1-тема. Киши бизнес ҳӘм исбилерменликтиң ӘҲмийети ҳӘм мазмуны


Киши бизнес ҳәм исбилерменлик орталығы ҳәм оған тәсир етиўши факторлар



Download 159,65 Kb.
bet3/27
Sana22.02.2022
Hajmi159,65 Kb.
#107047
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   27
Bog'liq
ои лшефз

Киши бизнес ҳәм исбилерменлик орталығы ҳәм оған тәсир етиўши факторлар


Ҳәр қандай исбилерменлик мәлим бир аймақта: мәмлекет, ўәлаят, қала ямаса аўыл көлеминде алып барылады. Исбилерменлик хызметин нәтийжели алып барыў ушын мәлим бир исши орталыгы болыўы керек.
Бундай орталық айырым аймақлар шеңберинде бирлесип, өзинде исбилерменлик функцияларын әмелге асырыўды сәўлелендиреди. Улыўмалық жағдайда исбилерменлик орталыгы тийкарынан төмендеги төрт фактор: ҳуқықый, сиясий, социаллық ҳәм экономикалық факторлардың өз-ара байланыслылығы нәтийжесинде әмелге асырылады. Жоқарыда келтирилип өтилген факторлардан ҳуқықый фактор тийкарғы фактор есапланады, себеби исбилерменлик хызметин алып барыў ушын исбилерменлик орталыгында әмелге асырылыўы мүмкин болған ойынлар қағыйдасын көрсетип береди. Улыўма алғанда ҳуқықый фактор – исбилерменлик хызметин жүргизиў жолындағы барлық нызамлар (салық. жер, мийнет қатнасықлары) ҳәм көрсетпелер комплекси болып, исбилерменлик хызметин тәртипке салады ҳәмде исбилерменниң экономикалық процесстеги басқа субъектлер менен қатнасықларын бирлестиреди.
Сиясий фактор исбилерменлик процессинде болып атырған барлық ҳәдийселерге мәмлекеттиң қатнасығын ҳәм оларға мәмлекеттиң тәсирин белгилеп береди. Мәмлекеттиң исбилермен хызметине қандай дәрежеде тәсир көрсетиўи ямаса араласыўы кереклиги де сиясий фактор түсинигине киреди. Ҳәр бир мәмлекетте исбилерменликтиң раўажланыўына ондағы сиясий системаның турақлылығы үлкен тәсир көрсетеди. Егер сиясий система турақлы болмаса, исбилерменлер үлкен инвестицияларды тартпастан жоқары дәрежедеги пайда алыў мақсетинде киши мүддетке мөлшерленген түрли операцияларды әмелге асырыўға ҳәрекет етеди. Сиясий жағдайдың турақлылығы исбилерменге өз хызметин стратегиялық жақтан жойбарлаў, яғный узақ мүддетке мөлшерленген жумысларды әмелге асырыў мүмкиншилигин береди.
Социаллық фактор басқаларға салыстырғанда өзиниң қурамы бойынша бир қанша қурамалы есапланады. Сонлықтан да оның қурамы көплеген элементлерден қуралады. Егер исбилермен оларды итибарға алмаса, келешекте унамсыз нәтийжелерге алып келиўи мүмкин. Төмендегилер бул фактордың тийкарғы элементлери есапланады:

  • жәмийеттеги идеологияның жағдайы;

  • миллий үрип-әдетлер;

  • миллеттиң мәдений ҳәм турмыслық әдетлери;

  • әтираптағы адамлардың исбилермен ҳәм исбилерменлик хызметине болған қатнасығы;

  • мәмлекеттиң исбилермен ҳәм исбилерменлик хызметине болған қатнасығы.

Экономикалық фактор базардағы бәсекини ҳәм баҳаның жағдайын өзинде сәўлелендиреди. Баҳа системасы, өз гезегинде, баҳалардың дәрежеси, өндирис процессине исбилермен тәрепинен тартылып атырған өндирис факторлары, жумыс күши, кредит ставкасының муғдары ҳәмде салық ҳәм мәжбүрий төлемлерди өз ишине алады. Бунда базардағы бәсеки шараятлары сапа ҳәм муғдары бойынша анализленеди.
Исбилерменликти мәмлекет тәрепинен мәлим бир шараятлар жаратылғанда ғана әмелге асырылыўы мүмкин. Оның шөлкемлестирилиўи дәслеп жәмийеттеги мәлим бир жағдайдың жүзеге келиўи менен байланыслы болып, ондағы сиясий ҳәм экономикалық жағдай исбилерменлик хызметиниң шөлкемлестирилиўине бағдарланған болады. Сонлықтанда Өзбекстан Республикасында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша Президентимиз И.А. Каримовтың басламасы менен 2011-жыл Киши бизнес ҳәм исбилерменлик жылы деп қабыл етилди ҳәм керекли нызамлар, қарарлар, пәрманлар ҳәм сол сыяқлы ҳуқықый-норматив ҳүжжетлер қабыл етилген болып, олар турмысқа енгизилмекте. Исбилерменлик хызметиниң келешеги исбилерменлик орталығы менен белгиленеди, бул жәмийеттеги социал-экономикалық жағдайды сәўлелендиреди. Социал-экономикалық жағдайға экономикалық еркинлик, исбилерменлер классы, экономикалық байланысларда базардың үстемлилиги, исбилерменлик капиталын бирлестириў шараятының бар екенлиги ҳәм керек болған ресурсларды ислетиў киреди.
Исбилерменлик орталығын қәлиплестириў басқарылатугын процесс. Исбилерменлик орталығын қәлиплестириў көп тәрепли процесс болып, ол өз ишине төмендегилерди бирлестиреди:

  • социаллық, экономикалық ҳәм социал-экономикалық философияның ҳәмде олар менен байланыслы болған жәмийет ағзаларының психологиясының өзгериўи;

  • исбилерменликти қоллап-қуўатлаўшы миллий бағдарламалардың қабыл етилиўи.

Исбилерменликти раўажландырыўдың тийкарғы мақсети мәмлекеттиң экономикалық өсиўиниң қосымша дереги сыпатында социаллық (жәмийетлик) машқалаларды шешиўде үлкен роль ойнайды, бәнтлилик машқалаларын шешиў, миллий байлықты көбейтиў ҳәм миллеттиң абаданшылығы ушын хызмет етеди. (1.3.1-сызылма.)



Заманагөй социал-экономикалық философияның қәлиплесиўи




Исбилерменлик орталығын қәлиплестириў




Экономикалық активликтиң айрықша формасы сыпатында исбилерменликти қәлиплестириў

























Социаллық орталықты қәлиплестириў




Исбилерменлик инфраструктурасын қәлиплестириў




Миллий байлық
ҳәм миллий абаданшылықтың өсиўи










Download 159,65 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish