|
– кесте. Исбилерменлик хызметин шөлкемлестириўде рухсат бериў процесслериниң қысқартырылыўы ҳәм төлемлердиң оптималластырылыўы
|
bet | 13/27 | Sana | 22.02.2022 | Hajmi | 159,65 Kb. | | #107047 |
| Bog'liq ои лшефз
2.1.1 – кесте. Исбилерменлик хызметин шөлкемлестириўде рухсат бериў процесслериниң қысқартырылыўы ҳәм төлемлердиң оптималластырылыўы
Рухсат бериў менен байланыслы процесслердиң түрлери
|
Төлем муғдары
|
Төлем муғдарының қысқартырылыўы процентте
|
Алдын әмелде қолланылған
|
Жаңадан киргизилген
|
Ең кем ис ҳақы муғдары бойынша
|
Сўмда
|
Ең кем ис ҳақы муғдары бойынша
|
Сўмда
|
Исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткизиў
|
5
|
140200
|
2
|
56080
|
- 60
|
Банкте есап бетин ашыў
|
1
|
28040
|
0,5
|
14020
|
- 50
|
Архитектура – режелестириў тапсырмаларын ислеў
|
40
|
1120000
|
10
|
280400
|
- 75
|
Жер участкаларын рәсмийлестириў
|
-
|
130000
|
-
|
58000
|
- 56
|
Экологиялық экспертиза
|
25
|
701400
|
1
|
28040
|
- 96
|
Жойбар – смета ҳүжжетлерин экспертиза қылыў
|
10
|
280400
|
3
|
84120
|
- 70
|
Қурлыс барысында қадағалаў-орынлаў съемкаларын өткизиў
|
5
|
140200
|
3
|
84120
|
- 40
|
Нормативлер жойбарларының экологиялық экспертизасын өткизиў
|
75
|
2103000
|
1
|
28040
|
- 98,7
|
Гигиеналық сертификатлар алыў
|
10
|
280400
|
3
|
84120
|
- 70
|
Улыўма төлемлердиң қуны (лицензия ҳәм рухсатнамаларсыз)
|
|
5037660
|
-
|
830960
|
- 83,5
|
Ескертиў:ең кем ис ҳақы муғдары бойынша төлемлерди қысқарттырыўға
тийисли норматив ҳүжжетлер қабыл етилген дәўирге сәйкес алынған.
2.1.1 - Кестеден көринип турғанындай, исбилерменлик хызметин шөлкемлестириў, рухсат бериў процесслерин қысқарттырыў ҳәм төлемлерди оптималластырыў илажлары әҳмийетли дәрежеде әмелге асырылған. Мәселен, нормативлер жойбарларының экологиялық экспертизасын өткизиў бойынша төлем муғдары 75 есе, экологиялық экспертиза қуны 25 есе кемейттирилген. Буның нәтийжесинде ҳәр бир исбилерменлик субъекти ушын өзиниң хызметин шөлкемлестириўде улыўма алғанда 4207 мың сўм муғдарындағы қаржыны үнемлеў имканияты пайда болады.
2009 жыл даўамында инвентаризация нәтийжесинде анықланған дерлик 2 мыңға жақын бос турған биналар киши бизнес субъекттлерине ижараға берилди. Бунда ижараға бериў тарифлери киши бизнес субъектлериниң қайсы орында жайласқанына ҳәм олардың хызмет түрине қарап 3 еседен 10 есеге дейин, өткен дәўир ишинде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери ушын төмендеги жеңиллик ҳәм қолайлықлар жаратылды:
- өнимлердиң гигиеналық сертификатының ҳәрекет етиў мүддети алдын 3 жыл болса, ал ҳәзир шекленбеген мүддетке өткизилди;
-фитосанитариялық жуўмақлар бериў мүддетлери қысқарттырылды;
-электр ҳәм иссылық тармақларына жалғаныў ушын техникалық шәртлерди орынлаў мүддетлери 1 айдан 3 күнге шекем қысқарттырылды;
- биналарды турақ жайдан, турақ жай емес категорияға өткизиў процесси әпиўайыластырылды;
- мәмлекет мүлкиниң бос турған биналарының ижара ҳақылары 10 ҳәм одан да көп есеге кемейттирилиўи нәтийжесинде олардың 81 проценти (анықланған 3650 ден 2939-ы) исбилерменлик субъектлерине ижараға берилди;
-сыртқы рекламаны жайластырыў тарифлери орташа 20 дан 30 процентке пәсейттирилди ҳәмде айрым аймақлардың аўыллық жерлеринде ҳақы алыў бийкар етилди. Буның нәтийжесинде сыртқы реклама бериўши исбилерменликтиң үлеси 34 проценке көбейди;
-сыртқы рекламаны жайластырыў қуны Ташкент, Фергана, Жиззах, Наманган ҳәм Наўайы областларының аўыллық жерлери ушын 50 % ке кемейди.
Do'stlaringiz bilan baham: |
|
|