НЕГЕ ЖАС БАЛАЛАР ҮЛКЕНЛЕРДИҢ ҚОЛЫНА СУЎ ҚУЙЫЎЫ ӘҲМИЙЕТЛИ👉👉
ПЕРЗЕНТЛЕРИҢИЗГЕ ҮЙРЕТИҢ!!!
Ruxiyat
Даўыт пайғамбардын отыз улы болыпты. Бир куни песин намазына адамлар кешиге баслапты. Даўыт пайғамбар арқасына қараса, оң тәрепинде он бес улы, шеп тарепинде он бес улы отырған екен.
Сонда сәл мақтаншақлыққа бой алдырып: -Өзимиз ҳәм бир жамаат екенбиз, елди күтпестен намазымызды баслай беремиз. Қуда қәлесе отыз улым бар, ҳақ динди пүткил елге өзим жеткеремен, деген ой келип, намазды баслап жиберипти.
Аллаға Даўыт пайғамбардың бул иси жақпады. Даўыт пайғамбар намаз ўақтында ассалому алайкум ва Раҳматуллоҳ, епо ң тәрепке сәлем бергенде он бес улы, шеп тәрепине сәлем бергенде қалған он бес улы да жан тапсырыпты. Қәтесин түсинген Даўыт пайғамбар көз жасларын дәрья қылып, Жаратқаннан кеширим сорады. Рәҳими шексиз Алла отыз улыңды қайтарып берейинбе я отызының орнын басатуғын бир ул берейинбе, деп сорады. Сениң әмириң еки болмайды. Отыз улымның жанлары жәннетте болсын. Маған олардың орнын басатуғын бир ул берсеңиз болады депти.
-Айтқанын болсын.Лекин баланың өмири қысқа болады. Мен оған тек тоғыз жыл өмир беремен. Мәйли буған ҳәм шукир, деп Даўыт пайғамбар келеси жыл ул көреди.
Ол баланың аты Сулайман еди. Сулайман жумыс буйырыўға жарап қалған пайытында Даўыт пайғамбар оның қолына қуман, желкесине сүлги асып:
- Улым сен енди бизиң үйге келген мийманлардың жаспа, ғаррыма ҳәммесиниң қолына суў қуйып тур. Суўды үш мәртебе үзип-үзип қуясаң. Төртинши мәрте егер мийман сораса қуясаң.
-Ата неге үзип қуйыўым керек?
-Себеби өликти жуўғанда суўды үзбей қуйылады. Сен суўды тири адамларға қуясаң ғо улым. Екеўиниң парқы бар, - дейди.
Даўыт пайғамбарға келген жас-ғаррының ҳәммеси, суў қуйып турған Сулайманға жүзге кир балам, қолың дәрт көрмесин, үлкен алым болғайсаң, патша болғайсаң, өмириң узақ несийбең пүтин болсын деп рахметлер айтар еди. Бир куни Сулайман тоғыз жасқа толды. Ол пайытларда баласы тоғызға шықса оны қызға атастырып қойыў лазым еди.
Лекин Алланың балаға тек тоғыз жыл өмир беремен дегени Даўыт пайғамбардың есинде еди. Бир куни Даўыт пайғамбар сәҳәрде Аллаға қулшылық етип отырып, Сулайманның жасы тоғыздан асты. Ол енди жан тәслим етиўи керек еди. Буның тири қалғанының себебин сорады ҳәм егер жанын алмайтуғын болса баланы атастырыў лазымлығын айтты.
Сонда Алла мениң атларымнан бири –Халықдур. Мыңлап адамлар сениң балаңа узақ өмир тиледи. Мен сонша халықтың дуўасын қайтара алмайман. Сулайман узақ өмир көреди, Ол бәрше жердеги мақлуқлар, аспандағы қуслардың ҳәм теңиздеги балықлардың тилин билетуғын болады. Бәрше адамлар ҳәм жинлерге ҳүкимранлық етеди деп жуўап берди.
Бул үрп-әдетлеримиздиң пайызы берекети басқаша. Әлбетте, ата-бабаларымыздың қолына суў қуйып, пәтиясын алып өсетуғын болса, балаларымыздың өмири узақ ҳәм ырысқы путин болыўына исенимиз кәмил. Сонлықтан әзизлер, бул үрп- әдетлеримизди даўам еттирейик.
Do'stlaringiz bilan baham: |