2.2. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик кәрханаларына лицензия бериў тәртиби
Исбилерменлик хызметиниң айрым түрлери менен шуғылланыў ушын мәмлекет тәрепинен ўәкилликли органлардан лицензия алғаннан кейин рухсат бериледи. Лицензия бериўши органлар 2.2.1-кестеде келтирилген.
Лицензия кәрхананы басқаратуғын шахстың арзасына қарап бериледи, арзаға кәрхананы дүзиўшилер ҳүжжетлериниң нусқасы қосымша етип тигиледи. Тийисли ҳүжжетлер ҳәм арза тапсырылғаннан соң, 30 күн ишинде лицензия бериў ҳаққында қарар қабыл етиледи.
Егерде лицензия бериў ушын экспертиза талап етилсе, оны тийисли мәмлекетлик органлар әмелге асырады. Экспертиза жуўмағы алынғаннан соң, 15 күн ишинде арза ҳәм тийисли ҳүжжетлер тапсырылса, 60 күннен кешиктирмей, қарар қабыл етиледи. Буған экспертиза ушын сарыпланған қарежетлерди арза бериўши төлейди.
2.2.1 – кесте. Лицензия бериўши органлар
Лицензия бериўши органлар
|
Хызмет түрлери
|
Министрлер кабинети
|
-ракета-космос комплекси;
-байланыс системалары;
-қымбат баҳа металлар;
-қымбат баҳалы тасларды қазып алыў;
-қымбат баха таслар ҳәм металлардан зергерлик буйымларын жасаў;
-ҳаўа транспорт ҳәм басқа хызмет түрлери.
|
Әдиллик министрлиги
|
-юридикалық тәреплердиң юридикалық хызмет пенен шуғылланыўына, мәселен адвокатлық мәсләҳәти, нотариал мәкемелери.
|
Финанс министрлиги
|
-қымбатлы қағазларды шығарыў;
-лотерея ойынларын өткизиў;
-аудиторлық хызметти әмелге асырыў.
|
Орайлық банк
|
-валюта операцияларын өткизиў;
-коммерциялық банклерди ашыў ҳәм басқалар
|
Ишки ислер министрлиги
|
-аңшылық ҳәм спорт қуралларына ҳәм де оларды оңлаў және сатыўға;
-суўық қуралларды ислеп шығарыў ҳәм сатыўға;
|
Ден саўлықты сақлаў министрлиги
|
-медициналық хызмет көрсетиў;
-фармокологиялық препаратлар ислеп шығарыў ҳәм сатыў
|
Халық тәлими, Жоқары ҳәм орта арнаўлы тәлим министрликлери, тест орайы
|
-балалар ҳәм жас өспиримлер ушын саламатластырыў лагерлерин шөлкемлестириў;
-жеке оқыў шөлкемлерин ашыў ҳәм басқалар
|
Өзбекстан почта ҳәм телекоммуникациялар агентлиги
|
-байланыс хызметин көрсетиў
|
Лицензия еки нусқада болып, ҳүжжет бериўге жуўапкер шахс тәрепинен қол қойылып, берип атырған органның мөри басылып, бир нусқада арза бериўшиге тапсырылады.
Лицензия да төмендегилер көрсетилген болады:
-лицензия берип атырған тәрептиң аты ҳәм мәнзили ямаса исбилерменлик хызметин әмелге асырып атырған шахстың исми-шәрипи, жасаў орны;
-лицензия берилип атырган хызмет түри;
-хызметти әмелге асырыў қағыйдалары ҳәм шараятлары;
-лицензияның дизимге алынған рақамы, берилген ўақты ҳәм мүддети.
Егерде исбилермен рухсат етилген хызметти әмелге асырыўда лицензия да белгиленген нызам-қағыйдаларды ямаса әмелдеги нызамларды бузса, сондай-ақ, халықтың турмысына қәўип туўғызатуғын хызмет пенен шуғылланса, бундай жағдайда лицензия берген шөлкем исбилерменди лицензиядан пайдаланыў ҳуқуқынан айырыўға ҳақылы.
Егерде исбилерменниң хызмети тоқтатылса ямаса исбилермен лицензиядан пайдаланыў ҳуқуқынан айырылса, бундай жағдайда лицензия берген шөлкем тәрепинен лицензия алып қойылады.
Do'stlaringiz bilan baham: |