1-тема. Киши бизнес ҳӘм исбилерменликтиң ӘҲмийети ҳӘм мазмуны



Download 159,65 Kb.
bet23/27
Sana22.02.2022
Hajmi159,65 Kb.
#107047
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   27
Bog'liq
ои лшефз

Кәрхананың басқарыў органын шөлкемлестириў. Жаңа дүзилген кәрхананың тийкарғы машқалаларынан бири тийкарғы хызметти ҳәрекетке келитириў болып есапланады. Оның шеңберинде жумысшылар өз хызмет мақсетлерин ҳәм оған ерисиў жолларын анық билиўи керек. Нью-Йорк университети Бизнес мектебиниң профессоры Питер Друкернинг пикиринше, жаңа кәрханадағы басқарыў төмендегилерди талап етеди:
- базарда дыққатты бир нәрсеге қаратыўды;
- нақ пулларды режелестириў ҳәм тәртиплестириў менен байланыслы процесслердиң раўажланыўын алдыннан көре билиўди;
- жоқары басқарыў буўынын оған болған мүтәжликтен алдын дүзиўди.
Егер товар белгили мақсетлер ушын ислетиўге бағдарлап шығарылған болса, ол базарда өз орнын табады. Соның менен бирге, киритилип атырған жаңалықлар, жаңа түрдеги базарларды қәлиплестиреди. Мысалы, көп жыл даўамында барлық жумысларда нусха көшириў қолланылмас еди. «Ксерокс» фирмасы нусха көшириў аппаратын жаратып, базарға шығарғаннан кейин тек АҚШда емес, бәлким дүньяның басқа мәмлекетлеринде де усы жаңалық жүдә кең тарқалып кетти.
Соны айтып өтиў керек, «базарды үйрениў» атамасы динамикалық процесс түсиниги менен байланыслы. П.Друкер «Юнивем» компаниясы менен байланысла бир мысалды келтиреди. Шама менен 1950 жылларда базарды илимий изертлеўлеў тийкарында 2000 жылға келип компьютерлер саны 1 мыңға жетеди, деген болжаў исленген. Бирақ 1984 жылдың өзинде-ақ 1 миллионнан артық компьютер сатылған еди. Усы дәўирде өткерилген изертлеўлерде компьютерлер тек тиккелей илимий жумыс алып барыў ушын қолланылады, деген пикир үстин еди. Сол жағдай «Ксерокс» компаниясы менен де жүз берди. Себеби өткерилген изертлеўлерде полиграфия кәрханалары нусха көшириў автоматларына мүтәж емес , деген пикир тийкарғы орынды ийелеген еди. Бирақ ҳеш ким бул әсбаплар шөлкем, мектеп, университет, коллежлерге де керек болады, деп ойламаған.
Буннан сондай жуўмақ шығарыў мүмкин, жаңа кәрхана дүзилгенде оның товары ямаса хызмети режелестирилмеген базарларда өзиниң жаңа тутыныўшыларын табады. Егер белгили мақсет ушын шығарылып атырған товарға жаңа тутыныўшылар тәрепинен қызығыўшылық билдирилсе, компания сол қызығыўшылығына тиккелей итибар берип, изертлеп шығыўы лазым.
Кәрхананыңг раўжланыўы ҳәм нәтийжеликке ерисиўинде жоқары басқарыў системасы ямаса арнаўлы басқарыў топарын дүзиў тийкарғы әҳмийетке ийе. Кәрхана басшысы өз хызметкерлери менен бирге ислесиўи, талапты босастырмай, оларға исеним билдирип, хызмет көрсетиўи лазым. Басшы бәрқулла жетекши болыўы керек.
Өз күш ҳәм қәбилетин нәтийжели ислетиў тараўларын анықлаў жаңа кәрхананы басқарыў факторларынан бири есапланады. Жаңа кәрхана раўажланып, прогресте болыўы менен бирге исбилерменлердиң ўазыйпалары да өзгерип барады. Көп исбилерменлер жүзеге келип атырған өзгерислерди бәрқулла аңлай алалмай, жаңа шараятта не ислеўин билмей қалады. Мине усы шараятта исбилермен өзине: «Мениң қәбилетим ҳәм қызығыўшылығым нелерге жетеди?», «Қайсы исте мен өзимди көрсете аламан?», «Кәрхананың қайсы бир ис бағдарында мен пайда келтиремен?» усаған уқсас сораўлар берип, тийисли қарар қабыл етиўи үлкен әҳмийетке ийе.
Мысалы, «Полароид» фотокамерасының жаратыўшысы Ед­вин Ленд өз компаниясына 13 жыл басшылық еткен. Оның басшылығында компания тез раўажланып кеткен. Жағдайды изертлеп, Е.Ленд белгили ўақыттан кейин өзи компанияға басшылық ете алмаслығын, бул жумысты профессионал қәнигелер басқарыўы керек екенлигин түсинди. Өзи болса илимий излениўлер менен шуғыллана баслады, яғный көбирек нәтийже келтиретуғын тараўда хызмет көрстиўге өтип кетти. Е.Ленд өзине лаборатория қурып, компанияда алып барылатуғын фундаментал изертлеўлерди басқарды, фирманың жедел басқарыўын арнаўлы таярланған қәнигелерге тапсырды. Бундай мысаллар исбилерменлик тараўында көплеген.

Download 159,65 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish