1-тема. Киши бизнес ҳӘм исбилерменликтиң ӘҲмийети ҳӘм мазмуны



Download 159,65 Kb.
bet16/27
Sana22.02.2022
Hajmi159,65 Kb.
#107047
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   27
Bog'liq
ои лшефз

2.4.1 – сүўрет

Ҳәр бир структурада рәсмий ҳәм рәсмий емес байланыслар болады. Басқарыў структурасында рәсмий байланыслар тийкарғы орынды ийелейди. Лекин, рәсмий емес байланыслар да үлкен әҳмийетке ийе. Сызықлы (басқышлы) структура басқарыў структурасының ең әпиўайы түри болып есапланады.


Бунда басқарыўдың ҳәмме функциялары кәрхана басшысының қолында топланып, барлық киши, төменги басшылар ҳәм өндирис басшылары оған бағынады. Ҳәр бир басшы өзине исенип тапсырылған бөлимниң искерлигин жеке басшылық тийкарында басқарады ҳәм зәрүр қарарларды өз бетинше қабыл етеди.
Бойсыныўшы қәнигелер тек ғана өзиниң тиккелей баслығының көрсетпелерин орынлайды. Мәселен, кәрхана директоры цехтың баслығынан атлап мастерге буйрық бермеўи керек. Сызықлы структураның өзине тән унамлы ҳәм унамсыз тәреплери бар.
Сызықлы структураның унамлы тәреплери:
-өз-ара қарама-қарсы, алжасық тапсырмалардың берилиў жағдайларын азайтады;
-жеке басшылық ҳәм жеке жуўапкершилик беккемленеди;
-бул структура әпиўайы, пухта ҳәм үнемли;
-басқышлар саны аз болады;
-басқарылыўшы объекттиң жумысына аз адам араласады;
-ўазыйпалар тез-арада шешиледи;
-барлық система нәтийжели ислейди;
-қәнигелер тек ғана өзиниң баслығына есап береди.
Сызықлы структураның унамсыз тәреплери:
-бундай структура әпиўайы мәслелерди шешиўге бағдарланғанлығы себепли, айрым комплекс мәселелерди шешиўде бир қанша қыйыншылықлар пайда болады;
-бундай шараятта басшы көбирек тез - арада орынланатуғын ислер менен бәнт болып, стратегиялық машқалаларды итибардан шетте қалдырады;
-бундай басқарыў шараятында буйрықпазлық ҳәм рәсмиятшылықтың пайда болыў қәўпи күшли болады.
Сызықлы – штаблы структура ҳәр бир сызықлы басшының қасында қәнигелескен хызметшилер, мәсләҳәтшилер кеңеси, яғный штаблар дүзиў жолы менен шөлкемлестириледи.
Сызықлы басшылар кәрхананың бас мақсетине ерисиў жолындағы бирлемши ўазыйпалардың орынланыўына жуўапкер болса, штабдағылар болса екилемши ўазыйпалардың орынланыўына жуўапкер болады. Олар мәсләҳәт бериў функциясын атқарады. Сызықлы басшылардың тийкарғы ўазыйпасы усыныс етилген унамлы ҳәм унамсыз мәсләҳәтлер ишинен мақсетке муўапығын анықлаў ҳәм оны қабыллаўдан ибарат.
Бул структураның абзаллығы соннан ибарат, сызықлы басшылар өзиниң дыққатын илим-изертлеў жумысларына емес, бәлким, тийкарынан кәрхананың ағымдағы искерлигине қаратады.
Кемшилиги – басқарыў системасында артықша буўынлардың пайда болыўына, нәтийжеде басқарыў тезлигиниң пәсейўине басқарыў қәрежетлериниң өсиўине алып келеди.
Функционал структура. Функционал структураның қурамы басшылар ҳәм структура буўынларының искерлигин қәнигелестириўге қаратылған. Функционал структура да өзиниң унамлы ҳәм унамсыз тәреплерине ийе.
Функционал структураның унамлы тәреплери:
-бул структурада басқарыў искерлиги терең қәнигелеседи. Бул болса басқарыўдың кәсиплик, шеберлик дәрежесиниң өсиўин тәмийинлейди. Мәселен, маркетинг бойынша қәниге өзиниң тараўын жоқары орган басшыларынан жақсырақ билиўи, өз нәўбетинде жумыстың жоқары дәрежеде орынланыўына алып келеди;
-функционал салада муўапықластырыў ислерин жақсылаўға ерисиледи. Қәнигелерде тезирек көнликпе пайда болады;
-материаллық қәрежетлер кемейеди, басқарыўдағы тәкрарланыўларға шек қойылады ҳәм тағы басқалар.
Функционал структураның унамсыз тәреплери:
Функционал органлар өзине тапсырылған ўазыйпаларды сапалы орынлаўдан мәптар болып, кәрхананың улыўма искерлигине жуўап бермейди. Бунда ҳәр бир басшы өз ўазыйпасы бойынша көрсетпе бериў ушын барлық ҳуқуқларға ийе. Сонлықтанда, бул нәрсе жеке басшылық принциплериниң бузылыўына, тәртип-интизамның босасыўына алып келеди. Себеби ҳәр бир орынлаўшы бир баслыққа емес, бир ўақттың өзинде, бир неше баслыққа бойсынады, көпшилик жағдайда олардан бир-бирине қарама-қарсы көрсетпелер алады.
Басқарыўдың сызықлы – функционал структурасы шараятында ислейтуғын басшыларға квалификациялық жәрдем көрсетиў ушын функционал шөлкемлер дүзиледи. Бул шөлкемлердиң ўазыйпасы басқарыў қарарларын таярлаў ҳәмде басшыларға квалификациялық жәрдем бериўден ибарат.
Программалық – мақсетли структура. Ҳәзирги заман кәрханаларының искерлигиндеги көп ғана машқалаларды шешиўде горизантал бойынша келисип алыў ҳәм муўапықластырыўды талап етеди. Мәселен, кәрхана жаңа түрдеги өним ислеп шығарыўға өтетуғын болса:
-материалларды сарыплаўдың жаңа нормаларын ислеп шығарыў;
-мийнет нормаларын қайта көрип шығыў;
-ҳәр қыйлы кәсиптеги жумысшыларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў;
-жаңа материалларға талапты анықлаў;
-жеткерип бериўшилер менен байланыс орнатыў;
-жаңа технологияларды енгизиў ҳәм тағы басқалар талап етиледи.
Жоқарыдағы ўазыйпаларды ҳәр қыйлы хызмет бөлимлери орынлайды, олар орынлайтуғын ислердиң мазмунын ҳәм мүддетлерин келисип алыў, өндиристиң бир қанша элементлерин тутастырыў лазым. Айрым жағдайларда функционал хызметлер арасында байланыслардың бузылыўы пайда болады, хызметлер болса тартысыўлар менен әмелге асырылады.
Бул машқалалар жаңа шөлкемлестириўшилик басқарыў структураларын дүзиў жолы менен шешиледи. Бундай структура программалық – мақсетли структура деп аталады. Басқарыўдың программалық – мақсетли структурасы төмендеги еки көринисте болады: жойбар бойынша ҳәм өнимге қарап басқарыў.
Жойбар бойынша басқарыў қысқа мүддетте жаңа техника ҳәм технологияны енгизиў зәрүрлиги пайда болғанда қолланылады. Бунда ўақтынша арнаўлы хызмет бөлими дүзилип, оған ресурслар бериледи. Бул бөлим жойбар дүзеди ҳәм енгизилиўин қадағалайды. Бул бөлим жойбарды орынлаў ушын кәрхананың барлық функционал хызметлер ҳәм бөлимлериниң искерлигин муўапықластырыўшы орган есапланады. Бул органға тийисли ҳуқуқлар бериледи. Ол ўазыйпалардың орынланыўы ушын толық жуўапкер есапланады. Бундай басқарыў көп номенклатуралы өндиристе қолланылады.
Өнимге қарап басқарыў структурасының абзаллығы информациялардың келип түсиў каналларының, жолларының ҳәм ағымларының қысқарыўында, жеке басшылық принциплерине толық бойсыныўда көринеди. Бундай структура базарда талаптың өзгериўине тез – арада қатнас билдириўге имканият жаратады.
Матрицалы структура бойынша басқарыў бир қанша қурамалы болып, ол өними салыстырмалы түрде қысқа «өмир» көретуғын ҳәм тез–тез өзгерип туратуғын кәрханалар тәрепинен қолланылады.
Басқарыўдың матрицалы структурасының мәниси соннан ибарат, бунда ҳәр бир қәниге, бир ўақыттың өзинде, жойбар бойынша басқарыўда, сондай-ақ, өзиниң функционаллық органында хызметте болады ҳәмде еки жақлама бойсынады.
Басқарыўдың шөлкемлестириўшилик структуралары ҳаққында ақырғы жуўмақлаўларға келер екенбиз, басқарыўдың көрип шығылған шөлкемлестириўшилик структураларының биреўиде рәсмий структура деп аталмайды. Сол себепли ҳәр бир кәрхана (фирма) өзиниң алдына қойылған мақсетинен ҳәм экономикалық орталықтың өзине тән өзгешеликлеринен келип шығып, өзиниң талапларын жоқары дәрежеде қанаатландыратуғын шөлкемлестириўшилик структура түрин таңлаўы керек.



Download 159,65 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish