«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»


БЕРДАҚ ШЫҒАРМАЛАРЫНДА ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛҚЫНЫӉ



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet53/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   ...   49   50   51   52   53   54   55   56   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

 
БЕРДАҚ ШЫҒАРМАЛАРЫНДА ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛҚЫНЫӉ 
РУЎХЫЙЛЫҒЫНЫӉ СӘЎЛЕЛЕНИЎИ 
А.Баймурзаев ҚМУ ассистенти,
Н.Пирназаров ҚМУ студенти 
 
Руўхыйлық мәселеси көп заманлардан берли адамларды қызықтырып 
келеди. Бул мәселени шешиўде илимпазлар өзлериниӊ позициясынан 
келип шыққан ҳалда, түрлише анықламалар берип, өз пикирлерин 
билдиреди. Биз де бул мәселениӊ бир тәрепин қарақалпақ халқыныӊ 


148 
турмысы менен байланыстырып, белгили шайыр ҳәм қарақалпақ халқыныӊ 
уллы ойшылы Бердимурат Ғарғабай улыныӊ көз қарасларынан излеп 
көриўди өз алдымызға мақсет етип қойғанбыз.
Бердақ қарақалпақ халқыныӊ ХIХ әсирдеги тарийхы, әдебияты, 
мәденияты ҳәм жәмийетлик көз қарасларын сәўлелендириўде әҳмийетли 
орын ийелейди. Ол өз шығармалары арқалы пессимистлик руўхта турмыс 
кеширип атырған халықты прогрессив идеялары менен азықландырады. 
Шайырдыӊ прогрессив идеялары халықтыӊ руўхыйлығына тәсир еткен 
ҳәм оларда жақты күнлер келиўине үмит оятқан. Бул ҳаққында 
пикиримизди Қ.Худайбергенов өзиниӊ «Мировоззрение Бердаха» атлы 
шығармасында «Бердақ бул жақты әлемдеги барлық нәрселер ҳәм 
жақсылық принциплери инсан ушын, оныӊ келешеги ушын хызмет 
қылыўы керек, тағы да тәбияттағы ҳәм жәмийеттеги материаллық ҳәм 
руўхый байлықлар инсанныӊ өмиринде жақсы ҳәм қурғын жасаўы ушын 
жаратылған деп есаплайды. Бундай көз қараслар әййемги Греция, Рим, 
Қытай, Ҳинд ҳәм Орта әсирлер, ҳәтте Жаӊа дәўир философларында да 
ушрасады» [4:235]. Дүнья жаралғаннан берли оныӊ инамларынан инсан өз 
мәплери жолында пайдаланады. Бердақ ушын арғы дүньяныӊ инамлары 
ҳәм ләззетлеринен бул дүньядағы азап-ақыретлерди үстем қояды. Себеби, 
ол о дүньяның бар екенлигине онша исенбейтуғын еди. Ол ушын бек те
ҳәмелдар да, өнермент те, дәрўиш те инсан сыпатында теӊ болыўы керек 
деп есаплайды. Ол бул жерде мораллық нормалардан келип шығып өз 
жуўмағын билдирип турыпты.
Бердақ өзи жасаған дәўирдиӊ социаллық ҳәдийселерин баҳалаўда 
гуманистлик принциплерге тийкарланады. Ол сол замандағы халықтыӊ 
руўхыйлығын ашып бериўде қорқынышлы эксплуатацияға дуўшар етилген 
дийқанлардыӊ аўыр аҳўалын дыққат орайына қояды.
Деген менен, Бердақ дүньялық машқалаларға тийкарғы дыққат 
аўдарып, бахытлы жасаў ушын инсан жәмийетке, өзи ҳәм басқа адамларға 
пайдалы ислер менен шуғылланыўы зәрүрлигин, усы дүньяда рәҳәтленип, 
ләззетленип жасаў кереклигин қайта-қайта тәкирарлайды. Басқаша 
айтқанда, Бердақ суффизм философиясын усы дүньялық проблемаларды 
шешиўге бағдарлады. Бул айтылғанларды Бердақ философиясына тән 
айрықша өзгешеликлери десек болады.
Бердактыӊ пикиринше, жетилген инсанды тәрбиялаў ушын адамды 
руўхый жақтан өсириў, қәлиплестириў керек екенлигин айтып өтеди. Бул 
адамныӊ өзин-өзи тәрбиялаў, мораллық санасын қәлиплестириўи менен 
белгиленеди. Мәселен «Балам» косығында: 
«...Жигит болсаӊ арысландай туўылған, 
Хызмет еткил удайына халық ушын» [2:25] 
Бул қатарларда Бердақ инсанныӊ кәмиллиги, оныӊ кишипейиллиги 
ҳәм мийнетти сүйиўинде, халық пенен бирге болыўы менен адамныӊ 


149 
раўажланыўы, өсиўи жәмийет пенен тығыз байланыста екенлигин көре 
билген. 
Бердақ жасаған дәўирдиӊ социаллық-сиясий картинасына бир нәзер 
тасласақ, оныӊ өмири көп ғана урыслар, жәмийетлик өзгерислер 
дәўиринде болғанлығын көремиз. Айрықша айтып өтиў керек, болған 
ўақиялардыӊ бири, Патша Россиясыныӊ елимизди басып алыўы ҳәм алып 
барған колониялық сиясаты. Бердақ та бул ўақыяларды көрип халықтыӊ 
руўхыйлығында болған өзгерислерди қосықлары арқалы жарытып берди. 
Ол өзиниӊ «Хорезм» шығармасында руслардыӊ басып алыўы ўақиясын 
төмендегише сүўретлейди.
Туғры, туғры, туғры сөзлә, 
Дийн исламныӊ йолын гөзлә. 
Рызқыӊны ҳақдын излә, 
Этмә кәфирниӊ хизмәти. [2:169] 
Бул қосық қатарлары арқалы шайыр ислам динин қәдирлеп, алланыӊ 
бирден бир қүдирет ийеси екенлигин көрсетпекши болады. Ол және де 
азатлық идеяларын да усы шығармасында берип өтеди.
Бердак - оптимист ойшыл, келешекке үмит пенен қарайды. Ол 
халқымыз азат болады, ғәрезсизликке ериседи, динимиз қайта тикленеди, 
журт абат болады деп толық исенеди. Жәмийетлик өзгерислер адамлар 
руўхыйлығына да сәўлесин таўып халқымыз ғәрезсиз болды ҳәм 
басқалардың бизге берип келген азаплардан қутылды. Бундай футуристлик 
идеялар Бердақтыӊ мына қосық қатарларында ушырасады: 
Мусылмана дәфьи кушад, 
Дийн Хорезм болгай абад, 
Зийри зәбәр латыманат, 
Болғай Ҳақның инаяты. [2:169] 
Аўқам дәўириниӊ идеологиясынан келип шыққан ҳалда, оны қандай 
жоллар менен болмасын атеист етип көрсетиўге урыныўшылық орын 
алды. Бердақтың өзине тән атеизми туўралы пикир жүргизген алымлар 
бизиңше жақсы нийет пенен, атап айтқанда, оның көз-қарасларын 
үстемлик етиўши партия идеологиясына сәйкеслестириў арқалы уллы 
бабамыздың абырайын улыўма аўқамлық, жер жүзилик дәрежеге 
көтермекши болған болса керек [3:10]. Бул мәселеге басқаша 
жантасатуғын болсақ, оны реаксион шайыр деп тастыйықлап, оныӊ атеист 
екенлигин дәлиллеўге урынып атырған алымларға Н.Дәўқараев «Бердақ 
диндар да емес, атеист те емес, ол өз ҳалқыныӊ дәрти менен жасап өткен 
халықшыл классик шайыр» [қараӊыз:1]-деп барлық бәсекилерге шек 
қойғандай болды. Бердақта еркин пикирлеў, ойлаў қәбилети, сезимталлық, 
ҳақ сөзлилик, туўрылық пазыйлетлери күшли болған. Сонлықтанда, оның 
айырым 
шығармаларында 
дин 
хызметкерлериниӊ, 
уламалардыӊ 
кемшиликлерин катаӊ әшкаралаў орын алған. Сол ушында Бердақты 
атеистликте айыплаўшылар табылды. Негизинде ол ислам дининиӊ әдеп-


150 
икрамлылық нормалары арқалы халықтыӊ руўхыйлығын, өзлигин 
жойтпаўға шақырған халықшыл шайыр.
Ойшыл өзиниң жәмийетлик-сиясий, философиялық идеялары менен 
өз дәўириниң сиясий ой-пикиринен алға кетти, миллий азатлық, 
ғәрезсизлик ҳәрекетлериниң идеологи, уллы ойшыл, атақлы сөз шебери 
сыпатында дүньялық тарийхқа кирди. 1972-жылы Москвада басылып 
шыққан «Дүньялық философия антологиясы» атлы китапта оның 
дөретиўшилигине дүньядағы атақлы философлар қатарында кең орын 
берилиўи пикиримиздиң айқын дәлили. [қараӊыз: 3] 
Бердақ шығармаларыныӊ қунлылығы сонда ол тек бир ғана көзқарас 
әтирапында қатып қалмастан, халықтыӊ арзыў-әрманларын түрли 
көринислерде сәўлелендиреди. Биз оныӊ көзқарасларынан сол заманныӊ 
руўхый кейпиятын ҳәм картинасы ҳаққында толығырақ мағлыўмат аламыз.

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   49   50   51   52   53   54   55   56   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish