«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»


БАСПАСӨЗДЕ БЕРДАҚ ПОРТРЕТИНИҢ



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet52/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

БАСПАСӨЗДЕ БЕРДАҚ ПОРТРЕТИНИҢ
БЕРИЛИЎ ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ 
 
Қ.Қалекеев, ҚМУ доценти, 
М.Ибрагимова, ҚМУ студенти 
Бүгинги дәўир басылымлары өзиниң дизайни, фотографиялық ҳәм 
фотографиялық болмаған сүўретлердиң берилиў өзгешеликлери менен 
ажыралып турады. Газета-журнал бетлеринде берилген сүўретлер оның 
иллюстрациялық жақтан безелиўин тәмийинлеў менен бирге журналист 
материалының тәсиршеңлигин де асырады. Бул бойынша қәнигелер 
«Бүгинги заманагөй технологиялардың раўажланған дәўиринде баспасөзди 
фотосүўретлерсиз 
көз 
алдымызға 
келтире 
алмаймыз. 
Жәҳән 
журналистикасы тарийхы ҳәм де бүгинги дәўиринде фотосүўретлер газета-
журналлардың иллюстрациялық безеги ҳәм аудиторияға тәсир етиўдиң ең 
тийкарғы факторынан бири сыпатында хызмет етип келмекте» [1:79] - 
деген пикирди билдирмекте. Соның менен бирге фотографиялық ҳәм 
фотографиялық болмаған сүўретлер газета-журнал оқыўшыларын 
ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда да, миллий ҳәм тарийхый 
мийрасларды үгит-нәсиятлаўда да үлкен әҳмийетке ийе.
Баспасөзде тарийхый тулғалардың, классик шайырларымыздың 
портертлериниң берилип барылыўы миллий мәдениятымыздың өсип 


145 
раўажланыўында ҳәм жас әўладты миллий руўхта тәрбиялаўда айрықша 
орын тутады. 
Қарақалпақстан баспасөзинде ҳәм интернет материалларында классик 
шайырымыз Бердақ Ғарғабай улының (1827-1900) бир неше 
сүўретлериниң берилип киятырғанлығын көремиз. Атап айтқанда, 
Қ.Бердимуратовтың «Бердақ портрети», Ж.Изентаевтың «Саҳра бүлбили», 
Б.Аймуратовтың «Халық ушын», «Бердақ бақсы мийманда», «Бердақ 
триптих»и, Б.Серекеевтиң «Бердақ Аралда» ҳәм тағы басқа да 
художниклердиң тарийхый жанрдағы сүўретлеринде, живопислик 
шығармаларында шайыр образына, оның ҳақыйқый келбетине жақын 
сәўлелендириўлер бар. 
Заманагөй баспасөзде Бердақ портретиниң ең көп берилетуғын 
мапазы бул шайырдың туўылған күнлерин республикалық көлемде 
белгилениўине туўра келеди. Мәселен, «Еркин Қарақалпақстан» 
газетасының сентябрь, октябрь ҳәм ноябрь айларында «Пүткил халқымыз 
уллы Бердақ шайырдың 175 жыллығын байрамлап атыр», «Бердақ 
шайырдың туўылғанына 180 жыл толыў мүнәсибети менен», «Бердақ 
шайыр 185 жаста», «Уллы Бердақ бабамыздың 190 жыллығына бағышлап» 
рубрикалары астында жәрияланған мақалалар менен бирге шайырдың 
сүўретлери де берилип барылады. 
Бүгинги күнге шекем Бердақ сүўретин жаратыў бойынша көркем өнер 
хызметкерлери тәрепинен көплеген жумыслар алып барылды. Бердақ 
шайырдың дәслепки эталон тулға портрети художник Борис Дмитриевич 
Калменов тәрепинен жаратылды. 1977-жылы Бердақ шайырдың 
туўылғанының 150 жыллығы алдынан Қарақалпақстан Республикасы 
Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси тәрепинен көркем өнер 
хызметкерлерине, художниклериге Бердақ бабамыздың жаңа түп нусқа 
портретин жаратыў бойынша көрсетпе берилди. «Қарақалпақстан 
Республикасы Жоқарғы Кеңеси қасынан шөлкемлестирилген арнаўлы 
комиссия художник Қәўендер Бердимуратовтың эскизлериниң буйыртпаға 
жақын келетуғынын есапқа алып, оған қосымша жаңа көрсетпе берип, 
Бердақ шайырдың түп нусқа портретин жазыўды тапсырған. Түп нусқа 
портрет юбилей күнлеринен бурын питкерилип сол нусқа бойынша китап-
газеталарда сүўретлер жәрияланып, ҳәр қыйлы открытка ҳәм маркалы 
конвертлер шығарылған» [2:17].
Баспасөз бетлеринде Бердақ шайырдың ең көп берилетуғын, «Бердақ 
шайыр» дегенде кең жәмийетшиликтиң көз алдына шайыр келбетин 
ериксиз 
сәўлелендиретуғын 
сүўрет 
бул 
художник 
Қәўендер 
Бердимуратовтың «Бердақ» атамасындағы бюстлик портрети болып 
табылады. Мәселен, «Еркин Қарақалпақстан», «Вести Каракалпакстана», 
«Қарақалпақстан жаслары», «Қарақалпақ әдебияты» ҳәм басқа да 
газеталарда жәрияланған Бердақ шайыр ҳаққындағы мақалаларда 


146 
художник Қ.Бердимуратов тәрепинен дөретилген бюстлик портретиниң 
берилгенин жийи көремиз. 
«Еркин Қарақалпақстан» газетасының 2003-жылдың 25-декабрь №155 
(17901) санында «Пүткил халқымыз уллы Бердақ шайырдың 175 
жыллығын байрамлап атыр» рубрикасы астында жәрияланған академик 
Ҳ.Ҳамидовтың «Бердақ – руўхый мәдениятымыздың өреси» темасындағы 
мақаласында Бердақ шайырдың бюстлик портрети берилген. Шайырдың 
бул сүўретиниң артқы фонында кең далаңлық ҳәм узақлардан емески 
көринген айқуш-уйқуш, өркешли қумлық көзге тасланады. Бул қарақалпақ 
жерлериниң өзине тән болған миллий коллоритин береди. Художник 
сүўреттиң артқы фоны арқалы Бердақты саҳра бүлбили екенлигин образлы 
сүўретлеўге ҳәрекет еткен. Сондай-ақ, художник бул сүўретте Бердақтың 
өз ана топрағында узақ мәнзиллерге нәзер таслап, ойшаң турғанлығын 
шебер сәўлелендирген. Сүўретти көрген газета оқыўшысында шайырдың 
өз ана топрағын көзи қыймай, үлкен арзыў-әрманлар, жақсы нийетлер 
менен узақ сапарға атланғандай сезиледи. 
Художник 
Қ.Бердимуратовтың 
бул 
портретин 
«Еркин 
Қарақалпақстан» газетасының 2016-жылдың 26-ноябрь №143 (19917) 
санында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы Ә.Жиемуратовтың 
«Шайыр бабамыз еске алынбақта» деп аталған мақаласында да көриўимиз 
мүмкин. 
Баспасөзде тап усы портреттиң арқа фонының өзгериске ушыраған 
түрлерин де көплеп ушыратамыз. Мәселен, «Қарақалпақ әдебияты» 
газетасының 2017-жыл апрель №4 (76) санында «Бердақ шайырдың 
туўылғанына 190 жыл» деп аталған арнаўлы бетте «Мәңги булақлар» 
рубрикасы астында Р.Ибрагимованың «Халық дәртин жырлаған шайыр» 
атамсындағы мақаласы ҳәм Бердақтың «Өмирим» қосығының өзбек 
тилине аўдармасы берилген. Усы еки газета материалының жоқарғы 
тәрепиниң оң мүйешине Бердақтың бюстлик портрети берилген. Бирақ бул 
сүўретте арқа фонындағы көринис алып тасланған. Бул типтеги сүўретти, 
яғный арқа фонында ақ реңнен пайдаланылған вариантын «Әмиўдәрья» 
журналында да ушыратамыз. Мысалы ушын, «Әмиўдәрья» журналының 
2012-жыл 1-санының биринши бетинде Бердақ шайырдың 185 жыллық 
юбилейине бағышлап Қ.Бердимуратовтың «Бердақ» атлы бюстлик 
портрети ақ фон менен берилген. 
«Әмиўдәрья» журналының муқабасының ишки бетлерине классик 
шайырлардың, тарийхый тулғалардың ҳәм жәмийетлик искерлердиң 
сүўретлерин бериў дәстүрге айланған. Мәселен, журналдың 2008-жыл 4-
санында Қ.Бердимуратов тәрепинен салынған Бердақ шайырдың 180 
жыллық юбилейине бағышланған сүўрети, 2012-жыл 1-санында шайырдың 
185 жыллық юбилейине арналған бюстлик портрети, 2017-жыл 1-санында 
Б.Айтмуратовтың қәлемине тийисли Бердақ шайырдың 190 жыллық 
юбилейине бағышланған сүўрети берилген. Бул сүўретлерде Бердақ 


147 
жасаған дәўирге сай көринислер, элементлер, сондай-ақ, халқымыздың 
миллий ментолитети жоқары көркемлилик пенен сәўлеленген. 
Журналда жәрияланған бул еки портретте де Бердақ шайырдың қара 
үй ишинде отырған көриниси сүўретленген. Қ.Бердимуратов тәрепинен 
салынған сүўретте шайыр басына шөгирме кийип, ийнине шапанын 
жамылып, қолына китап услап бир дизерлеп отыр. Оның нәзеринде де 
узақларға талпыныс, йошлы кейпият сезиледи, сондай-ақ, онда жаслыққа 
тән күш-жигер, белсендилик, алға умтылыў сыяқлы пазийлетлери шебер 
сәўлелендирилген. Бундай элементлер қаҳарман образын саўлатлы етип 
бериўге хызмет еткен. 
Б.Айтмуратовтың салған «Бердақ» атлы портретинде болса, шайыр 
басына шөгирме, үстине шапан кийип, бир қолына дуўтар алып, оң қолын 
лабқта (лабқ – китапты қойып оқыў ушын арналған ағаштан исленген 
үскене) ашық турған китапқа қойып отырған сүўрети берилген. Художник 
шайырды ойшаң ҳалатта, басық минезли, ашық кеўил, билимли, данышпан 
инсан сыпатында тәрийиплеген. 
Бул портретлерде Бердақ образын жаратыў менен бирге, қарақалпақ 
халқының өзине тән болған характерин, оның кийиниў мәдениятын, 
миллий нағысларын, турмыслық буйымларын, улыўма, миллий 
мийрасларын шеберлик пенен сәўлелендиргенин көремиз. 
Солай етип, баспасөзде жәрияланып киятырған Бердақ портретиниң 
мазмуны, оның характери сол дәўирге тән болған элементлери менен 
өзгешеленеди. 
Газета-журнал 
бетлеринде 
Бердақ 
тематикасында 
жәрияланған мақалалар менен бирге, оның сүўретиниң көринис 
имканиятларын туўры ҳәм толық үйрениў ҳәм де олардан үнемли 
пайдаланыў бүгинги дәўир талабы. 
Пайдаланылған әдебиятлар 
1. Глобалласыў процеси ҳәм Ғалаба хабар қураллары хызмети. / Илимий 
мақалалар топламы. – Нөкис: 2016.
2. Реймов А. Бердақ шайыр тулғасы сәнлеў өнеринде. / Бердақ миллий 
мәдениятымыздың 
байтереги. 

Республикалық 
илимий-әмелий 
конференциясының материаллар топламы. – Нөкис: Билим. 2013 

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish