Алтыншы бөлим. «Шәртнаманың ресурслар менен тәмийнлениўи». Бул бөлимде исбилерменлик жойбарын әмелге асырыў ушын керек болған ресурслар түри ҳәм көлеми, ресурсларды алыў дереги ҳәм методы ҳаққында мағлыўматлар бериледи.
Ресурслар менен тәмийнлеў төмендегилерди өз ишине алады: материаллық ресурслар (материаллар, ярым таяр өнимлер, шийки зат, энергия, имаратлар, әсбап-үскенелер ҳәм басқалар); мийнет ресурслары; финанслық ресурслар (ағымдағы пул қаржылары, капитал қойылмалар, кредитлер, баҳалы қағазлар); информациялық ресурслар (статистикалық, илимий-техникалық).
Жетинши бөлим. «Шәртнаманың нәтийжелилиги». Бул бөлим бизнес-режениң жуўмақлаўшы бөлими болып, онда исбилерменлик хызмети нәтийжелигиниң улыўма сыпатламасы бериледи. Нәтийжелиликтиң улыўма көрсеткишлери арасында пайда ҳәм рентабеллик көрсеткишлери тийкарғы әҳмийетке ийе. Батыс мәмлекетлери банклеринен кредит алыўда бизнес-режениң басқаша структурасы қолланылады. Бул жағдайда бизнес-реже төмендеги бөлимлерди өз ишине алады:
1. Кирисиў ҳәм улыўма мағлыўмат. Бул бөлимде юридикалық форма көрсетиледи, кәрхана хызметиниң тарыйхы ҳәм тийкарғы илажлардың қысқаша тәрийпи бериледи.
Кәрхана хызметин баҳалаў. Бул жерде кәрхананың айырым тийкарғы өзгешеликлери көрсетиледи, яғный оның базарда ийелеген орны, дәрежеси, сатыў системасы ҳәм басқалар.
Товарды ҳәм сатыў базарын тәрийплеў.
Изертлеўлер ҳәм өндирис. Бул бөлимде изертлеўлер, бағдарламалар ҳәм басламалардың тийкарғы бағдарлары сәўлеленеди.
Кәрхананың өндирислик қуўатлылығы. Кәрхананың ислеп шығарыў жағдайы, өндирис қуўатлылықларының жағдайы тәрийпленеди.
Қәнигелер ҳәм мийнет қатнасықлары.
Шөлкемлестириў ҳәм басқарыў. Улыўма шөлкемлестириўшилик көрсеткишлеринен тысқары, жоқары лаўазымлы шахслар ҳәм басшы қәнигелердиң қысқаша биографиялық мағлыўматлары бериледи.
Юридикалық мағлыўматлар. Ислеп шығарыў хызмети менен байланыслы өткен дәўирдеги ҳәм ҳәзирги суд ҳәм арбитраж жумыслары қысқаша тәрийпленеди.
Финанслық мағлыўматлар. Кейинги 5 жыл ишиндеги финанслық есап-санақлар көрип шығылады. 5 жыллық перспективалық финанслық жағдай тәрийпленеди.
Ликвидлилик. Қарызлар, айланба қаржылар жағдайының изертлеўи, компанияның салықлары, қарызлары көрсетиледи.
Шәртнамалар. Кәрхана қатнасқан барлық шәртнама ҳәм келисимлерге тәрийп бериледи.
Бухгалтерияның басқа есап-санақ жумыслары. Дизимге алынбаған мүлк (квартира, мийманхана, емлеўхана, профилактория ҳәм басқалар)дың қысқаша тәрийпи бериледи.
Буннан да қысқаша бизнес-режениң сызылмасы Г.Берл тәрепинен усыныс етилген.5 Ол төмендеги бөлимлерден ибарат:
Керекли пул қаржылары киртилген арзаның мақсети, заёмды қаплаў усыллары ҳәм оның тәмийнлениўи.
Do'stlaringiz bilan baham: |