1-тема. Киши бизнес ҳӘм исбилерменликтиң ӘҲмийети ҳӘм мазмуны


Франчайзингтиң мазмуны ҳәм үстинлиги



Download 159,65 Kb.
bet24/27
Sana22.02.2022
Hajmi159,65 Kb.
#107047
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   27
Bog'liq
ои лшефз

Франчайзингтиң мазмуны ҳәм үстинлиги. Ақырғы жылларда жеңилликли исбилерменликте франчайзинг кең қолланыла баслады.
Исбилерменликтиң усы формасында франчайзер (әдетде, ири бас компания) киши фирма ямаса бизнесменди белгиленген бир аймақта товар, реклама хызмети, бизнес технологиялары менен тәмийнлеўди өз мойнынан алады. Буның есабынан фирма (франчайзы) компанияға (франчайзерге) менежмент ҳәм маркетинг тараўында хызмет көрсетиўди ҳәм сол ком­панияға өзиниң белгили капиталын қойыў миннетлемесин алады. Әдетте, франчайзинг тек компания – франчайзер менен жумыс алып барыў миннетлемесин алып, бизнесте оның көрсетпелерине бойсыныўға ҳәрекет етеди.
Франчайзингти кең ен жайдырыў ушын ири фирма ийелери ўақты-ўақты менен көргизбе шөлкемлестиреди. Буннан мақсет адамларды жеңилликли исбилерменлик пенен шуғылланыўға тартыўдан ибарат болып есапланады.
Исбилерменликтиң бул түри жанылғы қуйыў орынлары (32%), жеңил ҳәм жүк машиналары менен саўда-сатық қылыў (6%), ресторан ҳәм аўқатланыўда тез хызмет көрсетиў (7%) бизнесинде кең ен жайған.
Франчайзингтиң тийкарғы үстинлиги шәртнама дүзген кәрханалардың анық қәнигелескенлиги болып есапланады. Ири фирманың көмек бериўи франчайзингте коммерция тәўекелшилигин кемейттиреди. Бас фирма оқытыў жумысларын алып барады ҳәм франчайзи-кәрхананың ис ҳәрекетин турақлы қадағалап турады.
Соның менен бирге система базы бир кемшиликлерге де ийе. Оның ең тийкарғы кемшилиги тиккелей ғәрезсизликти жоқ етиў. Бул болса, өз нәўбетинде басламаны жоғалтыўға алып келеди.


3.3. Киши кәрханалар хызметин экономикалық анализлеўдиң тийкарлары


Базар экономикасы шараятында кәрхана ҳәм шөлкемлер хызмет жүритиўлерин қаржы менен тәмийнлеў экономикалық машқалалардан бири болып, үлкен тәўекелшиликти талап етеди. Сарыпланған қаржыларды қайтарыў, қаплаў мүддети қанша узақ болса, бул қәўип дәрежеси де сонша асып барады. Себеби, бул мүддет ишинде базар конъюнктурасы да, баҳалар да, ис ҳақы төлемлери де тез пәт пенен асып барады. Соның ушын, экономика турақлы болмаған шараятларда (әсиресе, бул жағдай айырым товар базары емес, бәлким пүткил мәмлкетке тийисли болса) қәрежетлери тез қапланатуғын нәтийжели жойбарларға қаржы сарыплаў мақсетке муўапық. Бундай қатнас илимий-техникалық раўажланыўдың дәрежеси ең жоқары болған ҳәм жаңа технология ямаса товарлардың кирип келиўи алдыңғы инвестицияларда тез қәдирсизлендирип жибериўи мүмкин болған тармақлар ушын жүдә зәрүр есапланады. Буннан тысқары, пулды алыўшы жетерли абыройға ийе болмаса ҳәм қаржы ийеси узақ мүддетке оған пулды исениўди қәлемесе де қаржының өзин қаплаў мүддетине қарап ис көриледи.
Мысал ушын, «Жаҳангир» киши кәрханасының қаржы менен тәмийнлениў ҳәм оны өзлестириў тәртибин көрип шығамыз. Кәрхана ықтыярында өзлестириў ушын 120 мың сўмлық шийки зат ресурслары ҳәм таяр өнимлер бар. Бул ресурслардан пайдаланыў нәтийжесинде кәрхана 35 мың сўм дәрамат алыўды көзде тутпақта. Сол тийкарда кәрхана раўажланыў фондынан ажыратылған пуллар ҳәм банктен алынған кредитлерди 4 жылдан кешиктирмей қайтарылыўы режелестирилген. Ал, усы жойбар талапты қанаатландыра алама?
Буның ушын төмендеги есап-санақларды әмелге асырамыз.
Кәрхана қәрежетлерин қаплаў мүддети төмендеги формула арқалы есапланады:



Қәрежетлерди қаплаў мүддети (Ққм)

=

Басланғыш инвестициялар (Би)

=

120000

=

3,4 жыл

(1)

Ҳәр жылғы пул дәраматлары (Ҳжпд)

35000



Бул есап-санақлардан көринип турғанындай, есаплап шығылған қәрежетлердиң қапланыў мүддети белгиленген мүддеттен анағурлым кем (8 айға). Демек, инвестиция ажыратыўдың усы варианты қолайлы есапланады.
Бирақ әмелде пул дәраматлары ҳәр жылы ҳәр қыйлы болады. Әдетте, олар жумыс басында кемирек болып, кейиннен өсип барыўы мүмкин (егер жойбар анық бир мақсетти гөзлеген болса ҳәм ислеп шығарылған товар өтимли болса). Бундай жағдайда қәрежетлерди қаплаў мүддети анағурлым басқаша болады.
Ойлап көрейик, инвестиция муғдары мысалымыздағыдай болса, жыллар бойынша көзде тутылатуғын түсимлер төмендегише болсын:
биринши жылда – 25 мың сўм;
екинши жылда – 35 мың сўм;
үшинши жылда – 48 мың сўм;
төртинши жылда – 54 мың сўм.
Булардан көринип турғанындай, 3 жылда дәраматлар көлеми 108 мың сўмды қурады. Демек, инвестицияның толық қапланыўы ушын төртинши жылы даўамында тек ғана 12 мың сўм талап етиледи. Бул сўмма төртинши жылда көзде тутылған дәраматлар сўммасы (54 мың сўм) на тең болып, сол жыл ушын қәрежетлердиң қапланыў мүддетине – 0,22 жылға ийе боламыз. Солай етип, қәрежетлерди қаплаў мүддети 3,22 жылды (3,0+0,22) қурайды.
Инвестицияларды изертлеўлеўдиң бундай усылы өзиниң әпиўайылығы ҳәм анықлығы менен ажыралып турады.
Бул усылдың да өзине жараса кемшиликлери бар, әлбетте. Бириншиден, ол пулдың ўақыт даўамында қунының өзгериўин есапқа алмайды. Екиншиден, жоқарыда келтирилген формулада инвестиция толық қапланғаннан кейин түсетуғын дәраматлар да көрсетилмеген. Және де, жаңа фондлар оннан кейин де ислетиледи. Сол себепли, усы кемшиликлерди ҳеш болмағанда жоқ етиў ушын, қәрежетлерди қаплаў мүддетин сўмның бүгүнги ҳәм кешеги қуны ортасындағы өзгешеликти есапқа алған ҳалда қолланыў мақсетке муўапық.

Download 159,65 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish