1-ТЕМА. КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИҢ Киши бизнес ҳәм исбилерменлик түсиниклери, олардың әҳмийети ҳәм мазмуны Киши бизнес ҳәм исбилерменлик хызметиниң экономикалық, социаллық ҳәм ҳуқықый тийкарлары
1.3. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик орталығы ҳәм оған тәсир етиўши факторлар
1.4. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик хызметин раўажландырыўдың мақсет ҳәм ўазыйпалары
1.5. Киши бизнес ҳәм исбилерменликтиң экономикада тутқан орны
1.6. Өзбекстанда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик хызметин раўажландырыў бағдарлары
1.7. “Бәркамал әўлад жылы” мәмлекетлик бағдарламасында жасларды киши бизнес ҳәм исбилерменлик хызметине бағдарлаўға қаратылған илажлар
Базар қатнасықлары жағдайында экономиканы раўажландырыўдың тийкарғы факторларынан бири киши бизнес ҳәм исбилерменлик хызметин раўажландырыў есапланады.
Олай болса, «исбилермен», «исбилерменлик» түсиниклери қандай мазмунға ийе ҳәм нени аңлатады?
Бул түсиниклерди ҳәзирги мәнисинде биринши болып XVII әсирдиң ақыры ҳәм XVIII әсирдиң басларында инглис экономисти Ричард Кантилон қолланған еди. Оның пикиринше, исбилермен тәўекелшилик шараятында хызмет көрсетиўши адам. Кейин ала, XVIII әсирдиң ақыры ҳәм ХIХ әсирдиң басында белгили француз экономисти Ж.Б.Сей (1767-1832 ж.ж) «Сиясий экономия» китабында (1803 ж.) исбилерменлик хызмети өндиристиң тийкарғы үш факторлары - жер, капитал, мийнеттиң бир пүтинлиги деп тәрийиплеген еди. Ж.Б.Сейдиң пикиринше, исбилермен алған дәрамат оның мийнети, өндиристи шөлкемлестиргенлиги, өнимди өз ўақтында сатқанлығы ушын берилген сыйлықтан ибарат. Исбилермен тәўекелшилик етип, қандайда өним ислеп шығарыўды өз жуўапкершилигине алады.
Инглис экономист алымлары А. Смит (1723-1790 ж.ж.) ҳәм Д.Рикардо (1772-1823 ж.ж) экономиканы өзин-өз муўапықластырыўшы механизм деп қабыл еткен. А.Смиттиң пикиринше, исбилермен – капитал ийеси. Ол мәлим коммерциялық идеяны әмелге асырып, дәрамат алыў ушын тәўекелшилик пенен ис баслайды, себеби капиталды қандайда иске сарыплаў барлық ўақытта тәўекелшилик пенен байланыслы. Исбилерменликтен алынған дәрамат, А.Смиттиң пикиринше, жеке тәўекелшилик ушын алынған сыйлық. Исбилермен өндиристи өзи жобаластырады, шөлкемлестиреди, өндирис нәтийжелерине ийелик етеди. Бул жумыслар, өз гезегинде, базар системасы менен байланыслы. ХIХ-ХХ әсирлер шегараларында исбилерменлик институтының әҳмийети ҳәм ролин көпшилик түсине баслады. Француз экономисти Андре Маршалл (1907-1968 жж.) биринши болып өндиристиң үш факторына (жер, капитал, мийнет) төртинши фактор – шөлкемлестириў факторын қосты. Сол ўақыттан баслап исбилерменлик түсиниги ҳәм сол тараўда алып барылатугын жумыслар көлеми кеңейип бармақта.
Америкалы экономист Ж.Б.Кларк (1847-1938 жж.) Ж.Б.Сейдиң «үшлик формуласына» бираз өзгерислер киргизди. Оның пикиринше, өндиристе барлық ўақытта төрт фактор қатнасады:
1) капитал;
2) өндирис әсбаплары ҳәм жер;
3) исбилерменлик хызмет;
4) исшиниң (жумысшы, ислеўши) мийнети (жумыс күши).
Белгили америкалы экономист Й. Шумпетер (1883-1950 жж.) өзиниң «Экономикалық раўажланыў теориясы»1 китабында, исбилерменди новатор (жаңалық жаратыўшы адам) деп тәрийиплеген. Инглис профессоры А.Хоскин болса «жумысты өз есабынан алып барыўшы, бизнести басқарыў менен шуғылланыўшы ҳәм керекли қураллар менен тәмийинлеў ушын жеке жуўапкершиликке ийе, қарарды ғәрезсиз (өз бетинше) қабыл етиўши шахс жеке тәртиптеги исбилермен болады»2, - деп түсиндиреди.
Бүгинги күнде исбилерменлик теориясын раўажландырыўдың төрт басқышы бар.
XVIII әсирде-ақ жүзеге келген биринши басқыш – исбилерменлик қәўип-қәтерин өзине алыў, басқаша айтқанда, тәўекелшилик пенен байланыслы. Исбилерменликтиң екинши басқышы болса инновация процесси менен байлыныслы.
Исбилерменликтиң жүзеге келиўиниң үшинши басқышы исбилерменликтиң айрықша жеке белгилери: экономикалық ҳәм социаллық жағдайдың өзгериўинде туўры жол таба билиў қәбилети, басқарыў қарарларын таңлаў ҳәм қабыл етиўде өз бетиншелик, басқарыў қәбилетлериниң толық пайда болыўы менен характерленеди.
Исбилерменлик теориясының раўажланыўындағы ҳәзирги басқышын төртинши басқышқа киритиў мүмкин. Солай етип, исбилерменлик – бул экономикалық хызметтиң айрықша түри болып, оның тийкарында өз бетинше басламашылық, жуўапкершилик, исбилерменлик идеясына тийкарланған, пайда алыўға бағдарланған, мақсетке муўапық хызмет жатады.
Исбилерменлик экономикалық активликтиң айрықша түри болып, оның басланғыш басқышы, әдетте, пикирлеў хызмети ямаса оның нәтийжеси менен байланыслы болады.
Исбилерменлик жаңалық жаратыў, товар ислеп шығарыў хызметин өзгертиў ямаса кәрхананы (соның ишинде, киши кәрхананы) шөлкемлестириў тараўында дөретиўшиликтиң бар екенлиги менен характерленеди. Мине усы дөретиўшилик Й.Шумпетер пикирине тийкарланып, исбилерменге басқалар итибар бермеген ҳәм билмеген жумысларға итибар берип, хызмет жүргизиў имканиятын береди.
Исбилерменликтиң және бир әҳмийетли белгиси өндирис процессинде жаңа идеялардың әмелге асырылыўы базар тәрепинен қалай қабыл етилиўин алдын ала көре билиў қәбилетинде пайда болады. Көплеген изертлеўшилер жәмийетте исбилерменлик пенен шуғылланыўшылар саны көбейип баратырғанлығын тастыйықлайды. Мағлыўматларға қарағанда, өз бетинше хызмет жүргизиўши халықтың 8-10 % бөлеги исбилерменлик пенен шуғылланыўы мүмкин. Исбилерменлик ҳәр қандай басқа кәсип сыяқлы исбилерменлик белгилерин талап етеди.
Исбилермен адамнан, дәслеп, өзине ҳәм өзиниң қәбилетине исеним талап етиледи.Өзине, өз күшине исенбейтуғын инсан тек исбилерменликке емес, ал ҳәр қандай тараўда да жумысты ақырына шекем алып барыўға қәбилетли (ылайық) емес.
Ҳәр қандай хызметтен күтилетуғын нәтийже инсанға, дәслеп оның мийнет етиў мәденияты дәрежесине байланыслы болады. Мысалы, японлар өзлериниң «экономикалық таңқаларлықлары» тийкарында тек илим, илимий-техникалық ҳәм технологиялық жетискенликлер емес, ал мийнет мәдениятының өзгериўи жатқанлығын тастыйықлайды. Япония экспертлериниң пикирине муўапық, буның ушын япон жәмийетине 30 жыл керек болған.
Исбилерменлик нийетин әмелге асырыў белгиленген дәрежеде исбилерменниң мотивлесиўине (мәпдар болыўына) байланыслы. Қарар қабыл етиў, жуўапкершиликти өз мойнына алыў сыяқлы функциялар исбилерменликти басқарыў хызмети менен байланыстырады. Сонлықтан да исбилерменликти менеджерден ажыратыў зәрүр. Олардың ҳәр бири өзине тән функцияларды орынлайды. Бир тәрептен исбилерменлик хызметиниң мазмуны басқарыў хызметинен кеңирек болса, басқа тәрептен ҳәр бир исбилермен де менеджменттиң функцияларын орынлай алмайды. Менеджмент тийкарларына бағышланған китапта бул ҳаққында жақсы пикир билдирилген: «Жеке тәўекелшилик, финанслық имканиятқа болған қатнасық, тынымсыз мийнет етиў сыяқлы өзгешеликлерге ийе болған исбилермен ирилесип баратырған кәрхананы басқарып кетеди, деген гәп емес»3.
Менеджердиң «қәлиплеспеген структураны қәлиплестириў» қәбилети иси жүрисип киятырған исбилерменге барлық ўақытта да тән бола бермейди. Сонлықтан ири кәрханалар басқармасына менеджерлер келмекте.
Жуўмақластырып айтқанда, бүгинги шараятта «исбилермен» түсинигине «менеджер» түсиниги жүдә жақын турады. Соның менен бирге, исбилермен мүлк ийеси болса, менеджер басқарыўшы есапланады. Әмелде болса, көпшилик мүлкдарлар менеджердиң функциясын орынлайды, бир қатар менеджерлер болса өзлери басқарып турған өндирислик кәрханаларға ийе болып қалмақта.
Do'stlaringiz bilan baham: |