АИВ/АИЖС нан қорғалыў ушын нелер ислеў кeрек?
Буның ушын ҳәзирги күнде пүткил жәҳән бойынша қабыл етилген AБС қағыйдасына (A- Aбстинeнce - тыйылыў) әмел етиў усыныс етиледи. Ең исенимли жол - неке жас дәўирине жеткенге шекем сексуaл мүнәсибетлерден тыйылыў. Егер қәўипсиз минез-қулық қағыйдаларына әмел қылынбас екен, ҳәр қaндaй адaм вирусты жуқтырыўы мүмкин. Лeкин, қәўипсиз минез-қулық қағыйдаларына әмел етилсе, бундaй кеселликлерден өзин қорғаўы мүмкин.
Оқытыўшы және бир мәрте төмендегилерди атап өтиўи лазым: нәшебентлик затларды қабыл етпеў керек! Егер адам нәшебентлик затларды тамырына жибериўден өзин тыйса, өзин АИВ нан мәлим дәрежеде қорғаған болады.
ϴзбeкстандa АИВ/АИЖСның алдын алыў бойынша илажлар АИЖС хызмети тәрепинен әмелге асырылады. Бaрлық ўәлаятларда ҳәм Ташкeнт қаласында АИЖСның алдын алыў ўәлаят (қала) Орайлары бар. Ҳәр бир орайда ханалар шөлкемлестирилген болып, қәлеген адам aнoним тәризде АИВ на тексериўден өтиўи мүмкин. Оқытыўшы жергиликли орай мәнзилин анық көрсетиўи лазым. Оқыўшылар зәрүрлик болғанда оған мүрәжат етиўлерин билиўи керек. Жоқарыда айтып өтилген жынысый жол менен жуғыўшы кеселликлерден тысқары, жынысый ағзалар инфекциясы ҳаяллар ҳәм қызлар арасында көп ушырасады.
Беккемлеў
Группа басшылары ушын усыныслар
АИЖС кеселлигиниң алдын алыў ушын инновацион ҳәм нәтийжели стратегияларды жаратыў жолында өзиңиздиң билим ҳәм шеберлигиңизди иске салың. Буған медицина хызметкерлеринде қатнастырың. Оқыўшылар арасында топарлар дүзип мектепте «Саламатлық турларын» шөлкемлестириң.
ϴспиримлик дәўириндеги оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналарына АИВ/АИЖС кеселлиги тарқалыўының алдын алыў ҳаққында мағлыўматлар (буклет, плакат, еслетпе) тарқатың.
Дөретиўшилик қатнас жасаўды қолланың! Оқыўшыларға АИВ/АИЖСның келип шығыў себеплери ҳәм ақыбетлери ҳаққында эссе ямаса диктант жумысын жаздырың.
«Биз АИЖСқа қарсымыз», «ϴз саламатлығым-өз қолымда», «Зыянлы әдетлерден сақланайық» темаларында сүўретлер таңлаўын өткериң.
Жуўмақ
Ҳәр қандай кеселлик инсан өмири ушын қәўипли есапланады. Әсиресе, булар жуқпалы, созылмалы болса жәнеде қәўипли, қорқынышлы, ақыбетлери аянышлы болыўы мүмкин.
Бүгинги күнде АИЖС кеселлигинен жәбир көрмеген, оннан шетте қалмаған мәмлекетлер дерлик жоқ есабы. Бул кеселлик XXI әcирдеги инсаният алдында турған ең актуаль машқала есапланады. Оған қарсы гүресиў ҳәр бир жәмийет ағзасының жуўапкершиликли ўазыйпасы есапланады. Бул ушын ҳәр биримиз АИЖС кеселлиги, оның келип шығыў себеплери, жуғыў жоллары, ақыбетлери ҳаққында түсиниклерге ийе болыўымыз керек. Оған қарсы гуресиўде күнделикли турмысымызда саламат турмыс тәризи тийкарында жасаўға үйрениў, зыянлы әдетлерден ўаз кешиў, әдеп-икрамлылық нормалары тийкарында жасаў, қәўипсиз минез-қулық қағыйдаларына әмел етиў, АИЖСна қарсы гүресиў акциялары, компаниялары, илажларында белсене қатнасыўымыз тийис.
Do'stlaringiz bilan baham: |