V.Сабақ жуўмағы.
САЛАМАТ БОЛЫЎ НЕНИ БИЛДИРЕДИ? ЖУЎМАҚЛАР
Жәҳән ден саўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен тарийп берилгениндей, "саламатлық - бул текғана кеселлик ҳәм физикалық кемшиликлердиң жоқ екенлиги, бәлки физикалық, психикалық және социал пәраўанлық жағдайы есапланады". Солай екен, саламатлық физикалық, психикалық ҳәм этикалық әмеллер (оны “социал” деп те атайды) жыйнағы. Мен бул түсиниклердиң ҳәр бириниң мәнисин топарларда ашып бериўди ҳәм бул түрдеги саламатлық қандай көринисте болыўын түсиндириўди усыныс етемен.
Биринши топар: физикалық саламатлық - бул денениң тәбийий жағдайы, барлық органлардың турақлы ислеўи, жақсы иммунитет; кеселликлер, зақым алыўлар жоқ екенлигинде көринеди.
Екинши топар: психикалық саламатлық – мийдиң ҳалатына, пикирлеў, яд, дыққат, шыдамлылық сыяқлы пазыйлетлердиң раўажланыў дәрежесине байланыслы; сезимли турақлылық, өзин тута билиў қәбилетинде көринетуғын болады.
Үшинши топар: этикалық саламатлық - инсанның этикалық принциплерге, олардың этикалық нормаларға муўапықлығына байланыслы; мийнетке саналы мүнәсибетте, минез-қулықта, зыянлы иллетлерди актив бийкарлаўда көринеди.
Tasdiqlash
Pedagogika va psixologiya kafedrasi metodisti:
Turimbetova Z. _______________
Maktab metodisti:Abdukarimova G. ________
Psixologiya guruhi 4-kurs talabasi Saparmatov Sulaymon tomonidan ishlab chiqilgan.
9-D sinf
Sana: 30 сентябрь 2022 год
ТЕМА: АИЖС ке қарсы гүресиў илажлары
Мақсети: оқыўшыларға АИЖС (арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы) кеселлигиниң қандай етип алдын алыў мүмкинлиги, оннан қорғалыў ушын нелер ислеў кeреклиги, жас өспиримлер билиўи керек болған қәўипсиз минез-қулық қағыйдалары мағлыўматлар бериў, АИЖС қа қарсы гүресиў, өткерилетуғын илажларда белсене қатнасыўға шақырыў
Ўазыйпалар:
оқыўшыларға АИЖС кеселлигиниң қандай етип алдын алыў мүмкинлиги, оннан қорғалыў ушын нелер ислеў кeреклиги менен таныстырыў;
жас өспиримлер билиўи керек болған қәўипсиз минез-қулық қағыйдалары менен таныстырыў арқалы оқыўшыларды саламат турмыс-тәризи тийкарында жасаўға бағдарлаў;
оқыўшылардың ойлаў, креатив пикирлеў қәбилетлери раўажландырыў;
жас өспиримлердиң ертеңги келешек турмысына бийпарўа болмаў кереклигин аңлатыў;
жеке ҳәм жәмәәтлик жуўапкершилик сезимлерин раўажландырыў.
Керекли үскенелер: оқыўшылар санына қарай А/4 форматтағы қағаз бетлери; ватман қағазлар, оқыўшылар ушын еслетпе, тарқатпа материаллар, техникалық қураллар
Кирис бөлим: Бул бөлимде оқытыўшы оқыўшыларға АИЖС (арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы) кеселлигине қарсы гүресиў инсаният алдында турған ең бир актуаль машқалалардан бири екенлигине тоқталып өтиледи ҳәм бүгинги тәрбия сабағының темасы менен таныстырады.
Do'stlaringiz bilan baham: |