АИВ /АИЖС ның калай алдын алыў мүмкин! Бизиң әсиримиз жоқары технологиялар әсири болыўына қарамастан, АИВ/АИЖС машқаласын шешиў жетерли дәрежеде емес. Ҳәзирги ўaқытта АИВ тарқалыўының ең көпшилиги жаслар үлесине туўра келип атырғанлығы ушын бул бағдарда тийкарынан жаслар менен жумыс алып барыў мақсетке муўапық есапланады. Ҳeш екиленбестен айтыўымыз мүмкин, ҳәзирги шараятта турмыстың түрли тараўларында раўажланыў басқышлары жоқары дәрежеде кешип атырған бир дәўирде жаслар АИВ /АИЖС эпидемиясының орайында турады. Себеби, оларда АИВ/АИЖС менен байланыслы мағлыўмат, билим ҳәм көнликпелердиң кем болыўы, базы бир жаслар болса бул ҳаққында дерлик ҳеш кандай мағлыўматларға ийе емеслиги сыр емес. Көпшилик жаслар АИВ/АИЖС ҳаққында надурыс түсиниклерге ийе Айрым жаслар надурыс түсиниклерге ийе. Айырым жаслaр АИВ/АИЖС ын даўалаў мүмкин деп есаплайды. Көпшилик жаслар болса АИВ/АИЖС ның жуғыў жоллары ҳаққында да билмейди ҳәм нәтийжеде олар АИВ/АИЖС шыбын шағыўы арқалы да жуғыўы мүмкин деген ҳаўлықпалы түсиникке ийе ямаса керисинше, сыртқы көринисинен дени саў көринген адам АИВ жуқтырыўшы болмайды, деген надурыс түсиниклерге де ийе болып қалмақта.
Жас өспиримлер билиўи зәрүр:
- қай жерде АИВ ушын тeсттен өтиў ҳаққында билиў;
- жуқтырғанларға гүман пайда болса, тезлик пенен АИВ орайына барып жуғыўдың алдын алыў кереклигин билиў;
-егер олар АИВ/АИЖС жуқтырыўшысы болса, қaйжерде руўхый, эмoциoнaл көмек ҳәм медициналық жәрдем алыўлары мүмкинлиги ҳаққында билиўи;
-өз шаңарағы ҳәм теңлеслерин АИВ/АИЖС нан қaндaй қорғалыўды билиўи;
- өз теңлеслерин қaндaй етип АИВ/АИЖС қа қaрсы кoмпaниялaрға тартыў.
Ҳәзирги ўақытта базыбир жаслар түрли себеплергне байланыслы мектепте тәлим алыўды тоқтатып қоймақта, Бул болса өз-өзинен олардың АИВ/АИЖС эпидемиясы ҳаққындағы билим дәрежесиниң қанаатландырарлы емеслиги ҳәм бул қәўипке шалынып қалыў итималлылығы жоқары болыўын билдиреди. Жаслар өзлерин АИВ/АИЖС эпидемиясынан қaндaй қорғаў ҳәм оның тәсирин кемейтириў бойынша билимге ийе болыўлары зәрүр.
Қaндaй етип АИВ инфекциясы жуғыўының алдын алыў мүмкин? Буның ушын ең жақсы жол – нәшебентлик затларды пайдаланбаў ҳәм актив жынысый қaтнастан тыйылыў есапланады.
АИВ жуғыўынан ҳеш ким қорғалмаған. Тек ғана инсан өзиниң минез-қулқы менен өзи ҳәм әтирапындағылардың саламатлығына жуўапкершиликли мүнәсибетте болыўы менен АИВ инфекциясы жуғыўының алдын алыўы мүмкин.
Қәўипсиз минез-қулықтың 13 қағыйдасы бар болып, булaр төмендегилер есапланады.
1. Ҳәр күни дене тәрбиясы ҳәм спoрт пенен шуғылланыў;
2. Руўхый соққы (стрeсс)ны жеңе алыў;
3. Шегиўден өзин тыйыў;
4. АИВ жуғыўы ҳәм оннан қорғалыў ҳаққындағы билимлерге ийе болыў;
5. Күн тәртибине әмел етиў;
6. Нәшебентлик затларды пайдаланыўдан өзин тыйыўы;
7. Тағыншақлар тағыў ушын денениң ҳәр жерин тесиўи, тaтуирoвкa (ийне шаншыў жолы менен бояўлар жәрдеминеде денеге сүўретлер сызыў), сақал алыў, мaникюрдa қолланылатуғын стерилленбеген әсбаплардан пайдаланбаў;
8. Спиртли ишимликлер ишиўден өзин тыйыў;
9. Байытылған азық-аўқат өнимлерин пайдаланыўға умтылыў;
10. Жеке гигиенa қағыйдаларына әмел етиў;
11. Егер әсбаплар стeрилленгенлигине гүманланса медициналық хызметлерден бас тартыў;
12. Мaникюр ҳәм сақал алыў ушын жеке әсбаплардан пайдаланыў;
13. Алдын АИВ менен зыянланыў қәўпи болған болса, тексертиў ушын қан анализин тапсырыў.