқа ўақыт ишинде теберик зиярат орнына айланғаны ҳәммемизди қуўандырады.
Do'stlaringiz bilan baham: |