2.Парентераль жол менен жуғыў
Бунда ҳәр-қыйлы әсбаб-үскенелер тери ҳәм силекей перделер пүтинлигин бузған ўақтында жүз береди. Жетерлише дезинфекцияланбаған хирургиялық, стоматологиялық ямаса акушерлик инскомогиялық қураллар қолланылғанда иглорефлексотерпия ўақтында шаш алыўшы машинка пәки,алмас,пайдаланғанда сондай-ақ қызлардың қулақ сырғасын тескенде АИЖС ҳаққында еслеўимиз керек.
Даўамлы қан кеселлиги гемофилия менен наўқасланған адамларға қан қуйыў ўақтында АИЖС кеселлигиниң жуғыўы 1-2 процент ушырасқан. Халық аралық қан қуйыў жәмийетиниң 1985-жыл 30-май күнги берген мағлыўматында бундай көрсеткиш ересеклерде 5,4 проценттен ибарат.
АИЖС пандемиясына байланыслы қан ҳәм қаннан исленген дәри-дәрмақларды қуйыў мәселесине бағышланған ВОЗ экспертлериниң жыйналысы шақырылды. Оған 40 қа жақын еллер қан қуйыўда АИЖС қәўипсизлиги мәселеси қарап шығып, әмелий шешимлер қабыл етти. ГФР да акушер-гинекологлардың жуқпалы кеселликлер бойынша халық аралық симпозиумы өткерилди. Онда «Барлық ҳәмледар ҳаяллардың қаны Вич антителаларына тексерилиўи лазым» деп табылды. Францияда АИЖСна қарсы гүрестиң миллий программасы қабыл етилди.
I бөлим. Кеселликтиң алдын алыў
II бөлим. Тексериў
III бөлим. Емлеў
IV бөлим. Халық аралық кооперация.
3.Вертикаль жол менен жуғыў
АИЖС вируслары кесел анадан қарнындағы балаға плаценте бала жолдасы арқалы жуғады. Сондай-ақ туўыў ўақтында нәрестениң ана қаны менен патасланыўы себепли және емизиў дәўиринде көбирек өте алады. АИЖС тасыўшы еки қабат ҳаяллар 25-50 процент жағдайларда кеселликти қарнындағы ҳәмлеге жуқтырыў мүмкин. Керисинше нәрестеги парентераль яки қан қуйыў жолы менен АИЖС жуқса көкиректи емлеў ўақтында ол өз гезегинде саламат анасына зәлелин тийгизеди.
АҚШ илим изертлеўшилериниң жоқарыдағыларды қорытқандағы мағлыўматларына қарағанда АИЖС вируслары 80 процент жағдайда жынысый жол менен, 15 процент жағдайда-жақсы дизенфекцияланбаған ийне шприцлер арқалы, 5 процент жағдайда қан ҳәм қаннан исленген затларды қуйыў нәтийжесинде, 1-2 процент жағдайда қандай жол менен өткени биймәлим болған.
Ҳәр-түрли жәнликлер-сона, бүрге, бийт, шыбынлардан АИЖС тиң жуғыўы тастыйықланбаған.
Сондай-ақ, төмендеги ҳалатларда АИЖСның жуғыўы итималлығы жоқ.
Беккемлеў
Бул теманы “Машқала” технологиясы жәрдеминде үйренгенимизде оқыўшылардың, ойлаў, сын пикирлеў қәбилетлерин раўажландырыў мүмкин. Бул технологияны сабақтың беккемлеў басқышында қоллансақ болады. Себеби, класс саатында теманы түсиндириў барысында оқыўшылар машқалалы жағдай менен танысады.
Технологияны киши топарларда әмелге асырыў мақсетке муўапық есапланады. Киши топарлар тапсырмасында оқыўшыларға машқала белгилеп бериледи.
Do'stlaringiz bilan baham: |