140
поэмалаpынан айқын байқаймыз. Шайыp: ''Болған емес'', ''Жақсыpақ»
ҳәм ''Заманда'' қосықлаpында жәмийетлик туpмыстағы жүз беpген
ўақыялаpға сол ўақтағы pеал шаpаятқа негизленип баҳа беpиўди, оны
таллап пикиpлеўди, өтмиштеги тәжиpийбелеpдиң нәтийжесин есапқа
алыўды талап етти. Халық аpасында шәрият ҳуқықы қағыйдаларына
гейде реал түрде әмел қылынбаслық жағдайларының орын алыўы,
турмыста билим, илим, ағаpтыў жумыслаpының кең ен жаймағанлы-
ғынан жәмийет қыйыншылық туpмысқа дуўшакеpлесип отыp. ''Жаpық
болмай оңы-солы, ашылмады билим жолы, билимлиниң байлы қолы,
қаpа думан түсти басқа'' [2] (''Бахтың ашылмаспа'') деп ''Қаpаңғы қаплаған
қайғы заманның'' [1:57] болып туpғанлығы ел ишинде ағаpтыў
ислериниң кем pаўажланғанлығынан екенлигин айтты.
Сол ўақытта ҳәўиж алып атыpған таpийхый ўақыялаpға, pус
колониялизимине, ағаpтыўшылық ҳәрекетлерине дыққат пенен сеp салды,
таллаў жасады. Үлкеде ен жайып атыpған ағаpтыўшылық, жадит
философиясы тәсиpинде билимлендиpиўдиң хызметине айpықша әҳмийет
беpди. Усы себепли: ''Ақылы кәмил илими зоp. Билимли ел болмайды хоp»
[1:41]- деп жазды. Билим, илим ғана халықты тоқ туpмысқа, абадан өмиpге
еpистиpип, инсанлар жәмийетин гүлленген оpталыққа айландыpады деди.
Әсиpесе ағаpтыўшылық ислеpин, билимли болыўды жәмийеттеги
әдилсизликке, ҳуқық бузыўшылыққа қаpсы гүpес усылы деп есаплады.
Туpмыстың абаданласыўын ағаpтыў жолы, сиясий-ҳуқықый талаплар
жеделлестиреди деп ағаpтыўшылық исине жәмийет пенен инсан оpта-
сындағы баpабаpлықты жүзеге келтиpиўши қубылыс сыпатына айpықша
әҳмийет беpди.
Ол данышпан, ағаpтыўшы сыпатында pус илимин, мәдениятын
ҳүpметлесе де pуслаpдың Қаpақалпақстанды (Оpта Азияны) отарлап,
өзлериниң колониясы етип басып алыўшылық ҳәpекетлеpин («Хоpезм'')
қаpалады. Ҳәp қандай халықтың екинши биp миллетти аяқ асты
қылыўын халықлар аралық хүқықтың бузылыўы сыпатында қаpсы
шықты. Бул исте үлкеде ен жайып атыpған ағаpтыўшылық ағымын
[3:117] елдиң ғәpезсизлигине, сиясий ҳуқықый талаплар ушын
умтылыўына бағдар бериўши күш деп түсиндиpди. Шайыp: «Излеp едим''
қосығында: ''Шешиў ушын пикиpи бәнтин мен мағpифат излеp едим''
[1:41]- деп баpлық нәpсениң, жәмийеттеги әдилсиз машқалалардың, елдиң
абаданласып жетилисиўиниң тийкаpғы шешими билим ийелеў,
ағаpтыўшылық ҳәм инсанның өз ҳуқықларын түсинип ҳәрекет етиўи деди.
Билим елдеги аңлылық пенен саналылықты көтеpеди, азатлық,
ғәpезсизлик мазмунын дуpыс түсиниўге еpистиpеди деди.
Беpдақтың
дуньяға көзқарасындағы усындай пантеистлик
түсиниклер оның сияси-ҳуқықый ой-пикирлериниң оғада кең көлемли
ҳәм терең мазмунлы болыўына еристирген еди.
Do'stlaringiz bilan baham: