1-тема. Киши бизнес ҳӘм исбилерменликтиң ӘҲмийети ҳӘм мазмуны



Download 159,65 Kb.
bet10/27
Sana22.02.2022
Hajmi159,65 Kb.
#107047
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   27
Bog'liq
ои лшефз

раўажландырыў бағдарлары
Өзбекстанда социаллық бағдарланған базар экономикасын қурыўдың тийкарғы мақсетлеринен бири мәмлекетимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик формаларын раўажландырыўдан ибарат. Бул мақсетти әмелге асырыў ушын экономикалық реформалар өткерилди, оның ролин арттырыў ушын ири институционал тийкарлар жаратылды. Өзбекстанда жеке исбилерменлик ҳәм киши бизнес кәрханаларының комплексин қәлиплестириў нәтийжели әмелге асырылмақта.
Бизиң республикамызда киши кәрханалар саны ҳәм олардың ислеп шығарған өнимлер көлеми жылдан-жылға өсип бармақта. Киши кәрханалар Өзбекстан Республикасының «Кәрханалар ҳаққында», «Меншик ҳаққында», «Еркин исбилерменлик хызметиниң кепилликлери ҳаққында»ғы сыяқлы нызамлары, Президент пәрманлары, Министрлер Кабинетиниң қарарлары ҳәм басқа норматив ҳүжжетлер тийкарында шөлкемлестирилмекте.
Жеке исбилерменлик, киши бизнести жедел раўажландырыў тийкарында мүлк ийелери класын қәлиплестириў, тийисли институтлар системасын шөлкемлестириў, киши ҳәм жеке исбилерменлик хызмети тараўына кредит ресурсларын кең тартыў ҳәм шет ел капиталларын алып кириў ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 1998 жыл 9 апрелдеги «Жеке исбилерменлик, киши ҳәм орта бизнесни раўажландырыўды жәнеде қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2003 жыл 30 августта ПФ-3305-санлы Пәрманы қабыл етилди. Усы Пәрманға муўапық «орта кәрханалар» түсиниги бийкар етилди ҳәм 2004 жыл 1 январьдан баслап төмендегилер кишчк бизнес субъектлери есапланады:

  • жеке тәртиптеги исбилерменлер;

  • өндирис тараўларында бәнт болған ислеўшилердиң орташа жыллық саны 20 адамнан, хызмет көрсетиў тараўы ҳәм басқә өндириске байланысы болмаған тараўларда 10 адамнан, көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы, сондай-ақ улыўма аўқатланыў тараўында 5 адамнан аспаған микрофирмалар.

Төмендеги тараўларда бәнт болған ислеўшилердиң орташа жыллық саны:

  • жеңил ҳәм азық-аўқат санааты, металлға ислеў бериў ҳәм әсбапсазлық, ағашты қайта ислеў ҳәм мебель санааты ҳәмде қурылыс материаллары санаатында – 100 адамнан;

  • машинасазлық, металлургия, жанылғы-энергетика ҳәм химия санааты, аўыл хожалық өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў, қурылыс ҳәм басқа санаат-өндирислик тараўларда 50 адамнан;

  • илим, илимий хызмет көрсетиў, транспорт, байланыс, хызмет көрсетиў тараўлары (қамсызландырыў компанияларынан тысқары), саўда ҳәм улыўма аўқатланыў ҳәмде басқа өндирислик емес тараўларда – 25 адамнан аспағанлар киши кәрханалар.

Меншик формаларына қарай киши кәрханалардың төмендеги түрлерин ажыратып көрсетиў мүмкин:
1 . Мәмлекетлик меншикке тийкарланған киши кәрханалар.
2. Жәмәәтлик меншикке тийкарланған киши кәрханалар.
3. Пуқаралардың мүлкине тийкарланған жеке тәртипте ислейтуғын киши кәрханалар.
4. Ижара кәрханалары.
5. Киши қоспа кәрханалар.
2009 жылда республикамызда исбилерменлик, оның киши бизнес формасы менен бәнт болған кәрханалар саны 400 мыңнан асты. Олардың жалпы ишки өнимдеги үлеси 50,1 процентти қурайды. Исбилерменликти раўажландырыў есабынан 392 мың жаңа жумыс орынлары жаратылды.
Өзбекстанда киши кәрханаларды финанслық қоллап-қуўатлаў системасының жетилистирилиўи киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке хызмет көрсететуғын банклер, фондлар, инвестициялар ҳәм қамсызландырыў шөлкемлериниң хызметлерин хошаметлеў бағдарында алып барылыўы лазым. Экономикалық реформаларды тереңлестириў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў республикамызда өткерилип атырған экономикалық реформалардың тийкарғы бағдарларынан бири есапланады. Бул болса экономикалық бәсекиниң раўажланыўын, тутыныў базарын товарлар ҳәм хызмет түрлери менен толтырыўды, сондай-ақ жеке исбилерменликтиң кең қатламын жаратыўды талап етеди. Усыларды есапқа алып, бүгинги күнде Республикамызда төмендеги мәселелерди шешиў лазым:
- халықтың кең қатламларын базар хызметине алып кириў, олардағы бағыўшылық, тутыныўшылық психологиясын сапластырыў, арнаўлы жеке исбилерменлик, киши бизнес пенен актив шуғылланыў қәлеўин (қызығыўшылығын) оятыў;
- аўыл хожалығындағы экономикалық қатнасықларды түптен жаңалаў, дийхан ҳәм фермер хожалықларының хызметин жәнеде раўажландырыў ҳәмде олардың санын мүмкиншилиги барынша көбейтиў, аймақларда киши кәрханалар шөлкемлестириў жолы менен ўақтынша жумыссыз жүрген адамларды қосымша жумыс орынлары менен тәмийинлеў;
- регионда базар мүнәсебетлери ҳәм инфраструктураны жеделлестириў, экономикалық бәсекини раўажландырыў ушын шарт-шараятлар жаратыў;
- республика халқының өсип баратырған талап ҳәм мүтәжликлерин толығырақ қанаатландырыўға хызмет етиўши экономикалық ҳәм социаллық шараятларды жаратыў;
- көрсетилетуғын хызметлер түрин ҳәм дәрежесин кескин арттырыў, банк, аудиторлық, консалтинг ҳәмде түрли дәлдәлшылық хызметлерди ҳәзирги заман илим ҳәм техника жетискенликлери тийкарында жоқары дәрежеде шөлкемлестириўди тәмийинлеў;
- кәрханаларды басқарыў нәтийжелигин арттырыў, олардың экономикалық жақтан ғәрезсиз болыўларын тәмийинлеў ушын шараятлар жаратып бериў;
- орынларда ислеп шығарылып атырған өнимлер түрлери ҳәм көлемин базар талапларына муўапық аңсатлық пенен масластыра алатуғын тутыныў базарын товар менен толтырып, экспорт ушын товар шығара алатуғын киши кәрханаларды дүзиў.
Бизге мәлим, республикада мийнетке қәбилетли халықтың 65,3 проценти аўыллық жерлерде жасайды. Бул аўыллық орынларда исбилерменликтиң раўажланыўы ушын жүдә үлкен имканиятлар бар екенлигин көрсетеди. Соның менен бирге, аўыл хожалық өндирисинде бәнт болған артықша жумыс күшлерин хызмет көрсетиў, қайта ислеў ҳәм сол сыяқлы бағдарларға қайта бөлистириў керек. Аўылда исбилерменликти, оның киши бизнес формаларын раўажландырыў менен байланыслы түрли басқарыў дәрежелеринде шөлкемлестириўшилик-экономикалық мәселелерди шешиў ең баслы мәселелер қатарына киреди.
Бул мақсетлерди әмелге асырыў ушын мәмлекетимиз көлеминде төмендеги мәселелерди шешиў лазым:
- базар экономикасы шараятында ислей алатуғын кадрлар таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў;
- аймақларда ҳақыйқый исбилерменлик орталығын жаратыў;
- киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў;
- киши бизнес ҳәм исбилерменликтиң ҳуқықый базасын беккемлеў;
- киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти технологиялық үскенелер менен тәмийинлеўди қоллап-қуўатлаў;
- реформалар нәтийжелерин реклама ҳәм хабар хызметлери қураллары арқалы кең массаға жеткериў.
Исбилерменлик хызметиниң раўажланыўында салық ҳәм саўда тараўларындағы мәмлекетлик сиясат әҳмийетли роль ойнайды. Изертлеўлердиң көрсетиўинше усы тараўдағы шеклеўлер киши бизнестиң раўажланыўындағы бир қатар машқалалардың жүзеге келиўине себеп болады. Сораў өткерилген исбилерменлердиң 75 проценти финанс-кредит, 69 проценти материаллық-техникалық ресурслар менен саўда ислеўди жақсылаў зәрүрлиги ҳаққында пикир билдирген. Сонлықтан реформалардың ҳәзирги басқышында бул тараўларда исбилерменликке тосқынлық етип атырған факторларды анализлеў ҳәм оларды базар талаплары шеңберинде баҳалаў айрықша әҳмийетке ийе.



Download 159,65 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish